Изертлеў объекти: Тәжирийбе ислери барысында қусшылықтық өзине тийисли биологиялық қәсийетлиринен пайдаланыў усыллары арқалы азық-жемис өнимлерин житистириў мәселелерин шешиўде көбирек азықландырыў жумысларына итибар бериў тийис.
Қуслардың ыссы климатына бийимлескен жергиликли пародаларынан пайдаланыў, қус өнимлерин шарўашылық хожалықларында қосымша өним алыў мақсетинде жоқары заманагөй технология тийкарында алып барыў зәрүр.
Бул маселелерди көрип шығыў ушын үй шараятында жергиликли таўықларды бағыўда, тәжирийбе өткизилиў даўамында көрилген машқалалар үйренилди:
Барлық зоогигиеналық шараятлар жаратыў, тәжирийбе ушын топарларға ажыратыў. Ҳәр еки бөлинип бағылатуғын кетеклерде жергиликли азықлардан пайдаланылған ҳалда өстириўди дәўир бойынша аралас жем рецепин дүзиў ҳәм қоллаў. Тәжирийбе ҳәм қадағалаў топарындағы жергиликли таўық шөжелерин сақлаў, өсириў, азықландырыў, семириў дәўирлери бойынша күнлик, ҳәптелик өсиўи, семиртиў қәсийетлери ҳәм ўақытларын қәдағалаў. Тәжирийбелер тийкарында алынған мағлыўматларға математик ҳәм статистик ислеў бериў ҳәм ислеп шығарыўға енгизиў. Қадағалаў топарында 10 бас мекен таўық ҳәм 10-бас шөжелерин өсириў, семиртиўи ҳәм азықландырыўы усылымызда көрсетилгени бойынша барлық зоогигиеналық нормалар жаратылып берилди.
1. Тәжирийбе ушын топарларға ажыратыў,сақлаўды ҳәр қыйлы усылларынан пайдаланыў, қоллаў, микроклиматлық шараятларды жаратып бериў.
2. жергиликли таўықлар ушын азық түрлерин таңлаў, жармалаў, азық захираларынан (витаминлер, премикслер) пайдаланып аралас – жем таярлаў ҳәм рецептлер тийкарында дәўирлер бойынша азықландырыў.
3. Басланғыш дәўирде шөжелер ушын климатлық шараятлар жаратыў, өсиўи ҳәм раўажланыўын үйрениў.
4. Жуўмақлаўшы (финиш) дәўиринде климат-шараятлар жаратыў, семиртиў қәсийетлери, гөшбап болып жетилиў дәўирлери, аралас-жемге болған талабы.
5. Жергиликли таўықлардан алынатуғын өним, сойыўға таярлаў, сойыў, қайта ислеў бериў, тири салмағы, сойым салмағы, сойым шығымын анықлаў, суўытыў ҳәм муз ханаларда сақлаў, мүддетлери ҳәм натийжелери.
Жергиликли таўық шөжелерин өсириў ҳәм семиртиўде алды менен бир күнлик саў шөжелерди таңлап алыўға итибар қылынады. Әдетте, саў шөжелер көзлери жайнап турады, жақсы пәр менен қапланған, сезгир, ҳәрекетшең болады. Шөжелер сақланатуғын хана еки күн алдын 5,0% ли фармолин етирпеси ҳәм газли от жәрдеминде дезенфекция қылынады. Шөжелер турар орнына 2-3см қалыңлықта сөндирилген ҳәк төселип, үстинен 6-8см төсеме (ағаш майдасы, сабан, пақал, майдаланған мәкке, жүўер пақалы, салы қылшығы) төселеди. 1м.кв пол жүзеси есабына алды менен 18-бас, өстириў ҳәм семиртиў даўамында 6-8 басқа кемейтирилди. Бул усылда сақланғанда шөжелерди мүйеште ғуж-ғуж болып топланыўы, ыссылық, ығаллық, жақтылық сыяқлы факторлардан сақланған болады. Азықландырыўдан кеминде 2-саат алдын суўғарылып соңынан азықландырылады. Шөжелердиң тоқ яки аш болыўы көп жағдайларда ата-аналық галасынан алынған насилли туқымлардың сыпатына ҳәм инкубациялық процесслерине байланыслы. Әдетте мәйектен шыққан шөжелердиң айрымлары биринши мәрте азық излеп баслайды, бул шөжелердиң аш екенлигин билдирип барады. Биринши он еки күнлигинде шөжелердиң азық сиңириў органлары толық раўажланбаған ҳәм оларда бар бар ҳәр қыйлы май затларынан азат болыў мақсетинде алды менен жыллы суў бериледи. Шөжелер ушын тез сиңиўши жармаланған белокқа бай азықлардан бериў керек. Бундай болмаған халда сиңиўи қыйын болмаған, клетчатка көп керек, қылшықлы сулы, арпа сыяқлы азықлар берилмейди. Бундай азықлар мусқулли асқазанда қатып қалып, сиңбестен шөжелердиң набыт болыўына алып келеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |