Комитет по координации развития науки и технологий при кабинете министров республики узбекистан


О СОВРЕМЕННОМ СОСТОЯНИИ ТРАДИЦИЙ КАРАКАЛПАКСКИХ ЖЫРАУ



Download 5,01 Kb.
Pdf ko'rish
bet122/176
Sana29.04.2023
Hajmi5,01 Kb.
#933389
1   ...   118   119   120   121   122   123   124   125   ...   176
Bog'liq
tezis

О СОВРЕМЕННОМ СОСТОЯНИИ ТРАДИЦИЙ КАРАКАЛПАКСКИХ ЖЫРАУ
Курбанов К.Т

Институт искусствознания Академии наук Республики Узбекистан, г. Ташкент 
Тезисы, 2011. Лист 9 


131 
1. Ерте орта әсирлерде (VI-XI әсирлер) 
Әмиўдәрья дельтасының оң тәрепинде Хорезмниң 
Африйгийлер мәдениятынан парқы бар жаңа 
археологиялық мәденият қәлиплести. Усы аймақта 
араб, парс тилиндеги тарийхый-географиялық 
әдебиятларда Кердер (Кардар, Курдар) ўәлаятының 
өмир сүргенлиги айтылады. Хорезмниң арқа 
тәрепиндеги усы ўәлаяттың аты менен тарийхта бул 
мәденият Кердер мәденияты деп аталды.
2. Кердер мәденияты ҳаққында түсиникти илим-
ге С. П. Толстов киргизеди. Ҳәзир бул атаманы
тарийх илиминде ҳәмме пайдаланады. Кердер 
мәденияты еки дәўирге бөлинеди.
Биринши: VI-VIII-әсирдиң биринши ярымы; 
Екинши: VIII-әсирдиң екинши ярымынан – XI-
әсирге шекем; 
3. Әмиўдәрья дельтасының басында жайласқан 
Кердер мәдениятына тийисли естеликлердиң бири 
Гяурқала (Миздахкан) болады. 1999-2011 жыллары 
естеликтиң шығыс тәрепинде алып барылған қазып 
изертлеў жумыслары ўақтында, Гяурқаланың VI-
VIII әсирлерине тийисли мәдений қатламы ашылып 
үйренилген. Мәдений қатламда көлеми 34х36х8см, 
34х35х9см квадрат формадағы гербиштен исленген 
ерте орта әсирге тийисли қурылыс қалдығы табыл-
ды. Бундай қурылыс қалдығы 1962ж. В. Н. Ягодин 
тәрепинен табылып, бул гербишлер VII-VIII 
әсирлерде қурылыста кеңнен пайдаланған деп ду-
рыс жуўмақ шығарылған еди. (Ягодин, 1970) 
4. Мәдений қатламнан, үлкен-киши Хорезмниң 
афригидлер дәўирине тийисли шарықта таярланып 
хумбузда писирилген хум, гүзе, тостаған, кесе 
буйымлардың бөлеклери менен бирге, қолда ҳәм 
шарықта таярланып, отта писирилген бир қундақлы 
суў сақлайтуғын үсти қоңыр, қара ангоб пенен
боялып, ол гүзелердиң мойнынан төменинде 
геометириялық нағысы бар. Соның менен бирге, 
денеси домалақ, қара ангоблы қазан ҳәм сарқумлар 
т.б. ушырасады. Бундай гүлал ыдыслар, Хорезмниң 
афригидлер мәдениятына характерли емес. Булар, 
Кердер 
ҳәм 
Сырдәрья 
бойындағы Жетиасар 
мәденияты буйымларына уқсайды.
3. Гяур қаланың шығыс тәрепиндеги төбеликте, 
ерте 
орта 
әсирге 
тийисли 
зардуштийлик 
қәбиристаны жайласқан. Кердерлилер, Хорезм 
цивилизациясының мәдений тәсиринен, Хорезмде 
кең тарқалған Зардуштийлик динди, Хорезм тилин 
ҳәм жазыўын, мәдениятын қабыл етеди. Нәтийжеде 
Кердерлилер өз марқумларының сүйеклерин, осто-
дан (оссуария) ҳәм ыдысларға салып екинши рет 
жерлейди. Оссуариялар албастра ҳәм керамикадан 
исленген. Бундай Кердерлердиң зардуштийлик 
қойымшылықлары, Кердер естеликлери болған: 
Ток қала, Күйик қала, Хайуан қала, Қырантаў 
қалалардан табылып изертленди.
4. Кердер ўәлаятының зардуштийлик динди 
қабыл 
етпеген 
халқының 
бир 
бөлеги 
өз 
марқумларын өзиниң миллий дәстүри, ата-
бабаларының үрип әдетлерине берик болып 
қәбирлерге жерлеген. Қәбирлерде марқумлардың 
басын арқа, арқа-батысқа қаратып, денесин қамыс 
ямаса жекен менен орап көмген. Қәбир басына гүзе, 
тостаған, сарқумлар қойып, оларға аўқатлар салған. 
Ер адамлардың қәбирине пышақ, қанжар, темир 
тағалар, оқ жай, аяқ тәрепине мал сүйегин; ҳаял 
қызлардың 
қәбирине 
безениў 
буйымларын 
(моншақ, сырға, жүзик бронза айнасы) салып 
көмген. Бундай жерлеў дәстүрлери халықтың ди-
ний исеними ҳәм үрип-әдетинен келип шығады.
5. 
Кердер 
естеликлеринде 
ушырасатуғын 
марқумларды жерлеўдиң бундай дәстүрлериниң 
болғанлығы, VI-VIII-әсирлерге тийисли Қусқанатаў 
микроазисинде жайласқан Кердерлердиң Күйик 
қала естелигин қазып изертлегенде анықланды ҳәм 
бул жерден 360 дан аслам қәбир ашып үйренилди. 
6. Гяур қаланың мәдений қатламынан, Кердер-
Жетиасар 
мәдениятларына 
тийисли, 
гулал 
ыдыслардың басқада материаллық мәденияттың 
табылыўы ҳәм зардуштийлик қәбиристанның ашы-
лып изертлениўи, Гяурқаланы (Миздакханды) ерте 
орта әсирдеги Кердер мәдениятына тийисли 
археологиялық мийрас деп қабыл етиўди усына-
мыз. 
7. XI-XI әсирлерде Гяурқала тарийхта Миздак-
хан деген ат пенен белгили. Орта әсирдеги араб 
тарийхшы-географлар мийнетлеринде бул қала 
(Миздакхан) деп аталған. 
8. Саманийлер дәўиринде (IX-X), бул қала Миз-
дакхан 
микрооазисиниң 
сиясий 
басқарыў, 
өнерментшилик, саўда диний, мәдений орайына 
айналады. Халық аралық саўда жолы Миздакхан 
арқалы өтеди. Араб географы, ал-Макдуси (985 ж).
«Миздахкан үлкен қала, оның дөгерегинде 
12000 қорған ҳәўли бар ҳәм ол кең округ» деп жаза-
ды. Миздахкан өзиниң көлеми жағынан Хорезмниң 
бас қаласы Гурганджден сәл кем болған. Араб сая-
хатшысы Якут, бул қаланы киши Гургандж деп 
атаған.
9. IX-XIV-әсирдеги Миздакхан округиниң, 
қаланың тарийхый раўажланыўы, ислам цивилиза-
циясы, мусулман мәдениятының раўажланыў та-
рийхы менен байланыслы. 

Download 5,01 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   118   119   120   121   122   123   124   125   ...   176




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish