Март, 1976-жыл.
Автордан: Биз бул сапары Күншығыс классик поэзиясының баслы лирик дәстури
болған ғәззелдиң жети бәйит (яғный он төрт қатарлық) формасына қәлем сынап,
усы қыйын жанрдың қатаң шәртли талапларын толық сақлаўға тырыстық.
«Бәҳәр ҳәм сен» атлы бул дүркимде Күншығыстың даңқлы ғәззел усталарынан
Ҳафиз, Лутфий, Наўайы, Фызуўлы, Мәширеп, Нәдира, Фурхат, ҳәзирги заман өзбек
ғәззелиниң шеберлеринен Сабыр Абдулла ҳәм Еркин Ўахидовлардың, атақлы шаира
Зульфияның ҳәр бирине бир ғәззел арналады. Сондай-ақ, классик ғәззеллерди
атқарыўшылардан даңқлы көркем өнер шеберлери болған Юнус Раджабий, Халима
Насырова, атақлы ойыншы Мукаррама Турғунбаева, қарақалпақ классик
қосықларын атқарыўдың устасы Айымхан Шамуратоваларға да базы бир
ғәззеллерде ишарат етиледи. Түсиниклер: Рахсқа түсиў – сахнада ойнаў, дүгәна –
қурдас, «айнайы жәҳан» – телевизор демек, (И.Ю.).
Do'stlaringiz bilan baham: |