Мүлкий формасына қарамастан физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қысқа, узақ мүддетке миллий ҳәм шет ел валюталарында берилген кредитлер бойынша дәраматлар
1. Мүлкий формасына қарамастан физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қысқа, узақ мүддетке миллий ҳәм шет ел валюталарында берилген кредитлер бойынша дәраматлар. 2. Орайлық банктеги ҳәм басқа банклердеги ўәкиллик есап бетлери бойынша дәраматлар. 3. Қымбатлы қағазларға тартылған инвестициялар бойынша дәраматлар. 4. Траст, лизинг, факторинг ҳәм форфейтинг операциялары бойынша дәраматлар. 5. Қымбатбаҳа металлар менен әмелге асырылатуғын операциялар бойынша дәраматлар. 6. Қымбатлы қағазлар менен әмелге асырылатуғын РЕПО питимлери бойынша дәраматлар. 7. Шет ел валюталарының курсы өзгериўи нәтийжесинде алынатуғын дәраматлар. 8. Берилген кепилликлер ҳәм коммерциялық искерликтен алынатуғын дәраматлар. 9. Қарам хожалық жәмийетлерине, қоспа кәрханаларғаҳәм сыңар хожалық жәмийетлерине тартылған инвестициялардан алынатуғын пайда ҳәм дивидендлер. 10. Мәсләҳәт ҳәм дәлдәлшылық хызметлерден алынатуғын дәраматлар. 11. Басқа дәраматлар. 12. Коммерциялық банклердиң процентли дәраматлары тийкарынан олар тәрепинен берилип атырған кредитлер есабынан қәлиплеседи. Коммерциялық банклердиң қәрежетлери процентли ҳәм процентсиз қәрежетлерден ибарат болады. Қәрежетлер банк балансының актив тәрепинде есапқа алынып барылады. Коммерциялық банклер өз искерлигин шөлкемлестириў процесинде түрли қәрежетлерди әмелге асырады, соның ушын қәрежетлери элементлер бойынша топарларға ажыратып үйрениў мақсетке муўапық
Банктиң финанслық ресурсларын қәлиплестириў ҳәм оның искерлигин шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлер.
Жумысшылардың ис ҳақы, ижара ҳәм басқа админстративлик қәрежетлер.
Коммандировка, транспорт ҳәм амортизация қәрежетлери.
Банктиң имиджин көрсетиў ҳәм хызметлердиң түрин көбейттириў менен байланыслы қәрежетлер
Коммерциялық банктиң жоқары дәрежеде пайдаға ийе болыўы ҳәм капиталдың жетерлилигин тәмийинленгенлиги оның экономикалық жағынан беккемлигин аңлатады. Банктиң жоқары пайдаға ийе бәсекиге шыдамлылығы ҳәм хызметлериниң сапасын асырыўға хызмет қылады. Капиталдың жетерлилигин тәмийинленгенлиги болса банктиң актив операцияларының көлемин асырыўға ҳәм риск дәрежесин пәсейтириўге тиккелей унамлы тәсир көрсетеди.