НЕСИБЕҢ АҚ БОЛСЫН ҚЫСҚЫ ДАЛАДАЙ
Несибең ақ болсын қысқы даладай:
Қызыл түлки аўнап азанғы қарға,
Аяз күн қәҳәри шағылысып нурға,
Кеўлиң – тай шапқылап шыққан баладай.
Кеўлиң ыссы болсын жазғы даладай:
Әрман теңизиндей булдырап сағым,
Суў ҳәм саяны ең сағынар ўағың,
Түн – рәҳәт. Жулдызлар парлап жанады-ай.
Өмириң жайнасын бәҳәрги даладай:
Қара нөсер менен таўдан сай қулап,
Булт артында қызыл-жасыл айқулақ,
Инсан үмитлери гүллер даладай.
Ақылың кәмил болсын гүзги даладай:
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 109
Жантақ сөклеп, ҳаўа мумдай тынығар,
Кеўилиң әллекимди аңсап зарығар,
Төбеңде шырылдап торғай турады-ай...
АЯЗ ҚАЛА
Аяз қала – даналықтың қаласы,
Гөне тарийх саған ийек сүйеген.
Қыйратыўшы ўақыт пенен таласып,
Тас бүркиттей турысыңды сүйемен.
Тасың күйреп, топырағын тозғыған,
Сен билесең туралмайсаң мәңгиге.
Бирақ сениң басыңдағы боз думан
Уйып қалған уллы тарийх-әңгиме.
***
Археолог жигит Ленинградтан
Мың жыллық жазыўды оқыйды ядтан.
Қазып атырып бир ески қорғанды,
Көк шыршалап жазған тас таўып алды.
Жазыўды урыстырып оқыды әсте
Ҳәм бир гөне ертек сөз түсти еске:
«Ғәзеп пенен қайнап халықтың қаны,
Тахтынан тайдырды залым патшаны.
Ҳәм дүзде мал бағып жүрген пақырды
– Тахқа отыр, хан болдың» деп шақырды.
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 110
Сөйтип, хан көтерди шопанды олар,
Шопан-хан зор болып шықты геллеғар.
Зейнинде бар еди ақылдың көзи,
Ҳәр бир айтқан сөзи нақылдың өзи.
Халықты сорады соныңдай әдил,
Көз жасларын тыйды жетим ҳәм жесир.
Елди тазалады уры-ғарыдан,
Байыўлылар ушты таппай гөне там.
Ақша дәрья бойы гүлистан болып,
Ат шығарды кимсең Аяз хан болып.
Дәўлети бәршеден болды зыяда,
Әдалатлық даңқы кетти дүньяға.
Қоғадай жапырылып халқы сыйлады,
Туўрылықта теңи-тайы болмады.
Бийжөн көтермеди адамға қолын,
Ойлады ол асып-таспаўдың жолын.
Сөйтип, ол өзиниң хан сарайына, –
Бийик алтын тахтың қақ маңлайына –
Қазыққа қыстырып қойды ол бүгин
Шопан ўақта кийген жаман шарығын.
Ҳәм көк шырша тасқа жуўыртып нурды,
– «Аяз, шарығыңа бақ!» деп жаздырды ...
***
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 111
Қаланы жаў қамал етти бир ўақта,
Ел басына түсти тағы дәртли күн.
Ләшкер басы бир мәрт екен бирақ та
(Жаў да болса айтпай болмас мәртлигин.)
Бир бийикке минип алып ол адам,
Қоразланып буйрық берди даладан:
– «Биз келгенбиз еркек пенен урысыўға,
Қатынлар тез шықсын – деди қаладан!
Шашы узын, қысқа олардың ақылы,
Бир ақшамда кетсин олар мақулы.
Ҳәтте ҳәр бир ҳаял керек буйымын
Көтергенше әкетиўге ҳақылы».
– «Өйббей бала, жақсы жаў ғой, ҳаў мына!»
Деп ҳаяллар қуўанысып қалысты.
Затын түйип, тислеп алып аўзына,
Балаларын қолларына алысты.
– «Өлгениңнен аманлығың дым қызық,
Ҳай, бери кел, мин мойныма, балажан!»
Деп еркегин мойынына мингизип,
Барлық ҳаял шығып кетти қаладан...
Паҳ, шабазым, ақылыңнан-ойыңнан,
Яр айлансын сениң қәдди-бойыңнан!
Әттең бирақ соннан бери көп еркек
Түскиси келмей жүр жумсақ мойныңнан...
1974-жыл
Do'stlaringiz bilan baham: |