КӨЛ БОЙЫНДА
Қайтқан қусқа толып көк жийек,
Ыссы жаққа ушар тырналар.
Машинаға үйлерин тийеп,
Көл бойынан кетти шарўалар.
Ошақ түтер суў жағасында,
Кеткен оны ийеси таслап,
Бул ошақтың айналасында
Шай ишкенмен талай жамбаслап.
Ғарры шопан үйин жықты да,
Кабинаға отырды енди.
Қос бурымын қойнына тықты да,
Қызы жүктиң үстине минди.
Жүк үстинде ийтин қушақлап,
Барар бизге шай қуйған сол қыз,
Қыз журтында қалған ошаққа
Қарап турман есиркеп жалғыз.
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 97
Көлде қуслар базары тарқап,
Ыссы жаққа ушып барады.
Жаслық дәўран отаўын жыйнап,
Бизди таслап көшип барады...
1975-ж.
ТӨРТЛИКЛЕР
Биреўлер кең пейилликке шақырар,
«Мендей ҳүжданлы бол» десип аҳ урар.
Сен базарға барып тыңлап көр: ҳәр ким –
Өзинде жоқ затты айтып бақырар ..
***
– Тил – бир дәрья, кеўил – оның сағасы,
– Ал, тис оның тарнаўы ма, нағып тур?
– Шайнаў емес тистиң бас ўазыйпасы,
Ол сыртқа шығармай тилди бағып тур.
***
Тилден гәўҳар жыйнаўға да болады,
Тил ийесин аңлаўға да болады.
Әфәнди айтқандай, тилдиң ушына
Базда ешек байлаўға да болады...
***
Билеги жуўан биреў ҳәр жолыққанда,
Созған қолын қорқа-қорқа аламан.
Қолымды аўыртып қысып турғанда,
Билими жиңишкелигин сезип тураман.
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 98
***
Қар көрмедим Ала таўдын қарындай,
Жарқырайды қысы-жазы арылмай.
Асқан арыў яр көрмедим дүньяда,
Ҳәр кисиниң өзи сүйген ярындай.
1976-ж.
ТӘРЕЗИ
Япырмай бала илим артып
Техниканың өсиўин-ай!
Мысқалды мың бөлип тартып,
Тәрезилер сөйлер бузбай.
Сәддақ оны соққанларға,
Кивернетик дәўирге даңқ!
Деген менен, тоқтаңлар дә,
Бир нәрсеге болдым ғой таң.
Ақылға уғрас келмейтуғын
Ислер ушырап қалар екен,
Тек адамды өлшейтуғын
Бир тәрези болар екен.
Үлгисин оның музейде көрип,
Күлип ишек-силем қатқан:
Қабақтың түбин еки бөлип,
Кендир жиптен үш баў таққан.
Саз ылайдың кесегинен
Дизиўли тур өлшеў тасы.
Усыны да жыл есебинен
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 99
Мың жылдай соққан устасы.
Басқа қыйын сыры жоқ буның,
Илимнен жоқ ғәрези де.
Қойындай колхоз фермасының
Түсиўиң шәрт бул тәрезиге.
Бар ма, жоқ па сорпалығың,
Гелле-бас сыйрақ, ишек қарын,
Таза гөшиң қаншалығын
Ҳеш қалпысыз айтар бәрин.
Тәрезибан тамаша халық,
Ишинен бәрин билип қояр.
Насбайын бир атып алып,
Муртынан ғана күлип қояр.
Әне соннан кейин барып,
Билесең анық салмағыңды:
Тас басарың болса танып,
Биледи ким болмағыңды.
Қой да жақсы-аў, жеңил келсе
Бағып-қағып семиртесең.
Ал сен бул безбенге минсең,
Түсе алмайсаң өмирде сен.
Тас баспасаң ебин-жорық.
Мандымайсаң урсадағы.
Тилиң менен орақ орып,
Қудайың тиреп турсадағы.
Даңқлы алым яки уста,
Болсаңдағы берен аттай,
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 100
Оннан кейин жүре бер тыста,
Мәжилиске басың батпай...
Ақылға уғрас келмейтуғын
Жәмийеттиң бар өз иси.
Жасасын адам өлшейтуғын
Халықтың қабақ тәрезиси!
1974-ж.
Do'stlaringiz bilan baham: |