Поэмалар "Қарақалпақстан"



Download 1,18 Mb.
Pdf ko'rish
bet22/28
Sana24.12.2022
Hajmi1,18 Mb.
#895841
TuriПоэма
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   28
Bog'liq
I Yusupov Tumaris hám basqa poemaları 1974 @kitapxana 2021

"АЎҒАН" 

Оң тҥсликген, Копет таўдан,
Кум сапырып, оттай лаплап,
Бул жерге де жеткен "аўған"


194 
Кең даланы турды қаплап. 
Аң минезли аңызақ жел,
Дӛретери-қурғақшылық.
Жҥрисинде жӛнсиз жедел,
Жанға питпес жабайылық. 
Қурылысты иркердей-ақ,
Тозан бҥркип етер қысым.
Бирақ, мәртлер минут санап,
Кҥшейтпекте топылысын. 
Тыныш ӛмир вахтасында
Ислер олар жан аямай,
Ҳәр кҥни камал тапты усында
Қәддин тиклеп бир жаңа жай. 
Бизиң елдиң даңқлы улы —
Мәрт шофѐрлар шықса шаўып
Жабайы самал гҥўлеп қуры,
Қалды изде шаңғыт қаўып. 
Штабта ис талўас урған,
Батыл және интимақлы,
Инженердиң айнасынан
Тҥнлерде де сӛнбес жақты,.. 
. . . . . . . . . 
. . . . . . . . . 

Кызғын мийнет кушағында
Қурылыс кҥни ӛтер қайнап.


195 
Әмиўдәрья жағасында, 
 
Қала ӛсер кҥн-кҥн жайнап. 
Жас қаланың қапталына
Бир участка егилди нәл.
Бирақ, суў жоқ жапта мына,
Қалды шӛллеп қуўраўға сәл. 
Мыс қазандай мийден ӛткен
Азияның саратаны,
Бҥгин жерге суў жӛнелтсеқ,
Ертең тағы соратады. 
Бҥгин қапырық турса лаплап,
Жалынлы леп алмай тыным,
Шӛлде суўсыз адасқан тап
Таңлайындай жолаўшының. 
Ертең кӛрсең жыртқыш қузғын,
Самал емес, жалынлы леп,
Ийтаршысы усы дҥздиң,
Бай-бай салып есер гҥўлеп. 
Бул жағада булытта таңсық,
Кӛк ғарғадай ушар сийрек, 
Қум шетинде жатқан қаңсып,
Сағым ойнар ийрек-ийрек. 
Усы шексиз қурғақшылық
Созылады Қара қумға.
Тек бәрине қыр кӛрсетип,
Турды бунда бир жас қала. 
Жаңа қоныс-қала тҥсли,


196 
Кумда кҥлген келешектей,
Муҳәббетй оттан кҥшли
Большевиклик жас жҥректей. 
Сол қаланың қапталында
Нәл ӛсирип Таня бизиң,
Тоғай шуўлап қыялында,
Жҥрди ислеп, алмай тыным. 

Турды -Таня жаны ашып,
Жас ағашлар арасында,
Кетти "аўған" ҳәдден асып:
(Ӛз душпанын аясын ба!) 
Бирақ Таня елестирмес
Ӛзин қысқан отлы лепти,
Қайғырар тек жанына ҥнлес
Мынаў сансыз жас тереқти, 
Сонда зуўлап қелди тусқа
Кӛк шатырлы жҥк машина.
Батып Таня қуўанышқа,
Бақырды ырғып:—Қурбан —Коля! 
Машинадан тҥсти Қурбан,
Ысық жҥзли жас инженер,
Деди Таня 
— Асыларман,
Иркилместен кетсең егер. 
— Асылыў, ол кимге керек,
Деди Қурбан жап касында—


197 
Асылғандай бар ма терек,
"Ханшамыздың" бақшасында? 
Қалай, Сергей кеўиллиме,
Жаўынгерлик достым мениң?...
Ал сен бунда турсаң неге,
Тыңлап ба я бҥлбил ҥнин? 
Қойшы, Коля! Алсын шайтан—
Ханшанды ҳәм бҥлбилиңди.
Қайда жҥрдиң, келдиң қайдан,
Айт оннан да ӛз жӛнинди? 
Сережа деген сен дегенде,..
— Ой, раҳмет, Таня, оған!
Сизлерди ойлап жҥрдим менде,
"Бақаншақ терип" қайттым таўдаң. 
Кӛрсең еди, ой сен Таня,
Бизиң ашқан зор байлықты.
Ҳасыл тас бар Қара таўда —
Деп қалтаға қолын суқты. 
Әҳ, әттең, сол машинада
Кетипти-аў, Кел, мейли енди —
Соң ҥйиңе барғанымда
Кӛрсетермен оны-деди, 
Қуўанып Таня кутлықлады,
Инженердиң кысып қолын,
(Атын айт деп ынтықпады,
Билермен деп кӛрип ӛзин) 
Деди Таня: 


198 
- Билгин келсе
Ҳәзир бизиң истиң жайын.
Мынаў еккен сансыз нәлше
"Аўғанға" дым болды қайым. 
Нәлшелердиң қеўлин таўып,
Кҥтиўимиз жарамай жҥр,
Болдық мысал келген аўып
Кӛп балалы анадай бир... 
- Кҥтиўди билсин туўған адам,
Шӛллетпей ҳәм ыссылатпай.
Салақ шеше булар мудам
Баласының бабын таппай, 
- Сережадай-аў минезиң сениң,
Сӛзиң бәрҳа илмек-илмек,
Мениң болса перзентлерим — 
Жас тоғайым жатыр шеллеп.., 
* * * 
Нарт нәлшелер арасында,
Турды усылай еки қурдас,
Аңызақ самал борасынлап,
Отлы, қуйын тозғытар тас, 
Деди Қурбан: 
- Бул жерде тап— 
"Жуўсан" кҥтиў қыйын ис ең,
Қыя шӛлде бала арқалап,
Жолға шыққан анаға тең. 
Бир жағы қум, бир жағы қыр,


199 
Қабатласып усы жерден —
Басланады. Бунда жатыр —
Шӛл қудайы суў қӛрмеген. 
Мына сизиң "тоғай" турған
Жер бетинде қҥшли саз бар.
Шынтлап бҥғин қақ жарылған,
Тийгеннең соң жанлы ызғар. 
Усы сансыз жарықлардан,
Аңызақ самал тимискиленип,
Тамырларға барып турған,
Соннан нәллер тур ғой семип... 
- Жаптан да суў қалды келмей,
Суў ише алмай турмыз шалқып,
Суўға қанған жалкаў пилдей,
Насос жатыр мурнын тартып. 
Суўы аңсат болса жанғой,
Мынаў ыссы қояр емес,
Сен де дийхан улысаң ғой,
Тапсаңшы бир тәўир қеңес! 
- Ендиги бизиң миннетимиз –
Ӛмир бериў нәлшелерге,
Оның жолы; ҥзиликсиз—
Ызғарлықты сақлаў жерде. 
- Болғаның ба кеңес берип?! 
- Ҳе, айт дейсең тағы нени?! 
- Фуў! Ыссыда майдай ерип,
Турыппан-аў тыңлап сени. 


200 
Бул кеңесиң бос мылжың ғой,
Биледи оны нәресте де...
Қәне, куўлық қылмай-ақ қой,
Айтшы, сӛйтип не ислеўди? — 
Дегенде Қурбан ықлас пенен,
Мейирлене кҥлди қатып.
Таня да кҥлди шын кеўилден,
Дос ҳәзилин дым унатып, 
- Ызғарлықты сақлаўдың бар
Тек ўақытша бир усылы.
Бақырса да агрономлар,
Қолланайық биз усыны: 
("Бақырса да" … деўим, бул тек –
Ағашты емес, жай егисти—
Егерде, ғана кҥтә сийрек —
Қолланылып келди бизде). 
Насосты салып иске, шаққан.
Жиберемнз суўды бҥгин. 
Ағашлары қуўрап атқан, 
Қарықларға тӛсеймиз қум. 
Бириншиден, тамырларға—
Бара алмайды аңызақ жел; 
Екиншиден, ызғарды да
Узақ тутар усы ҳәмел. 
Бизиң экспедиция
Кетеди таўға бир ҳәптеден.
Қарап турар бос машина,
Аяймызба оны сеннен. 


201 
Тӛгемиз, сӛйтип, қарықларға
Шана менен қумды тасып.
Ал ҳәзирше турмай бунда,
Жҥр келейик суўды ашып. 
Сӛйтип, кеште ҥшеў болып,
Кинолармыз бир ҳәз етип...
Дегенде бойға шадлық толып,
Кҥлди Таня кеўли питип. 
Гей ўақытта шын дослықтың
От сезими кетер ийип?
Қуўанғаннан Таня бизиң,
Қурбанды бирден алды сҥйип, 

Download 1,18 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish