148
«Бесик» сөзине эпитет сыпатында келтирилген «ақ
түс» мысалындағы «ақ» лексемасының өзи де түрки
халықлары ушын муқаддес түсиник.
Аралбойы
ҳәм
Бухара
қарақалпақларында
бесиктиң үш түри ушырасады. Оның кең таралған
биринши түри –
талбесик
. «Ақ бесик» ибарасы
тийкарынан бесиктиң усы түрине
байланыслы
қолланылады:
Аллай, аллай – алдан,
Ақ бесиги талдан,
Еркетайым ер жетсе,
Елди қорғар жаўдан
... [Адж., 2007]. Қарақалпақ
усталары бесиктиң бул түриниң көбинесе талдан
ҳәм басқа да ағаш түрлеринен соғылатуғын
болғанлықтан да оның усылай «талбесик» деп
аталғанлығын айтады. Баланың өсип-өниўи көзде
тутылғанлықтан бул қурылма тут, ерик, ғоза
сыяқлы мийўе ағашларынан да соғылған. Әсиресе,
бесиктиң
«айылма»,
«гәрдиш»
деп
аталған
бөлеклери туттан исленген [Адж., 2010].
Бухаралы
информаторлар
бизге
бесиктиң
«айығаш»
(«ай ағаш»)
деп улығланатуғын шынар-
дан ҳәм «таўығаш»
(«таў ағаш»)
аталатуғын арша
яки шыршадан да соғылып келгенлиги жөнинде де
ма ғл ыўм а тла р
бер ди.
« Ай
аға ш»
деп
тәрипленетуғын шынар ағашы қарақалпақ шежире-
синде миллийлик тымсалы саналады [Искендер-
улы Тошкент. 2004. 25].
Айығаштан бесиги,
Айланып алсын анасы,
Таўығаштан бесиги,
Таўланып алсын анасы
, - дегенде усы ағаш
түрлери нәзерде тутылған [Адж., 2008]. Бул ағаш
түрлери
мың
жылдан
аса өмир
сүретуғын
болғанлықтан бесик баласының да усылай узақ жас
көриўи
нийет
етиледи.
Бундай
бесиклердиң
сақланыўы да жақсы болып, ол әўладтан-әўладқа
мийрасқа қалдырылған.
Түрки халықларында бала шақалақ ўақтында
шетинеп қалса, оның бесигин қәбир басына қойыў
әдети бар. Қәбирстанға қойылған бесиклер шынар-
дан, арша яки шыршадан соғылған болса, көпке ше-
кем сақланып турады. Халық дәстүри
бойынша
қойымшылықта турған усындай бесиклерди пер-
зент дағында жүрген аналардың
ырым етип
алыўына болады.
Бесикти базардан ал,
Белсенсең мазардан ал,
- деген сөздиң де
усы
ырым менен байланыслы айтылғанлығы байқалады
[Aдж., 2007].
Бесиктиң екинши бир түри –
желбесик
. Ол қара
үй ишине арқан арқалы тартылып, еки жағы кереге-
ге байланатуғын арнаўлы төсемеси бар аспалы
қурылма. Бесиктиң бул түри ҳәзирги ўақытта тек
аўыллық орынларда, тийкарынан шарўалар турмы-
сында ғана ушырасады. Бала ушын ыңғайлы болған
желбесиклер бухаралы қарақалпақларда кеңнен
пайдаланылады.
Желбесиктиң
арқан-баўлары
жасыл-ағы аралас алакөк жиптен өрилип, еки
желбаў
аралығына
нағыс
ойылған
сәнли
тиреўишлер
қойылады.
Төсемениң
үстине
«бөпекөрпеше», «бөпекөрпе» ҳәм «бөпекөпшик»
дасталып, баланың бас ушына ырымлық
затлар
илинеди. Қараүйде туўылған шақалақлар ушын бу-
рын үйдиң ишки бөлегине «бөпекөшене» тутылып,
желбесик те соның ишинде болған ҳәм бала
қырқынан шыққанша оны сырткөзден таса услаған.
Талбесик жылдың барлық паслында да пайдала-
нылса,
желбесик
тек
жаз
айларында
ғана
қолланылады. «Желбесик» атамасының
келип
шығыўына
да
оның
жел
менен
тербелип
туратуғынлығы себеп болғанлығы сезиледи. Жел-
бесикке
бөленген
бала
еркин
жататуғын
болғанлықтан да ол ҳаққында:
Do'stlaringiz bilan baham: