Поэмалар "Қарақалпақстан"



Download 1,18 Mb.
Pdf ko'rish
bet24/28
Sana24.12.2022
Hajmi1,18 Mb.
#895841
TuriПоэма
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28
Bog'liq
I Yusupov Tumaris hám basqa poemaları 1974 @kitapxana 2021

СУББОТНИКТЕ 

Жумалатқан алтын шардай,
Бас кӛтерди қумнан куяш.
Еснеп турған жас уландай
Тҥр кӛрсетти Тахиатас. 
Шықты жаслар бригадасы
Топ-топ болып субботникке.
Келип Антон отағасы,
Татьянаға қылды ӛкпе: 
- Айтпадым ба, әй, сен қызға,
"Арақыздан қалдырман" деп.
Ериншеклик қылдыңыз ба,
Болармыз деп босқа ҳәлек? 
Кулди Таня: 
- Антон ағай,
Айыплы ғой оған қызлар. 
"Уста кӛрсе, қорқар тоғай",
Деген "ырым" тапты олар. 
- Соны айтқан қайсы надан?
Сумлық ғой бул, ой не деген!
Жоныў ушын Россиядан
Ағаш таппай келдим бе мен? 
Адам уста бола алмас!,
Жас ағашты сҥйе алмаса.
Жоныўға шебер қолымды, рас,
Кесермен-аў еге алмаса... 


211 
"Антон аға, жаслар, мине,
Субботникке шақырды" деп,
Барғаныңда кемпириме
Мақтанып қояр едим мен де. 
Кейийин деп сени кӛрип,
Шығып едим ӛкпе жыйнай.
Бирақ ӛкпем кетти ерип
Жазда алжасып жаўған қардай; 
Мейли, енди ӛкпесиз-ақ,
Жарасайық бас қатырмай,
Жата алмайман, билиң бирақ
Сизлер жҥрген жерге бармай. 
Сақалымды қыраў шалмас,
Арақызда ӛмир сҥрсем,
Ғаррылық мени таба алмас,
Жаслар менен бирге жҥрсем. 
- Ўай, айттым ғой, Антон ағай,
Усылайынша жасырып бой,
Әжелди де алдап оңай
Коммунизмге жетпекши ғой. 
Гҥўлеп кҥлип қоршады журт,
"Бермеймиз,—деп—ғаррылыққа",
Уста кҥлип сыйпады мурт,
(Шебер бәле ол қуўлыққа). 
- "Марш изимнен!" деди Антон,
Кеўилли топ кетти жҥрип. 
Жер басына жеткеннен сон,


212 
Туў тигилди кумға бийик. 
Оқыўшылар мектеп беттен,
Дҥсирлетии барабанды,
Қос қанаттай қусқа питкен,
Жигерли топ келип қалды. 
Ис қайнады, ҳәр тҥп терек
Тапты ӛмир тер, ықластан,
Ҳәр кеўилде тоғай гҥллеп,
Соқты жҥрек шаршамастан. 
Тҥс аўғанда тербеп самал,
Турды сапқа нарт нәлшелер,
Адам қолы гҥл ғой мысал,
Еркин мийнет етсе егер! 
Антон аға пайын болып
Жәрдемлести Валяға кӛп.
(Қыялыңа бҥлбил қонып,
Еге алмапсан, оңлап терек.— 
Деди Таня жолдасына,
"Романтиктиң" ҳалын сорап.
Валя айтты: — Тәбият ана
Кӛгертер дә мени аяп! 
- Ағашты тек шаншыў жерге
Шайтанның да қолынан келер.
Тутпай қалса ол егерде
Бҥлбилиңди ким есиркер? 
Соның ушын, Валяжан-ай,
Қалма соңырақ жаман атқа.


213 
Пухталап ек, Ҳе ... қой былай!
Сҥйенбе, қызым, тәбиятқа. 
Тәбият деген сықмар киси,
Оннан жуўап алыў қыйын.
Сениң менен болмас иси,
Ислемесе қол ҳәм мийиң. 
Мрамордан қала салып,
Кӛр пайғазы оннан сорап.
Еңбегиңди еске алып,
Бермес бийпул бир жапырақ... 
Тәбияттың минези мынаў,
Елеслетти-аў бҥгин маған:
Сондай сықмар мҥжик еди-аў,
Бир гезде мениң байғус бабам. 
Жупыны ғана дәскеси болды,
Дҥнья қайда жатқан артып!
Рәҳәт кӛрмей ӛзи ӛлди,
Ширкеў бәрин кетти тартып. 
Мҥжиклердн тонаўға патшаң,
Шебер едн-аў садағаң кеткир.
Тәбиятқа тек ширкеў жақтан
Қараўға ғана болды "ӛткир". 
Сықмардан буйым алыўдың жолы:
Кӛрсетесең кӛзине жанын.
Басқа жолдан кӛндириў оны ...
Рети жоқ-аў, билсең жаным,.. 
Дедиде Антон Макарович,


214 
Кҥлдй кӛзин қысып қарап,
"Қәйтип сизди қыярмыз биз?"
Дести жаслар оны орап. 
Таня баслап тҥс аўғанда,
"Тоғайшылар" ашты суўды.
Жанлы суў ол ӛз жолында
Туншықтырып шӛлди буўды. 
Таня кҥткен жас тоғайда
Бҥртик жарып, ӛссе ғаўлап,
Бҥгин және қапталында,
Турды мыңсан нәлше—әўлад. 
Суў алдында тарбаяқлап,
Қашты гҥмгҥм-шӛл баласы.
Бир команда кҥткендей-ақ
Тур Тахиатас қаласы. 

Download 1,18 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish