«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


Фейилден келбетлик жасаўшы қосымталар



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet43/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

Фейилден келбетлик жасаўшы қосымталар: -ақ/-ек, -ық/-ик, -ығ/-
иг, -уқ/-үк аффикслери менен жасалған келбетликлер заттың ҳәр түрли 
қәсийетине байланыслы белгилерин аңлатады: қурақ, тилик, артық т.б. 
-ын/-ин аффикси арқалы: йақын, пүтин, есен т.б. 
-ғыр/-гир, -ғур фейил тийкарлы сөзлерге жалғанып, ҳайўанат ҳәм 
заттың белгили бир иске бейим уқыплылығын билдиретуғын 
келбетликлерди жасайды: билгир, алғур, дилгир т.б. 
-ғыш/-гиш аффикси мәнилик жақтан -ғыр/-гир аффиксиниң мәнисине 
жақын: сарғыш, билгиш т.б. 
-ғын/-гин, -қын/-кин аффикси фейиллерден ҳал-аўҳал белгисин 
аңлататуғын келбетликлерди жасайды: тасқын, солғын, ағын т.б. 
-малы/-мели, -палы/-пели, -балы/-бели аффикслери өзи анықлайтуғын 
сөздиң сапалық белгисин билдиреди:
Келмели-кетпели сөз айттым,


121 
Я билмеймен терис қайттым (««Шежире»», 150-бет). 
-ғақ/-гек аффикси заттың ҳәр қыйлы сапасын билдиретуғын 
келбетликлерди жасайды: тайғақ, қурғақ т.б. 
-ты/-ти, -ы/-и аффикси сапалық ҳәм муғдарды билдиретуғын 
келбетликлерди жасайды: қатты, толы т.б. 
Фейилдиң жасалыўы. Бердақ шығармалары тилинде жумсалатуғын 
фейиллер, тийкарынан, аффиксация усылы менен атаўыш сөзлерден 
жасалған фейиллер: -ла/-ле/-лә аффикси арқалы фейиллер атлық сөзлерден 
жасалады: сөзле, изле, көзлә, сөзлә, дағла, бағла т.б. 
-ла/-ле/-лан аффикси сапалық келбетликлерге жалғанып фейил 
жасайды: хошла, ашыўлан т.б. 
-ла/-ле, -ылда/-илде, -ыра/-ире, -қыра/-кире аффикслери арқалы 
еликлеўиш ҳәм таңлақ сөзлерден, «бар, жоқ» предикативлеринен фейиллер 
жасалады: титирә, арала, еңкилде, селкилде, жарқыра, жылтыра, жоқла 
т.б. 
-лан/-лен аффикси арқалы фейиллер жасалған: ашыўлан, қәҳәрлен, 
атлан т.б.
-а/-е/-ә аффикси атаўыш ҳәм фейил сөзлерге жалғанып, аўыспалы ҳәм 
аўыспасыз фейиллерди жасайды: жаса, өрте, түнә, ойна, тиле, сына т.б. 
-ай/-ей аффикси атаўыш сөзлерден фейил жасаўда өнимли жумсалған: 
молай, көркей, тарай т.б.
-сы/-си аффикси келбетлик сөзлерден фейиллер жасаўда қатнасады: 
Менменсиген он төрт урыў (««Шежире»», 164-бет).
-шы/-ши аффикси еликлеўиш сөзлерден фейиллер жасайды: 
Тыпыршылап әдепкиси, 
Бир таяққа аўған еси (««Шежире»», 200-бет). 
-ар/-ер аффикси келбетлик сөзлерден фейиллерди жасаўда қатнасқан: 
қысқар, келтер, қуўар т.б. 
-ат/-ет аффикси атлық, келбетлик, еликлеўиш ҳәм фейил сөзлерге 
жалғанып фейиллерди жасайды: тарқат, босат т.б. 
-бый/-бий аффикслери арқалы аз сандағы фейиллер жасалған: тарбый, 
томпай, қылтый т.б.
-ық/-ик, -қы/-ки, -ға/-ге аффикси өнимсиз жумсалып, санлық ҳәм 
фейил сөзлерден фейиллерди жасаўда қатнасқан: толқы, бирик, толға т.б.
-ра/-ре, -ыра/-ире қосымтасы өнимсиз жумсалып фейиллерди 
жасайды: шашыра, титире т.б. 
-ал/-ел аффикси атаўыш сөзлерден, фейил ҳәм модаль сөзлерден 
фейиллерди жасаўда қатнасады: жоғал, оңал, саўал т.б. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish