Шөлкемлестириў илажлары


§1._Жумысты_қәўипсиз_түрде_алып_барыў_ушын_төмендеги_шөлкемлестириў_илажлары_орынланыўы_тийис.'>V-бап. Шөлкемлестириў илажлары



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet10/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

V-бап. Шөлкемлестириў илажлары.
§1. Жумысты қәўипсиз түрде алып барыў ушын төмендеги 
шөлкемлестириў илажлары орынланыўы тийис.
45. Жумысты қəўипсиз ислеў ушын төмендеги шөлкемлестириў илажлары əмелге асыры-
лыўы шəрт:
Жумысты кəўипсиз алып барыў ушын жуўапкер адамларды таярлаў;
Наряд ямаса бийлик бериў;
Жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға рухсатнама бериў;
Жумыс орнын таярлаў ҳəм иске қосыў;
Жумыс бабында бақлаў;
Басқа жумыс орнына көшириў;
Жумыста тəнепис ҳəм оның тамамланыўын рəсмийлестириў.
46. Жумыс ўақтында жумысты қəўипсиз алып барылыўға төмендеилер жуўапкер болып та-
былады: 
Наряд ямаса бийлик етиўши;
Жумыс басшысы (Руководитель работ);
Жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға рухсатнама бериўши исши;
Жумыс орнын таярлаўшы исши;
Иске қосыўшы (Допускающий);
Жумыс алып барыўшы;
Бақлаўшы (наблюдающий);
Бригада ағзалары.
47. Наряд ямаса бийлик бериўшилер жуўап береди: 
Наряд ямаса бийлик бериўши жумыстың қəўипсиз орынланыўына, нарядта көрсетилген 
қəўипсизлик илажлардың жетерлигине, дурыслығына ҳəм бригада қурамы саныны туўры 
келиўине, сапалығына, нарядтағы исшилердиң электр қəўипсизлиги топарларының исленип 
атырған жумысқа сəйкес келиўине жуўап береди.
48. Наряд ямаса бийлик бериўшилер кимлер: 
- Наряд ямаса бийлик бериў ҳуқықы кəрхана ҳəм оның структуралық бөлимлериниң
V-топарға ийе административ техникалық исшилерине бериледи.
- Кешиктирип болмайтуғын жумысларда, наряд бериўге ҳуқықы бар 
административ-техникалық исшилер жоқ жағдайларда, наряд ямаса бийлик бериў ҳуқықы 
усы электр 
үскенелеринде ислеў ҳуқықы бар IV-топарға ийе нəўбетши исшилерге бериледи.
- Бул жағдайларда нəўбетши исшилерге наряд ямаса бийлик бериў ҳуқықы кəрхана бас-
шылары тəрепинен жазба түрде рəсмийлестириледи. 
49.
Жумыс басшысы (Руководитель работ): 
- Жумыс басшысы - нарядта көрсетилген барлық қəўипсизлик илажларының орынла-ныўына 
ҳəм жетерлигине, жумыс алып барыўшы ҳəм иске қосыўшы тəрепинен бригадаға көрсетпениң 
жетерли, толық ҳəм сапалы өткерилиўине, жумысты қəўипсиз алып барылыўын 
шөлкемлестириўге жуўап береди.
- Жумыс басшысы етип V-топарға ийе инженер техник хызметкерлер белгиленеди. Жумыстың 
айырым этаплары жумыс басшысының үзликсиз басшылығында ҳəм бақлаўында алып 
барылыўы тийис болғанда наряд бериўши, нарядтың бөлек көрсетпе (отдельное указание) 
қатарына жазып қояды.


10
50. Жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға рухсатнама бериўши исшиниң жуўапкерши-
лиги.
Жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға рухсатнама бериўши исши жумыс ислеў ушын 
көзде тутылған электр үскенени өшириў ҳəм жерге жалғаў бойынша илажлардың жетелигине 
ҳəм оларды орынлаў мүмкинлигине ҳəмде иске қосылған бригаданың жумыс орны ҳəм 
ўақыттың сəйкеслигине жуўап береди.
Жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға рухсатнама бериўши исши алдын ала электр 
үскенениң өширилгенлигине ҳəм жерге жалғағыш қойыў бойынша операциялар-дың 
орынланғанлығы ҳаққында нəўбетшиге, жумыс орнын таярлаўшы тез-ара исшиге, иске 
қосыўшыға хабарлаўы тийис.
Жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға рухсатнама бериў ҳуқықы IV-топарға ийе, 
лаўазымлық қолланбасына мас нəўбетши исшиге, сондай-ақ административ техникалық 
исшилерге бериледи. 
51.
Жумыс орнын таялаўшы исши жуўап береди:
Жумыс орнын таялаўшы исши жумыс орнын таялаў бойынша нарядта көрсетилген 
илажлардың дурыс ҳəм анық орынланыўына ҳəмде жумыс шəрти бойынша талаплардың 
(қулып қойыў, плакат қыстырыў, қоршалаўлардың) орынланыўына жуўап береди.
Жумыс орнын таярлаў ҳуқықы нəўбетши исшиге ямаса тез-ара оңлаў исшилерине бериледи.
52.
Иске қосыўшы (Допускающий) жуўап береди:
Иске қосыўшы (Допускающий) нарядта көрсетилген қəўипсизлик илажларының дурыслығына 
ҳəм жетерлигине, солардың орынланыўының маслығына, жумыс орны ҳəм характерине, 
жумысқа иске қосыўдың дурыслығына, көрсетпелердиң толық ҳəм сапалы өткерилиўине 
жуўап береди.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish