Foydalanilgan adabiyotlar.
1. Bolalar enkslopediyasi
2. Internet saytlari.
30
10
ТӘРБИЯСЫ ҚЫЙИН ӨСПИРИМЛЕР МЕНЕН КЛАСС ЖӘМӘӘТИ ҲӘМ
ШАҢАРАҚ АҒЗАЛАРЫ ОРТАСЫНДАҒЫ ҚАРЫМ - ҚАТНАС ПСИХОЛОГИЯСЫ
Ибраймова Еркинай Узақбергеновна
Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы
48-санлы мектеп әмелиятшы психологы
Телефон: +998(99)680 56 28
Бокешова Роза Жеткербаевна
Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы
4-санлы мектеп әмелиятшы психологы
Телефон: +998(99)061 51 89
Аннотация. Тәрбиясы қыйын өспиримлер менен класс жәмәәти ҳәм шаңарақ ағзалары
ортасындағы дурыс қарым – қатнаста болыўдың психологиялық тәртиби, тәлим – тарбия
бериў ислеринде ушырасатуғын қыйыншылықлар ҳәм олар менен индивидуал тәризинде
жумыс алып барыў ҳаққында мағлыўматлар келтирилген.
Гилт сөзлер: тәрбиясы қыйын өспиримлер, минез – қулық, тәлим – тәрбия, қарым –
қатнас, психологиялық раўажланыў, индивидуал психологиялық өзгешелик, шахс.
Ҳәзирги күн психология тараўында инсан минез – қулқындағы өзгерислер ҳәм әдеп
– икрамлылық нормасынан шетке шығыў ҳәдийселери, социал турмыс пенен байланыс-
лы екенин ҳәм оларды саламатластырыў мүмкинлиги ҳаққындағы мағлыўматлар илимий
тийкарында дәлилленген. Сонлықтан да, тәрбиясы қыйын балалардың минез –қулқын
саламатластырыў, дүзетиў мүмкин деген жуўмақ келип шығады.
Өспиримлерде тәлим – тәрбия бериў ислеринде ушырасатуғын қыйыншылықлар бул
жастағы балалардың психологиялық раўажланыў нызамлықларын ҳәм өзгешеликлерин
жетерли дәрежеде билмеўи ямаса наразылық болған жағдайда пайда болады. Бул дәўир
тәрбия ушын жүдә қыйын дәўир болып есапланады. Себеби баланың үлкен адамға
айланыўы процессиниң өзи қыйын, бул процесс психиканың, адамлар менен болған қарым
- қатнас формасының жуўапкершилик пенен қайта өзгериўи ҳәмде турмыс шәраяты ҳәм
хызметиниң өзгериўи менен байланыслы.
Егер баланызға кишкене ўақтында оған әдеп – икрамлылық жақтан үйретилиўи ески
форма ҳәм усыллардан пайдаланылған болса, енди олар өспирим ушын жарамсыз болып
қалды. Алдын балалар ата – аналары, тәрбияшылардың әдеп – икрамлылық ҳаққындағы
гәплерин тыныш еситкен болса, енди тәсир баланы зериктиреди ямаса жақпай қалады.
Нәтийжеде, үлкенлердиң пикирлерине қарсы шығыў қәсийетлери пайда болып баслайды.
Булар усы дәўирдиң “қыйын”, “қурамалы” дәўир болыўына себеп болады.
Тәрбиясы қыйын, ынжық, қайсар, минез – қулқы унамсыз балалар келип шығыўының
социал себеплеринен тысқары педагогикалық-психологиялық себеплери де бар. Жасларда
унамсыз ҳәрекетлер пайда болыўының себеплери ҳәм түрлери ҳәр қыйлы болады. Нызамды
бузыўшы ямаса қағыйдаларға бойсынбаўы дәрежесине қарап тәрбиясы қыйын өспиримлер
нызам бузыўшылар ҳәм әпиўайи қағыйда бузыўшылар топарына ажыратылады.
Шахстың биологиялық өсиўиндеги нуқсанлар, сезиў органларындағы кемшиликлер,
оқыўға унамсыз тәсир етиўши жоқары нерв хызмети ҳәм темпераменттеги курслар
тәрбиясы қыйын балаларды келтирип шығарады.
Шахстың психологиялық өсиўиндеги кемшиликлер, еркиниң бослығы, ақылый жақтан
раўажланыўы артта қалған, сезиминиң күшсизлиги, қызығыўшылықларының жоқлығы,
өспиримниң интасы менен бар имканияты ортасындағы мүнәсип емеслиги ҳәрекетлерин
изден шығарады.
Сонлықтан, шахстың пәзийлетлеринде көринетуғын кемшиликлер:
- ақылый қәсийетлериниң жетиспеўшиликлери;
- оқытыўшы, класс жәмәәти, шаңарақ ағзалары менен дурыс емес қарым-қатнаста
болыўы;
- жумыс хош жақпаслығы;
- бос ўактын дурыс шөлкемлестире алмайды ҳәм басқалар унамсыз жағдайларды жүзеге
келтиреди.
31
10
Шахстың оқыў хызметиндеги кемшиликлер:
- ақылый хызмет усыллардан кең пайдаланып билмейди;
- билим, көнликпе ҳәм тәжирийбелерди ийелеўдеги үзилислерди пайда етеди.
Мектеп хызметине байланыслы болған кемшиликлер:
- оқытыўдағы кемшиликлер;
- Тәрбиялық шара ҳәм илажлардағы қәтелер балалар ҳәм өспиримлер минез-қулқында
өзгерислердиң келип шығыў себеплери болыўы мүмкин.
Мектеп жәмәәти орталықтың тәсириндеги кемшиликлер, шаңарақта педагогикалық
– психологиялық билимлердиң жетиспеўшилиги, шаңарақлық келиспеўшиликлер,
ажырасыўлар, ата – ананың ишиўшиликке берилиўи, тең қурбыларының тәсири, оны
қоршап турған орталықтағы кемшиликлер тәрбиясы қыйын өспиримлердиң көбейиўине
алып келеди.
Солай етип, тәрбиясы қыйин балаларға қыйиншылықларды жеңиў ушын
умтылыўшылықты жүзеге шығарыў, тусиндириў, өз – өзине, кушине исеним сезимлерин
тәрбиялаў, жеке хызметлерин қәлиплестириў ҳәм шөлкемлестириўге жәрдем бериў исле-
рин алып барыў жақсы нәтийже береди.
Улыўма тәрбиясы қыйин өспиримлерди келтирип шығарыўшы себеплер комплексине
төмендегилерди киритиўимиз мүмкин:
- Шахстың биологиялық кемшиликлери, сезиў органларындағы, оқыўына унамсыз
тәсир етиўши, жоқары нерв хызмети ҳәм темперамент өзгешеликлери;
- Шахстың психикалық раўажланыўының кемшиликлери, ақылый раўажланыўы, еркиниң
өспеўи, сезимлериниң кем раўажланғанлығы, билиўге, умтылыўға, қызығыўшылығының
жоқлығы;
- Шахстың тәрбиясындағы кемшиликлер, өспиримлердиң оқытыўшылар, класс жәмәәти
ҳәм шаңарақ ағзалары менен дурыс қарым – қатнаста болмаўы.
Соның менен бирге, жаслардың эмоционал – еркиниң өзгешеликлерин билиў ҳәм
оларды тәрбиялаў әҳмийетли болып есапланады. Жаслар менен индивидуал қарым –
қатнаста болыўы оның қаншелли тыныш, мүмкинлиги ямаса эмоционналлығы, сезиўлерге
бериўшеңлиги, яғный дөгерек әтираптағылардан парық қылыў яки парық қылмаслығы,
аффектке мейил ямаса мейил емеслигин, өз сезимлерин тута алыў – алмаслығын ҳәм онда
қандай қәсийетлериниң үстин екенлигин билиў оқытыўшылар ушын зәрур.
Тәрбиясы қыйын өспиримлердиң ҳәрекетлерин унамлы бағдарға бурып жибериў ушын
оларда жуўапкершилик, исеним сезимлерди оятыў керек. Буның ушын олардың жасы, күши,
қәбилети ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алып, тапсырмалар бериў керек. Оларға киши
жамәәтинде, қызыққан дөгереклерге қатнастырып, спорт секциясин басқарыў ўазыйпасын
исенип тапсырсаңыз нәтийжеде унамсыз минез – қулықлардың кемейиўине алып келе-
ди. Және ең әҳмийетлиси сонда, тәрбияланыўшыларға исениў керек. Олардың қолынан
келетуғын ислерине итибарды күшейтиў керек, оны орынлағаннан кейин хошаметлеў, еле
де жумысларын жақсы ислеўге ийтермелеў, өз бетинше пикирлерин баян етиўге үйретиў
ҳәм тәрбиялаў лазым.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1. Э.Ғозиев. Умумий психология. Т., 2010 й.
2. М.Рожкова. Воспитание трудного ребенка: дети с девянтным поведением. М., 2003 г.
3. Е.Рогов. Настольная книга практического психолога в образовании. М., 1996 г.
4. Ш. Дустмухамедова, З.Нишанова. Ёш даврлар ва педагогик психология. Т., 2013 й.
32
Do'stlaringiz bilan baham: |