39
9-лекция. Имарат төбелерин бастырыў машиналары ҳәм қурылмалары.
Таяныш түсиниклер
Бастырма,
тийкар курылма, электр жүритпеси, ҳаўа бүркиўши, битум,
мастиклерди жеткизип бериў, бүркиў, суўды алыў, насос, ревирсив, материалларды
жаздырыў, кесиў, роликлер, мастиклерди жағыў машинасы, жумсақ төсеў
қапламасы, резина унтақлары, жоқары тезликте ислейтуғын аралыстырғыш.
Имарат тийкарнан суўларды алыў ушын ислетилетуғын машиналар.
Ҳәзирги ўақытта қурылыста техниканың раўажланыўы бастырманы орамлы
материаллар менен жабыўда ақыл менен мийнет етиўди талап етеди.
Имарат
тийкарындағы суўларды алып таслаў ушын пайдаланатугын СО-106А (ТУ-22)
машинасы санаатлық ҳәм пухаралық имаратлар қурылысында ҳәр қандай ықлым
шараятында имаратты бастырыў жумысларында қолланылады. Машина 220/380 В
кернеўли, жийилиги 50Гц болган электр тогында жумыс ислейди.
Машина дүзилиси. Бастырма тийкарынан суўды алыў ушын пайдаланатуғын
СО-106А машинасы суў жыйналатуғын бактен, ҳаўа үплегиштен, қалқалы
клапаннан, орайдан қашыўшы насостан, электродивгательден ҳәм қайыслы
берилистен турады.
Электржүритпе ротор ҳәм
статордан ибарат болып, ротор валы шарико-
подшивник ишинде айланыс жасайды. Ротор валына электр жүритпени суўытыў
ушын хызмет ететуғын вентилятор орнатылған. Электржүритпе электр тоғына
қосып-ажыратыўшы үскене арқалы жалғанады.
Машинаның жумыс ислеў принципи. Айланбалы ҳәрекет элкетр жүритпеден
қайыслы берилис арқалы ҳаўа үплегиш сийреклениўди пайда етеди, нәтийжеде суў
тамшылары ҳаўа менен бирликте ушлы аўыз арқалы суў турағын баке сорылады.
Қақпақта ығаллық ҳәм ҳаўа бир-биринен ажыратылады. Суў оның дәрежеси
қалқалы клапанды көтерип. ҳаўа үплегиштиң сорыў тесигиниң бекитилип
турыўына шекем жыйналады. буннан кейин бактеги сийреклениў төменлейди ҳәм
орайдан қашыўшы насос суўды бастырмадан тысқарыға ямаса ақаба суўларға
ағызып жибереди.
СО-106А машинасының техникалық сыпатламасы.
Жумыс өнимдарлығы……….. 25 л/мин
Бактин сыйымлығы …………. 10 л
Сорып алыў бийиклиги……….1,5 л
Суўды төгиў шланга
узынлығы …………………….. 15,5 м
Электржүритпе…………………4Ах80Е2УЗ
Қуўатлылығы………………….. 2,2 кВт
Кернеўи ………………………...220/380 В
Айланыс жийилиги……………..2860 айл/мин
Сийреклениў дәрежеси…………15000 Па
Сырткы өлшемлери……………. 850/560х370х450 мм
Салмағы (шланга ҳ кабелсиз)….. 18 кг
Битум мастикаларды бир орыннан екинши орынға жеткерип бериў ушын
СО-119А агрегаты (ТУ-22-4749-80) санаатлық ҳәм пуқаралық курылысларда
40
орамлы материаллар менен гидроизоляция жумысларын орынлаўда ҳәм төбелерде
жабыўда қурамында шаң көринисиндеги, талшықлы ҳәм аралас толтырыўшылары
болган битум мастикасы басымлы айдап жеткизиў ушын ислетиледи.
Агрегат
ықлым шараятқа сәйкеслеп шығарылған.
СО-119А агрегатының дүзилиси (1-сүўрет) агрегат рамасынын, насостан,
муфтадан, жүргизиўши ҳәм электр үскенелеринен турады. Рамаға насос ҳәм
жүргизиўши орналастырылады.
Колемли насос туўры тисли шестернялар көринисинде болган жетекши ҳәм
жетелениўши баллардан, втулкалардан, тисли дөнгелеклерден ҳәм
жумыс
зонасынан тысқарыға, шығарылган қақпақтан, ысытқыштан, температура ҳәм
сақлаўшы клапаннан ибарат.
Валлардың тығызланыўшысы асбестли кольцолардан, кыстырғышлардан
ҳәм втулкалардан ибарат. Тығызланыўшылар пружиналар менен қысылып
турылады. Тисли дөнгелеклер менен втулкалар арасындағы втулкаларды болтлар
менен қақпаққа қысып турыў есабынан иске асырылады. Бураўшы
момент
жүргизиўшиден насосқа кулачоклы муфта арқәлы жеткизип бериледи.
Сақлағыш клапан, корпус, клапан, пружина, ретлеўши винт ҳәм қақпашадан
турады. Ысытқыш, корпус насосы тийкары менен бирге таярланған.
Do'stlaringiz bilan baham: