халық қаҳарманлары дәрежесине көтереди. Соның менен бирге Бердақ
бул образларға көркем-эстетикалық позициядан жантасады. Бул тарийхый
адамлардың көркем образларын дөретеди. Оларға гөззаллық, көтериңки,
мақтаныш сезимлерин сиңдирип, қаҳарманлық образлар дәрежесине
жеткереди. Сонлықтан да, бул қаҳарманлардың қурбан болыўы орны
11
толмас жоғалтыўды аңлатады, оқыўшының жүрегин трагедиялық
сезимлерге толтырады. Ерназар бий, Асан бий, Айдос бий, Асан аталық
образлары XIX әсир қарақалпақ әдебиятындағы ең шебер жаратылған
қаҳарманлық образлар.
Ҳәзирги дәўир қарақалпақ поэзиясында да Бердақтың қаҳарманлық
образды жасаўдағы бай көркем тәжирийбесинен пайдаланып қәлем
тербетип
атырған
шайырлар
баршылық.
Буны
биз
көплеген
шайырларымыз шығармаларынан абайлаўымызға болады. Мәселен,
И.Юсупов өзиниң «Тумарис», «Қарақалпақ ҳаққында сөз» поэмаларын
жазыў арқалы халқымыз ибрат алса арзырлық, ел, ўатан мәпи ушын басын
өлимге тиккен, бул жолда, ҳәттеки, шыбын жанын да аямаған, пүтин бир
елди бирлестирген мәрт патша ҳаял Тумаристиң, сондай-ақ, миллет, халық
абыройы, абаданлығы, қарақалпақлардың мәмлекетшилиги жолында
жуўырып-жортқан, бул жолда өзиниң күш-ғайратын, шешенлик өнерин
иске салған, ханлықтың езиўине ушырап, тентиреп жүрген, халқына
автономия алып бериўге ерискен А.Досназаровтың көркем образын
жасаўда Бердақ шайырдың қаҳарманлық образ жасаўдағы көркем
тәжирийбелериниң шебер пайдаланғанын көремиз. Биринши поэмада
қаҳарманлық эпоста ҳәм Бердақ дәстанларында ушырасатуғын үш
эпикалық бирлик батыр, оның аты ҳәм қурал жарағы толық сүўретленеди.
Сондай-ақ, бул поэмада эпикалық руўхты, эпикалық қаҳарман образына
тән өзгешеликлерди абайлаў қыйын емес. Мысалы, Кейқысраўдың
ҳийлесине алданып оның қолына түскен Тумаристиң мәрт улы поэмада
«Батыр-аңқаў, ер-гөдек» деп сүўретленеди. Қолға түскен ул душпан
қанжарын тез қағып алып өзин шалып таслаўы, Тумаристиң урысқа
түспестен алдын мәммесин күйдириўи, массагетлердиң қуяш қудайына
сыйыныўы, жети атты қурбанлыққа шалыўы, сондай-ақ, поэмадағы «кесик
қулақ
нөкер»
деталы
ҳ.т.
басқалар
фольклордағы,
Бердақ
шығармаларындағы эпикалық дүньяның бирликлерин еслетеди. Олар
И.Юсупов тәрепинен алыс өтмиштеги ата-бабаларымыздың қаҳарманлық
ислерин сүўретлеўге, олардың қаҳарманлық образын жасаўға хызмет етип
тур. Демек усы көзқарастан, И.Юсупов қаҳарманлық образ жасаўдағы
Бердақтың дәстүрлерин ылайықлы, заманға сай даўам еттириўши шайыр
болып табылады. Бул авторға алыс дәўирде жасап өткен қаҳарманлық
тулғаның көркем образын жасаўға, усы арқалы бул образдың оқыўшыға
эмоционал тәсиршеңлигин арттырыўға, онда мақтанышлы, көтериңки
сезимлерди оятыўға хызмет етеди. Бул бойынша әдебий сында да дыққатка
ылайық пикирлер бар [4:32-43]. А.Досназаровтың көркем образын жасаўда
да эпикалық стильдиң гейпара көринислерин абайлаўға болады. Буның
үстине Бердақ тарийхый тулғалардың образын жасаўда олар ҳаққында
халық арасында дөреген аңыз-әңгимелерден, олардағы гиперболалық
сүўретлеўлерден утымлы пайдаланған болса, И.Юсупов та А.Досназаров
ҳаққындағы халық арасында аңызға айланған әңгимелерге гиперболалық
12
бояў сүртип пайдаланғаны сезилип турады. Биз бундай сыпатты, яғный
эпикалық стильге тән өзгешелик қахарманлық образды жаратыўдағы
Бердақ дәстанларының баслы көркемлик қәсийети екенлигин айтқан едик.
Ж.Избасқановтың «Қамал» драмалық поэмасында да қала ҳәкиминиң
қызы өз халқын душпан қурсаўынан аман алып қалыў ушын қаҳарманлық
иске қол урады: душпан әскербасысының қараргәҳына өз аяғы менен
барады, қыздың гөззаллығына ышқы кетип босасқан әскербасыны
қанжары менен түйреп өлтиреди. Қыз аяўсыз түрде әскербасы
тәрепдарлары тәрепинен жоқ етилсе де, оның қаҳарманлық иси оқыўшыда
мақтаныш оятыў менен бирге, орынсыз көз жумған мәрт қыздың
тәғдирине байланыслы трагедиялық сезимлердиң күшейиўине хызмет
етеди.
Ғәрезсизлик дәўирине келип поэзиямызда қахарманлық образ жасаўда
бир қанша көркемлик изленислер алып барылды. Усының нәтийжеси
сыпатында Б.Генжемуратовтың «Мөде хан сөзи ямаса Қытай жипегиндеги
битик», М.Жуманазарованың «Сүйинбийке», Г.Нурлепесованың «Қумар
ана», Г.Дәўлетованың «Тумар қыз», «Алп ана» шығармалары жүзеге
келди. Б.Генжемуратовтың шығармаларында алыс өтмишимиздеги Моде
ханның өз қәўиминиң ғәрезсизлиги жолында алып барған әдил сиясаты
жөнинде сөз етиледи. «Мәмлекетшиликтиң тийкары жер»,-деген
концепцияны сол алыс өтмиште-ақ алға сүрген Мөде ханның тарийхый
тулғасы, оның ибратлы ислери авторға үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе
қаҳарманлық образды жасаўға имканын берген. М.Жуманазарова болса
бир ўақытларда Қазан ханлығына ийелик еткен қарақалпақ қызы
Сүйинбийкениң тарийхый образын жасаўда ол ҳаққында қарақалпақ
тарийхый толғаўларында келтирилген мағлыўматларға сүйенеди. Бирақ ол
бул тарийхый тулға ҳаққында усы ўақытқа шекем фольклор ҳәм
әдебиятымызда қәлиплескен түсиниклер тәсиринде қалып қоймастан, өз
көркем концепциясына сай ҳәрекет етеди. Қарақалпақ халық қосығында:
«Тахт өлтирди Сүйинбийке апаңды»,-деген қатарлар ғана бар болса,
К.Мәмбетов та өз романында усы пикирден алыслап кете алмайды. Яғный
Сүйинбийке «Посқан ел» романында өз позициясына ийе емес, байлыққа
өш, ханлықты беккемлеў жолында әпиўайы адамлардың қанын суўдай
ағызған, ақылсыз, унамсыз бир тип, Россия менен Ноғай ханлығы
ортасындағы қарама-қарсылықлы қатнаста бириншисине қарсы күшлер
тәрепинде гүрескен тулға сыпатында сүўретленген. Бунда, әлбетте,
тоталитаризм дәўириндеги сиясий доктринаның тәсирин абайлаўға
болады. Ал М.Жуманазарова Сүйинбийке менен оның әкеси Юсипти,
оның баласы Юнусты Ноғай ханлығының ғәрезсизлик жолында рус
империясына қарсы гүрескен, теңсиз теке-тиреспеде қурбан болғанлар
сыпатында сүўретлейди. Буны Б.Греков ҳәм А.Якубовскийлердиң [5:95-
111], сондай-ақ В.Жирмунскийдиң [6:80-81] илимий мийнетлериндеги
мағлыўматлар тастыйықлайды. Демек, шайыра тарийхый дәрек лерге
13
сүйенген ҳалда да қәлем тербетип, Сүйинбийкениң қаҳарманлық образын
жасаўға умтылған. Г.Нурлепесова ҳәм Г.Даўлетовалардың қәлемине
тийисли шығармаларында да қаҳарманлық гүрестиң орайында турған
қаҳарман ана, батыр қыз, мәрт ҳаял Тумарис ҳәм Қумар аналардың
образын жасаў барысында Бердақтың көркем дәстүрлеринен пайдаланғаны
сезилип турады.
Жуўмақлап айтканда, ҳәзирги қарақалпақ әдебиятында, соның ишинде
поэзияда қаҳарманлық образ жасаўда Бердақ шайыр шығармаларында
топланған көркем тәжирийбе үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Бердақ. Таңламалы шығармалары. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1987.
2. Ахметов С., Мәмбетов К. Қарақалпақ әдебияты. Орта мектеплердиң 10-
классы ушын сабақлық. Нөкис, «Билим», 1996.
3. Ja’rimbetov Q. A’debiyattani’wdan sabaqlar. No’kis: «Qaraqalpaqstan»,
2012.
4. Мәмбетниязов Т. Жаңа қарақалпақ поэзиясы ҳәм дәўир талабы. Нөкис:
«Билим», 1994
5. Греков Б., Якубовский А. Алтын Орда ҳәм оның қулаўы//«Әмиўдәрья»,
1993, №9-10.
6. Жирмунский В. Тюркский героический эпос. Москва: «Наука», 1971.
Do'stlaringiz bilan baham: |