Масъул муҳаррир


ЛИЦЕЙ ОҚЫЎШЫЛАРЫНЫӉ ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТЫН



Download 7,57 Mb.
Pdf ko'rish
bet369/584
Sana22.02.2022
Hajmi7,57 Mb.
#82747
1   ...   365   366   367   368   369   370   371   372   ...   584
Bog'liq
10.Pedagogika yonalishi

10
ЛИЦЕЙ ОҚЫЎШЫЛАРЫНЫӉ ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТЫН 
ЖЕТИЛИСТИРИЎДЕ ПУҚАРАЛЫҚ ЖӘМИЙЕТИ ИНСТИТУТЛАРЫНЫӉ 
ОРНЫ 
Орынбетов Ниетулла Турдымуратович
Нөкис мәмлекетлик педагогика институты оқытыўшысы
Телефон: +998(93)200 09 02
nietulla.orinbetov.1984@bk.ru
Аннотация: Мақалада лицей оқыўшыларыныӊ ҳуқықый мәдениятын раўажландырыўда 
жаслар аўқамы, сиясий партиялар ҳәм басқа да пуқаралық жәмийети институтларыныӊ 
орны ҳаққында сөз етиледи.
Tаяныш сөз ҳәм түсиниклер: пуқаралық жәмийети, пуқаралық жәмийети институтла-
ры, сиясий партия, ғалаба хабар қураллары, ҳуқықый мәденият, нызам, нызам үстемлиги, 
ҳуқық. 
Жәмийет раўажланыўын мәмлекет, жәмийетлик бирлеспелер, сиясий партиялар
мәҳәлле, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардыӊ өз-ара бирге ислесиўисиз көз 
алдымызға келтириў қыйын. Себеби, олар өз мақсет ҳәм мәплеринен келип шыққан 
ҳалда бирге ислеседи ҳәм де усы тийкарда раўажланады. Жоқарыдағы субъектлердиӊ өз-
ара бирге ислесиўин жәмийетлик бирге ислесиў десек болады. Раўажланыўдыӊ ҳәзирги 
басқышында мәмлекет пенен пуқаралық жәмийетиниӊ басқа институтлары ортасындағы 
нәтийжели бирге ислесиўге ықтияж сезилмекте. 
Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты раўажландырыўда жәмийетлик 
бирге ислесиўдиӊ орны айрықша. Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты 
асырыўға тийисли илажларды шөлкемлестириўде жәмийетлик бирге ислесиў принципле-
ринен кеӊ ҳәм өнимли пайдаланыўды системалы түрде жолға қойыў кереклиги Президен-
тимиз пәрманында атап өтилген [1]. 
Демек, биз жәмийетлик бирге ислесиў дегенде нени түсинемиз. «Жәмийетлик бирге 
ислесиў – мәмлекет органлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары бирге ислесиўиниӊ 
айрықша формасы болып, бул қатнасықларда ҳәкимият системасы, кәсиплик аўқамлары 
ҳәм жумыс бериўшилер қатнасады» [2, 21] ямаса жәмийетлик бирге ислесиў мәмлекет 
органларыныӊ мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық 
жәмийетиниӊ басқа институтлары менен мәмлекетти социал-экономикалық раўажландырыў 
бағдарламаларын, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ҳәм де пуқаралардыӊ ҳуқықлары ҳәм 
нызамлы мәплерине тийисли болған басқа қарарларды ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыў 
жолындағы бирге ислесиўи екенлиги елимиз нызамында көрсетип өтилген [3]. 
Пуқаралық жәмийети институтлары жәмийетлик бирге ислесиў принциплерине тий-
карланып, билимлендириў мәкемелери менен, сондай-ақ академиялық лицейлер менен 
де бирге ислесиў арқалы жасларды қоллап-қуўатлаў, олардыӊ хуқықый мәдениятын 
асырыўда хызмети үлкен. Булардыӊ ишинде жаслар аўқамыныӊ орны гиреўли. Себеби, 
жаслар мәселеси мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилип, мәмлекетимизде жас әўладты 
ҳәр тәреплеме жетик етип тәрбиялаўға ҳәм де оларды жоқары мәнәўиятлы, билимли, зий-
рек ҳәм журт тәғдирин өз мойнына алатуғын әўлад сыпатында ер жетиўи ушын зәрүр 
шәрт-шараятлар жаратыўға айрықша итибар берип келинбекте ҳәм бул бағдарда беккем 
нызамшылық базасы жаратылды. Жаслар аўқамы физикалық саламат, жетик ҳәм ин-
теллектуал раўажланған, еркин пикирлейтуғын жас әўладты қәлиплестириў, жасларды 
сыртқы қәўиплер ҳәм «ғалабалық мәденият» тыӊ зыянлы тәсиринен қорғаў, жаслардыӊ 
ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға ҳәр тәреплеме көмеклесиў ҳәм шәрт-шараятларды 
жаратыў мақсетинде физикалық шахслар тәрепинен аўқам шөлкемлескен-ҳуқықый фор-
мада дүзилген, Өзбекстан жасларын бирлестириўши мәмлекетлик емес, коммерциялық 
емес шөлкем. Жаслар аўқамыныӊ бир неше ўазыйпалары белгилеп берилген болып, оныӊ 
ишинде жаслардыӊ ҳуқықый мәдениятын, ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый саўатлылығын 
асырыўда белгилеп берилген.
Усы ўазыйпалардан келип шығып жаслар аўқамы жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында 
тәрбиялап, олардыӊ ҳуқықый мәдениятын асырыў ушын билимлендириў мәкемелери менен 


527
10
биргеликте бир неше руўхый-ағартыўшылық илажларды әмелге асырады. Мәселен, улыўма 
билим бериў мектеплери оқыўшылары ортасында «Мениӊ ҳуқық ҳәм миннетлерим», 
академиялық лицей оқыўшылары ортасында «Сиз нызамды билесиз бе?», жоқары оқыў 
орынлары студентлери ортасында «Ҳуқық билимданлары» сыяқлы бир неше республикалық 
көрик-таӊлаўларды бирге ислесиў тийкарында ҳәр жылы өткерип киятырғаны, бундағы 
мақсет жаслардыӊ ҳуқықый мәдениятын асырыў, коррупция ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы 
гүресиў сезимин қәлиплестириў, жәмийетте орнатылған ҳуқықларды ҳүрмет етиў сези-
минде тәрбиялаўдан ибарат. Академиялық лицей оқыўшылары ҳәр жылы өткерилетуғын 
ҳуқық пенен байланыслы таӊлаўларда қатнасады ҳәм өзлериниӊ ҳуқықый саўатлылығын 
асырады, өз теӊлеслери менен пикир алмасады, билимлерин беккемлейди. 
Академиялық лицей оқыўшыларыныӊ ҳуқықый мәдениятын асырыўда сиясий 
партиялардыӊ да хызмети үлкен. Сиясий партия — көзқараслар, мәплер ҳәм мақсетлердиң 
бирлиги тийкарында дүзилген ҳәм өз алдына ҳәкимияттың мәмлекетлик органларын 
қәлиплестириў ҳәм де олардың жумысында қатнасыўды мақсет етип қойған пуқаралардың 
еркли бирлеспеси. Сиясий партиялар жәмийет ҳәм мәмлекет раўажына хызмет етеди. Сия-
сий партиялар ықтыярыйлық, тең ҳуқықлық, өзин-өзи басқарыў, нызамлылық, әшкаралық 
принциплерине әмел етеди [4]. Сиясий партиялар жаслардыӊ сиясий ҳәм ҳуқықый 
мәдениятын жетилистириўде, олардыӊ өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин аӊлап жетиўинде, 
сондай-ақ елимиз нызамларына ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда билимлендириў мәкемелери 
менен бирге ислесиўди жолға қойған. Мәселен, «Адолат» СДП ҳәр жылы академиялық 
лицей оқыўшылары арасында «Адалат билимданы» таӊлаўын өткереди. Бул таӊлаўға ҳәр 
жылы республика көлеминда бир қанша лицей оқыўшылары қатнасады ҳәм ҳуқықый би-
лимлерин асырып келеди. Партия академиялық лицейлер менен буннан басқа да бирқанша 
илажлар өткереди, бундағы мақсет ҳәр тәреплеме билимли, жетик инсанды тәрбиялаў еса-
планады. Тек ғана «Адолат» СДП емес, елимиздеги басқада партияларда билимлендириў 
мәкемелери менен бирге ислесип келмекте.
Академиялық лицей оқыўшыларыныӊ ҳуқықый мәдениятын асырыўда ҳуқықый 
үгит-нәсият жумысларын жүргизиўде ғалаба хабар қуралларыныӊ орны айрықша. Се-
беби, қабыл етилип атырған нызамларды, пәрман ҳәм қарарларды халыққа жеткериўде, 
сондай-ақ ҳуқықый үгит-нәсиятларды жүргизиў арқалы жаслардыӊ өз ҳуқық ҳәм мин-
нетлемелерин түсинип жетиўи, түрли машқалаларына ҳуқықый шешим табыўда, әсиресе 
интернет ҳәм социаллық тармақ арқалы жаслар ишине кирип барып, олардыӊ ҳуқықый 
саўатлылығын асырыўға байланыслы ҳуқықый материалларды берип барыўда хызметлери 
бар. Ғалаба хабар қуралларыныӊ ҳуқықый хабар менен тәмийинлеўдеги ролин асырыў, 
ҳуқықый үгит-нәсияттыӊ инновациялық усылларынан кеӊ пайдаланыў, соныӊ ишинде, 
веб-технологияларды қоллаўды кеӊейтириў мақсетке муўапық екенлигин атап өтиў зәрүр. 
Жуўмақластырып айтқанда, академиялық лицей оқыўшыларыныӊ ҳуқықый мәдениятын 
асырыўда ҳуқықый үгит-нәсият илажларын турақлы өткериў, ҳуқықый саўатлылығын 
асырыўға қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый үгит-нәсияттыӊ 
инновациялық усылларынан кеӊ пайдаланыў, ҳуқықый бағдардағы веб-сайтларды көбейтиў 
ҳәм нәтийжели әмелге асырыў талап етиледи.
Пайдаланылған әдебиятлар.
1. Жамиятда ҳуқуқий онг ва ҳуқуқий маданиятни юксалтириш тизимини тубдан 
такомиллаштириш тўғрисида ПФ-5618-сон, 2019 йил 9 январь
2. Бородин И.И. Понятие, система, стороны и субъекты социального партнерства (срав-
нительно-правовое исследование) // «Трудовое право», 2006, 
3. «Ижтимоий шериклик тўғрисида»ги Ўзбекистон Республикаси қонуни 2014 й
4. «Сиёсий партиялар тўғрисида»ги Ўзбекистон Республикаси қонуни 1996 й


528

Download 7,57 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   365   366   367   368   369   370   371   372   ...   584




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish