Илмий-изертлеў жумысының ўазыйпалары: Таўықларды бағыў ҳәм сақлаўдың жаңа технологиялық усыллары: таўыкларды сақлаўдың бундай усылы қусшылық фермер хожалықларында туқым өндириўши хожалықларда кең пайдаланылады. Таўықлар сақланатуғын орынлардың астына төсеўге мәкке қабықлары, арпа, бийдай, салы, ағаш унтақлары пайдаланылады. Полларды бундай етип төсеўге, олар күшли дәриленеди ҳәм ҳәктиң 0,5-1 кг суйықлығы 1м/кв жерге ислетиледи.
Биринши оны 20-25 см қалыңлықта ислетиледи.
Екинши –алдын бурын 6-8 см қалыңлықта ислеп алады да арадан 7-10 күн өткеннен кейин 20-25 см қалыңлықта екинши қабаты ислетиледи.
Илмий-изертлеў жумыстың жаңалығы: Изертлеў нәтийжесинде шөжелер сақлаўдың усыллары, өсириў ҳәм бағылғанда жергиликли азықлардан пайдаланып, толық баҳалы араласпа жжем рецепти тийкарында азықландырыў, өсириў ҳәм бағылған мүддетлери, шөжелердиң жасаўшаңлығы, өсиўи ҳәм раўажланыўы, ғош өнимдарлығы ҳам экономикалық көрсеткишлерин үйрениўден ибарат.
Илмий-изертлеў жумустың илимий ҳәм әмелий әҳмийети: Ҳәзирги қус сақлайтуғын орынларда бункерли азық бериў усыллары жийи пайдаланылады. Бундай қурылмалар қус сақланатуғын орынларда арнаўлы траншеяларды талап етеди. Оларды тазалаў қусларды шығарғаннан кейин иске асады. Қус сақланатуғын орынларда мәйеклерди жыйнаў ушын айланбалы бактерияларды пайдаланылады. Жылдың суўық мәўсимлеринде қус сақлайтуғын орынлар жыллылық пенен тәмийнленеди. Ҳәзирги күнде санаатта ПКС-6 ҳәм ПКС-10 қурылмаларының комплектлерин келип шығарады. Олардың бириншиси 5-6 мың таўықты сақлаўға мөлшерленген 12-13 те 5 метрлик кеңликтеги 84м узынлықтағы орынға, ал екиншиси 8-10 мың таўық сыятуғын ени 18 метрлик узынлығы 96м қораларға арналған. Таўық қораларда қолайлы микроклиматы ҳәм жақтылық режимин сақлаў таўықлардың көп мәйек өндириўдиң баслы шәртлери болып табылады. Таўық қораларда қолайлы температура 18 0С, ал клеткалы бактерияларда 18-22 0С болыў керек. Қоралар ҳаўа алмастырыўшы үскенелер, ҳаўаны тазалап турыўды жылдың жыллы ўақытларында 1,4-1,8 м3 қа тең болады. Қораларда жақтыландырыўдың интенсивлилиги таўық өнимлерин жетилистириўге онша тәсир жасамайды. Бундай өнимлерди 10-15 люкс ҳәм оннан да көп жақтыландырыў интенсивлилигине тендей нәтийже беретуғынын билиўимиз тийис. Қуслардың қораларын жақтыландырыў ушын 1м/кВ жерге 3-4 вольт есабынан 60-лық -75-лик лампалары пайдаланылады. Таўықларды мәйекке шығарған ўақытлары яғный 120-140 күнлик таўық ушын жақтылық кем-кемнен ҳәптесине 15-30 мин көбейтиледи ҳәм ол суткасына туқым таўықлары ушын 15 саат, мәйек туўыўшы таўыклар ушын 17 саатқа жеткериў тийис. Бул көрсеткиш усылын әмелиятта көрсе болады ҳәм сапалы нәтийжеге ийе болады.
Аўыл-хожалық қуслар пародалары, парода группалары ҳәм кросслары. Дүньяда ҳәзир жүзден аслам таўықлар пародасы, 20 үйрек ҳәм түйе таўық, кырықлаған ғаз пародалары бар. Мәмлекетимиздиң аўыл-хожалығында сақланатуғын қуслар пародалары ыссы климат шараятына бейимлестирилген. Леггорин, рус ақ таўығы, Корниш, Плимутрок ҳәм басқа пародалар арқа Кавказ таўығы шийше сыяқлы үйреклер бар. Мәмлекетимизде мәйек бағдарындағы таўықларды асырыў бойынша 4 түри, гөш бағдарындағы 5, гөш-мәйек бағдарында-17, 11 –үйрек, 11-ғаз, 18-түйетаўык пародалары көбейттирилмекте. Көп санлы қуслар пародаларын қолға үйретиў, жаратыў нәтийжесинде ҳәр түрли шараятларда жабайы түрлери жаратылды. Парода пайда етиў процессии ҳәзирги ўақытқа дейин даўым етпекте, жаңа қуслар пародаларын жаратыў ҳәм оны қәлеген белгилерге бағдарлап, шөлкемлестирилип барылмақта. Бир-бирине жақын семействолық жупласыўға жол қоймаслық керек. Жаңа қуслар породасын жаратыўда формаланыў процессинен алдын порода группаларын жаратыў баҳалаў арқалы байланыслы болады. Таўық породалары мәйек-гөш, урысқақ ҳәм безетиў түрдеги қусларға бөлинеди. Ҳәзирги ўақытта урысқақ ҳәм безетиўге мөлшерленген таўықларды көбейтириў кемирек муғдарда көбейтириледи.
Мәйек бағдарындағы таўықлар пародасы. Бул таўықларды көбейттириўден тийкарғы мақсет мәйек алыў. Соның ушын тийкарғы хожалықта пайдалы таўықтан көп мәйек алыў. Тири салмағына қарап, азықлық сарпланыўын анықлайды. Таўықтың қанша тири салмағы кем болса, мәйек ислеп шығарыўға аз азықлық сарпланады. Бирдей өним берсе ҳәм, мәйек бағдарындағы таўықлардың жынысый жетилисиўи ертерек болады ҳәм узақ ўақыт тоқтамастан мәйек береди.
Do'stlaringiz bilan baham: |