7
20. Сақлағышларды(предохранитель) қойыў ҳəм алыў кернеў алынған ҳалда ислениўи тийис.
Схемада коммутацион аппараты жоқлығы себепли кернеўди алыў имканияты болмағанда
жалғамларда нагрузка жоқ кернеў астындағы сақлағышларды алыў ҳəм орнатыўға рухсат
етиледи.
Кернеў астындағы ҳəм нагрузка астында болған екилемши жалғам шынжырларындағы,
жақтыландырыў схемаларындағы, кернеў трансформаторы сақлағышларын алмастырыўға
рухсат етиледи.
21. Кернеў астындағы сақлағышларды алыў ҳəм орнатыўда қолланылыўы тийис:
1000 В жоқары электр үскенелеринде изоляциялаўшы клещтен, қорғаў көз əйнегинен ҳəм
диэлектрик қолғаптан пайдаланған ҳалда орынланыўы керек;
1000 В дейинги электр үскенелеринде изоляциялаўшы клещлерден ямаса диэлектрик
қолғаплардан ҳəм қорғаўшы көз əйнектен пайдаланыў керек.
22. 1000 В дейинги жыйым(сборка) ҳəм шитлерде бириниң үстинен бири жайласқан сақлағышлар,
жалғамларында коммутацион аппараты жоқ жағдайларда сақлағышларды ңагрузка астында
болсада алыў ҳəм орнатыўға рухсат етиледи. Бундай жағдайларда көзди қорғаў қуралы орнына
бетти қорғаў қуралларынан пайдаланыў усыныс етиледи.
23. Жыйнаў (сборка), шит, камера ҳəм электр үскенеси жайы қапысы, жумыс исленип атырған
камерасынан басқа қулып басылып жаўылыўы тийис.
24. 1000 В жоқары электр үскенелериниң, сыртта жайласқан 1000 В жоқары электр
үскене-лериниң, сондай-ақ 1000 В дейинги бөлистириў шити ҳəм жыйынның гилтлери
нəўбетши исши есабында турыўы тийис.
Жергиликли нəўбетшиси жоқ электр үскенелеринде гилтлер административ-техник
исшиси есабында турыўы тийис.
Гилтлер номерленген болыўы тийис. Гилтлердиң бир комплекти аўысық болыўы тийис.
Гилтлер тилхат астында берилиўи керек:
өзбетинше көзден өткериў ҳуқықы бар исшилерге ҳəмме жайлардики.
тез-ара оңлаў исшилеринен болған иске қосыўшы иске қосқанында жумыс басшысына, жумыс
алып барыўшыға, бақлаўшыға жумыс ислеў күтилген жайлардың гилти бериледи;
25. Ҳəр күни көзден өткериў ямаса жумыс тамамланғаннан соң гилтлер тапсырылыўы тийис.
Жергиликли нəўбетшиси жоқ электр үскенелеринде жумыс ислегенде гилтлер келеси жумыс
күнинен кешиктирилмеген ҳалда көзден өткерилгеннен соң ямаса жумыс толық
тамамланғаннан кейин кайтарылыўы керек.
Кəрхана электр тармағы бөлистириў үскенесинде тез-ара косыўларды ислеўге ҳуқықы
барларға, тутыныўшы исшисине, сондай-ақ нəўбетшиге тез-ара оңлаў ҳəм
админис-тратив-техник исшилерине, өзбетинше көрик өткериўге ҳақылы, жоқарыда
көрсетилген исшилерге узақ ўақытқа гилтлердиң берилиўи кəрхананың бас инженери
анықлайды.
Гилтлердиң берилиўи ҳəм қайтарылыўы еркин формадағы журналға ямаса тез-ара журналда
есапқа алыныўы тийис.
26. Бахытсыз ҳəдийсе болғанда тезде жарақатланыўшыны электр тогинен, кернеўликтен азат етиў
ушын алдын ала рухсат алмай қутқарыў мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: