78
Шайыр лирикалары халық турмысына терең сиңисип кеткенлигин,
халықтың қайғы ҳәм қуўанышы, үмит ҳәм мақсетлерин белгили дәрежеде
сәўлелендиргенине, бола олар бир әўладтан екыинши әўладқа көшип, яд
болып кыятыр. Мәселен, шайырдың көпшиликке яд
болып кеткен
қосықларынан «Өмирим» қосығына дыққат бөлип қарасақ мазмуны
жағынан терме-толғаўларды еслетип, бир жастан жүз жасқа шекемги жас
тарийхлық баянлаўларды пайдаланған. Қосықтың кириспеси үш шуўмақ
болып, өмир, дүнья ҳаққында шығарма автордың эмоциональ ой-
пикирлери менен басланады.
Ялғаншы – паны дүньяда,
Анадан туўдым, не көрдим
Өткениң бе дүньядан,
Бир күнше болмай өмирим
- десе, буннан соң жасын избе-из келтиреди.
Бирге шыққанда күлгениң,
Ата-анаңды билгениң,
Баян ет дағлы көргениң
Өтти дүньядан өмирим [1:17].
Және де:
Он бирден он еки, он үш,
Толысып кем-кем бойға күш,
Күлип-ойнап пискенде иш,
Шадыман болған күнлерим [1:17].
Жигирмада мәрттей болып,
Жүк көтерген нардай болып,
Арыслан киби ердей болып,
Күшиме толған күнлерим [1:18].
Көрип турғанымыздай қосық мазмуны толығы
менен термелерди
еслетсе, формасы бойынша да халық аўызеки әдебият үлгилериндеги
дәстан ҳ.т.б. теңеўлерди
-дай//-дей, -тай//-тей формасы қолланылған ҳәм
форма саласында пайдаланыў арқалы шайыр дөретиўшилигине
фольклордың тиккелей тәсири болған.
Мазмуны жағынан ақыл-нәсият қосықлары Бердақ лирикаларының
тийкарғы
мазмунын
қурайды,
десек
орынлы.
Оның
«Қашан
рәҳәтланадурсаң», «Жақсырақ», «Халық ушын» қосықлары тиккелей ҳадал
турмыс, мийнет етиў, жақсылық ислеў сыяқлы мазмунға қурылған.
Ойлы жигит жақсы билимпаз келер,
Айтқан гәплерине түсимпаз келер,
Ақылсыздың қәсийети аз келер,
Ақмақлар ҳеш хызмет етпес халық ушын.
Жақсының үйине адам көп келер,
Жаман болса, оның көзы жеп келер,
79
Қуры тили менен «аға» деп келер,
Қәсийети болмаса оның халық ушын [1:6].
Қарап турсақ, Бердақтың нәсиятларында адамгершилик, жүрис-турыс
әдеби, жақсы-жаманның парқына дыққат аўдарылады.
Жақсы адам сөз мәнисин аңлайды,
Жаман адам пасық сөзды тыңлайды.
-деген қатарларда да жақсы менен жаманды халықлық түсиниклерге
сүйене отырып айырады, олардың минез-қулқы, ис-ҳәрекети, жүрис-
турысына баҳа береди. Шайыр түсинигинше, жақсы адам менен жаман
адам түр-түсинен, бой-сымбатынан белгили болмайды. Жақсы адам
түсимпаз,
ислеген иси, сөйлеген сөзи жағымлы, кеңпейил, кеширимли
келеди. Шайырдың «Жақсырақ» қосығында да бул мазмун терең бериледи.
Түргелип ертеден жумысқа шығып,
Қолыңды қабартып, белиңди бүгип,
Дизеңди сызлатып, мийнетин шегип,
Жеген быр зағараң палдан жақсырақ [1:15].
- деген қатарларда мийнет пенен маңлай тер менен табылған ырысқы
несийбе ҳадал ҳәм татлы екенин нәсиятлайды. Демек, шайырдың ақыл-
нәсият мазмундағы қосықлары бүгинги күнимиз келешегимиз ушын да
әҳмийетли ҳәм баҳалы болып қала береди.
Бердақтың«Қарамас» қосығында:
Жаман болса туўысқаның,
Күйип-писип шығар жаның,
Ақ бетиңнен қашар қаның,
Өлсеңдағы ол қарамас [1:97].
- деп халық аўызеки тилиндеги ой-пикирлерге өзинше терең мазмун берип
пайдаланғанын көриўге болады.
Усы сыяқлы шайыр фольклорлық дәстүрлерди өзинше қалай-болса
солай пайдалана бермей, өзинше шеберлик пенен пайдаланады. Сонлықтан
шайыр салт-дәстүр жырларынан кеўил айтыў, жоқлаў, жубатыў қосықлары
да дөреткенин көремиз. Мысалы, оның «Кеткен келер ме», «Айралық»
қосықлары бар.
Басыңды тасқа урсаң да,
Қайырылып мойын бурсаңд а,
Арба жолларда турсаң да,
Ойланың, кеткен келер ме
Атағың сондай асса да,
Дәўлетиң суўдай тасса да,
Алдыңа шырақ жақса да,
Ойланың, кеткен келер ме
[1:100]
Қосық туўралы илимпаз Қ.Мақсетов «Бердақ фольклорлық
шығарманың мазмунын қалай болса солай пайдалана бермеген. Мысалы,
«Кеткен келер ме» қосығында жылаўдың мазмунын сөз етпекши болған.
80
Әдетте, жылаў қосықларында жийи гезлесетуғын пессимизм, шайырдың
«Кеткен келер ме» атлы кеўил айтыў қосығында күшли
оптимизм менен
берилген» [3:33]- деп сыпатлайды.
Дүня малыңды шашсаң да,
Ғәзийне аўзын ашсаң да,
Қус болып көкке ушсаң да,
Ойланың, кеткен келер ме
- деп қайтыс болған адамның жақынларына кеўил айтыў дәстүри бойынша
дөретилген қосық. Демек, шайыр халық қосықларының мазмунын өзинше
жетилистирип қолланыўға ерискен.
Бердақ өзине шекемги халық аўызеки әдебият үлгилерин жақсы
билди, үйренди ҳәм олар шегарасында қалып қоймастан, жеке стилине ийе
жазба әдебияттың көрнекли шебер ўәкиллериниң бири сыпатында қалды.
Жуўмақлап айтқанд,а ХIХ әсир Бердақ жасаған дәўирде қарақалпақлар
арасында аўызеки ҳәм жазба әдебият бир-бирине мазмун ҳәм форма
жағынан тәсир жасап раўажланып отырды. Нәтийжеде, Бердақ өз
лирикаларында оларды байытып жетилистирип қолланыўға еристи.
Do'stlaringiz bilan baham: