2.3 Бир коллап желкеден хам крюк усылда себетке топ таслау
Турған орында топты желкеден бир коллап таслаў хәрекети топты көкиректен еки қоллап таслаў менен уқсайды. Таярлық ўақтынан топ желкеге көтериледи хәм таслайтуғын бир кол пәнжерелерине алынады. Баска қол топтың астында турады хәм ол молжал ўақтында алдынға ,қаптал тәрепке өткериледи. Таслаў колларды шыдамлы туўрылаў хәм бармакларды силкитиў арқалы орынланады.Егер топты себетке таслаў бир жерде турып орынланса мысалы жарима топ таслаўда,таслайтуғын қол менен бирдей аяқта алдыңға койылады.
Топты жоқарыдан бир қоллап таслаў-бул да алдыңғы усылларға уқсап орынланады. Әсиресе бул таслаў секирип таслағанда нәтийже береди.
Турған орыннан бир қоллап желкеден топ таслаў .Топты тез хәм узаққа таслаў ушын қолланылады.Топты таслаў ўақтында ол желке бийиклигине көтериледи,қол бармақлары топтың арқасында турады,соң топты онша бәлент болмаған ушыў траекториясында керекли жөнелиске жибереди.Топ таслаўда қол бармақлары топты,қолдан шығып кеткенше услап турады Соң бир қол тәрептен төменге түсириледи.Топ таслаўдың алыслығы аяқтың туўры қойылыўына яғный топтың арқасынан ,қандай қәдем таслаўға байланыслы.Сонлықтан топ изинен желке хәрекетиниң де өз орны бар.Қысқа аралықтан жүгирип келип ,соң секирип орынланса хәм топ таслаў жәнеде нәтийжелирек болады.
Желкеден бир қоллап топ узатыў жақын хәм орташа аралыққа топ
узатыўда қолланылатуғың усыл болып есапланады.Бунда топты таслаў ушын ўақыт аз кетеди хәм топты жақсы қадағалай алады.Топтың ушып шығыў ўақтындағы қосымша хәрекетлер ойыншыға жөнелис хәм улкен диапозонда топтың ушыў троекториясын өзгертиўге имкан береди хәм төмендегише әмелге асырылады.
17
Таярлаў бөлими. колды топ пенен желкеге апарыў,оң кол менен таслаўда топ пенен оң желкеге алып барыў,оң кол менен таслаўда топ оң қол пәнжесинде турады,шеп қол жәрдем береди ,тирсек көтерилмеўи керек,соның менен бирге ойыншы оң тәрепке бурылады
Тийкарғы бөлим.топ оң қолда,оны тез туўрылайды хәм сол ўақытта пәнже менен силтеў хәм геўде бурылыўын орынлайды.
Жуўмақлаўшы бөлим.топ ушып шыққаннан соң оң қолда оны азғантай ўакыт гузетип қояды,соң пәстке түсиреди.Ойыншы азғантай бугилген аяқлары менен тыныш халына қайтады.
Топты «айландырып» «крюк» усылында таслаў бир колда кең хәрекет пенен орынланады.Таслаўшы жузи менен шит тәрепке бурылып ,нышанға қарайды,сонда тизеден кең силтенип,каптал тәреп арқалы топты бас устинен шитке ,себеттен 30-15 см жоқарыда болады..Аяқлар т уўрыланып тепсиниў шитке жақын турған оң колда таслауда тепсиниў шеп аяқта орынланады.»Айландырып » таслаў әдетте шитке каптал тәреп яки арқа тәреп пенен турған халда орынланады.бурап таслаў бийик хүжимшилерден өткерип таслаўда нәтийжелисин береди.Бул таслаўдын устинлиги сонда,топты таслап атырған ойыншы денеси менен хүжимшилерди тосады.Себетте топ таслаў техникасын беккемлеўде еркин орынлаў мумкин .
18
Бир қоллап төменнен «крюк»усылда топ таслаў.Бул топ таслаў аяқ хәм еки қоллап төменнен таслаў ўақтында болады.Узатыўшы қол бармақлары топтың артынан яғный оның астынан топ қолдан шығып кеткенше
ислейди.Айтканымыздай ,бул усылды әмелге асырыў желке,билектиң тез хәрекети менен басланады хәмде топ узатыў бармақлардың гүзетиўи менен тамамланады.Сондай ақ бас үзатыў кең көлемли хәрекетте бир қолда «крюг» усылда топ тасланады.
Майдан \жер\ден секирген топты таслаў ,топты тоқтатып қалатуғын хәм ийелеп алыў қәбилетине ийе болған хәрекетшең хәм шаққан карсы командаға қолланылады.Топ таслаў бир коллап хәм еки коллапта орынлаў мүмкин.Бул жағдайда топты полға урыў күшли,секириў нүктеси болса хәмме ўакыт топты қабыл қылыўшыға жақын болыўы лазым Майданнан топты секиртип таслаў ,оны алдыға яки артка бурылыў менен жүдә нәтийжели болады.Бундай топ таслаў пухта өзлестириў ушын оны
19
жуплықта орынлап,полда секирген топтың қандай секиргенин еслеп хәм анализ етип ,топырақлы майданда ,айлндырып хәм айланбастан турып орынласа болады. Жоқарыдан бир қоллап «крюк» усулы менен таслаў карсыластың көтерилген қоллары үстинен топты орта хәм әсиресе узақ аралыққа жибериў керек болған ўақытта қолланылады.
Баскетболшы хәр тәреплеме шыныққан раўажланған спортшы болыўы керек.
Буның ушын өз өзинде шыныққан сыпатлары –хәрекет тезлиги\узатыў,топты таслаў,топты тоқтатып илип алыўлар\ды хәм әлбетте ,шаққанлық пенен \жүгириў,озып шығыў,қорғаўға қайтыў\ды,секириўшилик \себетке топ таслаў,секирип қайтадан топ ушын гүрес\ти,шаққанлық
\финтлер,топ ушын гурес\ти ,көз бенен шамалаў \топты узатыў,себетке таслаўлар \ды хәм әлбетте шыдамлылықты тәрбиялаў лазым,себеби 40
минут даўамында ойын ойнаўдын ,әсиресе командаға қарсы прессин қоллаўдың өзи болмайды.
Оқыўшылардың еркин шынығыўларында хәр бир оқыўшы өзиниң
себетке топ таслаў
көнликпесин беккемлеўи мүмкин.Буның ушын үй әтирапындағы шынығыў орынлайтуғын жерге шит хәм себет қурылса жаман болмайды.Егер бундай жер болмаса тегис төртмүйешли тахта таўып оған оған ақ бояў менен порда өлшеми 59*45 см туўры төртмуйешли сызық хәм хәр кыйлы топ таслаўларды ислең.Бундай жағдайда топ сызылған туўрытөртмүйешликтиң\ полдан ,майданнан 3м 50см бийикликте жайласқан жоқары сызығына урылып түсиўи кереклигин умытпаң.Жарима таслаў шынығыўын сизге шит орнына дийўалға сызып орынлаўға болады.Топты себетке таслаў шынығыўын еркин шуғылланыўға болады.
20
Do'stlaringiz bilan baham: |