«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

қаҳарманлық образ дәрежесине көтереди.
Қарақалпақ әдебиятының уллы классиги Бердақ халық талғамын, 
эстетикалық ой-пикирин раўажландырған шайыр. Ол алдынғы прогрессив 
идеяларды өз шығармаларына сиңдирди. Гуманизм ҳәм миллий азатлық 
идеялары оның баслы идеялары болды. Көплеген лирикалық шығармалары 
(«Халық ушын», «Жақсырақ», «Қашан рәҳәтланадурсаң», «Излер едим», 
«Болған емес» ҳ.т.б.), дәстанлары («Ақмақ патша», «Шежире», «Айдос 
баба», «Ерназар бий», «Амангелди») усы идеялар менен суўғарылған. 
Оларда Бердақ, әсиресе, қаҳарманлық теманы, миллий азатлық темасын 
сәўлелендиреди. 
Бул 
шығармаларды 
эстетикалық 
көзқарастан 
қарағанымызда, оларда Айдос бий, Амангелди батыр, Асан бий, Ерназар 
бий образларының қаҳарманлық образлар етип жаратылғанын көремиз. 
Олар халық азатлығы, халықтың ар-намысы ушын гүреседи ҳәм қурбан 
болады. Асан бийдиң Қоқан ханы салған «қыз салығын» төлеўди өзине 
намыс деп билиўи, оны төлеўден бас тартыўы ҳәм қарақалпақ қызларының 
намысын сақлап қалыў ушын ҳеш тайсалмастан, қорықпастан жан бериўи 
үлкен ерлик, қаҳарманлықтың нағыз шыңы болып табылады. Асанның 
өлими ушын Амангелдиниң өш алыўы Бердақ тәрепинен улыўма 
халықлық ис сыпатында баҳаланады, Амангелди уллы қаҳарман 
сыпатында сүўретленеди. 
Дөремес оныңдай адам, 
Бул сөзди не билсин надан, 
Олар ҳәм өтти дүньядан, 
Неше түрли заман келди [1:170].
Бердақ уллы патриот шайыр сыпатында өзиниң миллий азатлық 
идеяларына ийе еди. Бул идеяларды кең халыққа жеткериў мақсетинде ол 
қаҳарманлық образларды қолланады. Бердақ жоқарыдағы халық 


10 
батырларын мақтаныш етип, оларды көтермелеп сүўретлейди. Ерназар бий 
туўралы: «Ғөруғлы бектей ер еди, Қатарда қоса нар еди», «Қарақалпақты 
жыйнап алды, Арыслан туўған Ерназар бий», «Кемликке көнер ер ме 
еди

», «Толы журттың дәркары еди», «Мәртлик етип жаннан кешти»,-
дегенге усаған теңеўлерди, метафораларды, эпитетлерди қолланады. 
Сондай-ақ, Бердақ «Амангелдидей болмаға, Қай бириңниң шамаң келди?», 
«Дөремек оныңдай адам, Бул сөзди не билсин надан» деп Амангелдини 
көклерге көтереди. Ерназар ҳәм Амангелди батырлар, шынында да, халық 
ушын туўылған батырлар еди. Олар Бердақ шайырдың әрман еткен идеал 
адамлары. Ол «Халық ушын» қосығында усындай идеалды, яғный 
халықтың ар-намысы ушын гүресетуғын, керек болса, жанын да 
аямайтуғын жигитлердиң образын лирикалық усылда жаратады. 
Жигит болсаң арысландай туўылған, 
Хызмет еткил удайына халық ушын. 
Жетерсең муратқа хызметлер етсең, 
Елатың силтесе, ғайры елге кетсең, 
Душпанның ҳәр қашан басына жетсең, 
Аянбағыл хызметиңди халық ушын [1:68]. 
Бул Амангелди ҳәм Ерназар усаған халық батырларының лирикалық 
образы. «Арыслан туўған Амангелди», «Арыслан туўған Ерназар бий», 
«Жигит болсаң арысландай туўылған» деген қатарлар «Халық ушын» 
лирикалық қосығында да ҳәм «Ерназар бий», «Амангелди» дәстанларында 
да үнлесип, бир-бирин толықтырып тур. 
Амангелди ҳәм Ерназар бий образлары қаҳарманлық сыпатларға ийе 
болыў менен бирге трагедиялық қәсийетлерге де ийе. «Эстетиканың 
нызамлары бойынша ҳәр қандай өлим трагедиялық образға тийкар бола 
бермейди. Ал, жәмийетлик мазмунға ийе, хызмети, иси халық мәпине 
қаратылған адамлардың өлими ғана трагедиялық бола алады» [3:101]. 
Ерназар ҳәм Асан батырлар халық деп, оның мәпи, азатлығы, ар-намысы 
деп жанын пидә қылады, ҳәттеки, душпан қолынан қурбан болады. Соның 
ушын да Бердақ олар туўралы «Ел деп Асан берди жанды», «Мәртлик етип 
жаннан кешти» ямаса «Шейит болды Ерназар бий» деп үлкен баҳа береди, 
олардың өлими ел-халық ушын уллы жоғалтыў, уллы трагедия екенин 
уқтырады. 
Солай етип, Бердақ «Айдос баба», «Амангелди», «Ерназар бий» 
дәстанларында халық батырларының образларын тарийхый дәреклерге сай 
етип жаратады, оларды халық позициясынан қарап, жоқары баҳалайды, 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish