Лекция. Тармақ архитектурасы реже: Кирисиў Тармақ ҳәм тармақ архитектурасы түсиниги. Тармақ элементлери ҳәм дәрежели архитектура. Тармақ топологиялары


ISO – International Organization for Standardization



Download 0,51 Mb.
bet4/5
Sana26.02.2022
Hajmi0,51 Mb.
#470601
TuriЛекция
1   2   3   4   5
Bog'liq
2-Лекция

ISO – International Organization for Standardization. Халық аралық стандартластырыў шөлкеми (International Organization for Standardization – ISO). ISO – ҳәр түрли миллий стандартлар шөлкемлери қәнийгелеринен туратуғын халық аралық стандартларды белгилеўши шөлкем ҳәм ол өнимлер, хызметлер ҳәм системаның сыпаты, қәўипсизлик ҳәм өнимдарлылықты тәмийинлеў ушын стандартларды ислеп шығатуғын ғәрезсиз мәмлекетлик емес шөлкем есапланады. ISO 1947 жыл пайда болған болып оның бас офиси Швейцарияның Женева қаласында жайласқан. Усы шөлкем 165 стандартластырыў бойынша миллий шөлкемлерди өз ишине алады ҳәм 164 ағзасы бар. Шөлкемлердиң ағзалары өз-ара билимлерди алмасыў ҳәм инноватцияларды қоллап қуўатлайтуғын ҳәм глобал машқалаларды шешимлерди усыныс ететуғын, консенсусға тийкарланған базарға сәйкес халық ара стандартларды ислеп шығыў ушын қәнийгелерди бирлестиреди.
ITU – The International Telecommunication Union. Халық аралық байланыс шөлкеми 1865 жыл 1 майда пайда болған болып ең дәслепки стандартластырыў шөлкеми болып, усы ўақытларда телеграф қурылмасы ушын биринши стандартты ислеп шыққан ҳәм халық ара телеграф тармағы ислеп шығылған. 1947 жыл 15 ноябрден баслап ITU бирлескен шөлкемине киритилген ҳәм қәнийгелестирилген шөлкем атын алған. Усы шөлкемниң бас офиси Швейцарияның Женева қаласында жайласқан болып, ITUның 193 ҳәм 900 ға жақын бизнес, илмий-изертлеў орынлары, халық аралық ҳәм регионаллық шөлкемлер оның ағзалары болып есапланады. ITU үш тийкарғы сектордан турады: Радио байланыс (ITU-R), стандартластырыў (ITU-T) ҳәм раўажландырыў (ITU-D).
ITU-R. ITUдың радио байланыс тараўы халық аралық электро байланыс шөлкеминиң үш секторының бири болып, радио байланысларды раўажландырыў ушын жуўапкер сектор есапланады. Бул сектордың тийкарғы ўазыйпасы радио жийелик спекторы ҳәм жасалма жолдас орбитасы ресурсларын басқарыў ҳәм спектордан өнимли пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде радио байланыс системалары ушын стандартларды ислеп шығыўды әмелге асырады. Соның менен бирге өзиниң конститутсиясына тийкарланып түрли мәмлекетлердиң радиостанцияларын арасындағы зыянлы ҳәм күтилмеген араласыўларды алдын алыў ушын спекторлар ҳәм радио жийеликлерди бөлистириў, орбита жағдайын ҳәм жасалма жолдаслардың басқа параметрлерин дизимнен өткереди. Сол себепли халық аралық спекторды басқарыў системасы жийеликлерди муўапықластырыў, хабар бериў ҳәм дизимнен өткериў ушын тәртипке салыўшы процедураларға тийкарланған.
ITU-R секторы Швейцарияның Женева қааласындағы ITU штаб квартирасында жайласқан турақлы түрдеги радио байланыс бюросына ийе. Ҳәзирги бюроның сайланған директоры Марио Манивич болып ол биринши болып XEI ағзасы тәрепинен 2018 жылда директорлыққа сайланған.
ITU-T. Усы стандартластырыў секторы телекоммуникация ҳәм информациялық технологиялары коммуникациялары ушын киберқәўипсизлик ушын X.509, машинаны үйрениў ушын Y.3172 ҳәм видеоны архивлеў ушын H.264 / MPEG-4 AVC сыяқлы стандартлар муўапықластырылады. ITU-T секторы Швейцарияның Женева қаласында жайласқан ITU штаб квартирасында жайласқан штаб квартирасында жайласқан Телекоммуникацияларды стандартластырыў бюросы ийе. Бюроның ҳәзирги ўақтағы директоры Чаесуб Ли болып оның биринши 4 жыллық мүддети 2015 жыл 1 январда басланған ҳәм еккинши 4 жыллық мүддети 2019 жыл 1 январда басланған.
ITU-T миссиясы пүтин дүнья бойлап телекоммуникация ҳәм ИКТның барлық тараўларын өз ишине алатуғын өнимдар ҳәм өз ўақтында ислеп шығарыўды тәмийинлеў, соның менен бирге халық аралық телекоммуникация хазметлери ушын тариф ҳәм есап китаплар принциплерин белгилейди.
ITU-T тәрепинен ислеп шығылған халық аралық стандартлар "Усыныслар" деп аталады (оның мәниси "Усыныс" сөзиниң улыўмалық тил мәнисте ажратыў ушын үлкен ҳәриплер менен жазады), себеби олар тек ғана қабыл қылынғанында мәжбүрий болады.
ITU-D. Телекоммуникацияларды раўажландырыў секторы ITUдың үш секторының бири болып; ол раўажланып атырған мәмлекетлерде сиясат, тәртипке салыў ҳәм оқыў программадларын ҳәм финанслық стратегияларды жаратыў ушын жуўапкер.
IEEE (Электр ҳәм электроника инженерлер институты). Электротехника ҳәм электроника инженерлер институты Нью-йорк қаласында корпоратив офиси ҳәм Нью-джерси штатында Пискатавай қаласындағы операцион орайы менен электрон инженерлик ҳәм электро техника бойынша шөлкем есапланады. 2018 жылға келип дүныядағы ең ири техникалық қәнийгелер шөлкемине айланды ҳәм 160 мәмлекетлердеги 423000 дан артық ағзалары бар. Оның мақсети электротехника ҳәм электроника инженерлиги, телекоммуникация, есап китап ҳәм басқа тараўдағы тәлим ҳәм техникалық раўажланыўларына өз үлесин қосады.
Электроника ҳәм электроника инженерлери стандартластырыў институты (IEEE-SA) IEEE қурамындағы ҳәр түрли тараўларда глобал стандартларды ислеп шығыўшы шөлкем, усылардан: энергетика, пайдаланыў технологиялары, биомедицина ҳәм ден саўлықты сақлаў, тәлим технологиялары, информациялық технологиялары ҳәм робототехника, телекоммуникация ҳәм үйлерди автоматластырыў, транспорт, нанотехнологиялар, информацияларды тәмийинлеў ҳәм тағы басқалар.
EEE-SA тең салмақлықты сақлаў, ашықлық, әдалатлы процедуралар ҳәм консенсусды усыныўшы программа арқалы бир әсирден көп ўақыт даўамында стандартларды ислеп шықты. IEEE стандартларын ислеп шығыўда пүтин дүнья жүзиндеги техникалық инженерлер қатнасады.

Download 0,51 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish