Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў


Бөлшеклениўдиң кеңисликтеги орналасыўы



Download 2,04 Mb.
Pdf ko'rish
bet25/62
Sana20.04.2022
Hajmi2,04 Mb.
#567220
TuriЛекция
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   62
Bog'liq
рауаж.биол. лекция

Бөлшеклениўдиң кеңисликтеги орналасыўы. 
Көпшилик ўақытлары 
бөлшеклениўши мәйеклердиң бластомерлери бир бирине ҳәм мәйектиң 
полярлық көшери муғдарында қатаң тәртипте орналасады. Буннан басқа 
үлкенлиги жағынан заңлы өзгешеликлерге ийе ярус бойынша орналасады. Бул 
кеңсизликтеги бластомерлердиң орналасып шөлкемлесиў процеси тийкарынан 
төмендеги процесслер менен анықланады. 
1)
Бластомерлерде интерфазалық ядролардың заңлы орналасыўы 
менен 
2)
Бөлшеклениўдиң избе-из бөлиниўде бөлшеклениў қорығынан заңлы 
бағдарланыўлары менен болады. 
3)
Клеткалық 
циклдың 
түрли 
фазаларында 
бластомерлердиң 
ҳәрекетлери менен көринеди. 
Сарыўыздың болыўына ҳәм тарқалыўына байланыслы заңлықлар. 
Биринши еки категориядағы процесслер мәйек клеткаларына сарыўыздың 
орналасыўы күшли тәсир етеди. Немец эмбриологи О.Гертвиг XIX әсирдиң 
ақырында бурын өсимликлердиң меристемасы ушын ботаник Ю.Сакс усынған 
қағыйда тийкарында сарыўыздың орналасыўы ҳәм ядроның орналасыўы ҳәм 
тарқалыўы ортасындағы ғәрезсизликтиң әпиўайы қағыйдасын қәлиплестирди. 
Сакс өсимликлердиң жоқарғы меристема алдында ядро клеткалардың 
геометриялық орайында орналасып, ал тартылыў олардың ең узын кесесине 


51 
бағдарланатуғынын белгилейди. Гертвиг бул қағыйданы сарыўыздың 
төмендегише болған мәйеклери ушын қәлиплестиреди. 
1)
Клетка ядросы цитоплазманың сарыўызы жоқ таза жеринде 
орналасыўға ҳәрекет етеди. 
2)
Клеткалық бөлиниўдиң тартылыў бағдары цитоплазманың 
сарыўызы жоқ узын тәрепине қарап орналасыўға ҳәрекет етеди. 
Енди бул қағыйда бойынша түрли типтеги мәйеклердиң бөлшеклениўи 
қалай болады. Сарыўыздың муғдарына қарай мәйек клеткалары поли, мезо, 
олиголециталлық ҳәм алециталлық болып бөлинеди. Ал тағы сарыўыздың 
мәйек полярлық көшери бойынша орналасыўына қарай -тело, -гомо (-изо) ҳәм -
центролециталлық болып бөлинеди. 
Телолециталлық ямаса полилециталлық мәйеклерде сарыўыз анық 
полярлық орналасып олардың муғдары кем-кемнен ямаса кескин анимал 
вегетатив бағдарға артып барады. Гомолециталлық ямаса изолециталлық 
мәйеклерде сарыўыз тең тарқалады. Ал центролециталлық мәйеклерге 
көпшилик буўын аяқлылардың мәйеклери киреди. Бул мәйеклерде полярлық 
көринбей анимал ҳәм вегетативлик полюслардың орнына алдыңғы ҳәм артқы 
тәреплери делинеди. Мәйектиң орайында ядро, ал периферияларында 
сарыўызсыз цитоплазма орналасып, мәйек орайы менен периферия 
цитоплазмалық көпиршелер менен байланысып, олардың арасын сарыўыз 
толтырған болады. 
Полилециталлық 
мәйеклер 
сарыўыздың 
орналасыўына 
қарай 
центролециталлық (буўын аяқлылар), телолециталлық (балықлар, рептилиялар, 
қуслар) болып бөлинеди. Барлық мезолециталлық мәйеклер усының менен 
бирге телолециталлық (осётрлық балықлар, амфибиялар) болып есапланады. 
Сарыўыздың тарқалыўына полярлық өзгешелик болыўына қарамастан 
олиголециталлық мәйеклерди изо (гомо)-лециталлық мәйеклерге жатқарған.
Сакс-Гертвигтиң биринши қағыйдасы бойынша тек изолециталлық 
мәйеклерде ядро геометриялық орайда орналасады. Центролициталлық 
мәйеклерде Сакс-Гертвигтиң биринши қағыйдасы төмендегише орналасады: 
пронуклеуслар бириккеннен кейин зигота ядросы көп ядроларға бөлинип 
цитоплазматикалық көпиршелер арқалы сарыўыздан бос сыртқы цитоплазмаға 
шығып клеткалық қабық бластоцистаны пайда етеди. 
Полилециталлық, центро ҳәм телолециталлық типтеги мәйеклерде 
сарыўызсыз цитоплазма жуқа қабаты болып орналасады. Сонлықтан, Сакс-
Гертвигтиң екинши қағыйдасы бойынша бөлшеклениўдиң дәслепки 
бөлиниўлеринде тартылыў мәйек үстине параллель ямаса тангенциал 
орналасады, бластомерлердиң тангенциаллық кесими еки радиаллық ени менен 
теңлескенше даўам етип, бул қәдимгише бөлшеклениўдиң ақырында болады. 
Солай етип, полилециталлық мәйеклерде сарыўызсыз цитоплазма бөлимлери 


52 
бөлшекленип, сарыўызлы бөлимлери бөлшекленбей қалып бундай типтеги 
бөлшеклениўге толық емес ямаса меробластикалық бөлшеклениў делинеди. 
Полилециталлық мәйеклер типиниң ишинде центролециталлық мәйеклерде 
цитоплазманың үстиңги қабаты бластомерлерге бөлинип үсти жоқарыдан 
бөлшеклениў делинеди. Балықлардың ҳәм қуслардың телолециталлық 
мәйеклериниң анимал полюсы жуқа цитоплазма дискасы бластомерлерге 
бөлинип дискодиаллық бөлшеклениў делинеди.
Мезо ҳәм олиголециталлық мәйеклер пүтинлей бөлшекленип онда бар 
сарыўызлар бластомерлерге қосылып кетеди ҳәм толық ямаса голобластикалық 
бөлшеклениў типи делинеди. 
Голобластикалық бөлшеклениўлердиң бир қанша улыўма заңлықлары 
болып. Бунда биринши үш қарығы бир-бирине перпендикуляр болып, буның 
биринши екеўи мәйектиң меридианынан өтеди, бирақ бул қағыйдада өзгешелик 
бар, бирақ, көп емес мезолециталлық мәйек ушын ортогонлық Сакс-Гертвиг 
қағыйдасынан келип шыққан. Бунда да биринши бөлиниў қарығы мәйектиң 
экваторына параллель орналасады. Бундай жағдайда тартылыў мәйек үстиниң 
астында жатпағанлықтан тангенциаллық емес, ал кеңислик (широталық) бағдар 
делинеди.
Сонлықтан, биринши бөлиниў қарықшасы меридионал орналасады. Бул 
қағыйда бойынша ямаса екинши бөлшеклениўдеги тартылыў бириншисине 
туўры 
мүйеш 
пенен 
сондай 
широталық 
тегисликте 
орналасады. 
Мезолециталлық мәйектиң биринши төрт бластомерлери бир-бирине тең 
болып, гейде мәйектиң квадратлары делинеди.
Усыдан кейин ҳәр бир квадраттың сарыўыздан бос узын бөлими ени 
мәйектиң меридианлары менен туўры келеди. Себеби квадратлардың 
широталық ени меридионаллықтан қысық сонлықтан бөлшеклениўдиң барлық 
төрт тартылыўы меридионаллық болады. Соның менен бир қатарда вегетатив 
бөлимде сарыўыз болғанлықтан олардың ядролары анималь тәреплеринде 
мәйектиң широталық бағдарында орналасады. Солай етип мәйектиң төрт 
анималлық бластомерлери (микромерлер) ҳәм сарыўызы бар төрт үлкен 
вегетативлик бластомерлери (макромерлер) пайда болады. Кейинирек 
бөлшеклениў улыўма теңлигин жоғалтады, бирақ анималлық бластомерлер 
ҳәмме ўақыт вегетативликтен майда болады.

Download 2,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   62




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish