Тармақ топологиялары
Тармақ топологиялары – бул байланыс тармақлары элементлериниң жайласыўы. Тармақ топологиясы ҳәр бир түрдеги телекоммуникация тармақларын, соның менен бирге радио тармақларын ҳәм компьютер тармақларын анықлаў ямаса классификатциялаў ушын пайдаланылыўы мүмкин. Тармақ топологиялары тармақтың географикалық орталығындағы орны, пайдаланыўшылар саны ҳәм пайдаланыў технологиясына қарап таңланады. Бир неше тармақ топологиялары бар: меш, жулдыз, терек көринисиндеги, шина, қалқа ҳәм 3-D торус.
Мысал ушын mesh топологиялы тармақ – бул локал тармақ топологиясында қолланылады, бунда инфраструктура түйинлери туўрыдан-туўры динамикалық ҳәм иерархиялық болмаған ҳалда бир неше түйинлерге байланысады ҳәм мағлыўматларды пайдаланыўшыларға жеткерип бериўде бир-бири менен байланыс жасайды. Бундай топологиялар ҳәмме ўақыт исенимди ақлай бермейди, себеби бул топологияны пайда етиў жүдә қымбатқа түседи.
3-сүўрет. Mesh топологиялы тармақ
Жулдыз топологияга тийкарланған тармақ болып, бунда компьютер тармақлары орайында жайласқан тармақ элементи өзине бириктирилген тармақ қурылмаларды басқарады. Соның менен бирге жулдызлы топология да ҳәр бир хост орайлық қурылмаға байланыстырылады, бир орайлық қурылма мағлыўматларды узатыў ушын канал ўазыйпасын атқарады. Бул топология ең көп тарқалған компьютер тармағы топологиялардың бири болып есапланады.
4-сүўрет. Жулдыз топологиялы тармақ
Torus байланыслы топология – бул параллел компьютер системасындағы қайта ислеўши түйинлерин өз-ара байланыстырыў ушын гилтсиз тармақ топологиясы есапланады. Бул жаңа аўлад топологиясы есапланады ҳәм көплеген компьютерлерде үш өлшемли жағдайда бир-бири менен байланыстырады. 5-cүўрет.
5-сүўрет. Torus байланыслы топология.
Тармақ стандартларын тәртипке салыўшы шөлкемлер
Ҳәзирги күнде дүнья жүзинде 800 ден артық стандартластырыў шөлкемлер болып, олар глобал тармақларды проектлестириў, пайда етиў, жаңа стандартларды ислеп шығыў, жаңа стандартларды енгизиў, машқалаларды үйрениў, шешим қабыл етиў ҳәм усынысларды ислеп шығып тәртипке салады. Улыўма алғанда стандартлар, тәртипке салыўшы бағдарламаны ислеп шығыў ҳәмме ўақыт жаңаланып баратуғын процесс есапланады. Мысал ушын жаңа протокол, жаңа мобил технологиясы (3G, 4G, 5G) ислеп шығылыўы, мағлыўмат тезлигиниң асырылыўы, информация қәўипсизлигиниң исенимлилиги, жаңа WiFi технологиясының ислеп шығылыўы, қала ямаса глобал тармақ ушын ислеп шығылған ҳәр қандай физикалық ямаса программалық өним өзиниң стандартына ийе болады.
Соның менен бирге стандартластырыў шөлкемлери ямаса халық аралық камитетлер, регионал ҳәм миллий көринисте болады. Стандартластырыў ҳаққында қысқаша айтып өтемиз.
Дүнья жүзинде ири стандартластырыў шөлкемлерине төмендегилер киреди:
ISO – International Organization for Standardization
ITU – The International Telecommunication Union
ITU-R – ITU Radiocommunications Sector.
ITU-T – ITU Telecommunications Sector.
ITU-D – ITU Telecom Development.
IEEE – Institute of Electrical and Electronics Engineers
IETF – Internet Engineering Task Force
ISSN -International Standard Serial Number centre
3GPP – 3rd Generation Partnership Project
Do'stlaringiz bilan baham: |