124
қарар ҳаққында мүрəжат көрип шығылғаннан соң жазба
яки электрон формада хабар бериўи шəрт .
Мүрəжатларға жуўаплар, имканы болғанынша, мүрəжат
етилген тилде баянланады, мүрəжатта көрсетилген
ҳəр бир мəселе бойынша ўəжлерди бийкарлаўшы яки
тастыйықлаўшы анық тийкарларды (зəрүрликке қарап,
нызам ҳүжжетлери нормаларына силтемелер берген ҳалда)
өз ишине алған болыўыкерек.
Мүрəжат бойынша қарар қабыл еткен мəмлекетлик
органның лаўазымлы яки басқа ўəкилликли шахсы, егер
физикалық яки юридикалық шахс қарарға ыразы болмаса,
оның үстинен шағым бериў тəртибин түсиндириўи шəрт.
Мүрəжатты көрип шыққан мəмлекетлик орган, оның
лаўазымлы яки басқа ўəкилликли шахслары мүрəжатты
көрип шығыў нəтийжелери бойынша қабыл етилген
қарардың орынланыўын қадағалаўы, сондай-ақ, егер
физикалық яки юридикалық шахсқа оның ҳуқықлары, ер-
кинликлери ҳəм нызамлы мəплери бузылыўы нəтийжесинде
материаллық яки мəнаўий зыян келтирилген болса, ны-
замда белгиленген тəртипте материаллық зыянның орнын
қаплаў яки мəнаўий зыянды компенсациялаў бойынша
илажлар көриўи шəрт.
1. Қабыл етилген қарардың мазмуны.
Мүрəжатларды көрип шығыў нəтийжелери
бойынша
мəмлекетлик орган тəрепинен тийисли қарар қабыл етиле-
ди, бул туўралы дəрҳал жазба яки электрон формада мүрəжат
етиўшиге хабар бериледи.
Мүрəжатты қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққындағы
қарарды республикалық əҳмийетке ийе мəмлекетлик органда
– баслық, оның орынбасарлары, қурам бөлимлер баслықлары;
ўəлаятлық əҳмийетке ийе мəмлекетлик органда – баслық,
125
оның орынбасарлары; районлық ҳəм қалалық əҳмийетке ийе
мəмлекетлик органларда – баслық қабыл етеди.
Мүрəжатқа жуўап хатында мүрəжатта көрсетилген ҳəр бир
мəселе бойынша ўəжлерди бийкарлаўшы ямаса тастыйықлаўшы
анық тийкарлар (зəрүрликке қарап нызам ҳүжжетлери нор-
маларына силтеме берилген ҳалда) болыўы керек.Тийкарла-
малар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге
силтемелер берилген,
дереклер (хатлар, бийликлер, басқа ҳүжжетлер) көрсетилген
ҳалда анық фактлерге тийкарланған, жетерли дəрежеде айқын
ҳəм кең баян етилген болыўы тийис. Яғный жуўап мəзи бир
жүзеки жуўап болмаўы керек, ҳəм мəмлекетлик органның
қарары мүрəжатта баян етилген машқаланы мазмуны бойынша
шешиўи тийис.
Мүрəжатқа жуўап хаты мəмлекетлик орган яки оның қурам
бөлими басшысы тəрепинен имзаланады.
Мүрəжатларға жуўап хаты, имканы болғанынша, мүрəжат
етилген тилде баян етиледи.
Физикалық яки юридикалық шахслар жəмəəт болып мүрəжат
еткен жағдайда, олардың мүрəжатлары
Нызам талапларына
муўапық көрип шығылады. Бунда мүрəжатқа жуўап мүрəжат
еткенлердиң дизиминде биринши болып турғаан шахсқа ямаса,
олардың талабына бола, басқа шахсқа жибериледи.
Мүрəжат, онда көтерилген барлық мəселелер Нызам тала-
пларына муўапық көрип шығылған ҳəм мүрəжат етиўиге тий-
исли жуўап жиберилген жағдайда көрип шығылған деп есапла-
нады.
Мүрəжат етиўшиге жуўап жиберилген күн – мүрəжатты
көрип шығыў тамамланған күн болып есапланады, бул туўралы
мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлим мүрəжатларды ди-
зимге алыў журналына ҳəм есапқа алыў
карточкасына белги
қояды.
1
1
«Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм
юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги
126
Аралық жуўаплар берилген ҳəм толық көрип шығылмаған
мүрəжатлар орынлаўдан яки қадағалаўдан алынбайды.
Қадағалаўға алынған мүрəжат усы мүрəжатты қадағалаўға
алған басшы яки лаўазымлы шахс тəрепинен қадағалаўдан ҳəм
орынлаўдан алынады.
Do'stlaringiz bilan baham: