Жақтылықтыӊ толқынлық ҳәм корпускулалық қәсийетлери



Download 0,49 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/11
Sana21.02.2022
Hajmi0,49 Mb.
#55336
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Bayekeeva A. Jaqtiliq tolqin

 
 
 


II. 
ТЕОРИЯЛЫҚ БӨЛИМ 
2.1. Оптика ҳаққында түсиник 
Таяныш сөзлер ҳәм түсиниклер: Оптика, геометриялық оптика, 
жақтылықтың корпускулалаық тәбияты, жақтылықтың толқын узынлығы, 
тезлиги, жийилиги, жақтылық тезлиги, Рюмер усылы.
2.1. Оптика- физиканың жақтылықтың нурланыў, жутылыў ҳәм тарқалыў 
нызамларын үйренетуғын бөлими. Жақтылық электромагнит толқынлардан 
ибарат болғанлығы себепли, оптика электромагнит майдан теориясының, 
яғный электродинамиканың бир бөлеги сыпатында қаралады. Жақтылық, 
радиотолқынлар ҳәм рентген нурлары арасындағы, толқын узынлығы 4*10
-7
-
7,6*10
-7
м болған электромагнит толқынлардан ибарат. Әдетте оптика 
геометрик, физикалық ҳәм физиологиялық оптикаларға бөлип үйрениледи. 
Геометриялық оптикада жақтылықтың тәбияты ҳаққында сөз болмайды, 
оның туўры сызық бойлап тарқалыўы, шағылысыўы ҳәм сыныў нызамлары 
үйрениледи. Әпиўайы көз әйнектен баслап үлкен астрономиялық 
қурылмалардағы қурамалы обьективлергеше болған барлық оптикалық 
әспабларды жасаўдағы есап-китаплар геометриялық оптика нызамлары 
тийкарында әмелге асырылады. 
Физикалық оптикада жақтылықтың тәбияты ҳәм жақтылық ҳәдийселери 
үйрениледи. 
Физиологиялық 
оптикада 
болса 
жақтылықтың 
раўажланыўшы 
организмге тәсири үйрениледи. 
Жақтылықтың тәсири ҳаққында тәлиймат жүдә әийем заманларда-ақ 
пайда болған. Оптика сөзиниң мәниси оптос-көзге көринетуғын сөзинен 
алынған болып көриў ҳаққындағы пәнди аңлатады. Жақтылықтың туўры 
сызық бойлап тарқалыў нызамы бизиң эрамыздан 5000 жыл алдын белгили 
болып, оннан шығатуғын жуўмақлардан әийемги Мысрда қурылыс ислеринде 
пайдаланған. Пифагор, денелердиң көриниўине себеп-олардың өзлеринен 
бөлекшелер шығарыўы деп, ҳәзирги теорияларға жүдә жақын болған 
пикирлерди ҳәм айтқан. 


Геометриялық 
оптканың 
еки 
тийкарғы 
нызамларынан 
бири- 
жақтылықтың түсиў ҳәм шағылысыў мүйешлериниң теңлиги ҳаққындағы 
нызам Платон мектеби ўәкиллери тәрепинен тәрийпленген. Жақтылықтың 
сыныў нызамы болса бир неше әсирлерден соң пайда болған. 
Он үшинши әсирде көз әйнек, 1590 жылы нидерландиялық алым З.Янсен 
тәрепинен микроскоп, 1609 жылы болса италян физиги Г.Галилей тәрепинен 
телескоп жаратлылған. 
Оптиканың кейинги раўажланыўы жақтылық дифракциясы ҳәм 
интерференциясы ҳәдийселери менен байланыслы.Бул ҳәдийселерди 
геометриялық оптика түсиндириўдиң иләжы болмаған соң, инглис физиги 
Р.Гук ҳәм голландиялық алым Х.Гюйгенс жақтылықтың толқын тәбияты 
ҳаққындағы теорияны алдыға сүрди. 

Download 0,49 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish