|
Инвестиция дастуринин қурамы ҳәм оны қәлиплестириў басқышлары
|
bet | 2/3 | Sana | 11.11.2022 | Hajmi | 32,02 Kb. | | #863938 |
| Bog'liq Мәмлекет инвестиция дәстүрин қәлиплестириў
2.Инвестиция дастуринин қурамы ҳәм оны қәлиплестириў басқышлары.
Ҳәр жылгы Өзбекстан Мәмлекет инвестиция дастуринин қабылланыўы айрықша инвесторлардың имканиятларын ҳәм режаларини муўапықластырыў имканиятын береди. Өзбекстан Мәмлекет инвестиция дастурлари инвесторлар ушын ислеп шығарыў тармақлари ҳәм ири инвестиция проектлери ҳаққында таза мағлыўматлар бериўши дерек сыпатында да аҳмийетке ийе.
Инвестиция дастуринин анализ бөлими республика экономикасын раўажландырыўдың тийкарғы макроэкономикалық корсеткишлери менен өз-ара байланыскан ҳалдағы капитал қойылмалар колемлери ҳәм финансластырыў дереклерин тийкарлаудан, дастур нәтийжелигин баҳалаў, проектлерди таңлап алыў критерияларидан ибарат болады.
Дастурдин анализ бөлими қурамына инвестициялардың қайта ислеп шығарыў ҳәм технологиялық қурамын есапқа алған жағдайда, улыўма дастурде, экономика секторлари ҳәм тармаклары, финансластырыў дереклери ҳәм аймаклар, әмелге асырыў жоллары бойынша капитал қойылмалар қурамы белгиленеди.
Дастурдин таза ишки өним өсиўине, экономиканың тармақ ҳәм аймаклык өзгериўине ҳәм импорт қурамына, ислеп шығарыў қуўатларын ҳәм социаллық тараў объектлерин иске тусириу колемлерине тасиринин прогнозластырылған нәтийжелери есап-китап қылынады.
Дастурдин анық дизимине орайластырылған дереклер, ҳүкимет кепили астында берилетуғын сырт ел кредитлер ҳәм туўрыдан –туўры сырт ел инвестициялар есабына әмелге асырылатуғын инвестиция проектлери киритиледи.
Дастурдин анық дизими төмендегилерден ибарат болады:
- экономиканы, социаллық тараўды ҳәм мәмлекет мудофа қудретинин қурамы озгертириуди тәмийинлеўши республика экономикасы үстин бағдарларын раўажландырыў дәстүрлерин финансластырыўға бағдарланатуғын орайластырылған инвестициялар лимитлеринен;
- сырт ел инвестициялар ҳәм ҳүкимет кепили астында кредитлерди енгизген жағдайда әмелге асырылатуғын инвестиция проектлериниң анық дастуринен;
- туўрыдан –туўры сырт ел инвестициялар ҳәм кредитлерди енгизген жағдайда әмелге асырылатуғын инвестиция проектлериниң анық дастуринен;
- үстин инвестиция усынысларының жыйыны дизиминен ибарат болады.
Социаллық тараў объектлеринин прогнозластырылып атырган колемлери дәстүрге ирилестирилген, буйыртпашылар ҳәм объектлер бойынша бөлистирилмеген жағдайда киритиледи.
Төмендегилер проектлерди әмелге асырыўдың биринши жылда оларды анық дәстүрге киритиудин мәжбүрий шәртлери есапланады.
- белгиленген тәртипте тастыйыкланган проекттиң (инвестиция проектиниң техникалық-экономикалық тийкарлаулары, техникалық-экономикалық есап-китаплары) бар болыўы;
- финансластырыў дереклериниң ҳәм кредитлердинг шәртнамада белгиленген муддетде қайтарлыуынын тастыйыкланыуы.
Анық дәстүрди қәлиплестириў процесси ҳәр бир проект бойынша анык мағлыўмат таярлаў, проекти устинлиги бойынша таңлап алыў ҳәм дизимди калиплесиуден ибарат болади.
Ҳәр бир проект(проектлер группасы) бойынша мағлыўмат буйыртпашы тәрепинен таярланады ҳәмде онда төмендегилер болады:
- белгиленген формадағы проект паспорти;
- проекти әмелге асырыў жоба-кестеси;
- анық дәстүрди қәлиплестириў санесинде проекти әмелге асырыўдың жағдайы ҳаққындағы толық мағлыўмат – орталыққа тәсирин баҳалауды;
- ислеп шығарыў ҳәм социаллық қатнасықларға карай нәтийжелилик ҳәм әмелге асырыў имканиятларын баҳалауды, шөлкемлик илажлардың көлемин;
- өнимге талап көлеми ҳәм сыпатын;
- шешимнин альтернатив вариантлари бар болганлыгы, соның ишинде хызмет көрсетип атырған кәрханаларды реконструкция етиў жолы менен ;
- тийкарғы материаллар ҳәм жумысшы куши ресурсларының барлығы;
- инвестиция қәрежетлерин муғдарын өзине алады.
Анық проектын әмелге асырыў мақсетке муўапықлығынан, оның экономикалық ҳәм финанслық натийжелилигинен, ислеп шығарыў ҳәм социаллық қатнасықларға карап әмелге асырыў имкониятлари ҳәм келисиминен, тармақты раўажландырыўдың стратегик уазыйпаларына муўапықлығынан келип шыққан жағдайда басқышпа-басқыш таңлап алынады:
- биринши басқышда – проект анық тармақ ҳәм регионды раўажландырыў устемлигинен келип шыққан жағдайда алдыннан баҳаланады;
- екинши басқышда – проект экономиканың айырым тармаклары ҳәм регионларын раўажландырыў устинликлеринен келип шыққан жағдайда, таңлап алынады.
Анық дәстүрге экономикалық тәрепинен нәтийжесиз инвестицион проектлерди, сондай-ақ, илгери енгизилген кредитлер бойынша мүддети өткерип жиберилген қарзы болған кәрханалар проектлерди киритиў бийкар қылынады.
Төмендегилер биринши басқышда проекттиң устинлигин белгилеудин критериялари есапланады:
- проекттиң тармоқни раўажландырыў стратегиясига муўапықлығы;
- финанслық ҳәм экономикалық натийжелик;
- жергиликли шийки-затлардан пайдаланыў дәрежеси;
- таярланган кадлар бар екенлиги;
- проекттиң әмелге асырыўға таярланганлығы дәрежеси;
- иске тусирилгеннен кейин пайдаланыў карежетлери.
Ҳәр бир критерияның ахмийетлиги дәрежеси тармақты раўажландырыў стратегиясын есапқа алған жағдайда Өзбекстан Республикасы экономика министрлиги тәрепинен белгиленеди.
Екинши басқышда уш жыллык дәўирде республика экономикасындагы қурамы өзгерислер прогнозы муўапық қосымша рәўиште төмендеги критериялар есапқа алынады:
- тармақ (регион) тың перспективадағы прогноз өсиў тезликлери;
- экспорт потенциалын прогноз өсиў тезликлери;
- тармактын улыўма республика бойынша макроэкономика корсеткишлерине тасиринин өзгериўи;
- қурамы факторлар;
- илгери қойылған инвестициялар натийжелиги;
- тийкарғы фондлар жағдайы ҳәм куштен пайдаланыў дәрежеси;
- проекттиң социаллық әҳмийети.
Екинши басқышда таңлап алыў нәтийжелерине көре дәстүрге киритилген объектлеринин анық дастури калиплестириледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|