Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Арза ҳəм шағымларды көрип шығыў мүддетлерин



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet56/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

2. Арза ҳəм шағымларды көрип шығыў мүддетлерин 
узайтыў.
Түсиник берилип атырған статьяның екинши бөлиминде 
арза ҳəм шағымларды көрип шығыў ушын тексериў өткериў, 
қосымша материаллар сорап алыў ямаса басқа илажлар көриў 
зəрүр болған жағдайларда нызам шығарыўшы тəрепинен олар-
ды көрип шығыў мүддетлери тийисли мəмлекетлик органының 
басшысы тəрепинен айырықшалық ретинде узағы менен бир 
айға узайтылыўы мүмкиншилиги берилгенлиги, бул туўралы 
мүрəжат етиўшиге хабар берилиўи лазымлығы белгилеп 
қойылған. Бул жердеги баслы шəрт – белгиленген мүддетлердиң 
сақланыўы ҳəм бул туўралы мүрəжат етиўшиге əлбетте хабар 
берилиўи болып есапланады.
Статьяның 
биринши 
ҳəм 
екинши 
бөлимлериниң 
өзгешеликлерине итибар қаратыў зəрүрлигин атап өтиў керек. 
Биринши бөлимниң мазмунына көре, узайтыўларды есапқа 
алғанда, арза яки шағымды көрип шығыў мүддети бир айдан 
артық болыўы мүмкин емес. Яғный, 15 күнлик мүддет көби 
менен 15 күнге узайтылыўы мүмкин, бул бир айды қурайды. 
Екинши бөлимниң мазмунына муўапық, көрип шығыў мүддети 
тап сондай тийкарларға бола бир айға узайтылыўы мүмкин, 
бул – 15 күнге бир айды қосқанда 45 күнди қурайды. Мүрəжат 
етиўшилер ҳəм мəмлекетлик органлардың лаўазымлы шахсла-
ры бул көрсетилген қарама-қарсылықты есапқа алыўлары керек.
3. Усынысларды көрип шығыў мүддетлери.
Усынысларға келетуғын болсақ, олардың өзине тəн 
өзгешеликлерин ҳəм басқа түрдеги мүрəжатлардан парқлы екен-


109
лигин (қараң: түсиник берилип атырған Нызамның 5-статьясы-
на берилген түсиниклер) есапқа алғанда, нызам шығарыўшы 
оларды көрип шығыў ушын өзгеше мүддетлер белгилеўди 
мақул тапқан.
Түсиник берилип атырған статьяның үшинши бөлимине 
муўапық, усыныс мəмлекетлик органға келип түскен күннен 
баслап бир айға шекемги мүддетте көрип шығылады, қосымша 
үйрениўди талап ететуғын усыныслар буған кирмейди, бул 
туўралы усынысты киргизген физикалық яки юридикалық 
шахсқа он күн мүддет ишинде жазба формада хабар бериледи.
Бунда атап өтетуғын жағдай соннан ибарат, мүддет 
узайтылғаны туўралы физикалық яки юридикалық шахсқа ха-
бар бериў мүддети тек усыныслар ушын белгиленген, ал арза 
ҳəм шағымлар ушын мүрəжат етиўшиге бул туўралы шəртли 
түрде мүддетин көрсетпестен хабар бериў шəртли екенлиги бел-
гиленген, ал бул болса көрип шығыў мүддетиниң узайтылғаны 
туўралы мүрəжат етиўшиге дəрҳал хабар берилиўи шəрт екен-
лигин аңлатады. 
Соны да атап өтиў керек, айырым жағдайларда мəмлекетлик 
органның басшысы ямаса оның орынбасары мүрəжатларды 
көрип шығыў мүддетлерин қысқартыўы мүмкин.
Мүрəжатлар 
менен 
ислеў 
мүддетлерин 
есаплаўға 
келетуғын болсақ, бул мүддетлер, үлги Режениң 41-бəнтинде 
көрсетилгениндей, мүрəжатлар мəмлекетлик органға келип 
түскен күннен баслап есапланады. Егер тийисли мүддеттиң 
соңғы күни дем алыс ҳəм байрам күнлерине туўра келсе, 
нəўбеттеги ис күни мүддет тамам болатуғын күн болып есапла-
нады.
1

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish