13-тема УЛЫЎМАИНСАНЫЙ МӘНАЎИЯТ ҲӘМ ОНЫҢ ДЕРЕКЛЕРИ
Жобасы:
Улыўма инсаний мәнаўияттың қәлиплесиўиниң тарийхый шәрти
Улыўмаинсаний мәнаўияттың раўажланыўға қосқан үлеси
Улыўмаинсаний мәнаўияттың миллий мәнаўияттан парықлары
Таяныш сɵзлер: улыўма инсаний мәнаўият, раўажланыў түсиниги, миллий мәнаўият, географиялық детерменизм
Миллет сөзи өзек, түп тийкар, негиз деген мəнини аңлатады. Миллет сөзи араб тилинде дин, үммет, қəўим деген мағананы билдиреди. Ал Европа əдебиятында қолланылатуғын «нация» сөзи болса халық деген мəнини аңлатады. Руўхыйлықты үш топарға бөлип қараўымызға болады:
Бириншиси- миллий руўхыйлық, екиншиси- регионаллық руўхыйлық, үшиншиси-
улыўмаинсаныйлық руўхыйлық.
Миллий руўхыйлық- белгили бир елат, миллетке, оның ата-бабаларына тəн болған оғада қымбатлы руўхый байлықлар.
Регионаллық руўхыйлық- белгили бир географиялық регион миллетлерине тəн, олар
ушын улыўма болған руўхый байлықлар.
Регионаллық руўхыйлықта түрли елатлардың улыўма бирлиги, бири-бирине жақынлығы,
турмыс тəризи ҳəм материаллық турмыс шэраятларына тəн болған тəреплери көринеди.
Улыўмаинсаныйлық руўхыйлық- пүткил инсаниятқа, жəхəн халықларына тийисли болған- əдеп-икрамлылық байлықлар.
Миллий руўхыйлық- басқа миллет руўхыйлығынан түптен парықланатуғын руўхыйлық деген сөз емес. Себеби биздеги миллий руўхыйлық басқа халықларда белгили бир тəризде болыўы мүмкин. Бирақ миллий руўхыйлықта басқа халықлардың руўхыйлығы дəл қайталанбайды.
Миллий руўхыйлық, ең дəслеп тарийхый қубылыс екенлиги менен ажыралып турады. Ол бир күнде, бир жылда, ҳəттеки бир əсирде де толық қəлиплесип болмайды. Миллий руўхыйлықтың тарийхы миллеттиң руўхый қəлиплесиў процесси менен байланыслы. Инсаният тарийхый процесси ушын бир нəрсе анық- тарийх ҳəдийселери, шахслар, ўақыялар өтип кетеди, материаллық мəдениятқа тийислилери жемириледи, бирақ руўхыйлық байып, раўажланып, кеңирек көлем ҳəм тереңирек мазмунға ийе болып бара береди.
Миллет бар екен, миллий руўхыйлық болады. Миллий руўхыйлықты жоқ етиў мүмкин емес. Миллий руўхыйлықты жоқ етиў ушын қанша ҳəрекет етилсе, сонша дəрежеде миллийликти, миллий руўхыйлықты сақлап қалыў ушын гүрес күшейеди.
Миллий руўхыйлықты мазмуны хэм формасын байытыу, оның жүзеге шығыу жолларын көбейтиў ҳəм сол арқалы улыўма миллий руўхиятты жаңа басқышқа көтериў-ғəрезсизликтиң ең зəрүрли ҳəм актуал ўазыйпаларының бири. Миллий руўхыйлық дəслеп миллий санада раўажланыўы менен характерленеди. Соның ушын да ғəрезсизликке ерискенимизден берли миллий сананы раўажландырыў тəрбиялық ислердиң зəрүрли бөлими сыпатында қаралып келинбекте. Миллий сананың раўажланыўы миллий өзликти аңлаўға жетелейди.
Миллий руўхыйлықтың тийкарғы белгиси ҳəм өзеги- миллий əдеп саналады. Бизиң миллий əдебимиздеги белгилер басқа халықлардың əдеп-икрамлылық көз-қарасларында белгили бир тəризде көриниўи мүмкин. Миллий руўхыйлықта- миллий сезим, руўҳиятта əҳмийетли орын ийелейди. Бизиң халқымыз ушын улыўмаинсаныйлық руўхыйлық пенен бирге миллий руўхыйлық ҳəм оның байлықлары да жүдə қымбатлы. Буларға халқымыздың өзи жаратқан, байытқан, сақлап киятырған, əўладтан-əўладқа өтип, байып, раўажланып баратырған миллий-руўхый байлықлар, ата-бабаларымыздан қалған əдеплилик дəстүр, мəресимлер, əдеплилик пəнду-нəсиятлар ҳəм т.б. киреди. Бизиң миллий əдебимиз өзинде ийман, инсап, семьяға мухаббат, балажанлық, ҳадаллық биреўдиң затына қыянет етпеў, перзентлердин ата-аналарына, туўған-туўысқанларына,
жақынларына меҳрибанлығы, диний қəдириятларды ҳүрмет қылыў, қайыр-сақаўатлылық, кишипейиллилик, мəртлик, əдиллик, сақыйлық, мийнетсүйгишлик ҳəм басқа да көплеген пəзийлетлерди қамтыйды.
Миллет, халық бар екен оның руўхый дүньясында миллий тəреплери мудамы сақланып қалады. Бизиң миллий руўхыйлығымыз ер адамлар ҳəм ҳаял-қызлардың өзине тəн шығыслық əдеплилик пазыйлетлери, ата-ана, перзентлер, қоңсы-қобалар, мəҳəлле, аўыл-аймақлардың бири-бири менен байланыслары, ҳадаллық, ийман, ҳүждан менен байланыслы руўхыйлыгы тек ғана өтмиштиң көриниси емес, ал ҳəзирги күнге де тəн. Жоқарыда айтып өткенимиздей, ата-ананы, жасы үлкенлерди ҳəм кишилерди ҳүрметлеў миллий руўхыйлығымызға киреди. Абдулла Авлоний ҳəм басқа мəрийпатпəрўар пидайыларXIX əсирдиң ақыры ҳəм ХХ əсирдиң басларында Түркистанда пайда болған руўхый кризис ҳаққында айтып, бул аўыр жағдайдан тəлим-тəрбия ислерин жақсылаў, халықты уллы шоққыларға көтериў арқалы ғана шығыў мүмкиншилигин айтты. Тəрбия, - дейди Абдулла Авлоний, - бизлер ушын я өмир- я қараңғылық, я бахыт- ямаса бахытсызлық мəселесидур. Өйткени ҳəр бир адамның тəғдири өз қолында, ал өмир жолларының жақтылығы ямаса қараңғылығы инсанның алған тəрбиясына байланыслы. Бул пикирдиң əҳмийети ҳəзирде кемейген жоқ.
Миллий тəрбия- белгили бир миллетти, елатты қурайтуғын адамлардың миллий
мəдениятын, мийрасын, қəдириятларын, дəстүрлерин, урп-əдетлерин өзлестириўдеги искерлигин раўажландырыў болып, ол миллий сана ҳəм миллий өзликти аңлаўдың субъекти. Миллий тəрбияның тийкарғы бағдарын миллетсүйиўшиликти, халықшыллықты, ўатансүйиўшиликти, мийнетсүйгишликти, уллы инсаныйлықты раўажландырыў, мийрасты үрп-əдетти, қəдириятларды, пəн, техника, технологияларды өзлестириўге умтылыўды раўажландырыў, мийримлилик, ар-намыс, инсап, миллий ҳəм улыўмаинсаный қəдириятлардың мəнисин түсинип жетиў ҳəм оған əмел қылыў руўхыятын қəлиплестириў сыяқлылар қурайды.
Улыўмаинсаныйлық руўхыйлық узақ ҳəм жақын өтмиштеги ҳəзирде руўхыйлық жақтан жүдə қымбатлы, инсан қəлбинде өшпес из қалдыратуғын, мəңги жасайтуғын, инсанияттың социаллық мəпи, талабы ушын хызмет ететуғын, оларды жақсылыққа бағдарлайтуғын руўхый байлықлар улыўмаинсаныйлық руўхый байлықларға илим-пəн, философия, əдебият, искусство шығармалары, ойлап табыў, руўхый мəденият дүрданалары, улыўмаинсаний əдеп нормалары х.т.б. киреди.
Инсан еркинлиги, саламатлығы, ҳəр бир шахстың жасаў, билим алыў, қартайғанда социаллық қорғалыў имканиятлары сыяқлы руўхыйлық ўазыйпалар өз əҳмийетин мудамы сақлап қала береди. Əдиллик, теңлик, татыў қоңсышылық киби руўхый қəдириятлар көплеген əсирлерден бери жасап келмекте. Мийнетсүйгишлик, жақсылық ислеў, тынышлық, дослық, ҳадаллық, уатаншыллық ҳ.т.б. улыўмаинсаный руўхыйлық саналып, ол ҳəр бир халық, миллетте өзине тəн рəўиште көринеди. Бул түсиниклердиң миллети жоқ. Ол барлық миллет, халық ушын бирдей тең. Өзиниң раўажланыўы ушын ҳəр бир миллет улыўмаинсаныйлық руўхыйлық ғəзийнесинен пайдаланыўы, оған сүйениўи тарийхый зəрəрлик. Бунысыз заманагөй, алдыңғы миллет болып жетилисиў мүмкин емес. Улыўмаинсаний руўхыйлық байлықларынан пайдаланыў миллий шекленгенлик қабығынан шетке шығыўға, дүньяны кеңирек көре
билиўге үйретеди. Ал бул болса өз гезегинде тек ғана миллий тилди терең өзлестириу менен шекленип қалмастан, басқа халықлардың да тилин үйрениўди талап етеди. Басқа тиллерди билиў-ҳəр бир мəрийпатлы адамның көрки. Бул өзге миллетлер тарийхын, руўхый байлықларын, мəдениятын ҳəм психологиясын терең үйрениўге хызмет ететуғын алтынгилтдур. Тил билген жағдайда ғана Миллетлер- улыўма-жəҳəн, улыўмаинсанийлық руўҳыйлықтың жаратыўшысы.
Президентимиз И.А.Каримовтың айтқанындай: Бизиң миллий қəсийетлеримиз улыўмаинсанийлық қəдириятлар менен байланысып кеткен. Əсирлер даўамында халқымыз улыўмаинсаний қəдириятлардың қəлиплесиўине үлкен үлес қосқан. Түрли миллет ўəкиллерине ҳүрмет, олар менен татыў жасаў, диний баўырыкеңлик, дүньялық билимлерге умтылыў, өзге халықлардың алдыңғы тəжирийбелери ҳəм мəдениятын үйрениў сыяқлы қəсийетлер де халқымызда əзелден бар.Гəрезсиз Өзбекстанымыздың раўажланыўында миллий ҳəм улыўмаинсаный руўхыйлықтың мине усы диалектикалық байланысын есапқа алыў дəўир талабы.
Базар қатнасықларына өтиў дəўиринде көп миллетли мəмлекетлер ушын миллий сиясатты дурыс, анық гөзлеген мақсет тийкарында алып барыў зəрүр. Бул тез пəт пенен раўажланыўға жəрдем береди. Миллетлердиң ҳəм олардың мəдениятларының бири-бирине тəсир етиўи көп миллетли мəмлекетлерде жасап атырған халықлардың руўхый-ақылый байыўы ушын жудə əҳмийетли роль ойнап келген.
Бизиң Республикамызда тийкарынан өзбек, қарқалпақ ҳəм булар менен бир қатарда өз мəденияты, дəстүр, үрп-əдетлерине ийе болған бир жүз отыздан аслам ҳəр түрли миллет ўəкиллери жасайды. Бизиң жəмийетимизде миллетлерара татыўлықты сақлап қалыўда бизиң нызам базамыз жақыннан жəрдем бермекте. Өзбекстан Республикасынын Конституциясында: ҒӨзбекстан халқын миллетинен бийғəрез Өзбекстан Республикасының пухаралары қурайдыҒ- деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасының ҒПухаралар сайлаў хуқуқла-рының кепилликлер ҳаққындаҒғы нызамы Өзбекстан Республикасының барлық пухараларына Ғсоциаллық келип шығыўынан, социаллық ҳəм мүлкий жағдайынан, миллетине тийислилигинен бийғəрезҒ тең сайлаў ҳуқуқ береди.
Өзбекстан аймағында жасайтуғын этник азшылықтың ҳуқуқларын қорғаў мəмлекетлик концепциясы Өзбекстан Конституциясында белгилеп берилген: ҒӨзбекстан Республикасы өз аймағында жасаўшы барлық миллет ҳəм елатлардың тиллери, үрп-əдетлери ҳəм дəстүрлерине ҳүрмет етиўин тəмий-инлейди, олардың раўажланыўы ушын шəраят жаратадыҒ. Бүгинги күнге келип бизиң Республикамызда100 ге шамалас миллий-мəдений орайлар шөлкемлестирилди. Булар Өзбекстанның көп миллетли жəмийетин сиясий, экономикалық, мəдений-руўхый жақтан қайта қурыў процессинде унамлы тəсир жасамақта.
Президентимиздиң атап өткениндей бизиң мақсетимиз Ғжуртымызда жасаўшы барлық инсанлар ушын миллети, тили ҳəм дининен бийғəрез, минəсип турмыс шəраятын жаратып бериў, раўажланған демократиялық мəмлекетлердеги кепиллик берилетуғын турмыс дəрежеси ҳəм еркинликлерин тəмийинлеў
Do'stlaringiz bilan baham: |