1
1-лекция. Кирисиў. Машина деталлары ҳақындатүсиниклер.
Таяныш сөзлер.
Машина деталлары, рухсат етилиў хәм орнықтырыўлар, көшерлер, валлар,
подшипник ҳәм муфталар,
бирикпелер, берилислер ҳәм олардың түрлери, полат
арқанлар, строплар, деталлар.
Машина өндирис үскенеси болып, бир қанша механизмлерден турады ҳәм
энергияны бир түрден екинши түрге өзгертиў ушын
хызмет етеди ямаса пайдалы
жумысты орынлайды.
Машина деталлардан, узеллерден, механизмлерден ҳәм агрегатлардан
турады. Деталь-машинаның бирлик бөлеги.Узел –белгили
бир функцияны
орынлаўшы бир неше деталлардың жыйындысы. Механизм –белгили бир
ҳәрекетти толық орынлайтуғын деталлардың ямаса звенолардың кенематикалық
байланысы.
Агрегат - өзинше ҳәрекетлениўши механизм болып, бир қанша узеллерден
турады ҳәм белгили бир функцияны орынлайды.Машиналар екиге бөлинеди.
1.Машина-двигатель бир турдеги энергияны механикалық энергияға
айландырады.
2.Жумысшы машина – двигателден керекли механикалық энергияны алады.
Қурылыс машинасы-деп халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында
пайдаланатуғын жумысшы органлары қурылыс процессине
бир ямаса бир неше
операцияларын орынлайтуғын машинаға айтылады.
Қурылыс машиналары еки түрде ислеп шыгарылады:
а) ҳәрекетлениўши (өзи жүрер, сүйретпе, ярым сүйретпе ҳәм аспа)
б) бир орында турып ислеўши
Өзи жүрер машина конструкциясы бойынша тийкарынан алты топар
элементлеринен турады:
1.
Рама (станина, яғный барлық узел ҳәм агрегатлар орналасыўы ушын база
болып есапланады).
2.
Жумысшы үскенелер-булар жәрдеминде технологиялық
операциялар
орынланады.
3.
Күш дереги үскенеси-двигатель барлық механизмлердиң ҳәрекетке келиўи
ушын энергия дереги болып есапланады.
4.
Трансмиссия- берилис механизми болып, жумысшы ҳәм жүрис бөлими
үскенелерин күш дереги менен байланыстырады.
5.
Жүрис бөлими
6.
Басқарыў механизми.
Бир орында турып ислеўши машина жүрис бөлими үскенелерине ийе емес,
сонлықтан бул машиналарды бир орыннан екинши орынға транспорт үскенелери
жәрдеминде көширип өткизиледи.
Машиналар жумыс ислеў процессии сыпатламасы бойынша дәўирли жумыс
ислеўши ҳәм үзликсиз жумыс ислеўши болып бөлинеди.
Машина деталларының жумысқа жарамлылығы оны пайдаланыў ўақтындағы
беккемлиги, қаттылығы, желиниўге турақлылығы, тербелиўге турақлылығы ҳәм
жыллылыққа шыдамлылыгы менен сыпатланады.
Деталлардың беккемлиги-жумысшы жүклемениң жоқары қәўипли точкага
тәсир етиўинде оның күшлениўге турақлылық укыплылыгына айтылады.
2
Деталлардың қаттылығы-тәсир етиўши жүклемеге жумсақ серпимлилик
сақлаў укыплылығына айтылады.
Желиниўге турақлылық-деталлардың желиниўге қарсылығы.
Муқыятлылық-машинаны жумсаў ўактында оның
талап етилген хызмет
етиў мүддетине дейин тапсырылган функцияны орынлаўына айтылады.
Деталлардың жумыс искерлиги көрсеткишлери оған берилетугын жүклеме
сыпатына, деталлардың формасы ҳәм өлшемине, материалына ғәрезли болады.
Қурылыс машиналарының деталлары полат, шойын, реңли металлардан, ҳәр
қыйлы араласпа, пластик материаллардан таярланады.
Углеродлы полатлар: Ст1,…..Ст7
Сапалы конструкторлық сортовой полатлар Ст 10,Ст 15…Ст20….Ст 60.
Легирли полатларға қосымшалар гером, никель, марганец, титан, молибден,
ҳ.т.б. 20х, 40х,
Полат қуйылмалардан звёздочка, тисли колесо, маховик ҳ.т.б.
Жүдә
жоқары
болмаған
күшлениўде
ислеўши
деталлар
шойын
материаллардан таярланады.
Пластмасса материаллары подшипник, вкладыш, ремен ҳ.т.б. материаллар
таярланады.