«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


ҲӘЗИРГИ ҚАРАҚАЛПАҚ БАЛАЛАР ПОЭЗИЯСЫНДА



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet29/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

ҲӘЗИРГИ ҚАРАҚАЛПАҚ БАЛАЛАР ПОЭЗИЯСЫНДА 
БЕРДАҚТЫҢ КӨРКЕМЛИК ДӘСТҮРЛЕРИ 
Г. Зинатдинова ҚМУ студенти 
 
Ҳәр бир халық өз перзентлерин миллий қәдириятлар тийкарында 
тәрбиялаўға айрықша итибар береди. Бул өз гезегинде сол халықтың 
руўхый санасының бир бөлеги есапланған балалар әдебиятында, соның 
ишинде балалар поэзиясында өзиниң сәўлелениўин табады. Мәселен, 
батыс еллериниң балалар әдебиятында жекке раўажланыў баслы орынды 
ийелесе, шығыс еллеринде, соның ишинде қарақалпақ балалар 
әдебиятында (поэзиясында) дидактикалық сыпат күшли. Буны биз XIX 
әсир қарақалпақ классикалық әдебиятында, әсиресе, Бердақтың 
дидактикалық шығармаларында жийи көриўимиз мүмкин. Мәселен, 
шайырдың “Ҳалық ушын”, “Балам” қосықларын дидактикалық лириканың 
классикалық үлгилери сыпатында балалар әдебиятында да пайдаланамыз. 
Себеби, шайыр бул қосықларында көркем әдебияттың тәрбиялаўшы ҳәм 
мотивациялаўшы хизметлеринен кең пайдаланған: 
Алтақлама, талтақлама, 
Биреў урды деп жылама, 
Aш боламан деп ойлама, 
Жигерли бол жастан, балам [1:109]. 
Бул қосықта лирикалық қаҳарман баланы ҳақыйқый өмирге 
таярлайды, жақсы менен жаманды салыстырып көрсетеди ҳәм усы арқалы 
жәмийетке өз позициясына ийе шахс тәрбиялаўды мақсет етеди. Шайыр 
поэзиясындағы усындай идеялық-тематикалық бағдар ХХ әсир ҳәм 
ҳәзирги дәўир қарақалпақ поэзиясында A.Дабылов, С.Нурымбетов, 
Т.Жумамуратов, Д.Айтмуратов, X.Сапаров, Я.Әжимов, Ш.Атамуратова, 
A.Реймов, Қ.Әметов ҳәм басқалар дөретиўшилигинде даўам еттирилди. 
Мысалы, Бердақтың “Ҳалық ушын” қосығында жас әўладтың санасына 
туўылған жерге сүйиспеншилик, оған ҳaдал хызмет етиў сыяқлы 
азаматлық идеялар сиңдирилген. Бул идея ХХ әсирде белгили шайыр 
A.Дабыловтың “Нәмәрт жигит енеге дәркәр” қосығында төмендегише 
даўам еттириледи: 
Ҳалық ушын белин буўмаса, 
Жигитте намыс болмаса, 
Ўатан ушын туўылмаса, 
Ондай жигит неге дәркәр? 


90 
Сондай-ақ, Бердақ усы шығармасында жасларды ақыл-парасатлы 
болыўға, ҳалық мәпин ойлаўшы, оның келешегине жуўапкершилик пенен 
қараўшы инсан болып жетилисиўге шақырады: 
Ойлы жигит, жақсы билимпаз келер, 
Айтқан гәплериңе түсимпаз келер, 
Aқылсыздың қәсийети аз келер, 
Aқмақлар ҳеш хызмет етпес ҳалық ушын [1:76]. 
Бердақтың “Балам” қосығы да ҳалқымыздың әзелден қәлиплескен 
бала тәрбиялаў педагогикасының өзине тән өзгешеликлерин өзинде 
жәмлеген болып, онда биринши гезекте ҳақыйкатлықты, расгөйликти 
адамгершиликтиң тийкарғы белгиси сыпатында алып қарайды. Мәселен, 
Бердақтың: 
Oрынсыз жерге умтылма, 
Биреўге жөнсиз жутынба, 
Еки рет өтирик айтпа, 
Ҳағына жүр бәрҳә, балам [1:110] –
деген дидактикалық пикирлериниң тәсири белгили балалар шайыры 
X.Сапаровтың дөретиўшилигинде төмендегише сәўлеленеди: 
Aўыр истен буғып қашпа, 
Қопал гәпке араласпа, 
Тартынбастан ҳағына кел, 
Өтирик сөз айтпа ҳасла [3:7]. 
Және де инсанлар арасындағы меҳир-мүриўбет, туўысқанлық, 
кеңпейиллик пазыйлетлери ҳаққында X.Сапаровтың: 
Xaбар ал жетим ҳалынан, 
Aш адамға бер наныңнан, 
Питкер мүтәж жумысларын, 
Keлгендей болса қолыңнан –
деген қатарлары Бердақтың төмендеги шуўмағына үнлес келеди: 
Жетим көрсең, қолыңды бер, 
Aға болса, кейнине ер, 
Өзиң бултыйып, болма шер, 
Әлпайым болғыл, балам [1:110]. 
Сондай-ақ, Бердақ жас әўладты өнер-билим ийелеп, барлық күш-
жигерди ҳалық ийгилиги жолында жумсаўды нәсият етеди: 
... Kүшиңди жыйна жасыңнан, 
Ҳалкың қалмасын қасыңнан... [1:108]. 
... Қыянет ойлама журтқа, 
Oңарыңа жақсы, балам [1:110]. 
Булaр, әлбетте, жасларды кәмилликке тәрбиялаўшы көркем қатарлар 
болып есапланады. Себеби, “Aдамды ийман-инсап, илим-билим, aқыл-
нәсият жоллары менен тәрбиялаў, тутас жәмийетти усы жоллар менен 
раўажландырыў – әййемги заманлардан берли киятырған, түрли дәўир 


91 
сынақларынан өткен дәстүрли жоллардан. Сонлықтан, булaр бизиң руўхый 
дүньямыздың ажыралмас ҳәм үлкен бир бөлегине айланып кеткен” [2:3].
Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ балалар поэзиясында да
Бердақтыӊ кәмил инсан тәрбиялаў ҳаққындағы дидактикалық ой-
пикирлери бир қатар шайырларымыз тәрепинен даўам еттирилди. 
Мәселен, шайыр Қ.Әметовтың төмендеги қосық қатарларында усындай 
қәсийетлерди көриўимиз мүмкин: 
Билимге жумсар күшин, 
Жигит ол еси пүтин, 
Xызметти етер еле, 
Eли ҳәм xaлқы ушын [4:123]. 
Aл, ҳәзирги поэзияда А.Реймовтың мына қосық қатарларында миллий 
поэзиямызда ертеден қәлиплескен дидактикалық дәстүр жас баланың 
ойлаў психологиясын ашып бериў ушын шебер қолланылған:
Жақсы оқыўды ойлайман, 
Ойынды да қыймайман, 
Балаға билим кереги, 
Билгеннен соң мен оны, 
Kитап оқып көбинше, 
Aрасында ойнайман [5:191]. 
Бул шығармада автор Бердақ поэзиясында қәлиплескен нәсиятлаў 
дәстүрин тиккелей қолланбайды, оны қайта ислейди ҳәм өз идеясын жас 
баланың тилинен исенимли ашып береди. Әсиресе, бунда автор жас 
баланың дурыс жолды таңлап, билим алыўға қызығыўшылығын көрсетиўи 
арқалы қосықтың эстетикалық ҳәм этикалық тәсиршеңлигин арттырады.
Жуўмақлап айтқанда, ХХ әсир ҳәм ҳәзирги дәўир қарақалпақ 
поэзиясында инсан тәрбиясы, әсиресе, жаслар тәрбиясы ең әҳмийетли 
мәселе сыпатында сәўлеленип, онда ХIХ әсир қарақалпақ классикалық 
поэзиясының, әсиресе, Бердақтың дидактикалық поэзиясының көркемлик 
тәсири үлкен. 
Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Бердақ. Таңламалы шығармалары. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 1987. 
2. Жәримбетов Қ. Бердақтың нәсиятлары – бизиң руўхый ғәзийнемиз. 
Нөкис, 1998. 
3. Saparov X. El perzenti. Nókis, 2007. 
4. Әметов Қ. Қосықлар. // "Әмиўдәрья", 2013, №3. 
5. Reymov A. Arasında oynayman. // Palımbetov K., Bekbergenova Z. 
Balalar àdebiyatı. Nòkis, 2012. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish