1
Өзбекстан Республикасы
Халық билимлендириў министрлиги
Әжинияз атындағы
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
Т.Сапарбаева, М.Джолымбетова
«САЛЫСТЫРЫЎ ПЕДАГОГИКАСЫ»
пәнинен методикалық қолланба
(аўдарма)
Нөкис – 2017
2
Т.Сапарбаева, М.Джолымбетова
«Салыстырыў педагогикасы» пәнинен методикалық қоланба
(аўдарма)
Бул қолланба Әжинияз атындағы НМПИның оқыў-методикалық
кеңесиниң ____________жылы болып өткен № мәжилисинде, Педагогика
факультети кеңесиниң 2017 жылы болып өткен №__ мәжилисинде ҳәм
«Педагогика ҳәм психология» кафедрасының _____ жылы болып өткен №___
мәжилисинде тастыйықланған ҳәм баспаға усынылған.
Жуўаплы редактор: п.и.к. доц. Р.Нуржанова
Пикир билдиргенлер:
п.и.к., М.Пазылова
п.и.к., доц. И.Пирниязов
Бул
методикалық
қолланбада
салыстырмалы
педагогиканың
раўажланыў басқышлары, салыстырмалы педагогика пәни раўажланыўында
халықаралық шөлкемлер ҳәм олардың хызмети, жәҳән мәмлекетлери тәлими
раўажланыўы
мәселелери,
Европа
мәмлекетлеринде
тәлим
тәрбия
мәселелериниң алып барылыўы ҳәм олардың салыстырмалы анализи, Азия
мәмлекетлеринде тәлим - тәрбия процесиниң өзине тән өзгешеликлерин өз
ишине қамтып алған.
Методикалық қолланба Өзбекстан республикасы ҳәм дүнья жүзинде
педагогика пәни раўажланыўын салыстырмалы анализлеў етип үйрениў
педагогика пәниниң раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратады. Болажақ
педагогларда пән раўажланыўын салыстырмалы анализ ете алыў көнликпе ҳәм
қәнийгеликлерин шөлкемлестириўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул методикалық
қоланбадан «Педагогика ҳәм психология» тәлим бағдарында оқып атырған
студентлер пайдаланыўы мүмкин.
3
1. САЛЫСТЫРЫЎ ПЕДАГОГИКАСЫ ТИЙКАРЛАРЫ
Жобасы:
1. Салыстырыў педагогикасы пәниниң мақсети ҳәм ўазыйпалары.
2. Салыстырыў педагогикасы пәниниң предмети.
3. Салыстырыў педагогикасы пәниниң изертлеў методлары
1. Салыстырыў педагогикасы пәниниң мақсети ҳәм ўазыйпалары.
Салыстырыў педагогикасы жаңа педагогикалық нызамларды ашпайды,
уллы педагогика пәнлериниң арттырған илим тәжирийбелеринен пайдаланып,
мәмлекетлер арасында ҳәзирги цивилизацияның жаңаланыў машқалалары,
нызамлықлары ҳәм тенденцияларын үйренеди.
2. Салыстырыў педагогикасы пәниниң предмети.
Салыстырыў педагогикасы предмети бойынша түрли көз-қараслар бар.
Айырым алымлар, яғный, В. Канитиц ҳәм В. Макерт салыстырыў
педагогикасының тийкары педагогикалық ҳәдийселерди, олардың түрли
мәмлекетлердеги тарийхы ҳәм өз-ара пикир билим алмасыўы тийкарында
үйрениўин усыныс еткен. Ал, П.Сухоролский салыстырыў педагогикасы
педагогикалық системалары ҳәм де түрли мәмлекетлерде тәлим - тәрбия
машқалаларын түсиниў, шешиўдеги уқсас ҳәм өзгешелик
тәреплерин көрсетип
береди. Бир топар алымлар М.А.Жулен, Ж.Седлер, Р.Кинг-Холл салыстырыў
педагогикасын өз миллий тәлим системасында раўажландырыў мақсетинде
түрли шет ел мектеп системаларын салыстырып баҳалаў менен ажыралып
турады деген пикирди билдиреди. Көринип турғанындай, салыстырыў
педагогикасының предмети жүдә бәсекели. Салыстырыў педагогикасының
методологиялық тийкарлары үлкен бир философия.
3. Салыстырыў педагогикасы пәниниң изертлеў методлары.
Салыстырыў педагогикасы бир қатар социаллық пәнлер - философия,
тарийх, экономика, сиясат, социалогия, демократия, этнография ҳәм басқа да
пәнлер менен тығыз байланыслы. Педагогикалық ҳәдийселерди салыстырып
анализ етиўде социаллық пәнлердиң илимий тийкарлары ҳәм методларынан
4
пайдаланыў мүмкин. Салыстырыў педагогикасының теориясы тийкарынан
педагогика менен тығыз байланыслы. Салыстырыў педагогикасының тийкарғы
методы бақлаў методы болып есапланады. Салыстырыў педагогикасы
үйренетуғын предмети: – ҳәзирги дүньядағы тәлим - тәрбия теориясы ҳәм
әмелиятының аўҳалы, раўажланыўы нызамлықлары ҳәм тенденцияларының
улыўма өзгешеликлери.
Салыстырыў педагогикасының ўазыйпалары: 1977 - жылы Лондонда
болып өткен, салыстырыў педагогикасы бойынша дүнья жүзлик конгресинде
бәсекеге қойылып ҳәм үйрениў кереклиги тән алынды. Салыстырыў
педагогикасының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
– ҳәзирги дәўирде тәлим - тәрбия теориясы ҳәм әмелиятына тәсир
көрсетиўши факторларды үйрениў ҳәм олардың түрли мәмлекетлер
мектеби, олардың педагогикаға тәсири нәтийжелерин салыстырып
анализ етип бериў;
– түрли мәмлекетлердеги тәлим - тәрбия раўажланыўының улыўма
машқалалары ҳәм тенденцияларын анықлаў.
Шет мәмлекетлердиң жақсы тәжирийбелерин улыўмаластырып
үйрениўде салыстырыў педагогикасы басқа пәнлердеги қолланылатуғын
изертлеў методларынан пайдаланады:
1. Үйрениў методы – түрли мәмлекетлердеги педагогикалық
процесслердиң сыртқы белгилерин үйрениўде қолланылады. Сол
тийкарда салыстырыў ҳәм анализ әмелге асырылады.
2. Статистикалық метод – тәлим - тәрбия системасына,
педагогикалық процесске тән санлар ҳәм де мағлыўматларды анализ
етиў ҳәм баҳалаў көзде тутылады.
3. Тарийхый метод – педагогикалық ҳәдийселердиң негизин
салыстырыўды билдиреди.
4. Социологиялық метод – тәлим - тәрбия системаларының
социаллық характерин баҳалаўда қолланылады.
5. Аналитикалық методқа анализ, синтез, улыўмаластырыў, индукция,
5
дедукция сыяқлы логикалық методлар киреди.
Ҳәзирги күнге шекем бир қатар мәмлекетлерден (Белгия, Англия,
Япония, Швеция, АҚШ ҳәм басқалар) салыстырыў педагогикасының оқыў
предмети сыпатында илимий хызметкерлер, педагог оқытыўшылар ҳәм енди
оқытыўшы болатуғын оқытыўшыларды шет елде ислеўге таярлаўдың зәрүр
бөлими сыпатында оқытылады. Курс көлеми ҳәр мәмлекетте ҳәр түрли (10
сааттан 100 саатқа шекем) бирақ, көпшилик жағдайларда 30-40 саат
лекциядан ҳәм мәмлекетлер топарында тәлимниң аўҳалы толық
үйретилетуғын семинар шынығыўларынан, шет елге саяхат таңланған
темалар бойынша өз бетинше жумысларын ислеў ҳәм курс жуўмағында
доклад яки жазба имтиханнан ибарат.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде салыстырыў педагогикасы оқыў
предмети сыпатында оқытыла баслаған екен, бул орында шет ел
тәжирийбесин терең үйрениў лазым. Басқаша айтқанда салыстырыў
педагогиканы раўажландырып барыў ушын салыстырыў педагогикасының
тәжирийбелерин өткериў керек.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Каримов И.А. Баркамол авлод Узбекистан тараккиётининг пойдевори. -Т.:
«Шарқ», 1998.
2. Каримов И.А.Узбекистон ХХI асрга интилмоқда.-Т.: «Узбекистон», 1999.
З. Турк таълим тизими. Ҳорижда таълим — Т., 44 б.
4. Узбекистон - Туркия: Маориф буйича ҳамкорликнинг илк ҳужжатлари.
Маър. 1992 й„ 4 февраль,
5. Жовлиев Б. Таълимда ҳамкорлик дастури самаралари. Узбекистон - АКШ,
Маър. 2002 йил 27 март.
6. Маҳмудов Н., Компьютерни билмаган педагог йўқ. Ҳорижда таълим.
Маър.2002-13 июль.
7. Усмонов Н., Японияда бола таърбияси. Маър. 2002-13 март
8. Иванова А., Узбекистон -Германия тәлим соҳасидаги ҳамкорлик. Ҳалқ сўзи.
2002 йил 13 март.
9. Усмонов И., Германияда касб-ҳунар таълими. Ҳорижда таълим. Маър. 2002
6
2. ПЕДАГОГИКАЛЫҚ САЛЫСТЫРЫЎ ПӘНИ
РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ БАСҚЫШЛАРЫ
Жобасы:
1. Педагогикалық салыстырыў пәни раўажланыўының биринши
басқышы.
2. Педагогикалық салыстырыў пәни раўажланыўының екинши басқышы.
3. Педагогикалық салыстырыў пәни раўажланыўының үшинши
басқышы.
1. Педагогикалық салыстырыў пәни раўажланыўының биринши
басқышы.
Педагогикалық салыстырыў педагогика пәнлери системасындағы
кейинги таза тараў болып есапланады. Педагогикалық салыстырыў пәни
раўажланыўының биринши дәўири ХVIII әсир ақыры 1917 - жылды өз ишине
алады. Салыстырыў педагогикасының «атасы» Марк Аптуан Жульн, парижли
болып, ол өзиниң «Салыстырыў педагогикасы ҳаққында очерк» деген
мийнетинде (Париж, 1817) ҳәзирги барлық мәмлекетлер педагогикалық
терминологияға терең кирип барған «Салыстырыў педагогикасы» ҳәм
«Салыстырып тәрбиялаў» терминлерин биринши болып қолланды. Жәҳәнниң
түрли мәмлекетлеринде тәлим системасын раўжландырыў машқалаларына
қызығыўшылық ҳәм мектепте салыстырыўды үйрениў зәрүрлиги артады. ХIХ
әсирдиң ақырына келип салыстырыў педагогикасының айырым теориялық
тийкарлары ҳәм әмелий ўазыйпалары өз мәмлекетлериндеги тәлим - тәрбия
системасын раўажландырыў ушын пайдалы, тәжирийбе алыў мақсетинде
түрли тәлим системаларының ылайықлы тәреплерин үйрениў ўазыйпалары
белгиленеди.
Айырым алымлар билимлендириў системасының қолайлылығы менен
танысыў ушын басқа мәмлекетлерге барады. Бул саяхатлардың нәтийжелерин
баспадан шығарып, оқытыўшылар менен миллий мектепти шөлкемлестириў
7
жолларын көрсетеди. Сарбонадағы философия профессоры Виктор Кузен
немец педагоглары Ц.А.Крузе, Фридриҳ Тиринииг Америка педагоглары
Г.Манн, Г.Бернард, К.Стоу, Турбер, А.Флекснердиң, инглиз педагоги М-
Седлер ҳәм басқалардың жумыслары усылар тийкарында. Салыстырыў
педагогикасы тәжирийбелери Россияда да бир қанша раўажланған. Әсиресе
педагоглар К.Д.Ушинский ҳәм Л.Н.Толстойдың жумыслары үлкен итибарға
ылайық.
2. Педагогикалық салыстырыў пәни раўажланыўының екинши
басқышы.
Педагогикалық салыстырыў раўажланыўының екинши дәўири 1917 -
жылдан 1945 - жылға шекемги дәўирди ишине алады. Бул дәўирдеги
салыстырыў педагогикасы пәни түрли социаллық тузумдеги мәмлекетлер
ортасындағы социаллық, экономинакалық, сиясий қарама - қарсылықларды
көрсетер еди. 20 - 30 - жылларда салыстырыў педагогикасы теориясы
мәселелерине бағышланған бир қатар жумыслар додаланды. Мәселен,
профессор И.Кенди «Салыстырыў педагогикасы тараўындағы изертлеў»
(Бостон, 1933) салыстырыў педагогикасының әҳмийети, предмети, методларын
қамтып үйренип шығады ҳәм Англия, Франция, Германия, Италия ҳәм
АҚШтағы тәлим алыў системасын салыстырып үйренеди.
3. Педагогикалық салыстырыў пәни раўажланыўының үшинши
басқышы.
Педагогикалық салыстырыў раўажланыўдың үшинши дәўири (ХХ
әсирдиң 40 - жылларынан ҳәзирге шекемги дәўир) өзгешеликлери, бир
тәрептен халық аралық сиясий жағдайда жүз берген арнаўлы өзгерислер
менен, екинши тәрептен пән ҳәм техниканың раўажланыўы менен
белгиленеди. Пән, техника раўажланыўы және де жоқары көнликпеге ийе
болған қәниге ҳәм улыўма мағлыўмат дәрежесин белгилейди. Бул талапты
қандырыў ушын 1945 - жылы Парижде тәлим, пән ҳәм мәденият бойынша
БМТ ның арнаўлы шөлкеми - ЮНЕСКО дүзилди. Бул шөлкем салыстырыў
педагогикасы тараўындағы раўажланыўлар ушын керек материаллар топлайды,
8
жәҳән мәмлекетлеринде билимлендириўдиң аўҳалы ҳаққында жоллама ҳәм
справичниклер
баспадан
шығарады,
салыстырыў
педагогикасының
машқалалары бойынша конференциялар шөлкемлестиреди.
Салыстырыў педагогикасы ЮНЕСКО жанындағы халық аралық бюро
менен биргеликте квартал бголлетинин баспадан шығарады. (Женева).
ЮНЕСКО ушын салыстырыў педагогикасының теориялық машқалаларын
ислеп шығыў менен билимлендириў бойынша халық аралық бюро ҳәм
ЮНЕСКО – Тамбургдағы Педагогика институты (1951 - жылы
шөлкемлестирилген) шуғылланады.
1956 - жыл АҚШ салыстырыў педагогикасы жәмийети дүзиледи. Ол
колледжлер ҳәм университетлерде салыстырыў педагогикасын үйренеди,
салыстырыў педагогикасы үстинде илимий изертлеўлерин кеңейтиўге ҳәм
салыстырыў педагогикасына тән ең жаңа хабарларды тарқатыўға имканият
жаратады. Конференция ҳәм семинарлар өткереди. Мопографиялар, топламлар
ҳәм «Салыстырыў педагогикасы образы» журналын баспадан шығарады.
1961 - жылы Лондонда Европа салыстырыў педагогикасы жәмийети
шөлкемлестириледи.
Оның
ўазыйпалары
төмендегише:
педагогикада
салыстырыў методын раўажландырыў, педагогикалық оқыў орынларында
салыстырыў
педагогикасы
курсын
оқытыўды
кеңейтириў
баспа
мәмлекетлердеги салыстырыў педагогикасы орайлары ҳәм жәмийетлери менен
бирге ислесиў ҳәм тағы басқалар.
Ҳәзирги күнде салыстырыў педагогикасы машқалалары менен
төмендегилер шуғылланады: Париж шетиндеги Севр педагогикалық
изертлеўлер, халық аралық орай қасындағы француз тили зонасы, салыстырыў
педагогикасы ассоциациясы, Европа салыстырыў педагогикасы жәмийетиниң
Европа мәмлекетлериндеги сенциялары, Испания, Бельгия, Канада, Австралия,
Япония ҳәм басқа мәмлекетлердеги Салыстырыў педагогикасы жәмийетлери,
Вибадендаги (Германия) Педагогикалық орай Франкфуртдағы халық аралық
изертлеўлер институты, Зальбург қаласындағы (Австрия) Салыстырыў
педагогикасы институты, Кюсю (Япония) университети, Токиодағы
9
педагогикалық
изертлеўлер
мәмлекетлик
институтының
салыстырыў
педагогикасы бөлими, Чикаго университети қасындағы салыстырыў
педагогикасы институты, Колумбия, Кент, Гарвард, Индиан, Гамбург, Марбург,
Баҳум университетлериниң салыстырыў педагогикасы кафедралары, бөлимлери
ҳәм лабораториялары.
Кейинги жылларда тәлим системалары ҳәм тәлим - тәрбияның айырым
машқалаларын салыстырыў, педагогикалық изертлеўге көбирек итибар
қаратылмақта.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Каримов И.А. Баркамол авлод Узбекистан тараккиётининг пойдевори. -Т.:
«Шарқ», 1998.
2. Каримов И.А.Узбекистон ХХI асрга интилмоқда.-Т.: «Узбекистон», 1999.
З. Турк таълим тизими. Ҳорижда таълим — Т., 44 б.
4. Узбекистон - Туркия: Маориф буйича ҳамкорликнинг илк ҳужжатлари.
Маър. 1992 й„ 4 февраль,
5. Жовлиев Б. Таълимда ҳамкорлик дастури самаралари. Узбекистон - АКШ,
Маър. 2002 йил 27 март.
6. Маҳмудов Н., Компьютерни билмаган педагог йўқ. Ҳорижда таълим.
Маър.2002-13 июль.
7. Усмонов Н., Японияда бола таърбияси. Маър. 2002-13 март
8. Иванова А., Узбекистон -Германия тәлим соҳасидаги ҳамкорлик. Ҳалқ сўзи.
2002 йил 13 март.
9. Усмонов И., Германияда касб-ҳунар таълими. Ҳорижда таълим. Маър. 2002
йил 13 февраль
10. Ю.Ерҳонова. Франция буюклигининг мезонлари: Ҳорижда таълим. Маър.
2002 йил 27 февраль
10
3. ШЕТ ЕЛ ТӘЛИМИ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ
БАҒДАРЛАРЫ
Жобасы:
1. Шет ел билимлендириў системасын үйрениў мәселелери.
2. Оқыў ба
ғ
дарламаларын шөлкемлестириў ҳәм интеграцияласқан
курслары.
3. Раўажланған мәмлекетлерде мийнет тәлими кәсипке бағдарлаў
мәселелери.
4. Тәлим- тәрбия процесинде тәлим айырмалаў жоллары.
5. Раўажланған мәмлекетлерде ислеў усыллары.
1. Шет ел билимлендириў системасын үйрениў мәселелери.
Тәлим-тәрбияда жемисли нәтийжелерди әмелге асырыўды талап етип
атырған ҳәзирги дәўирде шет ел тәжирийбесин үйрениў әҳмийетли болып
есапланады. Раўажланған шет мәмлекетлерде тәлим – мәмлекет ишки
сиясатына актив тәсир етиўши процесс. Японлар «мектеп инсанларды
жақсылайды», - деп есаплайды. Тәлим тараўына ғамхорлық етиў белгили
сиясатшылардың бәрҳә дыққат итибарында болған. (Р.Рейган, М.Теччср.
Ф.Миттеран ҳәм т.б.). Раўажланған мәмлекетлердеги педагогикалық
изертлеўлер оқыў ба
ғ
дарламаларын жаңалаў ҳәм қайта қурыўға қаратылған.
2. Оқыў ба
ғ
дарламаларын шөлкемлестириў ҳәм интеграцияласқан
курслары.
Мектеп ба
ғ
дарламаларын өзгертиў 2 тийкарғы бағдарда әмелге
асырылады: экстенсив ҳәм интенсив.
1. Оқыў мүддети узайтырылып, оқыў материаллары көлеми
көбейтириледи.
2. Улыўма жаңа ба
ғ
дарлама жаратылады.
Көпшилик қәнигелер 2 - жолды мақул деп есапламақта. Оқыў
ба
ғ
дарламаларына мәлим дәрежеде шеклениўлер киритиў айрықша
11
предметлерди үйрениў күшейтирилип, оқыўшыларды артықша (жоқ)тай қабыл
етеди. Буған ерисиў ушын оқыў курслары интеграциясы талап етиледи.
Ҳәзирги ўақытта раўажланған мәмлекетлер оқыў ба
ғ
дарламаларына
интеграцияласқан
курсларды
киритиў
толық
ба
ғ
дарламаларына
интеграцияласқан курсларды киритиў толық әмелге асырылды. (Францияда
оқыў саатларынан 61% Б.Брит 15% ин интеграцияласқан курслар
шөлкемлестириледи.)
Интеграцияласқан оқыў ба
ғ
дарламалары басқа оқыў курсларын узақ
предмет ҳәм идея әтирапында бириктиреди, бул оқыўшыларға дөретиўшилик
ойды жүргизиўге жәрдем береди. Бирақ интеграцияласқан оқыў курслары
көпшилик ушын мөлшерленген болып, олар қурамындағы пәнлерден бири
кимге жүдә зәрүр болса, кимгедур зәрүр емес. Бул машқаланы шешиў
оқыўшыларды ол яки бул курсқа болған мүтәжликти толықтырыў ушын
мектеплер
айрықша
пәнлерден
тереңлестирилген
курсларды
шөлкемлестирилмекте.
3. Раўажланған мәмлекетлерде мийнет тәлими кәсипке бағдарлаў
мәселелери.
Экономикалық жақтан раўажланған мәмлекетлерде мийнет тәлими ҳәм
де кәсипке бағдарлаў ҳаққында әмелге асырылып атырған жумыслар айрықша
әҳмийетке ийе. АҚШта 1977 - жылы «Мийнет хызметине таярлаў акты» қабыл
етилген болып оған муўапық, мәселен колледжлерде колледжлер қурыў,
автомобиллерди оңлаў, компьютерлерди жыйнаў сыяқлы әмелий хызмет
әмелге асырылады.
Францияда мийнет тәлими ушын ажыратылған саатлар 1,5 есе асырылған.
Уллы Британияда 1973 - жылғы «Мийнет хызметине таярлаў акты»на тийкар
мектеп оқыўшылары бир қанша тараўлар бойынша мәжбүрий кәсипти
өзлестирмекте. Мийнет тәлими менен бирге кәсипке бағдарлаў жумыслары
ҳәм раўажланып барылмақта. Кәсипке бағдарлаў сабақлары барлық
раўажланған мәмлекетлерде бар. Бул сабақларда мийнет әмелиндеги
12
өзгерислер, кәсип ийеси болыў шәрт- шараятлары үйретиледи. Бундай
сабақларды пән оқытыўшылары ҳәмде арнаўлы кәсипке бағдарлаў жумыслары
бойынша мәсләҳәтшилер жумыс алып барады. Буннан тысқары кәсипке
бағдарлаў консультация пунктлары бар болып, олар жоқары класс
оқыўшылары ҳәм ата- аналарға консультатциялар шөлкемлестиреди. Бул
пунктлер мектеп қурамына кирмейди. Булар ё жеке, я биржалар қарамында
болады. Кәсипке бағдарлаў жумысларын шөлкемлестириўде кәрханалар
әмелге асырып атырған жумыслар ҳәм итибарға ылайық. Олардың штатлы
консультантлары мектеплерде кәсипке бағдарлаў бойынша кең көлемде
түсинтириў жумысларын алып барады.
Тәлимдеги бир қатар машқалаларды пул төлеп оқыў, класста яки курста
екинши жылға қалдырылыўы, имтиханлардың үлкен талапшаңлық тийкарында
өткерилиўи келтирип шығарылмақта. Мәселен: Францияда баслаўыш ҳәм орта
мектеп оқыўшылары 650 та имтихан ҳәм зачёт тапсырады. Имтиханлардан
жығылыў оқыўшылардың психикасына қатты тәсир жеткерип атырғанлығы,
ҳәтте жеңил өмирге қызығыў ақыбетлерине алып барылып атырған
жағдайлар ушырайды. Бундай жағдай ата - аналар, оқытыўшылар ортасында
кескин наразылықларды келтирип шығармақта. Бундай жағдайда тәлимди
бөлистириў ең әҳмийетли мәселеге айланған.
4. Тәлим- тәрбия процессинде тәлим айырмалаў жоллары.
Әдетте, оқыўшыларды бөлистириў шет мәмлекетлер әмелиятында
баслаўыш тәлим курсынан кейин әмелге асырылады. Мәселен, француз
оқыўшылары төмендегише бөлистириледи:
1. Гомогенлар- математика ҳәм гуманитар бағдарда жумыс алып барса
болатуғын оқыўшылар.
2. Ярым гомоген-тәбийий скелдеги пәнлерди өзлестире алатуғын
оқыўшылар
3. Гигерон- барлық предметлерден ҳәр түрли көринисте өзлестиретуғын
оқыўшылар. Бөлистириў процесиниң арнаўлы толтырыўшы тәлимди
раўжландырыў. Толтырыўшы тәлим мектеп тәрбия мекемелеринде, мектеп ҳәм
13
лицейлерде әмелге асылылмақта. КБХке бул ҳызметке ЖОО имканиятлары да
қаратылған. Миллий телекомпания арнаўлы оқыў каналы арқалы 130 саатлық
оқыў
курслары
шөлкемлестирилген.
Оқыў
процессин
бөлистириў
машқалаларын үйрениў шет еллерде еле даўам етпекте.
5. Раўажланған мәмлекетлерде ислеў усыллары.
Раўажланған мәмлекетлерде қәбилетли балаларға болған итибар артып
бармақта. Қәбилетли балалар мектеплери батыста 60 жылларда пайда болған.
АҚШтың айырым қалаларында үлкен көлемдеги балалар бақшалары
ашылған, оларда 4-5 жасар балалар мектеп ба
ғ
дарламалары бойынша
оқытылады. Сондай-ақ, ақылый төмен балалар ушын арнаўлы мектеплер
шөлкемлестирилмекте.
Раўажланған мектеплер тәлим системасында оқыўшылардың ғәрезсиз
ислеўге үлкен итибар қаратылмақта. Мәселен, Германияда топар оқыўшылары
санын қысқартыў есабынан олар менен индивидуал ислеўди жолға қойылып
атыр. Бунда оқыўшылардың ҳәм бирине индивидуал пакетлер тарқатылады.
Тапсырмаларды оқыў өзбетинше орынлайды, лазым болғанда мәсләҳәтлер
алады.
Ҳақыйқатында да шет ел тәлиминдеги үлгилер мәмлекетимиз тәлим
системасына алып кириў ғәрезсиз республикамызда оқыў тәрбия жумысларын
жеделлестириўге алып келеди.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Каримов И.А. Баркамол авлод Узбекистан тараккиётининг пойдевори. -Т.:
«Шарқ», 1998.
2. Каримов И.А.Узбекистон ХХI асрга интилмоқда.-Т.: «Узбекистон», 1999.
З. Турк таълим тизими. Ҳорижда таълим — Т., 44 б.
4. Узбекистон - Туркия: Маориф буйича ҳамкорликнинг илк ҳужжатлари.
Маър. 1992 й„ 4 февраль,
5. Жовлиев Б. Таълимда ҳамкорлик дастури самаралари. Узбекистон - АКШ,
Маър. 2002 йил 27 март.
14
4. АЗИЯ МӘМЛЕКЕТЛЕРИНДЕ ТӘЛИМ - ТӘРБИЯ
МӘСЕЛЕЛЕРИ
Жобасы:
1 Японияда тәлим-тәрбия машқалалары.
2. Қытай билимлендириў системасы ҳәм ондағы машқалалар.
3. Шығыс ҳәм қубла Кореядағы тәлим- системалары, олардың
өзгешеликлери.
4. Ҳиндистан ҳәм Индонезияда ғәрезсизлик жылларындағы тәлимниң
раўажланыўы.
5. Азия мәмлекетлери билимлендириў системаларының салыстырыў
анализ етилиўи.
Саўатсызлар муғдары яғный 15 жас ҳәм оннан үлкен болған жазыўды
ҳәм де оқыўды билмейтуғын инсанлар муғдары Қубла Азияда жүдә үлкен.
Афганистан ҳәм Яманда саўатсызлар муғдары 75% тен артады. Базы қубла-
арқа Азия мәмлекетлеринде саўатсызлар 50% тен биразғана көбирек, Баҳрайн,
Ливан киби мәмлекетлеринде саўатсызлар бир қанша аз болып, олар халықтың
1/4 бөлимин қурайды. Әрменстан, Әзербайжон, Грузия сыяқлы географиялық
жақтан Азия тереториясына кириўши мәмлекетлериде саўатсызлар жүдә аз.
Мәмлекеттеги саўатсызлық дәрежеси, ҳеш гүмансыз, бул жерде тәлим
процессин жолға қойыўдағы машқала ҳәм жетискенликлери өзинде көринеди.
Шри-Ланкада саўатсызлар 15% болса, Қубла Азияның басқа
мәмлекетлеринде 15 ҳәм оннан көп халықтың 2\3 бөлими оқыўды ҳәм жазыўды
билмейди. Балалардың үлкен бөлими мектеплерге бармайды. Буның себеби яки
әтирапта мектеплердиң жоқ екенлиги, яки өз шаңарақларына жәрдем бериў
ушын ислеўге мәжбүр болыўы.
Қубла Азия мәмлекетлериндеги тәлим басқа мәмлекетлердеги
тәлимнен ҳәм сыпаты, ҳәм көлеми менен кескин парқланады. Соның
көриниси Малайзия, Флиппин, Сингапур, Тайлан ҳәм Ветнамда саўатсызлар
30% тен ҳәм кемлигинде көриў мүмкин. Индонезия, Бирма Лаос
15
мәмлекетлеринде саўатсызлар муғдары 39-45 % әтирапында, Комбоджада
50% әтирапында.
Азия мәмлекетлери бир-бирин ХХ әсирдиң екинши ярымында
ғәрезсизликти қолға кириткен базыларының ҳүкиметлери жаңа мектеплер
қурыў, халықтың саўатханлығын асырыў бойынша көплеген иләжларын
көрди. Нәтийжелер өзин узақ күттирмеди. Мәселен, Индонезияда 1945 жылға
келип саўатсызлар муғдары 90% қураған болса, бүгинги күнде олардың
муғдары 33% ге кемейген.
Японияда тәлим-тәрбия машқалалары.
Япония нызамшылығында муўапық барлық балалардан 6 жыллық
баслаўыш мектепти ҳәм 3 жыллық орта мектептиң төменги басқышын
тамамлаў талап етиледи. Мәмлекетке қараслы мектеплерде бул 9 жыллық
тәлим процесин бийпул әмелге асырылады. Баслаўыш тәлим ҳәм орта
тәлимниң төменги басқышы барлық 6 жастан 14 жасқа шекем болған
балаларды өз ишине алады. Япон балаларының дерлик барлығы мәжбүрий
тәлим тәрбияларға көре орта мектептиң төменги басқышын тамамлайды. Сол
себепли япон үлкенлериниң (15 жас ҳәм оннан үлкенлериниң) барлығы
саўатлы.
Басқа мәмлекетлерден парқлы рәўиште Япония мектеплеринде оқыў
жылы 1 апрелден басланып, келеси жылдың мартында тамамланады.
Баслаўыш ҳәм орта мектептиң төменги басқышында оқыў жылы 3 семестрге
бөлинеди:
апрель-июль,сентябр-декабр,
январ-март.
Бул
тәлим
басқышларында балаларға мәдениятлылық, үй жумыслары, Япон тили,
математика, этика, музыка, дене тәрбия ҳәм социаллық пәнлер оқытылады.
Әсиресе, инглис ҳәм шет тиллерди үйрениўге үлкен итибар бериледи.
Оқыўшылар япон тилинде жазыўды ҳәм япон жазыўын үйрениўге көп ўақыт
сарыплайды, себеби япон тили қыйын тиллерден есапланады.
Орта мектептиң төменги басқышынан кейин балалар орта мектептиң
жоқары басқышында 3 жыл оқыўы мүмкин. Бирақ тәлимниң бул басқышына
балалар тек имтихан менен қабылланады. Қабыл шәртлери қыйын болсада,
16
орта мектептиң төменги басқышын тамамлаған балалардың 95% орта
мектептиң жоқары басқышында тәлим алады. Бул басқышында балалар
колледжлерге кириў яки ислеўге таярлық көреди.
Японияда 460 университет бар. Олардың ең үлкени Токиодағы Ниҳо
университети болып, ол 80.000 талабасына ийе.
Орта мектептиң жоқары басқышын тамамлағаннан соң арнаўлы
имтиханлар тапсырып университетларге қабыл қылынады. Орта мектептиң
жоқары басқышын тамамлаған 38% оқыўшы ЖООда тәлим алыўды даўам
еттиреди. Япон мектеплеринде балалардың түрли тәлим көнликпелерин
раўажландырыўға үлкен итибар бериледи. Мәселен, 2-класс оқыўшысы
көпшилик алдында сөйлеў қәбилетине ийе болыўын тәмийнлеўге айрықша
итибар бериледи. Японлар туўры ҳәм ҳадал турмыс тәрзин қәдирлейди. 1-
кластан 9-классқа шекем әдеп- икрамлылық тәрбияға жүдә үлкен итибар
бериледи.
Шығыс ҳәм қубла Кореядағы тәлим-системалары, олардың
өзгешеликлери.
ХХ әсир 40-жыллардың ақырынан баслап, Қубла Кореяда ҳәм Шығыс
Кореяда ҳәм тәлим-системасын раўажландырыў ушын арнаўлы шаралар
әмелге асырыла басланды. Нәтийжеде саўатханлық Кореялыларда 50%,
бүгинги күнде 90% ке шекем жетти. Қубла Корея нызамына муўапық барлық
балалар баслаўыш мектеплерин битириўи шәрт. Бул жерде олар 6 жыл тәлим
алыўлары шәрт. Орта мектеп болса Қубла Кореяда ҳәр бир инсанның өз
еркине байланыслы. Ол еки басқышта: төменги орта ҳәм жоқарғы орта
классларда әмелге асырылады. Баслаўыш тәлим алғаннан кейин бала дәслеп
төменги орта мектепке (7-9 класслар даўамында) сон жоқары орта мектепке
(10-12-класслар даўамында) барыўлары мүмкин. Ата-аналар балалар тәлими
ушын мәмлекетке қараслы орта мектеплерге ҳәм жеке орта мектеплерге ҳәм
пул төлеўлери шәрт. Солай болса да, 12-17 жастағы балалардың 80% орта
мектеплерге барады. Жасларды ислеп шығырыўға тәмийнлейтуғын техникалық
тәлим орта мектепте басланады. Мектепти тамамлағаннан соң, балалар
17
көлледжлери мүмкин. Қубла Кореяда жәми 250 колледж бар. Бул коллледжлер
көплеген тараў ўәкиллерин жетистирип шығарады. Жәми 1 миллионнан артық
талабалар колледжлер, университетлерде тәлим алмақта.
Шығыс Кореяда балалар 11 жыл даўамында мектепке қатнаўы талап
қылынады. Бул дәўир бақша жылларын ҳәм өз ишине алады. Мәмлекет барлық
тәлим қәрежетлерин қоллайды. Сол себепли тәлим алыўшылар жаз
мәўсиминде мәмлекетке ислеп бериўи керек. Шығыс Кореяда баслаўаш тәлим
1-4 классларды, орта мектептиң төменги басқышы 5-10 классларды өз ишине
алады. Орта мектептиң бул басқышынан кейин тәлимди даўам еттириў ушын
комунистик партия идеяларға садықлығын көрсетиўи, оны қоллап қуўатлаўы
керек. Орта мектептиң төменги басқышынан соң оқыўшылар 2 жыл даўамында
орта мектептиң жоқары басқышында яки улыўма кәсиплик мектепте яки 3-4
жыл техник мектепте тәлим алыўы мүмкин. Орта мектепти яки техник
мектепти тамамлаған оқыўшылар колледжлерге барыўлары мүмкин. Кәсиплик
мектеплердиң оқыўшылары болса коллежде оқыўдан әўелги бир жыллық
арнаўлы курслардан өтиўи талап етиледи.
Шығыс Кореяда 1 университет- Ким Санг 2 университет (Пҳеньенг
қаласында жайласқан) ҳәм 200 ден артық арнаўлы колледжлерге ийе. Ҳәр бир
колледж арнаўлы тараў қәнигелерин, (аўыл хожалығы, медицина киби)
жетилистирип барады. Мәмлекет үлкенлердиң кешки тәлимин, фабрика ҳәм
заводлардағы тәлим курсларын пул менен тәмийинлейди.
Қубла Кореяға көнликпесин асырыў мақсетинде барған республикамыз
тәлим хызметкерлери СЫВАТКОМА орайында тәлим системасын, санаат,
аўыл турмыс жағдайы менен байланыслы шынығыўларда қатнасты. Бул
ҳаққында топар басшысы, Самарқанд медицина колледжи директоры Яҳшынар
Аллаяров өз пикирин былайынша билдиреди: -СЫВАТ кәсип-өнер тәлими ҳәм
актуал технологиялар институтында шөлкемлестирилген. Ол тийкарынан
Тыныш океаны айма
ғ
ындағы Азия мәмлекетлери қәнигелериниң көнликпесин
асырыў ҳәм оларды қайта таярлаўға хызмет етеди. Сондай-ақ, институтта
Африка
материгиндеги
мәмлекетлери
қәнигелери
ҳәм
тийкарынан
18
машинасазлық, информатика, электроника, санаатқурылысы сыяқлы көплеген
қәнигеликлер бойынша оқыды. Ҳәзирге шекем орайда 86-мәмлекеттен 1700-
ден артық адам өз қәнигелигин асырады.
