Шөлкемлестириў илажлары



Download 0,81 Mb.
bet62/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

Нарядтың биринши бети
7. «Бөлим» деп көрсетилген қатарға электр үскенеде жумыс алып барыў керек болған кәрхананың бөлими (цех, хызмет, район, бөлим) көрсетиледи.
8. Жумыс басшысы таярланбай орынланатуғын жумысларда «Жумыс басшысы» деген қа-тарға «Тайынланбайды» деп жазып қойылады.
9. «Иске қосыўшы» деген қатарға тез-ара оңлаў хызметкерлеринен ямаса жумыс алып ба-рыўшы тәрпинен иске қосыўшы ҳуқықын бириктириў жолы менен орынлаўға оңлаў хызмет-керлеринен таярланған адамның фамилиясы көрсетиледи.
Электр үскенелеринде иске қосыўшы ўазыйпасын нәўбетши орынлайтуғын болса, «иске қосыўшы» деген қатарға фамилиясын көрсетпестен «нәўбетши» деп жазып қойыў зәрүр.
10. «Бригада ағзалары» деген қатарларда бригада ағзаларының ҳәммеси жазылыўы зәрүр.
Егер жумыс автомобиллерден, механизмлерден, автокранлардан пайдаланып орынлайту-ғын болса, онда бригада ағзаларынан ким шофёр, крановчик, жүк илдириўши екени көрсетилиўи ҳәмде ислетилетуғын механизмниң ямаса автокранның түри көрсетилиўи зәрүр (мәселен Қурбанов А.С., II-топар, ТВ-26 телевышка айдаўшысы, Жолдасов П.М., II-топар, АК-51 кран крановщиги, Мадрейимов Б.Е., I-топар, жүк илдириўши). Бригада ағзаларының фамилиясы атлық сеплеўинде жазылыўы мүмкин.
11. « тапсырылады» деген қатарда:
электростанция, жәрдемши станциялардың электр үскенелеринде ҳәм кабель линияларын-да жумыс орынланатуғын жердиң электр үскенелериниң аты оның жалғамлары ҳәмде жумыстың мазмуны көрсетиледи, мәселен: Жәрдемши станция «Жулдыз», 110 кВ кернеўли ашық бөлистириўши үскене, шиналарды қосыўшы өширгиш (выключатель), өширгиш изоля-торларын алмастырыў. Қағыйданың 106-бәндине тийкарланып орынланатуғын жумысларда, тек электр үскене аты ҳәм жумыс мазмуны көрсетилиўи мүмкин;
Ҳаўа линияларында усы линияның аты ҳәм жумыс орынланыўы керек болған бөлим шегерасы (бағаналар қатар саны көрсетилип, қайсы бағанада ямаса бағаналар аралығында жумыс алып барылыўы, қайсы бағаналар аралығындағы сымларда ислеў, мәселен: ақырғы бағана менен ашық бөлистириў электр үскенеси порталы арасындағы сымда ҳәм т. б.) ҳәмде жумыстың мазмуны көрсетиледи, мәселен Наўайы ЫЭС - Самарканд ҳаўа линиясы, 14-20 бағаналардың сымларын жалғаў. Көп шынжырлы ҳаўа линияларында қосымша шынжыр-дың аты, фазба-фаз оңлаў болса бағаналарда фазалардың жайласыўы көрсетиўи зәрүр.
12. «Жумыс орынлансын» ҳәм «Жумыс тамамлансын» қатарларында усы наряд бойынша жумысты баслаў ҳам тамамлаў сәнеси ҳәмде ўақты көрсетиледи.
13. Электростанциялар, жәрдемши станциялар электр үскенелеринде ҳәм кабель линияларында жумыс орынланғанда, 1-кестеге төмендегилер жазылады:
1-кестеде коммутацион аппаратлар менен операция исленетуғын ҳәм жерге жалғашышты орнатыў зәрүр болған электр үскенелериниң атлары;
2-кестеде орынланыў зәрүр болған көммутацион аппаратлар, жалғамлар, әнжамлар, үскенелер атлары (белгилери) ҳәм жерге жалғағышты жалғаў зәрүр болған жерлери.
Екилемши шынжырларда, релелик қорғаў, автоматика, телемеханика байланыс қурылма-ларындағы өширилген жерлери 1-кестеде көрсетиў талап етилмейди.
Бөлистириўши қурылмалардан оларды экплуатация ислемейтуғын хызметкерлер тәрепи-нен өширилип ҳәм жерге жалғағыш жалғанатуғын ҳаўа линиялары ҳәм кабель линиялары (мәселен: электростанция ҳам жәрдемши станция нәўбетшиси) ушын 1-кестеде төмендегилер толтырылады
1-графада электр узатыў линиясының өширилиўи зәрүр болған электростанция ямаса жәрдемши станция аты;
2- графада электростанция ямаса жәрдемши станция атына тийисли линия аты (белгиси).
14. Ҳаўа линияларында жумыс орынлаўда 1-кестеге төмендегилер көрсетиледи:
1-графада нарядтың «Төмендеги жумыс тапсырылады» деген қатарға жазылған линияның, шынжырдың, сымлардың аты, ҳәмде оңланып атырған ҳаўа линиясы ямаса шынжырдың оңлаў менен байланыслы өширилиўи ҳәм жерге жалғанғанлығы зәрүр болған басқа линия аты (мәселен: оңланып атырған линиясын кесип өткен ямаса оның жақын жеринен өткен ҳаўа линиясы, көп шынжырлы ҳаўа линиясының басқа шынжырлары ҳәм басқалар);
2-графада тез-ара хызметкерлерден таярланған ислеўшилерге рухсат бериўши тәрепинен өширилетуғын ҳәм жерге жалғағыш қойылатуғын ҳаўа линияның өзиндеги коммутацион аппаратлардың аты ҳәм жерге жалғағыш қойылыўы зәрүр болған бағананың тәртип саны. Соның менен бирге усы қағыйданың графадағы 169, 173-175, 177- бәндлерине тийкар жумыс орнында жумыс алып барыўшы сымлар ҳәм тросларға жерге жалғағыш отнатыў шәрт болған бағаналардың қатар санлары ямаса бағаналар аралығы көрсетилиўи керек.
Егер наряд бериў ўақтында жерге жалғаш жалғаў керек болған жерди анықлаў мүмкин болмаса ямаса орнатылған жерге жалғағышты бир жерден екинши жерге көширип ислене-туғын болып қалса, графада «жумыс орынларында жерге жалғаў орнатылсын» деп жазы-лыўы зәрүр.
2-графада сондай ақ жумыс алып барыўшы тәрепинен оңланып атырған ҳаўа линиясы менен кесискен ямаса оның жанынан жақын жерден өткен ҳаўа линиясына орнатылыўы керек болған жерге жалғаныў жериде көрсетилиўи керек. Егер усы хаўа линиясы басқа кәрхана тәрепинен эксплуатация исленсе, нарядтың «Арнаўлы көрсетпелер» деген қатарына басқа кәрхана хызметкерлери тәрепинен орнатылатуғын жерге жалғағышты тексериў зәрүр-лиги көрсетилиўи керек.
15. 1-кестеге жумыс орнын таярлаў ушын керек болған коммутацион аппаратлар менен орынланатуғын операциялар киргизилиўи зәрүр. Жумыс орнын таярлаў ўақтында схемаға өзгерислер киргизиў менен байланыслы болған қайта жалғаўлар (бөлистириўши үскенелерде бир жалғамды өширип, басқа шиналар системасына өткериў, бөлистириў бөлимин бир деректен екинши дерекке өткизиў ҳәм басқалар) кестеге жазылмайды.
16. Тез-ара оңлаў хызметкерлеринен таярланған ислеўге рухсат етиўшиге, наряд бериў ўақтында алдыннан таярланған жумыс орнына бригаданы қойыў тапсырылған жағдайда 1-кестениң 2-графасына наряд бериўши жумыс орнын таярлаў ушын зәрүр болған өшири-лиўи ҳәм жерге жалғағыш қойылыўы керек болған операцияларды жазып, усы операция-лардан қайсылары орынланып қойылғанлығын көрсетип қойыўы керек.
Жумыс орнын таярлаў талап етилмейтуғын жумысларда 1-кесте графаларында «Талап етилмейди» деп жазып қойылады.
17. «Арнаўлы көрсетпелер» қатарына төмендегилер жазылады:
ислеўшилердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўши қосымша илажлар (қоршаўлар орнатыў, жумыс орынланатуғын ханаларда водород жоқлығын тексериў, өртке қарсы қәўипсизлик илажлары ҳәм басқалар);
жумыс басшысының барқулла басшылығында орынланатуғын жумыстың басқышлары ямаса операциялары (усы қағыйданың 49-бәнди);
егер наряд бақлаўшы атына жазылса бригадаға басшылық етиўши жуўапкер адам (усы қағыйданың 54-бәнди);
жумыс басшысы ямаса жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) бригаданы бир жумыс орнынан басқа жумыс орнына көшириўге ҳәм жумыс орнына қайта рухсат етиўге рухсат бериў (усы қағыйданың 88, 94-бәнлери);
электр үскенелериниң ҳәммесин ямаса айырым бөлимин (айырым коммутацион аппарат-ларды) нәўбетшиден көрсетпе ямаса рухсат алмастан қосыўға рухсат бериў (усы қағыйданың 102-бәнди);
егер жерге жалғағышты ўақтынша алыўға рухсат бериў (усы қағыйданың 164-бәнди);
жумыс алып барыўшыға коммутацион аппаратлар менен операция ислеўге рухсат бериў (усы қағыйданың 480-бәнди);
кран менен жүклерди бир жерден екинши жерге көшириўде жумысты қәўипсиз орынлаў ушын жуўапкер адам таярлаў (усы қағыйданың 491-бәди);
басқа кәрханалардың ҳаўа линияларына қойылған жерге жалғағышларды тексериў зәрүр-лиги туўрысында көрсетпе (усы қағыйданың 14-бәнди);
Наряд бериўшиниң еркине байланыслы, усы қатарға ислеўши қәўипсизлигин орынлаў менен байланыслы болған қосымша илажларды ҳәм жазыўға рухсат етиледи.
18. «Наряд берди» ҳәм «Наряд мүддети узайтырылды» деген қатарларға наряд бериўши оған қол қойған ўақтын ҳәм сәнесин көрсетиўи зәрүр.
Наряд бериўши ҳәм оның мүддетин узайтырыўшы адамлар қол қойыўдан тысқары өзлериниң фамилияларында көрсетиўлери зәрүр.
19. 2-кестеде жумыс орнын таярлаўға рухсат алыў ҳәм биринши мәрте ислеўге рухсат алыўда толтырылады.
1-графада жумыс орнын таярлаўшы ҳәм ислеўге рухсат етиўши адамлар жумыс орнын таярлаўға ҳәм ислеўге рухсат берген адамлардың лаўазымлары ҳәм фамилиялары көрсети-леди. Егер рухсат өзи берсе 1-графада рухсат бериўши қолын қойып, өз лаўазымын жазып қойыўы шәрт.
2-графада рухсат етилген ўақыт ҳәм сәне көрсетиледи.
3-графада жумыс орнын таярлаўға ҳәм ислеўге рухсат алған адамлар қол қойыўлары керек. Жумыс орнын бир неше хызметкерлер ямаса ҳәр қыйлы цех ислеўшилери таярласа, 3-графаға жумыс орнын таярлаған барлық адамлар қол қойыўлары шәрт.
Егер жумыс орнын таярлаўға ҳәм ислеўге рухсат етиўге рухсат ҳәр қыйлы ўақытта сорала-туғын болса, 2-кестениң еки қатары: биринши қатары жумыс орнын таярлаўға рухсат ушын, екиншиси болса жумыс ислеўге рухсат ушын толтырылады.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish