Пикирлеў, сөз ҳəм ықтықат еркинлиги ҳуқықы
Өзбекистан Республикасы Конституциясының 29-ста-
тьясында бекитилген режеге муўапық, ҳəрким пикирлеў,
сөз ҳəм ықтықат еркинлиги ҳуқықына ийе. Бул ҳуқықларды
əмелге асырыўға «Мəлимлеме алыў кепилликлери ҳəм ер-
кинлиги ҳаққында»ғы,
1
«Мəлимлеме еркинлиги принципле-
ри ҳəм кепилликлери ҳаққында»ғы,
2
«Мəлимлемелестириў
ҳаққында»ғы,
3
«Журналисттиң профессионал искерлигин
қорғаў ҳаққында»ғы,
4
«Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы
5
нызамлар жəрдем береди.
1
Өзбекистан Республикасының 1997-жыл 24-апрельде қабыл етилген «Мəлимлеме
алыў кепилликлери ҳəм еркинлиги ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республика-
сы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 1997, № 4-5, 108-ст.
2
Өзбекистан Республикасының 2002-жыл 12-декабрьде қабыл етилген «Мəлимлеме
алыў принциплери ҳəм кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Респу-
бликасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 2003, № 1, 2-ст.
3
Өзбекистан Республикасының 2003-жыл 11-декабрьде қабыл етилген
«Мəлимлемелестириў ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республикасы Олий
Мажлисиниң Ведомостлары, 2004, № 1-2, 10-ст.
4
Өзбекистан Республикасының 1997-жыл 24-апрельде қабыл етилген «Журналисттиң
профессионал искерлигин қорғаў ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республика-
сы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 1997, № 4-5, 110-ст.
5
Өзбекистан Республикасының 2007-жыл 15-январда қабыл етилген «Ғалаба ха-
бар қураллары ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
палаталарының Ведомостлары, 2007, № 1, 4-ст.
74
«Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы Нызамның
1
5-статьясы-
на муўапық, ҳəр ким, егер нызамда басқаша қағыйда нəзерде
тутылмаған болса, ғалаба хабар қуралларында шығыў, өз пики-
рин ҳəм ықтықатын əшкара баян етиў ҳуқықына ийе. Ал усы
Нызамның 7-статьясына муўапық, ғалаба хабар қуралларын
цензура қылыўға жол қойылмайды. Жəрияланып атырған ха-
барлар ҳəм материаллар алдын-ала келисип алыныўын, сондай-
ақ, олардың текстин өзгертиўди ямаса пүткиллей баспадан
алып қалыныўын (эфирге беримеўин) талап етиўге ҳеш кимниң
ҳақы жоқ.
Пикирлер ҳəм оларды билдириў еркинлиги мəмлекетлик яки
басқа сырларды сақлаў мақсетинде нызам менен шеклениўи
мүмкин. Сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары тəрепинен қыянат
етиўге, мəселен, миллий, расалық, этникалық яки диний
өшпенлиликти оятатуғын мəлимлемелерди тарқатыўға жол
қойылмайды.
Усы статьяда мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдаланып атырған
тек физикалық шахсты емес, ал юридикалық шахсларды
да олардың меншик формасына, жайласқан орнына (почта
мəнзилине), шөлкемлестириў-ҳуқықый формаларына ҳəм басқа
да жағдайларға байланыслы кемситиўге жол қойылмаслығы
ҳаққындағы реже сəўлелендирилген.
Буннан тысқары, мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдала-
нып атырғанда кемситиўге жол қойылмаслығы туўралы
конституциялық
реже
Ҳəкимшилик
жуўапкершилик
ҳаққындағы
кодекстиң 43-статьясында
(пуқаралардың
мүрəжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў), 272-ста-
тьясында (Ҳəкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы исти
пуқаралардың теңлиги тийкарында көрип шығыў) бекитилген
болып, оларда пуқаралардың теңлигин бузғанлық ушын, жыны-
1
Өзбекистан Республикасының 2007-жыл 15-январда қабыл етилген «Ғалаба ха-
бар қураллары ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
палаталарының Ведомостлары, 2007, № 1, 4-ст.
75
сына, социаллық шығысына, жеке ҳəм жəмийетлик жағдайына,
расасына, миллетине, тилине, динине ҳəм ықтықатына
қарамастан, ҳəкимшилик жуўапкершилик нəзерде тутылған,
сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң
141-статьясында
1
жынысына, расасына, миллетине, тилине, ди-
нине, социаллық шығысына, ықтықатына, жеке яки жəмийетлик
жағдайына қарамастан, пуқаралардың ҳуқықларын тиккелей
яки жанапай бузғанлық яки шеклегенлик ямаса пуқараларға
тиккелей яки жанапай абзаллықлар бергенлик ушын жынайый
жуўапкершилик нəзерде тутылған.
Do'stlaringiz bilan baham: |