КОМАКорея инситути ресурсларын раўажландырыў агентлиги болса
1998-жылдан өз хызметин баслаған, ол Корея мийнет министрлиги
қурамындағы кәсип-өнер қәнигеликлери бойынша қәнигелер таярлаў, олардың
қәнигелигин асырыў ҳәм қайта таярлаў, иске жайласыў ҳәмде жумыссызларды
қайта таярлаў менен шуғылланады. Ол жерде врачлар Университетиниң
медицина факультетлеринде, медицина институтларында таярланады. Оқыў
мүддети 6-жыл болып, оның 3- жылында теориялық илимлер үйренилсе, қалған
3 жылында болса әмелият алып барылады. Кореяда сабақлар көбинесе әмелий
шынығыўлар тәризинде өткериледи. Мийрибикелер университетлериниң 4-
жыллық арнаўлы факультетлери ҳәм медицина колледжлеринде таярланади.
Кореялылар ҳәр-бир қәнигениң терең билим алыўынан, жумыс пенен
тәмийинлеўге
шекем
итибар
бериледи.
Талабалар
илимге
деген
қызығыўшылығы ҳәр бир секунд ненидур үйрениўге, билимдан кадр болып
жетисиўге умтылады.
Қубла Кореяда тәлим системасы мектепке шекемги тәрбия, баслаўыш
тәлим, орта тәлим ҳәм жоқары тәлимге ажыратылады. Жоқары тәлим
гуманитар ҳәм кәсип өнер бағдарларына бөлинеди. Кәсип- өнер бағдары
республикада шөлкемлестирилген академиялық лицей ҳәм кәсип өнер
колледжлери хызметине сәйкес келеди. Қаладағы мектеплерде оқыўшылар
әмелий шынығыўларды мектеп базасындағы станоклар, автомашиналар ҳәм
әсбаплардан пайдаланып өткериледи. Бир ғана мектепте 30 түрли маркадағы
автомобил, 500 компьютер бар. Кореялы оқыўшылар биринши гезекте,
ўазыйпалары оқыў екенлигин терең сезинеди. Илим алыўдан бос
ўақытларында басқа шынығыўларға да қатнаўы мүмкин. Ҳүкимет ҳәм
халықтың жумыс пенен тәмийинлениўи ҳәм барлық қолайлы шараятлардың
болыўын жаратып берген.
19
Қытай билимлендириў системасы ҳәм ондағы машқалалар.
Қытайлылар әзелден тәлимди қәдирлейди, алымларын ҳүрмет қылады.
Қытайлылардың өмирлик нызамы конфуцийлик идеяларына көре адам тәлим
алыўы менен өз-өзин раўажландырып барыўы мүмкин. Қытайлылар тәлим ҳәм
тәрбия ортасындағы парқ, онша үлкен емес деп биледи. Себеби олардың көз
қарасында тәлимниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири инсан характерин
қәлиплестирип барыў. Қытайда конфуцийлик ўападарлық соншелли жоқары,
ҳәтте ҳәкимият органларына бекитилген кандидатлар конфицийлик
тийкарлары арнаўлы экзамен тапсырыўы зәрүр.
Бүгинги күнде 15 ҳәм оннан үлкен жастағы халықтың 70% жазыўды ҳәм
оқыўды биледи.
Дәстүрий тәризде Қытайда балалардан мектепке қатнаў талап етилмеген,
яғный тәлим мәжбүр емес еди. Бирақ 1986-жылы Қытайда арнаўлы нызам
қабыл етилип, оған муўапық балалар кеминде 6 жыл даўамында мектепте
тәлим алыўы шәрт. Солай болса да, Нызамның орынланыўы айырым жерлерде
әсиресе аўыллық орынларда бираз кешикти.
Экономиканы раўажландырыў тәлимниң жоқарғы сыпатына ийе болыўын
талап қылады. Тәлим сыпаты артыўы ушын болса қәбилетли, жаңалықларға,
дөретиўшиликке ийе талабаларға кең имканиятлар, шарт- шараятлар жаратыў
зәрүр болады. Тийкарғы идея - тәлимде барлығы тең болыў лазым. Бул идея
1949 жылдан берли қолланылмақта, бирақ соңғы жылларда тәлимди ен
жайдырыў бойынша әмелге асырылған бир қанша шаралар нәтийжесинде
ендиликте жоқары қәбилетли талабалар арнаўлы имтиханлардан өткеннен соң,
мәмлекеттиң ең оқыў орынларында оқыў ҳуқуқын қолға киритип келмекте.
Өзиниң бай имканиятлары менен ажыралып туратуғын тәлим мекемелери
баслаўыш мектеплер арасында ҳәм, орта мектеплер ҳәм колледжлер ортасында
бар. Қытайда балалар баслаўыш мектепке 6-7жастан барады, ол жерде 5-6 жыл
тәлим алады. Мәмлекет балаларының (баслаўыш мектеп жасындағы) 95%
баслаўыш мектеплерге барады. Баслаўыш классларда балаларға қытай тили,
20
география, тарийх, математика, музыка, тәбиаттаныў, сүўретлеў өнери ҳәм
дене тәрбиялары сиясий тәлим менен биргеликте үйретиледи.
Баслаўыш мектепти тамамлағаннан соң балалар орта мектепке
барыўлары мүмкин. Төменги мектепке барыўлары мүмкин. Төменги орта
мектепте тәлим 3 жыл жоқары орта мектепте болса 2-3 жыл даўам етеди.
Орта мектепте баслаўыш класслардағы көпшилик пәнлер ҳәмде биология,
ҳимия, физика, ҳуқуқтаныў, инглиз ҳәм басқа шет тиллери оқытылады.
Профессионал ҳәм теҳник орта мектеплерде, сондай-ақ, аўыл хожалығы
тийкарлары, индустриал теҳнология ҳәм басқа пәнлер оқытылады. Қытайлы
балалардың 2\3 бөлими орта мектепте тәлим ала баслайды, бирақ олардың
ҳәммеси ҳәм оқыўды ақырына жеткермейди.
Жоқары оқыў орынларына кириў ушын жаслар арнаўлы имтиханлардан
өтиўи керек. Имтиханлардан өткен жаслар талабалар қатарына қабыл
қылынады. Университетлерде оқытылатуғын тийкарғы пәнлер: экономика,
шет тиллери, математика, медицина ҳәм гуманитар пәнлер. Имтиханлардан
өткен жаслардың бир бөлеги техникалық колледжлерге қабылланады. Ҳәр бир
колледж өз қәнигелигине ийе болып, аўыл хожалығы, тоғай хожалығы,
медицина, таў кәнлери яки оқытыўшылық қәнигелерин таярлайды. Көпшилик
мектеплер тийисли тараў министрликлери (мәселен, медицина бағдарындағы
техникалық колледжлер медицина министрлиги тәрепинен) басқарылады.
Қытайда жәми 1,000 ға жақын ЖЖО бар. (университет ҳәм колледжлер).
Олардан 1, 700 000 (1 миллион 700 мың) талаба билим алмақта. ЖОО тәлим
алыўды қәлеўши жаслар саны жыл сайын артып бармақта. Бирақ факультетлер
ҳәм имканиятлар жетиспеўшилиги ушын жаслардың аз бөлеги ЖОО кирмекте.
Кириў имтиханларынан өте алмаған жаслар «жумысшы унивеситетлер»
деп аталған қысқа мүддетли курсларда тәлим алыўы мүмкин. Орта мектепти
таслап кеткен жаслар өзбетинше үйретилетуғын арнаўлы мектеплерде яки
телевизиялық курслар арқалы тәлим алыўды даўам еттириўи мүмкин.
Қытайда билимлендириў тараўын раўажландырыў жаңа 1997 жылдың
жаңа оқыў жылынан баслап ЖООларында тәлим алыў талабалар есабына,
21
яғный толық рәўиште пулы әмелге асырылатуғын болды. Бул өзгерислер тек
ғана ЖООда тәлим алыў процесин раўажландырыў емес, бәлким
билимлендириў тараўын жаңа ҳәм заман талабына сай ҳалда жолға қойыў
ушын әмелге асырылатуғын ислер арасында тийкарғы орын ийелейди. Қытай
қәнигелериниң айтыўына қарағанда, бул жағдай Қытайда соңғы 40-жыл
даўамында әмелге асырылған ислер нәтийжеси ҳәм узақ дәўир даўамында
қолға киритилген тәжирийбелердиң жуўмағы болып есапланады. Қытай
газеталарында келтирилген мағлыўматларға қарағанда бул бирдан болған
ўақыя емес. Бундай өзгерислер соңғы бир неше жыл даўамында 37 ЖООда
өткизилген тәжирийбелерге сүйенеди. Бул тәжирийбелерге көре айырым
ЖООда оқытыў процеси талабалар тәрепинен төленген қаржының бир бөлеги
айрым жағдайларда шөлкемлер, жеке ҳәм шет ел компанияларының ЖОО на
пул өткериўи есабына, екинши бир бөлими болса ата-аналар тәрепинен
төленген нақ пул есабына қәлиплеседи. Тәжирийбелер сонны көрсетеди, ата-
анасы пул төлей алмайтуғын ҳәм оў пулын төлеўди өз мойнына алатуғын
шөлкемди табалмаған жигит- қызлар пулы ЖОО Кире алмаған. Олар ҳүкимет
қаржысы тийкарында оқытылатуғын университет ҳәм институтларға оқыўға
кириўге ҳәрекет қылады. Нәтийжеде бундай ЖООна кириў таңлаўы жүдә үлкен
болып кетеди. Бундай жағдай айырым нызамлардан шекиниў жағдайларына
қолайлық туўдырады ҳәм оқыў сыпаты асыўына тәсир көрсеткен. Пулы
ЖООны оқыў процессиниң сыпаты асқан. Жақсы нәтийжелерге ерискен пулы
университетларде «жаман қылса ҳәм пул төлесе, оқыўды даўам еттириў
мүмкин» деген принцип тийкар болмай, талабаларға қойылған талаплар
күшейттирилген. Соның менен бирге ЖООда өз есабынан талабалардың
финанс жағдайын жеңиллестириў ҳәм олардың оқыўға болған қызығыўын
асырыў мақсетинде пулы оқыў процессин әмелге асыратуғын оқыў
орынларында
хүкимет
қаржысы
тийкарында
жаңа
жәрдеми
шөлкемлестирилген. Мәселен: «Женьмен жиабо» газетасының 1997 жыл 29
августь санында келтирилген мағлыўматларға қарағанда, 1994 жылы сол
мақсет
ушын
мәмлекет
тәрепинен
200
млн
юань
22
қаржы ажратылған. Бул қаржылар есабынан жақсы оқыған ҳәм финанс
тәрептен қыйналған талабаларға сыйлық ҳәм жәрдем берилген. Әмелиятта
буның есабынан талабалар тәрепинен төленген пуллардың бир бөлими
қайтарылған. Бирақ бундай фондлардың қатты бақлаў астында әмелге
асырылып, талабаларға жалпы халда аз-аздан бөлип бериў, таныс
билисшиликке жол қойыўдың алдын алыўға қарытылған шаралар ислеп
шығылған. Айырым мағлыўматларға қарағанда, бул сиясатты әмелге асырыў
қыйын процесс болып, бунда нызамбузыўшылыққ жол қойылған ўақыялар
ҳәм ушрайды. Бирақ бундай жағдайлар ўақты-ўақты менен ҳүкимет
комиссиялары тәрепинен тексериў есабынан ашып берилген ҳәм оларды
қайталаўдың
алды
алынған.
Бир
неше
жыллық
әмелият
соны көрсетеди, Пекиндағы Цинҳуа, Бейжин, Қытай халық университетлери
Уҳань қаласындағы Уҳань университетлеринде пул тийкарында тәлим алып
атырған талабаларды сыйлықлаў фонды, университетлердиң түрли ислеп
шығарыў тараўларына, көрсеткен хызмети, сол тийкарда китаплар баспадан
шығарыў, үйлерге барып оқытыўшылық қылыў, жазба ҳәм аўызеки аўдарма
жумысларын, компьютерде ислеўди үйретиў, шөлкемлерге компьютер
жәрдеминде хызмет көрсетиў сыяқлы жумысларды шөлкемлестириў ушын
алынған хызмет ҳақынан келген дәраматлар, шет елден алынған дәраматлар
есабына көбейтирилген. Айырым университетлерде толық билимге ийе
болған қәнигелер таярлаў ҳәм шет мәмлекетлер менен орнатылған
байланысларды раўажландырыў, әсиресе шет елли толық билимге ийе болған
қәниегелер таярлаў ҳәм шет ел мәмлекетлери менен орнатылған
байланысларды раўажландырыў, әсиресе шет елли талабаларды оқытыў
жумысларын жолға қойыў есабына қосымша қаржыға ийе болған. Бундай
қаржылардың бир бөлими, әне, усындай фондларды раўажландырыўға
исленген. Жоқарыда тилге алынған газетаның көрсетиўинше, бул жылдан
баслап жоқары оқыў орнында оқыйтуғын талаба айына 2000 юань әтирапында
оқыў пулы төлейди. Оқыў пулын төлей алмайтуғын шаңарақлар
перзентлерине илим алыўы ушын усы ўақытта ҳүкимет жаңа ис-режелерди
23
әмелге асырыўы режелестирилмекте. Ҳәзирги бар болған ҳүкимет есабынан
ЖООларында оқыў системасына қара
ғ
анда, ҳәр бир талабаның жыллық
қәрежети 10 мың юанга (1280 АҚШ долларына) тең. Мәмлекетлик тәлим
министрлигиниң хабар бериўинше ҚХР да 1050 та ЖОО бар болып, буларда,
жәми 3 млн. билим алады. Орта еспта олардың 15-20 % яки 450 мың талаба
нашар аҳўалда. Ҳәзир жаңа оқыў системасына өтилген бир дәўирде булардың
қәрежетин қаплаў мәмлекет алдында турған тийкарғы ўазыйпа болып
көрилмекте. Оқыў пулын төлей алмайтуғынлар ҳүкиметтен қарыз алыўы
мүмкин. Қарыз алған талаба оқыўды тамамлағаннан соң өз ўақтында қарызда
процент есабында қайтарыўы шәрт. Егер бундай талаба оқыўды
тамамлағаннан кейин ҳүкимет көрсеткен жерге барып ислеўге разы болса,
оның қарызы кемейиўи яки кешип жиберилиўи мүмкин. Бул қарыздар болып
ислейтуғын компанияның имканиятларына байланыслы.
Ҳиндистан ҳәм Индонезияда ғәрезсизлик жылларындағы тәлимниң
раўажланыўы.
Ҳиндистан.
Ғәрезсизлик жылларында оқыўды ҳәм жазыўды билетуғын
инсанлар саны 2%ке өсти. Буған 1951 жыл қабыл етилген ҳәм изшил әмелге
асырылып баратырған тийкарғы мәмлекет дәстүри есабына ерисилди. Ҳүкимет
мектеплер қурылысына, оқыўшыларды таярлаўға ҳәм мектеплерди китаплар,
оқыў материаллары менен тәмийнлеўге көп пул қаржыларын жумсап
келмекте.
Мәмлекет Нызамына муўапық 6 жастан 14 жасқа шекем болған балалар
бийпул тәлим алыў ҳуқуқына ийе. Бул жастағы балалардың орташа 85% 5-
классқа қатнайды. Бирақ 6 класстан баслап 10 классқа қатнайтуғынлар саны
35% ке түсип қалады. Аўыллық жерлерде жәрдем бериў ушын жумысқа
киреди, соған карамай Ҳиндистандағы барлық мектеплер оқыўшылар менен
толып тасқан. Ҳиндистанда 4,850ден артық колледж ҳәм университетлер бар.
18 жастан 23 жасқа шекем болған жаслардың орташа 4% ЖООда оқып билим
алады.
Индонезия.
1945 жылларда келип 10% тен ҳәм азырақ Индонезиялылар
24
оқыўды билетуғын еди. Ҳүкимет халықтың саўатлылығын асырыў ушын
арнаўлы дәстүрлер қабыл етти. Бул дәстүрлер избе-изликте әмелге асырылыўы
нәтийжесинде, бүгинги күнде 15 жас ҳәм оннан үлкен болғанлардың 65%ти
жазыўды ҳәм оқыўды биледи. Ҳүкимет мектеплерин қарамағында сақлайды
хәм жеке мектеплерге жәрдем береди.
Нызамға муўапық балалар 6 жыл даўамында баслаўыш тәлим алыўы
шәрт. Баслаўыш тәлим 8 жастан басланады. Индонезияның айырым
територияларында мектеплер, оқытыўшылар яки сабақлықлар жетиспейди.
Бирақ мәмлекеттеги баслаўыш тәлим жасындағы барлық балалар мектепке
қатнайды. Индонезия орта мектеплеринде тәлим 3 жыл даўам етеди. Орта
мектеп жасындағы 40% балалардың мектепте билим алыўының өзи итибарға
ылайық.
1945 жылға шекем Индонезияда бар жоғы бир неше колледж бар еди.
Университетлер болса улыўма жоқ еди. Мәмлекет ғәрезсизлигин алғаннан
кейин, изли-изли 50ге жақын мәмлекетлик университетлери ҳәм жеке меншик
оқыў орынлары шөлкемлестирилди.
Азия мәмлекетлериндеги тәлим системасын салыстырмалы анализ
етилиўи.
Түрли Азия мәмлекетлериниң тәлим системаларына, улыўма тәлим
тараўына тән өзгешеликлерин, машқалаларын жәнеде анықрақ қабыл етиў,
анықлаў ушын салыстырыў педагогикасы пәниниң тек ғана белгилеў яки
тарийхый методлардан пайдаланыўдың өзи жетерли болмайды. Бул методлар
менен бирге салыстырыў педагогикасының тийкарғы методы болған
салыстырыў анализи методынан ҳәм жемисли пайдаланыў мүмкин. Түрли
мәмлекетлердеги
тәлим-
тәрбия
тараўындағы
машқалалары
өз-ара
салыстырғанда ғана олардың парқлы ҳәм уқсас тәреплерин терең аңлап жетиў
мүмкин болады.
25
5. АФРИКА МӘМЛЕКЕТЛЕРИНДЕ ТӘЛИМ МАШҚАЛАЛАРЫ
Жобасы:
1. Африка материги мәмлекетлериниң тәлим машқалаларына тән улыўма
өзгешеликлери.
2. Жазайыр ҳәм Ҳабашистанда тәлим машқалалары, оларды шешиўде
қолға киритилген жаңалықлар.
Африка материги мәмлекетлериниң тәлим машқалаларына тән
улыўма өзгешеликлери
.
Африка халқының саны ҳәм айма
ғ
ы жағынан дүньяда екинши орынды
ийелейди. Ол өз ишине 53 ғәрезсиз мәмлекет ҳәм басқа административлик
сиясий бирликлерди алады. Бүгинги күнде бул аймақта 705.000.000 нан артық
халық жасайды. Калониялық дәўирде Африка мәмлекетлеринде Европалылар
көплеп мектеплерди шөлкемлестирилди. Бирақ олар тийкарынан қурғын
шаңарақлардың перзентлерин оқытатуғын еди. Сол себепли үлкенлердиң
үштен бир бөлими ғана жазыўды ҳәм оқыўды биледи. Африка мәмлекети
ҳүкимети көбирек мектеп қурып ҳәм тәлим алыў имканиятларын кеңейтириў
есабына тәлим тараўындағы жағдайды оңлаўға ҳәрекет қылмақта. Бирақ бир
қатар машқалалар халықтың тез пәт пенен өсиўи, тәлим ушын төленетуғын
пул ҳәмме ўақыт өсип барыўы, өп жерлерде қәнигелердиң жетиспеўшилиги,
тәлим раўажланыўы тосқынлық қылмақта. Узақ ўақыт даўамында Африка
мәмлекетлери Европа мәмлекетлерине ғәрезли болғаны себепли еле де
көпшилик мәмлекетлерде тәлим инглиз, француз, партугал тиллеринде алып
барылады. Көпшилик оқымыслы африкалылар бир неше Европа тиллеринде
сөйлесе алады. Бир неше жүз жыллар илгери мусылман уламалары, Сарҳои-
Кабр шөлиниң шетлеринде биринши мектеплерди шөлкемлестирген еди. Бул
мектеплерде ислам дини, араб тили ҳәм айырым илимий пәнлер оқытылатуғын
еди. Бирақ мектеплер көпшилик африкалылардың тәлим алыўын тәмийнлей
алмайтуғын еди. Ата- аналар өз перзентлерине социаллық өмирге зәрүр болған
нәрселерди ғана үйретиў менен шегараланады. Батыс Африканың айырым
26
тереторияларында балалар устаханаларға шәкирт болып түсер еди. Бул жерде
олар темиршилик, оймашылық, гүләлшылық яки тигиўшилик кәсиплерин
үйренетуғын еди.
Христиан
миссионерлери
өзлери
көшип
келген
дәўирден-ақ,
африкалыларға оқыўды ҳәм жазыўды үйрете баслаған еди. Бирақ тәлим
тараўындағы ҳақыйқый раўажланыў ХХ әсирден басланады. Оның себеби
Европа колонияллары бул дәўирден африкалыларды ҳүкимет жумысына ҳәм
ислеп шығарыў процессине кеңирек тарта баслайды. Бүгинги күнде көпшилик
Африка мәмлекетлериниң ҳүкиметлери жаңа мектеплер қурыўға, тәлим
процессин кеңейтириўге умтылмақта. Бирақ елеге шекем тәлим тараўына
көплеген машқалалар сақланып қалмақта. Елеге шекем Саҳрои Кабрдиң
қубла бөлиминде жасаўшы африкалылардың бар жоғы 25%ти жазыўды ҳәм
оқыўды биледи. Бир ғана Фасо, Мали, Сенегал сыяқлы мәмлекетлерде бул
көрсеткиш улыўма 10% ти қурайды. Көп жерлерде әсиресе, аўыллық жерлерде
мектеплер, оқыў материаллары, қәнигели оқытыўшылар жетиспейди. Дерлик,
барлық мәмлекетлерде балалардың көпшилиги мектеплерге бармайды яки
олардан ерте кетип қалады.
Жазайыр ҳәм Ҳабашистанда тәлим машқалалары, оларды шешиўде
қолға киритилген жаңалықлар
.
Жазоир-Африка шығысындағы үлкен мәмлекет. Пайтахты Жазоир,
мәмлекетлик тил араб тили, халқ саны 28.000.000.Жазоир ҳүкимети жылдан
жылға тәлим тараўы раўажланыўы ушын көбирек қаржы сарп етседе, елеге
шекем 15 ҳәм оннан үлкен жастағылардың 45% ғана оқыў ҳәм жазыўды
биледи.
Түрли мәмлекетлер тәлим системасындағы машқалаларды өз-ара
салыстырыў арқалы үйрениў бир қанша жемисли. Себеби бунда түрли
мәмлекетлер тәлим тараўындағы парқлардың уқсас тәреплери және де
аны
ғ
ырақ көрине баслайды.
27
Ҳиндистан ҳәм Индонезияда ғәрезсизлик жылларындағы тәлимниң
раўажланыўы.
Ҳиндистан.
Ғәрезсизлик жылларында оқыўды ҳәм жазыўды билетуғын
инсанлар саны 2%ке өсти. Буған 1951 жыл қабыл етилген ҳәм изшил әмелге
асырылып баратырған тийкарғы мәмлекет дәстүри есабына ерисилди. Ҳүкимет
мектеплер қурылысына, оқыўшыларды таярлаўға ҳәм мектеплерди китаплар,
оқыў материаллары менен тәмийнлеўге көп пул қаржыларын жумсап
келмекте.
Мәмлекет Нызамына муўапық 6 жастан 14 жасқа шекем болған балалар
бийпул тәлим алыў ҳуқуқына ийе. Бул жастағы балалардың орташа 85% 5-
классқа қатнайды. Бирақ 6 класстан баслап 10 классқа қатнайтуғынлар саны
35% ке түсип қалады. Аўыллық жерлерде жәрдем бериў ушын жумысқа
киреди, соған карамай Ҳиндистандағы барлық мектеплер оқыўшылар менен
толып тасқан. Ҳиндистанда 4,850ден артық колледж ҳәм университетлер бар.
18 жастан 23 жасқа шекем болған жаслардың орташа 4% ЖООда оқып билим
алады.
Индонезия.
1945 жылларда келип 10% тен ҳәм азырақ Индонезиялылар
оқыўды билетуғын еди. Ҳүкимет халықтың саўатлылығын асырыў ушын
арнаўлы дәстүрлер қабыл етти. Бул дәстүрлер избе-изликте әмелге асырылыўы
нәтийжесинде, бүгинги күнде 15 жас ҳәм оннан үлкен болғанлардың 65%ти
жазыўды ҳәм оқыўды биледи. Ҳүкимет мектеплерин қарамағында сақлайды
хәм жеке мектеплерге жәрдем береди.
Нызамға муўапық балалар 6 жыл даўамында баслаўыш тәлим алыўы
шәрт. Баслаўыш тәлим 8 жастан басланады. Индонезияның айырым
територияларында мектеплер, оқытыўшылар яки сабақлықлар жетиспейди.
Бирақ мәмлекеттеги баслаўыш тәлим жасындағы барлық балалар мектепке
қатнайды. Индонезия орта мектеплеринде тәлим 3 жыл даўам етеди. Орта
мектеп жасындағы 40% балалардың мектепте билим алыўының өзи итибарға
ылайық.
1945 жылға шекем Индонезияда бар жоғы бир неше колледж бар еди.
28
Университетлер болса улыўма жоқ еди. Мәмлекет ғәрезсизлигин алғаннан
кейин, изли-изли 50ге жақын мәмлекетлик университетлери ҳәм жеке меншик
оқыў орынлары шөлкемлестирилди
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Каримов И.А. Баркамол авлод Узбекистан тараккиётининг пойдевори. -Т.:
«Шарқ», 1998.
2. Каримов И.А.Узбекистон ХХI асрга интилмоқда.-Т.: «Узбекистон», 1999.
З. Турк таълим тизими. Ҳорижда таълим — Т., 44 б.
4. Узбекистон - Туркия: Маориф буйича ҳамкорликнинг илк ҳужжатлари.
Маър. 1992 й„ 4 февраль,
5. Жовлиев Б. Таълимда ҳамкорлик дастури самаралари. Узбекистон - АКШ,
Маър. 2002 йил 27 март.
6. Маҳмудов Н., Компьютерни билмаган педагог йўқ. Ҳорижда таълим.
Маър.2002-13 июль.
7. Усмонов Н., Японияда бола таърбияси. Маър. 2002-13 март
8. Иванова А., Узбекистон -Германия тәлим соҳасидаги ҳамкорлик. Ҳалқ сўзи.
2002 йил 13 март.
9. Усмонов И., Германияда касб-ҳунар таълими. Ҳорижда таълим. Маър. 2002
йил 13 февраль
10. Ю.Ерҳонова. Франция буюклигининг мезонлари: Ҳорижда таълим. Маър.
2002 йил 27 февраль
11. Швеция олий ўқув юртлари: Ҳорижда таълим. Маър., 2002 йил 23 январь.
12. Салимова Н. Буюк Британия, Финляндия: Ҳорижда таълим. Маърифат.
2001
йил, 26 декабрь Япония таасуротлари: Ҳорижда таълим. Маър. 2001 24 октябрь
13. Жураев Г.О., «Яшиллик мамлакати» талабалари: Ҳорижда
таълим. Шотландия. Туркистон 2001 йил 10 октябрь.
14. Н.Ҳайдар Мурод. Франция: таълим тизими. Таълим тарбиянинг узаги:
талабалар ҳасти. Туркистон — 2001 8 сент.
15. Усмонова Л., Япония: Бошлан
ғ
ич таълим тизими. Ҳорижий таълим.
29
6. ЕВРОПА МӘМЛЕКЕТЛЕРИНДЕ ТӘЛИМ СИСТЕМАСЫНЫҢ
ДҮЗИЛИСИ ҲӘМ ОНЫҢ ТИЙКАРҒЫ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ.
Жобасы:
1. Европа мәмлекетлеринде тәлим-тәрбия мәселелериниң улыўма
характеристикасы.
2. Германия ҳәм Франция мәмлекетлериниң билимлендириў системасы,
оның структурасы ҳәм характерли тәреплери.
3. Белгия ҳәм Швеция мәмлекетлериниң билимлендириў мәселелери,
олардың шешилиўи.
1. Европа мәмлекетлеринде тәлим-тәрбия мәселелериниң улыўма
характеристикасы.
Европа – батыс цивилизациясының бесиги болып есапланады. Европа 17
үлкен - киши мәмлекеткерди өз ишине алади. Олар арасында ең үлкени Россия
ең кишиси Ватикан. Европалылылар дүньядағы ең оқымыслы адамлар болып
есапланады. Европада саўатханлық дәрежеси жүдә жоқары есапланады. 90%
ден артық адамлар жазыўды ҳәм оқыўды биледи. Тек ғана Европаның төрт
мәмлекетинен бул көрсеткиш бираз пәс көрсеткишли болып есапланады. Бул
мәмлекетлер Албания, Малта, Португалия ҳәм Туркия.
Европа мәмлекетлери билимлендириў системаларына тән өзгешеликлер
бир - биринен анағурлым парқланады. Мәселен Португалияда балалар
мектепке 6 жыл барыўлары шарт болса, Белгияда мәжбурий тәлим 12 жыл
даўам етеди. Франсияда тәлим системасы басқарыўы жүдә орайласқан болса,
швецарияда тәлим маҳаллий ҳәкимиятлар тәрепинен басқарылады.
Батыс Европадағы арқа мәмлекетлериниң
көпшилигинде–Уллы
Британия, Норвегия, Швецияда көпшилик балалар 15-16 жасқа шекем бир
қыйлы тәлим алады. Бул жасқа жеткен базы “балалар мектепти тамамлап,
профессионал мектепке барыўлари, басқалары коллежге таярлық көриў ушын
теориялық билим алыўын даўам еттириў мумкин. Билимлендириў сапасы
Европа қубласына салыстырғанда ислеўде жоқары есапланады. Греция,
30
Португалия, Болгария ҳәм Албания сыяқлы қубла мәмлекетлери арқа
мәмлекетлерине салыстырғанда кемирек. Соның ушын олар өз мәмлекетлери
тәлим
раўажланыўының
үзликсизлигин
тәмийинлей
алмайды.
Бул
мәмлекетлерде балалар өзлериниң арқада
ғ
ы теңлеслерине салыстырғанда аз
мүддет даўамында мектепке барады. Олар соның менен бирге илимий ҳәм
техникалық билимлерди салыстырмалы аз ийелейди. Батыс Европа
мәмлекетлеринде усы ўақытқа шекем ширкеўдиң тәлимге тәсири сезилерли
дәрежеде жоқары.
2. Германия ҳәм Франция мәмлекетлериниң билимлендириў
системасы,оның структурасы ҳәм характерли тәреплери.
Ҳәзирги ўақытта Шығыс Европа мәмлекетлериниң айырым ҳүкимет
тәлим системаларын басқарады. Бирақ 80-жыллардың ақырынан баслап
жиберилетуғын демократиялық реформалар нәтийжесине тийкарланып,
шығыс Европа мәмлекетлеринде өз халық хожалығы ҳәм ислеп шығарыў
процесин раўажландырыў мақсетинде пәнди раўажландырыўға, мектеплер ҳәм
басқа тийисли оқыў орынларында техникалық пәнлерди оқытыўға үлкен
әҳмийет берилмекте. Бул мәмлекетлерде жасаўшы балалар 8 - 10 жыл
даўамында мектепте жүриўи шәрт есапланған.
Европада көплеген ең әййемги ҳәм атақлы университетлер жайласқан
Кембридж, Оксворд (Уллы Британия), Краков (Полша), Болония (Италия) Гей
Дел Берг (Германия), Вена (Австралия), Париж (Франсия), Москва (Россия)
сыяқлы университетлер солар қатарына киреди. Германия ҳәм Франция
мәмлекетлериниң тәлим системасы, оның структурасы ҳәм характерли
тәреплери. Германия бәрше балаларды оқытыўға хызмет ететуғын халық
билимлендириў системасына тийкар салынған дәслепки мәмлекетлерден бири
есапланады. Германияда тәлим процеси ҳәр бир ўалаятта ғәрезсиз
басқарылады. Нызамға муўапық барлық балалар 6 жастан 9 яки 10 жыл
даўамында мектепке қатнасыўы шәрт. Бирақ балалардың мектепке қатнасыў
дәўирлери түрли ўалаятларда түрлише болып есапланады.
Германияда басланғыш тәлим 4 жыл даўам етеди. Басланғыш
31
мектептен соң оқыўшылар бағдар мектеплерде арнаўлы ба
ғ
дарлама
тийкарында оқытылады. Германияда басланғыш тәлимнен кейин жаңа
тәлимди бериў қәнигелестирилген арнаўлы орынлар гимназиялар белгили.
Гимназиялар өзинде орта мектептиң төмен ҳәм жоқары басқышларын беккем
етип оларды жоқары оқыў орнына таярлайды.
Орта мектептиң төмен басқышын тамамлаған балалардын 19 % орта
мектеп жоқары басқышын тутқан оқыўшылардын болса 20 % өнер тәлим
системасында билим алыўды даўам еттиреди. Оқыў мүддети 3 – 3,5 жылды
қурайды. Оқыў 3 басқыштан ибарат болып:
Биринши жылда тийкарғы өнер тәлим бериледи.
Екинши жыл даўамында арнаўлы өнер тәлим бериледи.
Үшинши жылы арнаўлы өнер тәлим тереңлестирилип барылады.
Питкериў имтиханлары арнаўлы коммиссия тәрепинен қабыл етиледи.
Комиссия қурамы кәрханалардың жетекши қәнигелери, федерал жерлердеги
санаат палатасы, өнерментшилик палатасы ўәкиллеринен дүзиледи. Өнер
мектеплериниң дипломлары жоқары оқыў орынларына кириў ҳуқуқын
бермейди. Жоқары оқыў орынларына қабыллаў имтихансыз мектеп тәлими
ҳаққындағы ҳүжжетке тийкарланып әмелге асырылады. Жоқары оқыў
орынларында оқыў бийпул. Егер талаба финанслық жәрдемге мүтәжлик сезсе,
бундай жәрдем оған көрсетиледи. Бул жәрдемниң ярымы стипендияға қосып
берилсе, екинши ярымы қарыз сыпатында бериледи.
Ҳәзирги ўақытта университетлерде талабалар 7 жыл оқыйды. Олардың
оқыўға киргенге шекем кәрханаларда бир неше жыл ислейтуғынын есапқа
алсақ, талабалар ҳақықый мийнет хызметин анағурлым кеш баслаўын
түсинемиз. Сол себепли бүгинги күнде оқыў процесин қысқартыў
усынылмақта. Улыўма бүгинги күнде, Германия билимлендириў системасын
реформалаў жолында жаңа излениўлер алып барылмақта.
Францияда балалардың мәжбүрий тәлим процеси 6 - 16 жасларды өз
ишине алады. Буған шекем француз балалары әдетте 2 жастан 6 жасқа шекем
аналар мектеби деп аталатуғын мектепке шекемги тәрбия орнына қатнайды.
32
Баслаўыш тәлим 6 жастан 11 жасқа шекем болған балаларды оқытыўға
мөлшерленген. Баслаўыш класларда оқыў мүддети 5 жыл болып, бул мүддет
ишинде оқыў тийкарынан 3 басқышқа бөлинеди: таярлаў басқышы 1 жылға
мөлшерленген болып, бунда балалар есаплаў ҳәм жазыўға, қосық айтыўға,
табият көринислерин тамаша қылыўға, физикалық шынығыўлар атқарыўға,
мийнет етиўге үйретеди:
- элементар курс - 2 жылға мөлшерленген болып, бунда оқыўшылар
таярлаў циклинде алған билимин тереңлестиреди.
- теренлестириў басқышында (ол 2 жыл даўам етеди) оқыўшылардың
таярлаў ҳәм элементар басқышында ийелеген билимлерин және де
тереңлестиреди.
Оқыўшылар 11 жаста баслаўыш мектепти тамамлап, орта тәлим
орынларына өтеди. Орта тәлим болса колледж ҳәм лицейлерде әмелге
асырылады. Орта тәлим еки басқышта бериледи. Биринши басқыш 4 жыл
даўам етип (11 - 15 жаслар) ең киши класс 6, орта класслар 5 - 4, ең үлкен
класс 3 - класс болып есапланады. Демек, классларды номерлеў жоқарыдан
төменге қарап әмелге асырылады. Биринши басқыш жуўмағында кәсиплик
бағдарлары бойынша гуўалық алады. Соннан кейин оқыўшылар 25 жастан 18
жасқа шекем тәлим алады. Оқыў 3 жыл даўам етип, 2 - класс киши, 1 - класс
орта ҳәм тамамлаўшыға бөлинеди. Оқыўшылар улыўма тәлим ҳәм техникалық
лицейлерди тамамлағанлардан кейин бакалавр атағы ҳәм диплом ушын
имтихан тапсырады. Мине, усындай диплом
ғ
а ийе болғанда ғана жоқары оқыў
орынларына кириў ҳуқықына ийе болады. Бакалавр атағы ушын
тапсырылатуғын имтихан соншелли қурамалы, атап айтқанда, 1/3 бөлими
сынаўлардан өте алмайды. Францияда 15 университет бар. Ҳәр бир
университет оқыў қураллары ҳәм тәлим методларын өзи өз бетинше
белгилейди. Талабалар университет басқарыўында қатнасады. Мине, буның
итибарға ылайық тәрепи: 1970 жылға шекем француз ул ҳәм қыз балалар
мектеплерге бөлек-бөлек барады. Бирақ 1970 - жылдан бул әдетке жуўмақ
жасалды ҳәм буннан былай барлық балалар мектепте биргеликте тәлим алады.
33
3. Белгия ҳәм Швеция мәмлекетлериниң билимлендириў мәселелери,
олардың шешилиўи.
Белгия. Дерлик, бәрше белгиялылар жазыўды ҳәм оқыўды биледи.
Мәмлекетте 2 түрли системасы бар: Мәмлекет тәрепинен, диний емес
шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген мектеплер. Мәмлекет ҳәр еки
система тәлим орынларын қәрежет пенен тәмийинлейди. Нызамға муўапық 6
жастан 18 жасқа шекемги барлық балалар тәлим алыўы шәрт. Дерлик, бәрше
ата - аналар өз перзентлерин ясли ҳәм бақшаларға береди. 6 жастан 11 жасқа
шекем балалар басланғыш мектепте тәлим алады. 1970 жылға шекем
оқыўшылар басланғыш мектептен соң қәлеген кәсиплик яки орта мектепке
барады. Бирақ, 1970-жылда қабыл етилген қарарға муўапық олардың барлығы
тек толық орта мектеплерге барыў лазым екенлиги көрсетилди. Бундай
мектеплерде оқыўшыларға улыўма билим ҳәм кәсиплик бағдар берилетуғын
еди. 1979-жылға келип, жаңа мектеплер алдыңғы система орынларының орнын
толық ийеледи. Бирақ айырым ғәрезсиз мектеплерде алдынғы система
өзгешеликлери сақланып келмекте. Белгияда басланғыш тәлим ал
ғ
аннан
кейин 11 жастан 18 жасқа шекем болған дәўирлерде улыўма тәлим бериледи.
Оқыўшылар өзлери қайсы пәнге қызықса, сол пәннен көбирек билим алады.
Олар өз қәлеўине қарай сабақ кестесин дүзеди. Оқыў менен биргеликте
әлбетте өнер үйрениледи. Бул дегени егер базы бир оқыўшылар оқыўды даўам
еттириўди қәлемесе, мектепти тамамлағаннан соң завод ҳәм фабрикаларда
техникалфқ қәнигелер болып ислеўлери мүмкин. Шемби ҳәм екшемби күнлери
белгиялы оқыўшылар ушын дем алыс күни. Бул күнлерде оқыўшылар түрли
спот клубларына барады, жарыс ҳәм беллесиўлер шөлкемлестириледи. Соның
менен жақынлары ҳәм дослары қатарында болады. Және де балалар ушын
“Саодат” шөлкеми бар болып, онда ҳәр бир бала өзи қызыққан бағдары
топарына ағза болады. Мысалы география, биология, астрономияға
бағдарланған топарлар жасларды бирлестирген ҳалда жумыс алып барады. Бул
шөлкем хызмети сондай қызықлы, негизинде 18 жасқа шекем болғанлар ағза
болады - да, оннан жоқары жастағылар да еркли рәўиште бул шөлкемлерде
34
жумыс алып барады. Белгияда жоқары тәлим университетлерде әмелге
асырылады. Мәмлекетте 4 мәмлекетлик университет ҳәм 4 жеке университет
бар. Швеция Арқа Европадағы индустриал раўажлан
ғ
ан мәмлекет. Швеция
ҳүкимети талабына көре 7 - 16 жастағы барлық балалар мектепке қатнаўлары
шәрт. Басланғыш ҳәм орта тәлим бийпул әмелге асырылады. Ҳүкимет, соның
менен бирге, барлық университетлерди басқарып барады.
Көпшилик балалар 7 жасқа дейин бақшаларға баради. Ҳүкимет
бақшаларды ҳәр дайым қоллап - қуўатлайды, бирақ оларға қатнасты талап
етпейди. Басланғыш мектеплер Швецияда “Грандакола” деп жүритиледи. Олар
төмен ҳәм жоқары басқышларға бөлинеди. Ҳүкимет, сондай - ақ, барлық
университетлерди басқарып барады. Көпшилик балалар 7 жасқа шекем
бақшаға барады. Төмен басқыш өз нәўбетинде және 2 басқышқа ажыратылады.
Биринши басқыш 1 - 3 классларды, 2 - басқыш 4 – 6 классларды өз ишине
алады. Жоқары басқыш 7 - 9 класларды өз ишине алып, 7 - 8 класлардан
оқыўшылар өзлери ушын керек пәнлерди таңлай баслайди. Көпшилик
оқыўшылар кейиншелик улыўма тәлимди даўам еттиреди. Базы биреўлери ун
хожалиги яки ислеп шығарыў цехларында керек билимлерди үйренеди. Базы
биреўлери тил үйренип, технология яки экономика бойынша билим беретуғын
арнаўлы курсларды танлайды. 4 - 7 класларда барлық балалардан инглиз тилин
үйрениўин талап етеди. 90% оқыўшылар кейинда шет тилин үйрениўди даўам
еттиреди. Жоқары басқышты тамамлағаннан соң, балалар орта мектепке
барыўлары мүмкин. 1966 жылдан бери мәмлекетте 3 түрдеги орта мектеплер
бар үш жыллық жоқары орта мектеплерде оқыўшылар университетге
таярланады. Еки жыллық даўам етиўши мектеплерде социяллық,
экономикалық ҳәм техник пәнлерден билим бериледи. (кәсиплик орта
мектеплерде күндизги ҳәм түнги мектеплер бар болып, оларда ислеп шығарыў,
экономика тийкарларынан билим бериледи.
35
7. ШВЕЦИЯ ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫ
Жобасы:
1. Швеция жоқары оқыў орынларында
ғ
ы билимлендириў системасы.
2. Швеция жоқары оқыў орынларында
ғ
ы тәлим усыллары.
1. Швеция жоқары оқыў орынларында
ғ
ы билимлендириў
системасы.
Жақын ўақытларға шекем Скандинавия университетлери соншелли кең
тарқалған еди. Мәмлекет тили ҳәм жәҳән көлеминде оншелли үлкен әмелге
ийе емес еди. Бирақ кейинги он жыл ишинде Арқа Европа соның ишинде
Швеция жоқары оқыў орынларында басқа мәмлекетлерден талабаларды
көбирек қаратыўға ҳәрекет ете баслады. Сырт елли талабалар ушын арнаўлы
степендиялар усынылған, ингилиз ҳәм швед тилин бийпул үйрениў ҳәм
имтихан тапсырыў мүмкин
Швед жоқарғы тәлиминде еки имканиятлар есиги бар.
1. Дәстурий жоқары сыпат. Мәмлекет тәбиятының тәкирарланбас, жетик
қәнеге, менеджер, алым, инжинерлер таярлаўға да шәраят туўдырады.
2. Бул жерде барлық талабалар қайсы миллетке тийислилигине
қарамастан бийпул билим алады. Сондай-ақ Швеция жоқары оқыў
орынларында бир адым алдыға илгерлеў басланды.
Швеция университетлеринде оқыўды қәлеўши абутирентлер интернет
арқалы өзи қәлеген оқыў орнының халық аралық бөлимине мүрәжәт қылады.
Сырт еллилер шведлер менен улыўма тәртип қағыйдалар тийкарында
таңлаўдан өтеди. Алдын олардан базалық мағлыўматлардан хабардарлығы
талап қылынады. Яғный ол өзине жаратылған ғамхорлықлар ҳаққында билеме?
Қабыллаў бир жылда 2 мәрте болады 5 айлық өзбетинше курслар ушын гүзги
семестрде сол жылдың 15-апрель, 1 ақыры 15 -октябрьге шекем ҳүжжет
тапсырылады. Орта мектепти қысқа мүддетли курслар, бакалавриатты
36
тамамлағанлығы ҳәм мағлыўматнама яки диплом нусқасы абитуриентлерден
талап етилетуғын тийкарғы ҳүжжетлер болып есапланады. Оған болса өз
мәмлекетиниң педагогы берген усынысы қосып тапсырылады. Оны
қызықтырған
факультет
электрон
почтаға жалғанғанлығы
себепли
абитуриентлерден бундағы рефератта инглис тилинде талап етиледи. Улыўма
ҳәр қандай мәмлекет талабасы бул жерде тәлим алыўдан алдын ҳеш
болмағанда бир жыл өз елинде оқығаны мақул. Мектепти тамамлап, бирден
Швецияға келип қалған сырт ел пуқарасы қыйналып қалады. Швеция
университетлерине арза жоллаған талаба тәлимди бийпул алсада, ол турар
жайы мәселесин өзи шешеди.
Талаба 750$ стипендия алады. Соның 3/1 бөлими турар жайға
бөлистириледи. Стокгольм ҳәм Петербург қалаларында баспана табыў үлкен
бахыт болып есапланады. Талабалар 10-5 адам пайдаланыўға мөлшерленген
жатақханаларға жайласыўы мүмкин. Швецияда билим алыўды қәлеўшилерге
келиўи менен кредит карточкасы бериледи. Стокгольм ҳәм Петербург
университетлерине келип, фундаменталь пәнлер менен шуғылланыўын қәлесе,
оның әмелий изертлеўлери, кейин ала жоқары қураллық техника, Шалмерсов
мектеплеринде даўам етеди. Гуманитар тараў қәнигелерине Упсал ҳәм Лунд
университетлери менен тең абыройда үйрететуғын. Седерторн жоқары
мектеби ҳәм ол пайтахтқа жақын жерде жайласқан. Мектеп 1996-жылда
өзиниң биринши талабаларын қабыллаған еди. Швецияда тәлим ҳәм бизнес
дүнья нызамлықларына көбинесе сәйкес келе бермейди. Стокгольм
экономикалық мектеби мәмлекетлеринде жоқары атаққа ийе. Мектептиң Рига
ҳәм Петербургта ийелери бар. Мәмлекет оқыў орынларының талабалары 3
топарға бөлинеди.
2. Швеция жоқары оқыў орынларында
ғ
ы тәлим усыллары.
Тәлим усыллары Германия, Дания, Финляндиялыларға уқсас болады.
Инглис миллетине киретуғынлар бул жерде көпшиликти қурайды.
Австралиялылар, жаңа Зелландиялылар, Арка Европа пукараларыда кем емес.
ҒМДА мәмлекетлеринен барып билим алып атырғанлар салыстырмалы аз.
37
Латын Америкасы, Япония, Қытай мәмлекети ўәкиллери де ушырайды. Тәлим
алыў ушын Швецияға ең кем келетуғын мәмлекет бул Арабстан ҳәм Африка
қалалары есапланады.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Каримов И.А. Баркамол авлод Узбекистан тараккиётининг пойдевори. -Т.:
«Шарқ», 1998.
2. Каримов И.А.Узбекистон ХХI асрга интилмоқда.-Т.: «Узбекистон», 1999.
З. Турк таълим тизими. Ҳорижда таълим — Т., 44 б.
4. Узбекистон - Туркия: Маориф буйича ҳамкорликнинг илк ҳужжатлари.
Маър. 1992 й„ 4 февраль,
5. Жовлиев Б. Таълимда ҳамкорлик дастури самаралари. Узбекистон - АКШ,
Маър. 2002 йил 27 март.
6. Маҳмудов Н., Компьютерни билмаган педагог йўқ. Ҳорижда таълим.
Маър.2002-13 июль.
7. Усмонов Н., Японияда бола таърбияси. Маър. 2002-13 март
8. Иванова А., Узбекистон -Германия тәлим соҳасидаги ҳамкорлик. Ҳалқ сўзи.
2002 йил 13 март.
9. Усмонов И., Германияда касб-ҳунар таълими. Ҳорижда таълим. Маър. 2002
йил 13 февраль
10. Ю.Ерҳонова. Франция буюклигининг мезонлари: Ҳорижда таълим. Маър.
2002 йил 27 февраль
11. Швеция олий ўқув юртлари: Ҳорижда таълим. Маър., 2002 йил 23 январь.
12. Салимова Н. Буюк Британия, Финляндия: Ҳорижда таълим. Маърифат.
2001
йил, 26 декабрь Япония таасуротлари: Ҳорижда таълим. Маър. 2001 24 октябрь
13. Жураев Г.О., «Яшиллик мамлакати» талабалари: Ҳорижда
таълим. Шотландия. Туркистон 2001 йил 10 октябрь.
14. Н.Ҳайдар Мурод. Франция: таълим тизими. Таълим тарбиянинг узаги:
талабалар ҳасти. Туркистон — 2001 8 сент.
38
8. ЛАТЫН АМЕРИКАСЫ МӘМЛЕКЕТЛЕРИНДЕ ТӘЛИМ
СИСТЕМАЛАРЫНЫҢ ЖОЛҒА ҚОЙЫЛЫЎЫ.
ЖОБАСЫ:
1. Латын Америкасы мәмлекетлеринде тәлим машқалаларының улыўма
мәселелери.
2. Бразилия ҳәм Аргентина тәлим системасына тән өзгешеликлер.
З. Колумбия ҳәм Чили тәлим системасы, ондағы машқалалар.
4. Латын Америкасы мәмлекетлери тәлим системаларына тән
өзгешеликлердиң салыстырмалы анализ етилиўи.
1. Латын Америкасы мәмлекетлеринде тәлим машқалаларының
улыўма мәселелери.
Латын Америкасы-33 ғәрезсиз мәмлекет ҳәм 13 түрли сиясий
бирликлерди өз ишине алған миллет есапланады.
1990 жылдан берли Латын Америкасы-33 ғәрезсиз мәмлекет ҳәм 13
түрли сиясий бирликлерди өз ишине алған миллет болып есапланады.
Мәмлекет
билимлендириў
системасы
раўажланып
бармақта,
алдыңғыларға салыстырғанда, басланғыш орта мектеплерде ҳәмде
колледжлерде тәлим алыўшылар саны анағурлым артқан. Көпшилик
мәмлекетлерде саўатлылық дәрежеси анағурлым өскен. Аргенгентина,
Чели, Куба ҳәм Уругвай мәмлекетлеринде саўатлылық дәрежеси 60% тен
артық. Көпшилик ҳүкиметлер саўатсыз үлкенлерди оқытыў бойынша
арнаўлы ба
ғ
дарламалар қабыл еткен. Тәлимдеги раўажланыўға қарасып базы
машқалалар
да
еле
өз
шешимин
күтпекте.
Гватемала
ҳәм Гаити сыяқлы мәмлекетлерде саўатлылық дәрежеси 60% пәс. Пүткил
Латын Америкасының тәлим дәрежеси аўыллық жайларда қаладағыға
салыстырғанда төмен.
Дерлик, бәрше Латын Америкасы мәмлекетлеринде балалардың
басланғыш тәлим алыўы мәжбүрий болып есапланады. Бирақ көп жерлерде
әсиресе аўыллық жерлерде, қалалардың кәмбағал мектеплеринде оқыў
39
материаллары ҳәм тәжирийбели оқытыўшылар жетиспегенлиги себепли,
бул талап бәрҳәма әмелге асырыла бермейди. Көпшилик оқыўшылар
мектептен тәлим алыўды баслағаннан соң, көп өтпей өз шаңарағын бағыўға
жәрдем бериў ушын оқыўды таслап кетпекте. Барлық Латын Америкасы
мәмлекетлеринде ҳүкиметлер жаңадан жаңа мектеплерди қурып, жаңадан
жаңа дәстүрлерди қабыллап атыр. Бирақ қурылып атырған мектеплер ҳәм
таярланып атырған оқытыўшылар санына салыстырғанда аймақтағылар саны
тезирек өсип бармақта. Буннан тысқары тәлим ушын топланып атырған ҳақ
муғдары барған сайын артып бармақта.
Көпшилик Латын Америкасы мәмлекетлериниң балалары бақшадан
колледжге шекем мәмлекет тәлим орынларында бийпул тәлим алыўлары
мүмкин. Бирақ соңғы тәмийинлеген яки бай мәмлекет шаңарақлары
перзентлери, әдетте, пуллы жеке мектеплер ҳәм мәмлекет қаржылары менен
тәмийинленеди. Латын Америкасындағы көпшилик мәмлекетлерде жеке
мектеплер католик ширкеўлер басқарыўы астында болып есапланады. Узақ
жыллар даўамында жеке мектеплер мәмлекетлик мектеплерге салыстырғанда
жақсырақ тәлим берип келмекте. Бирақ соңғы жылларда мәмлекет мектеплер
ушын да үлкен пул қаржыларының ажыратылыўы нәтийжесинде, олардағы
тәлим сыпаты жеке мектеплер дәрежесине жетип келди. Латын Америкасынан
көплеген атақлы мәмлекетлерге қараслы ҳәм жеке колледж ҳәм
университетлер бар. Олар арасында бир қанша әййемги тәлим орынлары бар.
Мысалы, Доминикалы Республикасындағы С
АН
-Д
ОМИШО
университетинде
1538 жылда, Лимадағы Сан-Маркое университетинде 1551 жылда,
Колумбияның Богота қаласындағы Сант-Томас 1580 Латын Америкасында 18-
23 жастағы аймақтың 27% жоқары оқыў жылында қурылған орынларында
оқыйды. 1980 жылдан берли колледж ҳәм университетлер муғдары тезлик
пенен артып бармақта. Түрли мәмлекетлерде жоқары оқыў орынларына
кирмекши болғанлар саны жоқары оқыў орынлары режелеринен анағурлым
жоқары.
40
2. Бразилия ҳәм Аргентина тәлим системасына тән өзгешеликлер.
Бразилия Латын Америкасындағы ең үлкен мәмлекет аймағында 164
миллион адам турады. Бразилиялы үлкенлердиң 80%и жазыў ҳәм оқыўды
биледи. Бирақ тәлим дәрежеси, ҳәтте, бир мәмлекеттиң ишинде де
өзгешеленеди. Тәлим дәрежеси Қубла Бразилияда анағурлым жоқары болса,
Бразилия өндиристе ислеўде төмен. Бразилияда мәмлекетке қараслы
басланғыш билимлендириў системасы бийпул тәлим бериўге қаратылған 7
жастан 14 жасқа шекем болған балалар мектеплерге барыўы шәрт.
Басланғыш мектеплерди тамамлаған балалардың көпшилиги жумысқа
киреди. Бундай балалардың айырымы кәмбағал шанарақтың перзентлери
болып есапланады. Бразилияның көпшилик аўыллық жерлеринде мектеплер
ҳәм оқытыўшылар жетиспейди. Базы бир сондай жерлерде радио арқалы
тәлим бериў жолға қойылған. Университет талабалары еркли рәўиште
оқыйды. Оқытыўшылар жетиспейтуғын аймақларда ҳүкимет тәрепинен
үлкенлер саўатлылығын асырыў ушын арнаўлы ба
ғ
дарламалар қабыл
етилген. Мәмлекетке қараслы мектеплерде тәлим бийпул әмелге асырылады.
Бирақ Бразилия орта мектеплериниң көпшилиги жеке ҳәм пулы есапланади.
Елеге шекем католик ширкеў көпшилик орта мектеплерди басқарады.
Бразилияда 65 колледж ҳәм университет бар. Ең үлкен университет Сан
Паула университети болып онда 54000 талаба тәлим алады. Аргентина Латын
Америкасындағы аймақлардың үлкенлиги ҳәм аймақтың көплиги бойынша 2-
орындағы мәмлекет. Пайтахты Буеиос-Айрос: мәмлекетлик тили испан тили.
95% аймақ саўатлы. Аргентинада бийпул басланғыш ҳәм орта тәлим
кепилленеди. Мәмлекетте жеке мектеплер көп Мәмлекет нызамына көре 6
жастан 14 жасқа шекем барлық балалар мектепке барыўы шарт. Солай болса
да, орта мектеп жасындағы балалардың тек аз бөлими ғана орта мектеплерди
тамамлайды. Итимал, буған аўыллық жерлердеги экономикалық жағдай елеге
дейин аўырлығынша қалып атырғаны себеп. Аргентинада 45 университет
белгили. Буенос-Айрес университети тек ғана Аргентина балки путкил Латын
Америкасындағы ең ири университет болып есапланады. Онда 140 000 талаба
41
тәлим алады.
3. Колумбия ҳәм Чили тәлим системасы, ондағы машқалалар.
Колумбия, Пайтахты-Богота, Расмий мәмлекетлик тил испан тили,
аймағы – 35 487 000 (1994 ж).
Колумбиялық 80% үлкенлер оқыў ҳәм жазыўды биледи. Ҳүкимет 7-11
жастағы барлық балалардан мектепке барыўын талап етиледи. Бирақ базы бир
аўыллық жерлерде бул талапқа әмел етилмейди. Себеби бул жерлердеги
мектеплерде бар жоғы 2 яки 3 класс бар. Колумбияда жәми
40 университет белгили. Ең үлкен университет Баготадағы университет болып
есапланады.
Чили пайтахты-Сантьего, мәмлекетлик тили-испан тили, аймағы-14
миллион адам (1984). Чилилилердиң 90% ден артығы жазыў ҳәм оқыўды
биледи.(15 ҳәм оннан үлкен жастағылар арасында). Чилиде балалар бийпул
басланғыш тәлим менен тәмийинленеди. Басланғыш мектеплерде балалар 8
жыл қатнайды. Чилидеги мектеплерде тәлим түрлише, олардың көпшилиги
Католик ширкеўи тәрепинен басқарылады. Мәмлекетке қараслы орта
мектеплерде тәлим бийпул. Соған қарамастан басланғыш мектеп
питкериўшилериниң көпшилиги орта мектепте тәлим алыўды даўам
еттирмейди. Олар өз шаңарақларын бағыў
ғ
а жәрдемлесиўи ушын жумысқа
киреди. Чилиде 23 университет болып, оларда жәми 125.000
ғ
а жақын талаба
тәлим алады.
4. Латын Америкасы мәмлекетлери тәлим системаларына тән
өзгешеликлердиң салыстырмалы анализ етилиўи.
Түрли мәмлекетлердиң тәлим системалары, олардың өзгешеликлери
олардағы машқалалар үйренилгенде усыныслар, тарийхий методлар, балки
сол ўақытта салыстырмалы анализ методынан пайдаланыў талап етиледи.
Себеби түрли мәмлекетлердиң тәлим-тәрбия тараўындағы машқалаларын өз
ара жетиспей атырған аймақларға тәлим бериў Бразилияда кең тарқалған
ҳүкимет үлкенлер саўатлылығын асырыў ушын арнаўлы ба
ғ
дарламалар қабыл
42
қылынған.
Мәмлекетке қараслы мектеплерде тәлим бийпул әмелге асырылады.
Бирақ Бразилия орта мектеплериниң көпшилиги жеке ҳәм пулы болып
есапланады. Елеге дейин Католик Ширкеў көпшилик орта мектеплерди
басқарады. Бразилияда 65 колледж ҳәм университети болып, онда 540 000
талаба тәлим алады. Аргентина Латын Америкасындағы-аймақлық үлкенлиги
ҳәм халқыниң көплиги бойынша 2-орындағы мәмлекет.
Пайтахты Буенос-Айрос: мәмлекетлик тили-испан тили 95% халқы
саўатлы есапланады. Аргентинада бийпул басланғыш ҳәм орта тәлим
кепилленеди. Мәмлекетте жеке мектеплер көп мәмлекетлик нызамға муўапық
6 жастан 14 жасқа шекемги барлық балалар мектеплерге барыўлары шәрт.
Солай болса да, орта мектеп жасындағы балалардың тек аз бөлими ғана
орта мектепти тамамлайды. Итимал, буған аўыллық жайлардағы
экономикалық жағдай елеге дейин аўырлығынша қалып атырғанлығы себеп
болып есапланады. Аргентинада 45 университет белгили.
Буенос-Айрес университети Аргентинада ғана емес, бәлки Латын
Америкасындағы ең ири университет болып есапланады. Онда 140 000 талаба
тәлим алады.
3. Колумбия ҳәм чили тәлим системасы, ондағы машқалалар.
Колумбия, Пойтахти-Богота, рәсмий мәмлекетлик тили тили-испан тили,
халқы-35 487 000
(1994 ж).
Колумбиялы 80% үлкенлер оқыў ҳәм жазыўды биледи. Ҳүкимет 7-11
жастағы барлық балалардан мектепке барыў талап етиледи. Бирақ базы
ўақытлары аўыллық жерлерде бул талапқа әмел қылынбайды. Себеби бул
жерлердеги мектеплерде бар жоғы 2 яки 3 класс бар. Колумбияда жәми 40
университет белгили. Ең үлкен университет Баготадағы университет
есапланады. Чили пайтахты-Сантиего, мәмлекетлик тили-испан тили халқы 14
миллион (1984) Чилиликлердин 90% тен артығы жазыў ҳәм оқыўди биледи.
(15 ҳәм оннан үлкен жастағылар арасында).Чилида балалар бийпул
басланғыш тәлим менен тәмийинленеди. Басланғыш мектеплерге балалар 8
43
жыл қатнайды. Чилида да тәлим түрлише. Олардың көпшилиги Католик
Ширкеўи тәрепинен басқарылады. Мәмлекетке қараслы орта мектеплерде
тәлим бийпул. Соған қарамай басланғыш мектеплер питкериўшилериниң
көпшилиги орта мектепте тәлим алыўын даўам еттирмейди. Олар
шаңарақларына жәрдемлесиўи ушын жумысқа кириседи. Чилида 23
университет болып, оларда жәми: 125 000 ға жақын талаба тәлим алади.
Латын Америкасы мәмлекетлери тәлим системаларына тән
өзгешеликлердиң салыстырмалы анализ етилиўи.
Түрли мәмлекетлердиң тәлим системалары, олардың өзгешеликлери,
олардағы машқалалар үйренилгенде тек ғана усыныў, тарийхый
методлардан, балки тап сол ўақытта салыстырыў анализ методынан
пайдаланыў талап етиледи. Себеби түрли мәмлекетлердиң тәлим-тәрбия
тараўындағы машқалаларын өз ара салыстырғанда ғана олардың парқын
ҳәм уқсас тәрепин терең аңлап жетиў мүмкин болады. Соған муўапық бул
тема ақырында биз Латын Америкасы мәмлекетлериниң тәлим тараўындағы
өзгешеликлерин айырым өлшемлер бойынша көргизбели тәризде
салыстырып көрдик. Нәтийжелер төмендеги кестеде берилди.
Мәмлек
етлер
Саўатл
ылық
Бас
ланғыш
Бийпул
тәлим
Оқыўды таслаўдын
тийкарғы
дәреже
тәли
Бразили
80%
7-14
Баслаўы
Мектеп ҳәм
тәлим
жетиспеўшиликлери
Аргент
94%
6-14
Баслаўы
Аўылдағы турмыстың
орта
тәлим
Чили
90%
6-14
Баслаўы
Шанараққа
мәмлекет
бериў зәрурлиги.
мектепле
орта
44
МЕКСИКАДА ТӘЛИМ МАШҚАЛАЛАРЫН ШЕШИЎДИҢ
УЛЫЎМА ТӘРЕПЛЕРИ
Жобасы:
1. Мексика билимлендириў системасы.
2. Мексикада жоқары билимлендириў.
1. Мексика билимлендириў системасы.
Мексика-арқа Америкадағы мәмлекет пайтахты-Мехико; расмий аты
Мексика бирлескен штатлары; рәсмий мәмлекетлик тили –испан тили; халқы-
95 939 000.
Ҳәзирги Мексика Конституциясында 1977-жылда қабыл етилген диний
шөлкемлер ҳәм орынлар, олардың хызметкерлерине диний мектеплер ашыў
ҳәм диний шөлкемди оқытыў қадағалады. Бирақ нызам көп мәрте бузыла
бергеннен соң, 1991-жылы Конституцияға өзгерислер киритилди. Ендиликте
ширкеўлерге өз мектеплерин ашыў ҳәм оларда диний оқытыўға рухсат
берилди.
ХХ әсир басына келип 25% ден кемирек мексикалылар жазыўды ҳәм
оқыўды биледи. 1910-жылдағы революциядан кейин, әсиресе, 1940-жылдағы
ҳүкимет бийпул басланғыш тәлимди шөлкемлестириў ушын көп жумыслар
қылды, мыңлап жаңа мектеплер қурылды, педагог кадрлар жеткерип бериўши
оқыў орынлары шөлкемлестирилди, ҳүкимет жылдан-жылға тәлим тараўы
ушын көбирек қаржы сарп етпекте.
Бүгин мексикалы үлкен жаста
ғ
ылардың 90%и оқыў ҳәм жазыўды
биледи. Мексика нызамларына муўапық 6 жастан 14 жасқа шекем болған
барлық балалар мектепке барыўы шәрт. Бул талапқа муўапық 90% балалар
басланғыш мектепти тамамлайды. Аўыллық жерлерге салыстырғанда,
қалаларда көбирек балалар мектепке барады ҳәм оны тамамлайды.
Бақшадағы көплеген балалар 6 жыл даўамында басланғыш тәлим алады.
Буннан кейин олар 3 жыллық базалық орта мектепте оны тамамлайды ҳәм 3
жыллық жоқары орта мектеплерде тәлим алыўы мүмкин. Көпшилик жоқары
орта мектеплер меншик болып есапланады.
45
2. Мексикада жокары билимлендириў.
Жоқары билимлендириў Мексикада университетлер, қәнигелестирилген
колледж,
техникалық
институтларда
әмелге
асырылады.
Жоқарғы
билимлендириў орны Мехико қаласындағы Мексика Миллий Автоном
университети болып, ол 1551 жылда шөлкемлестирилген ҳәмде 325 000
талаба
ғ
а ийе. Мексика Миллий китапханасы да университет аймағында
жайласқан.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Каримов И.А. Баркамол авлод Узбекистан тараккиётининг пойдевори. -Т.:
«Шарқ», 1998.
2. Каримов И.А.Узбекистон ХХI асрга интилмоқда.-Т.: «Узбекистон», 1999.
З. Турк таълим тизими. Ҳорижда таълим — Т., 44 б.
4. Узбекистон - Туркия: Маориф буйича ҳамкорликнинг илк ҳужжатлари.
Маър. 1992 й„ 4 февраль,
5. Жовлиев Б. Таълимда ҳамкорлик дастури самаралари. Узбекистон - АКШ,
Маър. 2002 йил 27 март.
6. Маҳмудов Н., Компьютерни билмаган педагог йўқ. Ҳорижда таълим.
Маър.2002-13 июль.
7. Усмонов Н., Японияда бола таърбияси. Маър. 2002-13 март
8. Иванова А., Узбекистон -Германия тәлим соҳасидаги ҳамкорлик. Ҳалқ сўзи.
2002 йил 13 март.
9. Усмонов И., Германияда касб-ҳунар таълими. Ҳорижда таълим. Маър. 2002
йил 13 февраль
10. Ю.Ерҳонова. Франция буюклигининг мезонлари: Ҳорижда таълим. Маър.
2002 йил 27 февраль
11. Швеция олий ўқув юртлари: Ҳорижда таълим. Маър., 2002 йил 23 январь.
12. Салимова Н. Буюк Британия, Финляндия: Ҳорижда таълим. Маърифат.
2001
46
АЗИЯ МӘМЛЕКЕТЛЕРИНДЕ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫ
(СИНГАПУР)
Жобасы:
1 .Сингапур билимлендириў системасы.
2. Сингапур билимлендириў системасының өзине тән өзгешеликлери.
1 .Сингапур билимлендириў системасы.
Сингапур мәмлекети тек Азияда емес, бәлки дүнья көлеминде со
ңғы
шерек әсир даўамында социаллық-экономикалық жақтан жоқары дәрежеде
раўажланған мәмлекетлерден болып есапланады. Халқы жан басына ҳәр жылы
ислеп шығарып атырған жалпы өнимниң орташа муғдары 2728 мың АҚШ
долларын қурайды. Сипгапурда тәбий
ғ
ый ҳәм жер асты байлықлары дерлик
жоқ. Пайдаланыў ушын тийкарғы азық-аўқат, мийўе палыз өнимлери сырт
еллерден келтириледи. Мәмлекеттиң тийкарғы байлығы оның интеллектуал
билими. Сингапур тарийхтан Уллы Британия
ғ
а баıынышлы болғаны ушын
оның билимлендириў системасы жән-жақлама Британия билимлендириў
системасына уқсас. Ҳәр жылы орта мектеплерди питкерген жаслардың 40%
политехника институтларына, 40% колледжлерге, 20% ислеп шығарыўға
барады.
2. Сингапур билимлендириў системасының өзине тән
өзгешеликлери.
Политехника институтында талабалар 3 жыл оқыйды. Политехника оқыў
орынлары кең көлемли болып, олар қурамында ҳәтте даўалаў факультетлери
де бар. Бакалавр, магистр ҳәмде докторлық диссертациялары тийкарынан
университеттеги илимий кеңеслерде қорғалады.
Сингапур қаншелли тез раўажланып атырғаны менен, ол жерде
тәжирийбе сыпатында АҚШ, Германия, Япония ҳәм Қытайдың жетик жоқары
оқыў орынлары хызмети үйренилип келинбекте.
Тәлим орынларының имаратлары ҳәм Европа мәмлекетлериндеги оқыў
47
орынлары
проектине
муўапық
түрде
исленген.
Оқыў
процесин
шөлкемлестириўде Германия, АҚШ, Англия, Франция, Япония сыяқлы
мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкар етип алынып, олардан жетик профессор-
оқытыўшылар шәртнамалар тийкарында жумысқа усынылады. Мысалы,
Каненг технологияға университети 70 ден артық шет елли педагог сабақ
береди. Соның менен бирге көплеген мәмлекетлерден талабалар Сингапурға
келип билим алады. Технология университети талабаларының 20-25% сырт ел
пуқаралары болып есапланады. Сингапур оқыў орынлары хызметлериндеги
тийкарғы өзгешелик, электроника жаңа информациялық технологиялар
тараўының жеделлескенлиги болып есапланады. Компьютерде ислеўди
үйрениў тийкарынан орта мектепте әмелге асырылады. Компьютерде ислеўди
билмеген қәнигелер тәлим орынларына жумысқа қабылланбайды. Бул тараўда
ҳүкимет қабыл еткен жоба бойынша 2002-жыл ақырына шекем мектеплердеги
ҳәр 2 оқыўшының бири компьютер менен тәмийинленген. Соның ушын да
жоқары оқыў орынларында компьютерде ислеўди үйрениўдиң машқаласы
жоқ. Жоқары оқыў орнының талабасы оқыўды питкерип жумысларын
әмелиятта
қ
олланылатуғын
нәтийже менен тамамлаўы шәрт ҳәм талаба
питкериў жумысы нәтийжесине муўапық жумыс орны менен тәмийинленеди.
Талабалар 4-6 ай даўамында ислеп шығарыў процесинде әмелиятты өтейди.
Тәлим орынларындағы сыртқы оқытыўдың 50-60%, күндизги көринисиниң 30-
35% аралығында оқытыў тийкарында әмелге асырылады. Оқыў жобасы пәнлер
қуралларсыз қәнигелерге байланыслы болып, пәнлердиң 70-80% қәнигелиликке
тийисли. Магистрлар 2 жыл даўамында 4 тийкарғы пәннен тәлим алады.
Сингапур тәлим системасы тәжирийбеси Республикамыз жоқарғы тәлим
орынларына усынылса мақсетке муўапық болады. Бизде информациялық
технологиялар ҳәм интернет системасы үйрениледи. Компьютерлерде
ислеўди үйрениў жоқары билимлендириў системасына шекем яғный мектеп,
лицей ҳәм коллежлерде әмелге асырылса, оның кейинги басқышын оқыў
режесине киргизиў шәрт емес.
48
САУДИА АРАБСТАНДА ТӘЛИМ-ТӘРБИЯ
Жобасы:
1. Арабстан билимлендириў системасының өзине тән өзгешеликлери.
2. Арабстан билимлендириў системасындағы машқалалар.
3. Арабстанда билимлендириў системасының раўажланыў жоллары.
1. Арабстан билимлендириў системасының өзине тән өзгешеликлери.
Өзбекстан өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин өткен қысқа дәўир
ишинде оның халық аралық көлемде абырой итибары артып, ол менен
экономикалық мәдений байланыслар көлемин кеңейтиў мақсетинде өз
дипломатик ўәкилликханаларын ашып атырған мәмлекетлер саны күн сайын
күшейип бармақта. Жақында Өзбекстанда өз хызметин баслаған Саудия
Арабистаны елшиханасы да солар қатарынан болып есапланады. 2015-жылы
6-июнь күни Саудия Арабстаны мәмлекетиниң айрықша жағдайларда ҳәм
мухтар елшиси Абу Бакир Аббос Рифит өз исиниң жарлығын Өзбекстан
Республикасының Биринши Президенти Ислам Каримовқа тапсырылды.
Саудия Арабстанда
ғ
ы тәлим тәрбия ҳаққында сөз еткенде, бул тараўда
ҳақықый бурылыс 1949-50-жылларға туўры келгенин айтып өтиў керек.
Саудия Арабстанында жоқары оқыў орнына кириўден алдын 4 басқышта
тәлим ҳәм тәрбия бериледи.
Мектепке шекемги тәлим, басланғыш тәлим. Онда 6-12 жасқа шекемги
болған балалар оқыйды. Орта басқыш онда 12-15 жасқа шекемги болған
балалар оқыйды. 15-18 жасқа шекемги болғанлар тәлим алады.
Басланғыш, толықсыз, орта ҳәм орта тәлим орынлары менен ўәзирлик
шуғылланады. Ол тийкарынан ул балалар оқыўы менен болған мәселелерди
шешеди. Қыз балалар тәлими бойынша болса қәнигелестирилген улыўма
нәсият хызмет көрсетеди. Мәмлекетте көплеп меншик мектеплер болса да
оқыўшылар мәмлекет қарамағындағы мектеплерди артық көреди.
2. Арабстан билимлендириў системасындағы машқалалар.
Саудия Арабстанында жоқары тәлим раўажланыўында мәмлекетте
49
басқарыў, анық пәнлер бағдарлары, тәлими сыяқлы тараўларда жетерлише
аймақлық қәнигелер кадрлардың кемлиги түртки болады. Жоқарғы тәлим
мәмлекет раўажланыўын белгилейтуғын ҳәр қандай жоба ҳәм дәстурлердиң
үстинлик бағдары болып келеди.
Мәмлекетте жоқары билимлендириў уқыплы қәнигелерди аймақлылар
менен алмастырыў күн тәртибине шығады. Нәтийжеде бирме-бир 7
университет ашылды. Олар 1957-жылы ашылған Ар-Риёт университети. Араб
ярым атаўындағы биринши оқыў орны болып,1982-жылдан баслап Шох Сауд
аты менен аталған. Ондағы басқарыў илимлери, аўыл хожалығы, ҳайўанлар,
медицина, (филология, информатика, тис медицинаси, экономика,
мәмлекетлик кәрханаларды басқарыў, тәлим-тәрбия, инженерлик, улыўма
тәбият, әмелий тәбият, дәригершилик, аниқ пәнлер сыяқлы факультетлерде
2500 ден артық талаба оқыйды. Университет қурамына аспирантура билимин
бериў орайы, араб тили институти, үзликсиз тәлим орайлары белгили 1962-
жылы Ал-Мадина, Ал-Муннаварада ашылған Ислам университети. Бул орайда
362 устаз-муғаллимлер 3000 нан артық талабаларға сабақ берип келеди.
Талабалардың 80% и саўатлы, қалғанлары дүньяның 70 тен артық
мәмлекетлеринен келген жаслар болып есапланады.
3. Арабстанда билимлендириў системасының раўажланыў жоллары.
1967-жылы Жидда қаласында қурылған Шох Абдулазиз Университети.
1196 устаз муғаллимлер ислеп атырған, 34000 нен артық талабалар оқып
атырған бул университет 1971-жылға дейин меншик жоқары билим орны
болып келген.
Бул үлкен билим орайы қурамында анық пәнлер экономика ҳәм
басқарыў, филология ҳәм инсантаныў, инженерлик, гидрометеорология, теңиз
илимлери сыяқлы факультетлер бар, илимий тексериў орайлары да хызмет
көрсетип келеди.
1953-жылы усынылған Имом Муҳаммад Бин Сауд Мелом институте.
Онда 1400 устаз муғаллим, 28000 нан артық талаба оқыйды. 1993-94 оқыў
жылынын өзинде университетге 3807 талаба оқыўға қабылланған еди. Бул
50
дуньяға атақлы билим орайында бир неше институтта ҳәм факультетлер
бар 1965-жылы тәжирийбели қазылар таярланатуғын институтта ашылган.
1970-жылы шөлкемлестирилген социаллық пәнлер факультети қурамына
араб тили ҳәм китапханашылық қәнегелери де таярланғаннан кейин ол
1974 жылы араб тили ҳәм социаллық пәнлер факультетине айланған. 1975-
жылы ашылған Шох Файсал университети. 118 устаз муғаллимлер ислеп
атырған бул университетте 5944 талаба билим алады, оннан 2859 и қызлар
есапланады.
Шох Файсал бул университет ушын Дш-шаркия районынан таңлаған
оның бой тиклеўиде сол дәўирде амир болған, ҳәзирги мәмлекет шахы Фахд
Абдулазиз көп жанбазлық көрсеткен еди. Университет 2 ири имараттан
ибарат болып, бири Ад-Даммаам, 2 Ал-Хуфууфда жайласқан. 1986-жылдан
басланып шох Фахд атлы нефть ҳәм металлургия университетине айланған
бул билим орайы тийкарында нефт ҳәм металлургия факультети болып, ол
1963-жылда ашылған еди. Бул ўақытта талабалар саны 100 ге де жетпейтуғын
еди. 1964-жылдан басланып факультетте богакд араб ҳәм мусылман мәмлекет
ўакиллери де қабыл қылынатуғын болады.1974-жылға келип ол жерде оқып
атырғанлардың саны 1500ге дейин жетди. Университетте Қатар факультетлер
менен бирге аспирантура да бар. Бул жоқары оқыў журты бир есапта
мәмлекеттеги басқа университетлерден парқ қылады, ол университет
кенесине бойсынади. Университет кенесине болса мәмлекет жоқары тәлим
ўазирлиги басшылық қылады. Басқаша қылып айтқанда Университет ғәрезсиз
юридик шахс есапланады. 1979-жылы тийкар салынған Умму-л-Кураол
университети 1981-82 жыл университет сыпатында өз хызметтин баслаған
1993-94-жылы ол жерде жәми:15000 талаба билим алған. Олардан 7700
қызлар болған. Алдын ала бул оқыў орайы Шох Абдулазиз университетиниң
бир бөлими сыпатында 2 факультет ҳәм араб болмағанларга араб тилин
үйретиў институтынан ибарат еди. Кейиншелли аўыл хожалығы, қәнигелик,
әмелий билимлер сыяқлы есабына кеңейген. Оның мәмлекеттеги көплеп
илимий орайлар менен беккем байланысы бар. Соның менен бирге Саудия
51
Арабистанында Шох Абдулазиз атындағы илим ҳәм пән қалашасында
хызмет көрсетип турады.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Каримов И.А. Баркамол авлод Узбекистан тараккиётининг пойдевори. -Т.:
«Шарқ», 1998.
2. Каримов И.А.Узбекистон ХХI асрга интилмоқда.-Т.: «Узбекистон», 1999.
З. Турк таълим тизими. Ҳорижда таълим — Т., 44 б.
4. Узбекистон - Туркия: Маориф буйича ҳамкорликнинг илк ҳужжатлари.
Маър. 1992 й„ 4 февраль,
5. Жовлиев Б. Таълимда ҳамкорлик дастури самаралари. Узбекистон - АКШ,
Маър. 2002 йил 27 март.
6. Маҳмудов Н., Компьютерни билмаган педагог йўқ. Ҳорижда таълим.
Маър.2002-13 июль.
7. Усмонов Н., Японияда бола таърбияси. Маър. 2002-13 март
8. Иванова А., Узбекистон -Германия тәлим соҳасидаги ҳамкорлик. Ҳалқ сўзи.
2002 йил 13 март.
9. Усмонов И., Германияда касб-ҳунар таълими. Ҳорижда таълим. Маър. 2002
йил 13 февраль
10. Ю.Ерҳонова. Франция буюклигининг мезонлари: Ҳорижда таълим. Маър.
2002 йил 27 февраль
11. Швеция олий ўқув юртлари: Ҳорижда таълим. Маър., 2002 йил 23 январь.
12. Салимова Н. Буюк Британия, Финляндия: Ҳорижда таълим. Маърифат.
2001
йил, 26 декабрь Япония таасуротлари: Ҳорижда таълим. Маър. 2001 24 октябрь
13. Жураев Г.О., «Яшиллик мамлакати» талабалари: Ҳорижда
таълим. Шотландия. Туркистон 2001 йил 10 октябрь.
14. Н.Ҳайдар Мурод. Франция: таълим тизими. Таълим тарбиянинг узаги:
талабалар ҳасти. Туркистон — 2001 8 сент.
15. Усмонова Л., Япония: Бошлан
ғ
ич таълим тизими. Ҳорижий таълим.
Туркистон 2001 йил 25 август.
52
РАЎАЖЛАНҒАН МӘМЛЕКЕТЛЕРДЕ ТӘЛИМ-ТӘРБИЯ
Жобасы:
1. АҚШ та тәлим системасының дүзилиси.
2. АҚШ тәлиминиң өзине тән өзгешеликлери.
3. Япония тәлим системасы ҳәм өзгешеликлери.
4. Япония тәлим ҳәм тәрбияның үзиликсизлиги.
5. Францияда тәлимниң өзине тән тәреплери
6. Германия тәлим системасының раўажланыўы.
Жәҳәнниң жоқары
дәрежеде раўажланған мәмлекетлеринде тәлим-
тәрбияны жолға қойылыўы мектеплерде әмелге асырылғанын үйрениў
арқалы биз ғәрезсиз республикамыз миллий тәлим системасын жанадан
шөлкемлестириў, гөнерип өз актуаллығын жоғаллып барып атырған хызмет
формалары ҳәм усылларынан тезирек жоқ етиў оны мүнәсип рәўиште
жаналаўға қосымша бай дереклерге де ийе боламыз. Америка Қурама
Штатларында билимлендириў системасының дүзилиўи төмендегише
-балалар 3 жастан 5 жасқа шекем тәрбияланатуғын мектепке шекемги
тәрбия орынлары;-1-8 класслардың өз ишине алыўшы басланғыш мектеплер
(6-13) ;-9-12 класслардан ибарат орта мектеплер (14-17). Олар төменги ҳәм
жоқары басқыштан ибарат.
-таярлаў басқышы 1 жылға мөлшерленген. Бунда балалар есаплаўға,
оқыў ҳәм сызыўға, қосық айтыўға тәбият көринислерин тамашалаўға ҳәм
оннан заўық алыўға физикалық шынығыўлар қылыўға, мийнет қылыўға
үйретиледи. Элементар курс 2 жылга мөлшерленген.
Бунда оқыўшылардың таярлаў циклинде алған билимлери жәнеде
теренлестириледи.
-Теренлестириў басқышы. Бунда оқыўшылардың таярлаў ҳәм
элементар басқышта ийелеген билимлери жәнеде тереңлестириледи.
Оқыўшылар 11 жаста басланғыш мектепти тамамлап орта мектепке өтеди.
Орта тәлим болса колледжлерде ҳәм лицейлерде әмелге асырылады. Орта
53
тәлим 2 басқышта бериледи. Биринши басқыш 4 жыл болып (11-15), ең киши
класс 6 орта класс 5-4 , 3-класс болса ең үлкен класс есапланады. Демек,
классларды номерлеў жоқарыдан төменге қарап әмелге асырылады. Биринши
басқыш жуўмағында оқыўшылар кәсиплик бағдарлары бойынша гуўалық
алады. Соннан кейин оқыўшылар 15 жастан 18 жасқа шекем тәлим алады.
Оқыў үш жыл даўам етип, 2-класс киши, 1-класс орта ҳәм жуўмақлаўшы
классларға бөлинеди. Оқыўшылар улыўма тәлим ҳәм техник лицейлерди
тамамланғаннан соң бакалавр дипломы ушын имтихан тапсырады. Мине
сондай дипломга ийе болғанлар ғана жоқары оқыў орынларына кириў
ҳуқықына ийе болады. Улыўмалық тәлим бағдарындағы 3 лицейлерде
төмендеги пәнлер оқытылады: әдебият, тарийх, ана тили, латын тили, шет
тили, география, франция адебияты. Үш жыллық техник лицейлерде:
математика, физика, ҳимия ҳәм басқа пәнлер теренлестирилип оқытылады.
Сонысы дыққатқа ылайықлы оқыўшының бул басқышта шет тиллерин
үйрениўде үлкен итибар бериледи. Японияда ҳәзирги тәлим системасы
төмендеги тәртипке ийе. Балалар бағшалары, басланғыш мектеп, киши орта
мектеп жоқары тәлим системаларына кириўши оқыў орынларынан ибарат.
Балалар бақшаларына 3-5 жаслы балалар қабыл қылынады. Балалар жас
өзгешеликлерине муўапық рәўиште 3,2,1 жыллық тәлим курсларына
жибериледи. Мәжбүрий тәлимге 6 жастан 15 жасқа шекем болған балалар
жибериледи олар сол мүддет ишинде 6 жыллық басланғыш мектеп ҳәм 3
жыллық киши орта мектеп курсын өтпейди. 9 жыллық, бул тәлим мәжбүрий
болып, барлық балалар бийпул оқытылады ҳәм бийпул дереклерден
пайдаланылады. Ата-аналар биз балаларын жеке мектеплерге бериў ҳуқықына
ийе есапланады. Бирақ жеке мектеплердиң өзине тән шәрт шараятлары
талаплары белгили. Жоқары басқыш орта басқыш мектеплери Японияда
күндизги, кешки, сыртқы бөлимлерге бөлинеди. Күндизги жоқары басқыш
мектеплерде оқыў мүддети үш жыл. Оқыўшылардың 95 % күндизги
мектеплерде тәлим алады. Бул мектеплерде оқыў ихтиярлы есапланады. Онда
төмен орта мектеплерди питкерген жоқарғы басқыш орта мектеплерге кириў
54
сынақларынан нәтийжели өткен 16 жастан 18 жасқа шекем болған
оқыўшылар қабыл қылынады. Онда улыўмалық тәлим пәнлери, техникалық
билимлер, тижарат, аймақлық саанат, аўыл хожалығы, шарўашылық,
балықшылық, кемесазлық ҳәм басқа тараўларға байланыслы билимлер
үйретиледи. Бундай түрдеги мектеплерде улыўма ҳәм жеке тармақларды
қосып есапалғанда 98% билим алынады.
Университетлер, киши колледжлер, техник коллежлер, арнаўлы
қәнегелестирилген коллежлер Японияда жоқары билимлендириў системасы
шөлкемлескен. Басқа мәмлекетлерден парқы Япония мектеплеринде оқыў 1
апрельден басланып, жылдың 31-мартында жуўмақланады.
Германияда гимназиялар да белгили болып, олар 5- 13 класларды өз
ишине алады. Гимназияны
питкергенлик ҳаққында жетиклик аттестацияны
жоқары оқыў орнына оқыў имканиятын береди. Германия тәлим
системасында өнер тәлими айырықша әҳмийетке ийе. Себеби жоқары
тәжирийбели жумысларға болған талап жоқары. Толықсыз орта мектепти
питкериўшилердиң 79% толық орта мектепти питиргенлерге болса 20%
өнер тәлим системасында билим алыўды даўам еттиреди. Оқыў мүддети 3-
3,5 жылды қурайды. Оқыў үш басқыштан ибарат болып биринши жылы
тийкарғы өнер тәлими бериледи. Еки жыл даўамында арнаўлы өнер тәлими
бериледи. Питкериў имтиханлары арнаўлы коммиссия тәрепинен қабыл
қылынады. Комиссия кәрханаларының жетекши қәнегелери федераль
жерлердеги санъат палатасы өнерментшилик палатасы ўәкиллеринен
қуралады. Өнер мектеплериниң дипломлары жоқары оқыў орынларына
кириў ҳуқықын бермейди. Буның ушын 1 жыллық таярлаў курсларин
тамамлаў талап етиледи. Оқыўға қабыл қылыў имтихансыз мектеп тәлими
туўрысындағы ҳүжжетке тийкарланып әмелге асырылады. Жоқары мектеп
өз өзин басқарыў ҳуқықына ийе. Жоқары оқыў орнының ректор яки бир
неше жылға сайланған президент басқарады. Оқыў бийпул. Егер талаба
азық-аўқат қәрежетлерин көтере алмаса оқыў ушын материаллық жәрдем
алады. Бул жәрдемниң ярымы степендияға қосылып бериледи. Ҳәзир
55
университетлерде талабалар 7 жыл оқыйды. Олар оқыўға киргенлерине
шекем кәрханаларда бир неше жыл ислеўлерин есапқа алсақ талабалар
ҳақыйқый мийнет искерлигин анағурлым кең баслағанын түсинемиз. Сол
себепли бүгинги күнде оқыў процессин қысқартырыўды усыныс қылмақта.
Улыўма бүгинги күнде Германия тәлим системасын раўажландырыў жолында
жаңа излениўлер алып барылмақта. Басланғыш ҳәм киши орта мектеплерде
оқыў жылы 3 семестрге бөлинеди: апрель-июнь, сентябрь-декабрь, январь-
март. Жоқары орта мектеплерде болса оқыў жылы 2 ямаса 3 семестрға
бөлинеди. Япония мектеплери тийкарғы итибарын оқытыўшы искерлигине
ҳәм сабақлыққа қаратылады. Оқытыўшылар өзлерине исенип тапсырылған
35-40 оқыўшының билими ҳәм тәрбиясы ушын жуўапгер есапланады. Сол
себепли олар сабақтан бос ўақытларын оқыўшылар, олардың ата-аналары
менен сәўбетлерге, үйлерине барыўға бағышлайды. Японияда шанарақлық
бюжетдиң үлкен бөлеги балалардың мектеплерде пухта билим алыўларын
тәмийинлеўге университетлерге кирип билим алыўларына сарыпланады.
Шанарақта бала жана билим алыўы ушын барлық шәрт-шәраятлар жаратып
бериледи. Түрли тәлимлик көнликпелерди балалар санасына сиңдириў
Япон мектеплерине тән қәсийет. Мәселен; 2- класс оқыўшысы көпшилик
алдында нутқ сөйлеў қәбилийетине ийе болыўы, 6-класс оқыўшысы
кеминде 2 сазлы асбапта нама шерте билиўи, басланғыш класс оқыўшысы
суўда еркин жүзе алыўы керек. Японлар туўры ҳәм ҳадал турмыс тәризин
қәдирлейди. 1-кластан 9-класқа шекем әдеп икрамлылық тәрбиясы мектеп
хызметиниң зәрурлик шәрти есапланады.
Францияда мектеплер мәмлекет, жеке ҳәм аралық мектеплерге бөлинеди.
Оқытылатуғын пәнлер ишинде француз тили ҳәм әдебияти, оқыў ҳәм жазыў
айрықша әҳмийетке ийе болып, оларға ажыратылған факт улыўмалық
ўақыттың 30 % қурайды. Оқыў жобасындағы 45% пәнлер гуманитар бағдарда
қалғанлары табийий пәнлер есапланады.
Франция тәлим системасының дәслепки басқышы мектепке шекемги
тәрбия қурайды. Бул басқыш “Аналар мектеби” деп жүритиледи. Онда
56
балалардың мектептеги шараятын үй шараяти менен жақынластырыўға
үлкен итибар бериледи.
Түрли мәмлекетлерде жасаўшы ҳәр қыйлы жастағы инсанлардың тәлим
процессине қаратылыўының пайыздағы салыстырмалары.
Орынлар ҳәм аймақлар. 6-11
Арқа Америка
100%
98%
64%
Австралия.Жана Зеландия ҳәм
Тыныш океанындағы атаўлар.
98%
76%
24%
Европа ҳәм Ески Совет дәўири
89%
84%
32%
Латын Америкасы
88%
72%
27%
Азия
81%
47%
16%
Африка
63%
47%
13%
57
УЛЛЫ БРИТАНИЯ.
ФРАНЦИЯ ҲӘМ НИДЕРЛАНДИЯ МӘМЛЕКЕТЛЕРИНДЕ
ТӘЛИМ ҲӘМ ТӘРБИЯНЫҢ ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ.
Жоба:
1 .Уллы Британия билимлендириў системасы ҳәм оны шөлкемлестириў
шәртлери.
2. Францияда билимлендириў системасының енгизилиўи.
3. Нидерландияда билимлендириў системасын алып барыў усыллары.
Уллы Британияның ең ири оқыў орыны арқа Лондон университети 17000
талаба, 8 тил үйретиледи. Мәжбүрий тәлим бийпул. Кейинги тәлим бийпул.
Мектепти питкериўден 1 жыл алдын 6 университетке арза тапсыради. Жыл
даўамында тийисли пәнлерден балл топлап барады. Бул балл муғдары қайсы
университет талабында болса абитурент сол оқыў орынына қабыл қылынады.
Талабалар степендия алмайды. Бакалавр ҳәм магистрантлик дәрежесине
жетиўи ушын 5 жыл оқытылады. Бул басқышлардан сон аспирантура ҳәм
доктарантура басқышларында ыхтыярлы тәлим алыўы мумкин.
Университетге 21 жастан қабыл қылынады. Мектеп питкериўшиси
университетге кириў ушын 3 жыл таярлық көреди. Бунда өзи қызыққан
пәнлерден (3,5 ҳәм 4) терең өз бетинше билим алады. Жоқары оқыў орынлары
болажақ талабаларға қабыллаў шәртлерин жибереди. Абитурент соған
муўапық таярлық кореди. Талабалардың оқыўы коммунал хызмет
қәрежетлери жоқары болғаны ушын талабаларға имтиязлы қарыз бериледи.
Мектепти тамамлаўдан алдын абутерент бир жыл даўамында тийисли
балларды топлайды ҳәм нәтийже қайсы университет талабына мас келсе сол
жерге оқыўға қабылланады. Оқыў пулы төлем көринисинде. Талабаға
степендия төленбейди. Оқыў жоқары коммунал хызмет қәрежетлери
жоқаролығы себеп талабаларға имтиязлы қарыз бериў енгизилген.
Арқа Лондон университетинде 8 шет тили үйретиледи. Бундай
имканияттан кеминде 2400 талаба ийе болыўы мүмкин. Талабаларға билим
көнликпе ҳәм еплиликлерди үйретиў дәстүри бир неше моделлерди өз
58
ишине алады. Ол билимди қадағалаў ҳәм баҳалаўдың қатаң тәртибине әмел
қылыўға мәжбүр. Ийелеген билимлер алдын ала өз оқытыўшысы сонынан
басқа устазлар тәрепинен тексерилип көриледи. Натийжелер университеттен
сырттағы имтихан коммиссиясына жибериледи. Уллы Британиянын басқа
жоқары оқыў орынлары тәлим ҳәм социаллық Лондон университетиндеги
сыяқлы қуралған. Оули қаласы Финляндияның арқа батыс жеринде
жайласқан болып өз университетине ийе. Ол өзиниң илимий хабарлары жаңа
технологиясы менен Арқа Финляндияны тәмийинлейди. Бағдарлары: Тәлим
медицина илим технология ҳәм экономика ислеўши педагоглар саны 3000.
Қәрежетлериниң 3тен 2 бөлеги бюжеттен 3/1 бөлими болса университет
алымларының илимий дөретиўшилик ашылыўлары технологиялық хызмет
түрлеринен келеди. Соның менен бир қатарда бир неше жойбарларда
қатнасыў ҳәм илим орайында үлкен пайда келтиреди. Европа бирдемлик
жәмийетининиң бир неше жойбарларында қатнасып атырған Университет
исшилери жүдә үлкен қаржы ислеп тапты. Интернет Университеттиң
жүреги. Талабалар бул тармаққа жалғанып оқытыўшылардан тапсырма;
алады ҳәм орынлайды.
Университеттиң оқытыўшылар таярлаў факультетине таярлаў саны
жылдан жылға артып бармақта. Атап айтқанда басланғыш тәлим
факультетине 80 орынға 6-7 мың арза келип түседи. Бирақ талабалыққа
танлаў өзине тән тәртип қағыйдалар бар. Бул жерде да қабыллаў еркин 10
университетге бир ўақытта арза берген абитурент мектепти питкергендеги
балларды қайсы жердиң рейтингине жеке сол жерге ҳүжжет тапсырады.
Бирақ танлаў келтелиги себепли танлаўдың өзине тән талаплары бар.
Болажақ талаба педагогика, психология пәнлеринен сынап көрилгеннен
соң және бир сынаўға дус келеди.
Мине бул арқалы педагогикалық жағдайлардан дурыс шыға алыў
шеберлиги сынап көриледи. Педагогика факультетинде талабалар бакалавр
ҳәм магистр дәрежесин алғанларынан кейин қәнигелик дипломына ийе
болады. Оқыў мүддети 5 жыл. Әмелият пүткил оқыў жылы даўамында
59
өткизиледи. Талабалар биринши курстан баслап Университети питкергенге
шекем үзиликсиз әмелият алып барады. Олар оқыў жылы даўамында 40
кредит 40 саат оқыў гокламаси бир ҳәптеде 4 саатты қурайды. Оның ярымы
лекция қалғаны әмелий ҳәм өз бетинше жумыслардан ибарат. Европа тәлим
системасында
талабаларды
миллий
педагогикалық
ҳәм
класслық
мәдениятына үйретиў әҳмийетли фактор есапланады. Финляндияда
оқытыўшылық кәсибине қызығыў жоқары. Болажақ оқытыўшылар 1-
курстан-ақ пед әмелиятқа шығады. Нидерландияда басланғыш класқа
қабыллаў 4 жастан басланады. Мектепке шекемги тәрбия орынлар жоқ. 16
жасқа шекем мәжбурий тәлим. Арнаўлы мектеплер хызмет көрсетип атыр.
Ҳәзирги күнде 8 университет, 5 жоқарғы оқыў орыны ислеп турыпты.
Арнаўлы мектеплерде 8-21 жаслы балалар тәлим алады. Нидерландияда 7
динний оқыў орынлары бар. Олар мәмлекет тәрепинен тәмийинленеди.
Жоқары оқыў орынлары 2 басқышлы илимнен ибарат. Гимназияларда
тереңлестирилген тәлим берилип, балалар жақары оқыў орынларына
таярланады. Сырт елли талабалар тәлим ашық. Талабалар қатар
имтиязларга ийе. Нидерландияда талабалар 1-курсдан баслап-ақ жумыс
пенен тәмийинленеди.
Ғәрезсизлик жылларында оқыўды ҳәм жазыўды билетуғын инсанлар
саны еки есе өсти. Буған 1951-жылы қабыл қылынған үзликсиз әмелге
асырылып атырған арнаўлы мәмлекет дәстүри есабына ерисилди. Ҳүкимет
мектеплер қурылыўында оқытыўшыларды таярлаўға ҳәм мектеплерди
китаплар оқыў материаллары менен тәмийинлеўге үлкен пул қаржыларын
сарып қылады. Мәмлекет конституциясына муўапық 6-жастан 14 жасқа
шекем болған балалар бийпул тәлим алыў ҳуқықына ийе. Бул жастағы
балалардың шама менен 85% 5-класқа шекемги мектепке қатнайды. Бирақ 6-
кластан баслап 10-класқа шекемги қатнайтуғынлар саны 35% ке түсип
қалған. Аўыллық жерлерде бул көрсетгиш және де төмен. Көпшилик балалар
мектепти таслап өз шаңарақларына жәрдем бериў ушын жумысқа киреди.
Соған қарамай Хиндистандағы барлық мектеплер оқыўшылар менен толған.
60
Ҳиндистанда 4,850 артық коллеж ҳәм университет бар. 18 жастан 23 жасқа
шекем болған жаслардың шама менен 4 % жоқары оқыў орынларында тәлим
алады. Бул көрсеткиш болса көпғана раўажланған мәмлекетлердеги
көрсеткишден жоқары. Ҳиндистан инсанияттың ең әййемги мәденият
ошақларынан бири болып есапланады. Мәмлекет билимлендириў системасын
қайта шөлкемлестириў ҳәм оның тийкарғы мазмунын ҳәмде бағдарын
белгилеў Махатма Ганди тәрепинен ислеп шығылған “пән тәлим”
принциплери тийкар болады. Ғәрезсизликтен кейин 1950 жылда қабыл
қылынған конституцияда Ҳинд жәмәтшилигиниң тәлимге байланыслы
төмендеги пикири өз сәўлелениўин тапқан еди: Тәлимди түптен
раўажландырыў зәрүрлиги халық тәлими мектебин кеңейтириўне
профессионал таярланыўды жолға қойыў жәмийетти демокрацияластырыў
әҳмийетли шәрти –бийпул оқытыў ҳәм мәжбүрий
тәлимди әмелге асырыў;
Профессионал тәлим системасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў жолы
менен хожалық раўажланыўын тезлестириў ҳәм мәмлекеттиң техникалық
ҳәмде экономикалық ғәрезсизлигин тәмийинлейди. Сол мүнәсибет пенен
Конституцияда 6 жастан 14 жасқа шекем болған балаларды бийпул ҳәм
мәжбурий оқытыўды 10 жыл ишинде тәмийинлеў белгилеп қойылды. Соның
менен бирге балалар ҳәм өспиримлердиң оқытыў тилин еркин таңлаўлары
да мүмкин. Конституцияның 28-30 статияларында киши миллет
балаларының мектепте ана тилинде билим ийелеў ҳуқықыда жазылып
қойылған.
Ғәрезсизликтен соң ҳәр бир штатда ҳалық тәлими департаменти
шөлкемлестирилди. Министр жәрдемшиси ҳалық тәлими департаментине
басшылық қылған. Оған көре бирар-бир шөлкем қарамағындағы бир неше
оқыў орынлары қараслы болған. Ҳәр бир штат тәлим тараўындағы
машқалаларды өзи шешкен
Мәселен: оқыў мүддети оқыў жобасы оқытыўшының ис ҳақы ҳәм
басқалар. Атап айтқанда ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында
басланғыш мектеплерде оқыў мүддети түрлише болған. Мадрасада - 5
61
жыл, Бомбейда - 2 жыл, Ориасада 6 жыл, Кашмирда 5 жыл, Делиде ул балалар
ушын -4 жыл, қызлар ушын -5 жыл болған. Бундай мектеплерде тийкарынан
6 жастан 10-11 жасқа шекем болған балалар билим алған. Кейинги басқыш
орта мектеп мүддети 2 жылдан 4 жылға шекем болған бундай мектеплер еки
түрли болған: инглиз тили оқытылатуғын мектеп ҳәм инглиз тили
оқытылмайтуғын мектеп. Биринчи типдеги мектеплерде оқыўды толық, орта
мектеплерде даўам еттиретуғын балалар тәлим алған. Екинши типтеги
мектеплерди тамамлағанлар болса толық орта мектеплерде оқыў
имканиятларынан айырылған. Бундай мектеплерде тийкарынан санскрит ҳәм
араб тили, куръон, медицина үйретилген.
Исландия.
Нызамға муўапық 7-15 жасдағы барлық балалар мектепте алыўы шәрт.
Тек ғана аймағы жүдә сийрек жайласқан жерлерде жасаўшы балалар буған
мәжбүр емес. Аўыллық жерлерде балалар мектепке автобусларда қатнайды
яки арнаўлы аўыл, мектеплери –пансионлар
ғ
а қатнап тәлим алады.
Орайлардан
анағурлым
узақта
жайласқан.
Жуғрофил
жағынан
изолецияланған аймақларда оқытыўшылар бир пансиондан екиншисине
қатнап ислейди. Бунда улар бир пансионда бир неше ҳәпте сабақ бергеннен
кейин басқышына барады. кейин және оннан кейингисине 6 жыллық
басланғыш тәлим ҳәм 3 жыллық улыўма орта тәлимнен сон балалар 4 жыл
даўамында грамматика мектеплеринде билим алыўлары мүмкин. Исландия
университети Рекьевикда жайласқан. Испандияда педагогика ҳәм экономика
коллежлери көркем өнер, фермерлик, үй хожалығы, теңиз инженериясы ҳәм
экология үйретилетуғын арнаўлы тәлим орынлары бар. Соның менен бир
қатарда ҳуқықтаныў медицина бағдарындағы тәлим орынлары ҳәм
консерватория бар.
62
ЖАҚЫН ШЫҒЫС МӘМЛЕКЕТЛЕРИ БИЛИМЛЕНДИРИЎ
СИСТЕМАСЫ. (ИСРАИЛДА ТӘЛИМ)
Исраилда тәлимге айрықша итибар берилген. Оларда да тәлим ҳаққында
нызамлар бар. Төрт жастан балалар бақшаға барыўы, мектепке оқыўға таяр
ҳалында келиўи керек. Керисинше болса бир-бирине кери тәсир етиўи
мүмкин. Тәлим системасы төрт бөлимнен ибарат. Мектепке шекемги тәлим
төрт бөлимнен ибарат. Мектепке шекемги тәлим 4 жастан 6-жасқа шекем
болған балалар бақшаға қатнасыўы мәжбурий есапланады. Мектепке шекемги
тәлим орынларында балалар мектепке таярланыўы менен бирге олардың
пикирлеў қәбилети, қабыл етиў ҳәм сөйлеў мәденияти тәрбияланади.
Балалардың түрли жағдайда өзин тута билиў сыяқлы тәжирийбе көнликпелер
раўажландырылады. Мектеп тәлим өз орнында үшге бөлинеди. Басланғыш
мектеп (1-4 класс, 6-11 жаслар) Аралық мектеп (7-9-класс 12-14 жаслар) Орта
мектеп (10-12 класс 15-17 жаслар) Орта мектеплер гуманитар ҳәмде
технологиялық бағдарлардағы мектеплерге бөлинеди. 3-класта бала менен
психометрик тест өткериледи. Бунда оның қәбилетти үйрениледи 6-класта
және сондай тест өткизилип, қайсы пәнге қызығыўшылығы бар екенлиги
анықланады, техник яки гуманитар тараўға бағдарланады. Мысалы сен жақсы
врач боласаң деген пикер бала санасына сиңдирилип барылады. Орта арнаўлы
тәлимге (13-14 класс) техник ҳәм гуманитар бағдарындағы колледжлер киреди.
Исроилда 18 жаста ул ҳәм қыз балалардың армияда хызмет қылыўы мәжбүрий
болып, жигит ҳәм қызлар тийкарынан армиядан кейин орта арнаўлы тәлим
орынларына оқыўға киреди. Бул оқыў журтын питкериўшилерине техникалық
ямаса киши инженер қәнигелиги бериледи. Мектепти яки орта арнаўлы тәлим
орынларын тамамлағанлар академик коллежге (техник коллежде оқыў 4 жыл,
гуманитар коллежде болса оқыў 3 жыл) кирип оқыўы яки университетге
кирип оқыўы мүмкин. Университети табыслы питкерип магистратураға (2
жыл) оннан соң доктарантураға (3жыл) кирип оқыўы мүмкин.
Исраилда оқыўшылар билимли, қәбилетли тест арқалы анықланады.
Булар 3 басқышта өткизиледи басланғыш мектепте:
63
а) Талантлы балаларды анықлаўшы тест
б) машқалалы балаларды анықлаўшы тест
2. Мәжбүрий улыўма мәмлекетлик тест
а) 4-класта
б) 9-класта
3. Психометрик тестлер:
а) бағдарлы
б) еркли
в) Жоқары оқыў орынларында оқыўди қәлегенлер ушын.
Мектеп ҳәм орта арнаўлы оқыў журтларында оқыўшылар билими
төмендегише баҳаланады ҳәм тексериледи: дәслеп үйге берилген тапсырма
(өтилген яки жана тема бойынша) соралады. Өз бетинше жумыс ҳәм жобалы
қадағалаў
жумысы
айрықша
баҳаланады.
Қадағалаў
жумысынын
атқарылыўыда итибарға алынады. Коллоквиум (аралық қадағалаў жумысы)
компьютерлестирилген тексерилиўлер де өткизиледи. Билимди баҳалаўда үш
түрли бағдардан пайдаланылады: арттырылған билимди баҳалаў, тәбийий
имканиятларды баҳалаў.
Оқытыўшы ҳәм тәрбияшы жумыс хызметиниң жетинши жылы
тәжирийбе асырыўы мәжбүрий болып табылады.
.
64
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Каримов И.А. Баркамол авлод Узбекистан тараккиётининг пойдевори. -Т.:
«Шарқ», 1998.
2. Каримов И.А.Узбекистон ХХI асрга интилмоқда.-Т.: «Узбекистон», 1999.
З. Турк таълим тизими. Ҳорижда таълим — Т., 44 б.
4. Узбекистон - Туркия: Маориф буйича ҳамкорликнинг илк ҳужжатлари.
Маър. 1992 й„ 4 февраль,
5. Жовлиев Б. Таълимда ҳамкорлик дастури самаралари. Узбекистон - АКШ,
Маър. 2002 йил 27 март.
6. Маҳмудов Н., Компьютерни билмаган педагог йўқ. Ҳорижда таълим.
Маър.2002-13 июль.
7. Усмонов Н., Японияда бола таърбияси. Маър. 2002-13 март
8. Иванова А., Узбекистон -Германия тәлим соҳасидаги ҳамкорлик. Ҳалқ сўзи.
2002 йил 13 март.
9. Усмонов И., Германияда касб-ҳунар таълими. Ҳорижда таълим. Маър. 2002
йил 13 февраль
10. Ю.Ерҳонова. Франция буюклигининг мезонлари: Ҳорижда таълим. Маър.
2002 йил 27 февраль
11. Швеция олий ўқув юртлари: Ҳорижда таълим. Маър., 2002 йил 23 январь.
12. Салимова Н. Буюк Британия, Финляндия: Ҳорижда таълим. Маърифат.
2001
йил, 26 декабрь Япония таасуротлари: Ҳорижда таълим. Маър. 2001 24 октябрь
13. Жураев Г.О., «Яшиллик мамлакати» талабалари: Ҳорижда
таълим. Шотландия. Туркистон 2001 йил 10 октябрь.
14. Н.Ҳайдар Мурод. Франция: таълим тизими. Таълим тарбиянинг узаги:
талабалар ҳасти. Туркистон — 2001 8 сент.
15. Усмонова Л., Япония: Бошлан
ғ
ич таълим тизими. Ҳорижий таълим.
Туркистон 2001 йил 25 август.
16. Ҳакимов М., АКШда ҳуқуқий таълим тизими: Ҳорижда таълим: Инсон ва
Қонун. 2001 йил,, 14 август.
17. Рузиев У., Номозов С. "Корея - илмга талконлар мамлакати. Жанубий
Кореяда таълим ҳақида. Туркистон. 2001 йил 11 август.
65
МАЗМУНЫ
1. Салыстырыў педагогикасы тийкарлары………..………………………3
2. Педагогикалық салыстырыў пәни раўажланыўының тийкарғы
басқышлары………………………………………………………………..………4
3. Шет ел тәлими раўажланыўының тийкарғы бағдарлары….………….7
4. Азия мәмлекетлеринде тәлим - тәрбия мәселелери…….………….9
5.Африка мәмлекетлеринде тәлим машқалалары……………………….16
6. Европа мәмлекетлеринде тәлим системасының дүзилиси ҳәм оның
тийкарғы өзгешеликлери…………………………………………………..……18
7. Швеция жоқары оқыў орынлары…………………………………..…..22
8. Латын Америкасы мәмлекетлеринде тәлим системаларының жолға
қойылыўы…………………………………………………………………….……23
9. Мексикада тәлим машқалаларын шешиўдиң улыўма тәреплери…….27
10. Азия мәмлекетлеринде билимлендириў системасы (Сингапур)…..28
11. Сауда Арабстанда тәлим-тәрбия………………………………………29
12.Раўажлан
ғ
ан мәмлекетлерде тәлим-тәрбия………………………….31
13. Уллы Британия. Франция ҳәм Нидерландия мәмлекетлеринде
тәлим ҳәм тәрбияның өзине тән өзгешеликлери……………………….34
14. Жақын Шығыс мәмлекетлери тәлим системасы. (Исраилда тәлим)...38
15. Пайдаланған әдебиятлар………………………………………………..40
66
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
Педагогика факультети
«Педагогика ҳәм психология» кафедрасы
Ассистент-оқытыўшысы
Сапарбаева Тазагул Тлековна
Низомий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық
университети
«Психология» кафедрасы өз бетинше излениўшиси
Джолымбетова Мийўагул Мадияровна
Do'stlaringiz bilan baham: |