Нарядтың екинши бети 20. Электростанция, жәрдемши станция электр үскенелеринде ҳәм кабель линияларында жумыс алып барғанда «Жумыс орны таярланды. Кереў астында төмендегилер қалды» деген қатарға ислеўге рухсат етиўши хызметкер оңланып атырған ҳәм жумыс орны жанындағы қоңсы жалғамлардың (ямаса қоңсы жалғамлар үскенелериниң) кернеў астында қалған ток өткизиўши бөлимлерин көрсетиўи зәрүр.
Ҳаўа линияларында жумыс алып барғанда усы қатарларға наряд бериўши «Арнаўлы көр-сетпелер» қатарында көрсеткен ток өткизиўши бөлимлер, керек болғанда басқа өткизиўши бөлимлер де жазылып қойылады.
21. 3-кестеде ҳәр күни жумыс ислеўге рухсат етиў ҳәм тамамлаў, сол себептен бригаданы бир жумыс орнынан екинши жумыс орнына көшириў ҳужжетлестириледи.
Егер жумыс алып барыўшы, рухсат етиўши ўазыйпасы бириктирилген жолы менен орынласа, ҳәмде жумыс алып барыўшыға бригаданы қайта жумыс ислеўге қойыўда олардың жумысларына рухсат етиў ушын рухсат берилген болса, ол рухсат етип атырған ўақтында кестениң 3 ҳәм 4-графаларына қол қояды.
Егер жумыс басшысы бригаданы қайтадан жумыс ислеўге қойыўда олардың ислеўлерине рухсат етиў ушын рухсат берген болса, рухсат етип атырған ўақытта кестениң 3-графасына қол қояды.
Жумыс күниниң тамам болыў мүнәсебети менен байланыслы болған жумысты тамам-лаўды жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) 5 ҳәм 6 графаларды толтырыў менен ҳүжжет-лестириледи.
22. 4-кестеде автомобиль айдаўшысы ямаса механизм машинистин ҳәм крановщикти бри-гада қурамына киргизиў ямаса шығарыўда қосымша және оған бириктирилген автомобиль, механизми ҳәм автокранның түриде көрсетилиўи керек. 4-графаға бригада қурамын өзгерти-риўге рухсат берген хызметкер қол қояды. Егер рухсат телефон ямаса радио арқалы берилсе, жумыс алып барыўшы 4-графада сол хызметкер фамилиясын көрсетиўи зәрүр.
23. Жумыс толык тамамланғаннан соң жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) ҳәм жумыс басшысы нарядтың усы жумысларды рәсмийлестириў ушын мөлжелленген қатарына жумыстың тамам болыў ўақтын ҳәм сәнесин көрсетип қол қояды. Егер жумыс басшысы тайынланбаған болса «Жумыс басшысы» деген қатарға ҳеш қандай кол қойылмайды.
Егер жумыстың толық тамам болғанлығын нарядта ҳүжжетлестириў ўақтында нәўбетши ямаса тез-ара оңлаў хызметкерлеринен таярланған жумысларға рухсат етиўши жоқ болса ямаса жумыс алып барыўшы бириктирилген жол менен рухсат етиў ўазыйпасында орынласа, жумыс басшысы ямаса бақлаўшы усы рәсмийлестириўди тек өзиниң наряд экземплярына ислейди ҳәм жумысты толык тамам болғанлығы туўрысындағы хабарды алған хызметкердиң лаўазымын ҳәм фамилиясын көрсетип, ҳабар етилген ўақтын ҳәм сәнесин жазып қойыўы шәрт.
Егер жумыстың толық тамам болғанлығын нарядта ҳүжжетлестириў ўақтында нәўбетши ямаса тез-ара оңлаў хызметкерлерден таярланған жумысларға рухсат етиўши қатнасып атыр-ған болса, жумыс алып барыўшы ямаса бақлаўшы, усы рәсмийлестириўди нарядтың еки нусқасынада жазады.
Егер бригада да жерге жалғағыш орнатылмаған болса, ол жағдайда «бригада қойған жерге жалғағышлар алынды» деген сөзлер жумыс толық тамамланғанлығы туўрысындағы хабар-дан кейин сызып қойылады.