Mug’allim: Jumamuratov Qabul



Download 391,5 Kb.
Sana02.03.2022
Hajmi391,5 Kb.
#479459
TuriСабақ
Bog'liq
6-klass Аyyemgi Registan КЗ






Тахтакөпир районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы


19 – санлы улыўма билим бериў мектебиниң Миллий Ғәрезсизлик идеясы ҳәм мәнаўият тийкарлары пәни оқытыўшысы Турдымуратова Айзаданың «Әййемги Регистан» темасында өткен ашық сабағының
бир саатлық исленбеси.
Тахтакөпир – 2019
Муғаллим: Турдымуратова Айзада
Пән: Ўатан туйғысы
Класс: 6
Тема: Әйемги Регистан
Ўақыт: ___________________
Сабақтың мақсети:

  1. Билим бериўши мақсет: Оқыўшыларға Самарқанд ҳаққында, Регистан майданындағы медреселер ҳаққында кең түсиник бериў

  2. Тәрбиялық мақсет: Оқыўшыларға уллы бабаларымыздың ислеген жаратыўшылық ислери ҳаққында түсиндириў, оларға деген меҳрин асырыў

  3. Раўажландырыўшы мақсет: Оқыўшылардың алған билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў

Сабақ өтиў усыллары: Сәўбетлесиў, аўизеки, мултимедиалы слайд.
Сабақты қуралландырыў: Оқыўлық, китаплар, мултимедиалы слайд, тест сораўлары жазылған қыйма қағазлар



Сабақ барысы

Минут

1

Шөлкемлестириў

3 – минут

2

Өтилген теманы тәкирарлаў:

5 – минут

3

Таза теманы түсиндириў

15 – минут

4

Таза теманы беккемлеў:

15 – минут

5

Оқыўшылардың жуўапларын баҳалаў:

5 – минут

6

Үйге тапсырма бериў:

2 – минут

Сабақтың барысы:

  1. Шөлкемлестириў бөлими:

Оқыўшыларды сабаққа таярлаў, оқыўшылардиң сабаққа қатнасын барлаў

  1. Өтилген теманы тәкирарлаў:

Өткен сабақта өтилген “Бизлер улли тарийх ийесимиз” темасын оқыўшилардан сораў, оларға тема бойынша қосымша сораўлар бериў.

  1. Тарыйхый яд дегенимиз не?

  2. Өз тарыйхымизди уъйрениў арқали нелерди билемиз?

  3. Улли бабаларымыздан кимлерди билесиз?




  1. Таза теманы түсиндириў:

Әййемги Регистан
Журтымызда ҳәр бири пүткил бир тарыйхты ҳәм мәдениятты өзинде жәмлейтугын ески қалалар көп. Сиз олар арқалы тарыйх сабақларынан хабардарсыз. Халқымыздын мақтанышы болған бул қалаларда Шығыс архетектура өнериниң сийрек ушырасатуғын үлгиси сыпатында дүняға танылған қайталанбас тарыйхый естеликлер, саўлатлы комплекслер ҳәзирге шекем дүня халықларын таң қалдырып келмекте. Солардың ең атақлысы Самарқанд қаласындағы Регистан майданы болып есапланады. Ол қаланың орайында жайласқаны ҳәм көплеген тарыйхый ўақыялар тап усы майданға байланыслы болғаны ушын оны ески Самарқандтың жүреги деп те атайды.
Регистан майданында үш улли естелик бой тиклеген. Олардың ең әйемгиси Мырза Улуғбек медресеси. Ол майданның батыс тәрепинде жайласқан болып, бәлент порталы шығыс тәрепке қараған. Бул медресе 1417-1420-жылларда Мырза Улуғбек тәрепинен қурылғаны ушын уллы бабамыздың аты менен аталады. Мырза Улуғбек Маўараўннаҳр ҳүкимдары болған заманларда бул медресе өзине тән академия сыпатында даңққа бөленген. Мусылман дүнясындағы уллы алымлар, шайырлар, диний уламалар бул медресеге келип, сабақ берген, илимий дөретиўшилик пенен шуғылланған. Мырза Улуғбек пенен бирге Қазызада Румий, Жамшид Каший, Әли Қусшы усаған алымлар бул жерде талабаларға сабақ берген. Кейинирек уллы ойшыл шайырымыз Алишер Наўайы да Самарқандқа келип, усы медреседе оқыған.

Мырза Улуғбек медресеси қурылғаннан кейин арадан еки әсир ўақыт өтип, ХВИИ әсирде – 1619-1636-жылларда Самарқанд ҳәкими Ялантуш Баҳадырхан тәрепинен дәслеп Шердар медресеси тикленеди. Бул естелик Регистан майданының шығыс тәрепинде қурылған болып, Мырза Улуғбек медресесиниң қарсысында жайласқан. Оның порталында кийикти қуўип баратырған арыслан сүўрети түсирилгени ушын ол Шердар медресеси деп аталған.

Майданның арқа тәрепинде Ялантуш Баҳадырхан тәрепинен 1646-1660-жылларда және бир салтанатлы естелик – Тиллакари медресе – мешити қурылған. Бул имараттың сыртқы ҳәм ишки безеўлери алтын суўы менен (жалтылған) исленгени ушын ол Тиллакари деп аталған.
Регистан майданына қәдем қойсаңыз, бул үш теңсиз естелик бир – бирине жүда уйғын екенин көресиз. Регистан әйем заманлардан берли халық сейиллери, илимий ағартыўшлық жыйналыслары өтетуғын үлкен мәдений орай болып келген. Ҳәзирги күнде де бул дәстүрлер даўам етпекте. Әсиресе, 1997-жылдан бери Регистан майданинда өткерилип киятырған “Шарқ тароналары” халық аралық музика фестивалы пүткил дүня музика ўакиллериниң абыройлы анжуманына айланып бармақта.
Жуўмақластырып айтқанда, бундай тарыйхый естеликлер миллий өзлигимизди, халқымыз дүняда ҳеш кимнен кем болмағанын ҳәм кем болмайтуғынлығын аңлап жасаўға хызмет етеди.



  1. Таза теманы беккемлеў:

Тема бойынша оқыўшыларға слайд материаллари кўрсетилди.
Класстағы оқыўшылар 3 топарға бөлинеди:
Ҳәр топар Регистан майданындағы медреселер ҳаққинда мағлыўмат жазады.
1- топар: Мырза Улуғбек медресеси
2-топар: Шердор медресеси
3-топар: Тиллакари медресеси
Презентаcия:
Ҳәр бир топардан бир оқыўшы өзлериниң жазған мағыўматларын оқып береди. Басқа топар ағзалары жуўапларды толықтырыўы мүмкин.

Таза тема бойынша сәўбетлесиў.


Сораўлар:

  1. Регистан майданында қайсы естеликлер бой тиклеген?

  2. Бул естеликлерден қайсы бири ең дәслеп қурылған?

  3. Шердар медресеси не ушын усылай аталған?

  4. Улуғбек обсерватория қай жерде қурылған?




  1. Оқыўшылардың жуўапларын баҳалаў:

Сабақтың барлық басқышында белсене қатнасқан оқыўшыларды баҳалаў.

  1. Үйге тапсырма бериў:

Оқыўшыларға “ Әйемги Регистан” темасын оқып келиўди тапсырыў, тема бойынша сораўларға жуўап жазып келиў.



Download 391,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish