Kitapxana com сайтындағы барлық китаплар тек танысыў ретинде берилген. Китаплар



Download 484,87 Kb.
Pdf ko'rish
bet31/44
Sana24.02.2022
Hajmi484,87 Kb.
#189832
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   44
Bog'liq
kitapxana.com yosh

ДАҢҚ АРБАСЫ
Даңқ арбасы гүпшекке зер жалатқан, 
Бөгенегин көмкерген сап гүмиске. 
Даңқтың жүгин тартыў ушын жаратқан, 
Болмайды ол шаңлы жолға миниске ... 
Аяғыңды пута тырнап, тас қыйып, 
Өрмелейсең асқар таўдың басына. 
Жол азабы қастын тигер қасқыйып, 
Таў қарынан қыраў түсер шашыңа. 
Ҳәмме қайтар машақатқа көне алмай, 
Тек сен кеттиң шыңға аяқ басыўға. 
Ақырында миндиң, журтлар мине алмай, 
Етекликте телмирискен асыўға.


Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 103
Бултлар аўнар аяғына бас урып, 
Бирақта күн жердегидей қыздырмас, 
Түсерликте киятырсаң мәсирип, 
Аяқ талып, кирпигиңе муз турмас. 
Киятырсаң түсерликте сен әсте, 
Мәнзилиңе жетиўге аз қалды дә. 
Көбинше сол көлик керек еместе, 
Даңқ арбасын тартар сениң алдыңа ... 
Журт гүўлесип көтермелеп баратқан 
Бул арбаның жолы дымнан жиңишке. 
Марапаттың морт ағашынан жаратқан, 
Жарамас ол жумыс ушын миниске. 
Баз биреўлер буны жақсы билсе де, 
Тоздырар оны қуўып айдап дембе-дем. 
Ямщик жаллап жол арбасын минсе де, 
Пушкин жолға даңқ арбасын минбеген ... 
ЕСКИ ЖОЛ ДӘРБЕНТИНДЕ
Ески жол дәрбентинде бир әжеп сарай көрдим, 
Ғайры нағыс саўлатына телмирип қарай бердим. 
Күндиз жуп қумыры отыр қыйраған пештағында, 
Ақшамы пәнжиреден сығалаған ай көрдим. 
Шаң басқан дәўирлер руўҳы гүңгирлер гүмбезинде, 
Ышқы дәртинен ғам шеккен көзлери қумай көрдим, 
Шырша таста сулыў әрман нағыслы из қалдырған, 
Устасы уллы ойшыл, кеўлин ҳатам тай көрдим, 
«Қайсы шаның сарайы бул, қашан ҳәм ким салған?» деп,


Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 104
Ҳәр өткен жолаўшыдан ынтығып сорай бердим. 
Биреўлер жорамаллап, биреўлер қысты ийнин, 
Ақыры анық жуўабын былай билдим, былай билдим: 
Бул сарайды салдырған патшаны журт умытыпты. 
Буны салған «уста қуш» дер, – ертекке қолай көрдим. 
Журт ядында қалған мәзи: Саадий бунда түнеп, 
Патшаға гүрриң етипти жаңалығын талай жердиң, 
Шараплы гүзеден шаның бас сүйегин танып Ҳайям, 
Бунда бир рубаи тоқыпты, – өлмесликке сай көрдим. 
Журт және есте сақлапты: бул – Наўайы жырлаған 
Жети гүмбездиң бири – сәбғаи сайяр көрдим. 
Аязий дер, қол жаратқан гөззалықты мәңгиге 
Тил жаратқан гөззаллық қорғап турардай көрдим. 
(Сәбғаи сәйяр – «Жети ықлым» – Наўайының «Хамса»сындағы бес дәстанның
бири. (И. Ю.))

Download 484,87 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   44




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish