226
Синтетик байланыстырыўшылар, шийша тола ямаса жүдә ингичка шийша талшықлы
штапел тийкарында-60
0
С дан
450
0
С гача температурага шыдамлы арнаўлы даўыс
жутыўшы
материаллар ислеп шығарыў йўлга қўйилган.
34.4.2 Даўыс изоляциясы материаллары
Даўыс изоляциясы ямаса
қистирма
материаллар кӛп қатламлы қабатлар аралық
плиталарды ҳәм пердедийўалларды соққыдан пайда болатуғын шаўқымнан изоляциялаў ҳәм
ҳаўадағы шаўқымды
қисман
жуттырыў ушын ислетиледи.
Даўыс изоляциясы нормалары кӛрсеткиши тосық конструкцияның ҳаўа шаўқымы
изоляциясы индекси менен белгиленеди ҳәм “Қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларында”
берилген графиклер ямаса кестелерден пайдаланып анықланады.
Буйым ҳәм конструкцияның даўыс изоляциясы қәсийети олардыӊ структурасы,
ӛлшемлери, массасы,
бикрлиги,
материалдыӊ ишки қарсылығы, тийкарға сүйениў усылы ҳәм
басқа факторларға байланыслы болады.
Даўыс изоляциясы буйым ҳәм конструкциялары структурасына акустикалық бир
жыныслы ҳәм бир жыныссыз болыўы мүмкин. Бир жыныслы даўыс изоляциясы
конструкцияларына жеке тербелмели ҳәрекети бир пүтин болған конструкциялар киреди.
Кӛп қатламлы даўыс изоляциясы конструкциялары, соның ишинде ҳаўа қатламлылары да,
түрли материаллардан қуралғаны ушын кӛп жыныслы ҳәм даўыс изоляциясы қәсийети
ӛзгеше болады.
Акустикалық бир жыныслы буйымлардыӊ даўысты изоляциялаў қәсийети менен
массасы арасындағы байланыс онлы логарифм сызығы бойынша, яғный дәслеп тезликте,
кейинирек әстелик пенен ӛзгереди. Демек, бир жыныслы буйымлардыӊ даўыс изоляциясы
қәсийетин асырыў ушын оныӊ массасын кӛбейтиў керек болады. Буйымныӊ массасын
асырмастан даўыс изоляциясы қәсийетин асырыў ушын кӛп қатламлы структураларды
ислетиў мақсетке муўапық.
Кӛп қатламлы, арасында ҳаўа қатламы болған буйымлар нәтийжели даўыс изоляциясы
материаллары саналады. Бул ҳалатда ҳаўаның динамикалық эластиклик модулиниң (0,14
МПа) қатты материалларға салыстырғанда жүдә кишилиги айрықша әҳмийетке ийе.
Мәселен, бетонлардың эластиклик модули 5000-30000 МПа.
Квартиралараралық дийўаллар ҳәмде
сурилувчи
қабатлар аралық плиталар тутасқан
орын конструкциясы акустикалық бир жыныссыз болады (34.5-сүўрет).
Акустикалық бир жыныслы болмаған конструкцияларды монтажлаўда арасында ҳаўа
қатламы қалдырылыўы ямаса даўыс изоляциясы
қистирмалари
ислетиў мақсетке муўапық.
Бул ҳалда конструкциялар ӛз-ара
бикр
ҳалатда байланыспаслығы керек. Конструкциялар
арасында 1 см қалыӊлықта ҳаўа қатламы болыўы, 10 см қалыӊлықтағы бетонныӊ даўыс
изоляциясы
хусусияти
кӛрсеткишине эквивалент болады. Даўыс изоляциясы қистирма
материаллары доимо юклама астында ишлайди.
Do'stlaringiz bilan baham: