Бетон араласпаларын тығызлаў машиналары
35
Бетон растворын қыйғаннан кейин әлбетте оны тегислеў ҳәм тығызлаў лазым.
Тығызлаўдан тийкарғы мақсет араласпа қурамындағы ҳаўа көбиклигин сығып
шығарыў ҳәм де компонентлердиң өз-ара қолайлы жайласыўын тәминлеўден
ибарат.
Тығызлаў ислериниң бир қанша усыллары бар;
сыртқы күшлер тәсиринде титретиў;
бастырып тегислеў;
пресслеў;
вакуумлаў ҳәм т.б.
Бетон араласпаларын тығызлаў мақсетинде вибраторлардан кең
пайдаланылады.
Вибраторлардың ислеўи ҳәрекеттеги теңлеспеген (деболанс) массасының
инерция күшинен пайдаланыўға тийкарланған.
Вибраторлар ҳәр түрли болады;
ислеў шараятына қарап-көшпели ҳәм көшпес вибраторлар;
жүритпе түрине қарап-электр, пневматикалық, гидравликалық ҳәм
иштен жаныў двигателли вибраторлар;
араласраға титретиў усылына қарап-сырттан қәлип сыяқлы
беккемленип, сыртқы тәрептен ҳәм тереңликке ислеў бериўши вибраторлар.
Сырыттан ислеў бериўши вибиратор пол, төбесин тегислеў, жол ҳәм сол
сыяқлы тегис бетлерди бетонлаўда қолланылады .
Вибратор негизинен төмендеги қурылмалы бөлимлерден дүзилген; жабық
корпус 1,электр двигатели 2, подшебник 3, дебаланс 4, полаттан жасалған табақ
тәризли ойықша 5.
Электр двигатели валының ишине орнатылған дебаланс айланғанда
тербелмели ҳәрекет-титиретиўди жүзеге келтиреди.
Бул ҳәрекет табақсымақ арқалы араласпаға өтип, оны тығызлайды.
Қәлип тәризинде беккемленип, сыртқы тәрептен ислеў бериўши вибратор узын
рейкаға орнатылғанлығы ушын колонна дийўал сыяқлыларды бетонлаўда
қолланады.
Тереңликте ислеў бериўши вибраторлар дийўалы аралықлары имаратлардың
тийкарларын колонналы қазықлар қағыў ҳәм де темир-бетон конструкциялар;
балка, плута, ферма ҳәм сол сыяқлы бетонлаўда қолланылады.
Тығызлаўда ислетилетуғын үскене вибраторларды бетон ишине қолда ямаса
жүк көтериўши илмегине илип қойып шөктириледи.
Вибраторлардың электр двигатели конструктив тәрепинен бетон ишине
шөктирилген титиреўши механизм корпусының ишине жасластыратуғын ҳәм
сыртқа жайласатуғын болады.
Вибратор төмендеги қурам бөлеклерине ийе; титреўши механизмниң ушы 1,
штанға 2, таяныш подшебниклер 3, электр двигатели 4, кабел 5, иске түсиргиш
(вклушател) 6, дебаланс (балансир) 7.
Электр двигатели жумысқа түсирилгеннен соң, таяныш подшебниклер
арасына жайластырылған дебаланс ҳәрекетке келип титреўди пайда қылады.
Ийилиўшен валлы вибраторлардың электр двигатели бетон араласпасынан
тысқары болып, олар тийкарынан жуўап арматуралы конструциялаўда бетонлаўға
қолланылады
36
Do'stlaringiz bilan baham: |