Илимий дөретиўшилик билиў объекти сыпатында Дөретиўшиликти анализлеўдиң философиялық принциплери Илимий дөретиўшилик адам искерлиги системасында



Download 200,26 Kb.
Pdf ko'rish
bet1/2
Sana10.07.2022
Hajmi200,26 Kb.
#773655
  1   2
Bog'liq
1-тема



Илимий дөретиўшилик билиў объекти сыпатында 
 
Дөретиўшиликти анализлеўдиң философиялық принциплери 
Илимий дөретиўшилик адам искерлиги системасында 
Илимий дөретиўшиликтиң прогрессив процесс сыпатындағы тийкарғы 
белгилери 
Илимий дөретиўшилик процессти үйрениў әҳмийетли болып, ол адам искерлиги 
системасында дөретиўшилик проблемасының көп аспектлериниң бири болып табылады.
Илимдеги 
дөретиўшилик 
проблемасының 
спецификасын 
анализлей 
отырып, 
дөретиўшиликтиң кең контексте тарийхый раўажланыўдағы субъекттиң жәмийетлик 
болмысын анықлайтуғын сыпатлама ретинде қаралыўын есапқа алыўымыз зәрүр.
Дөретиўшилик ҳәм мәденият өз-ара үзликсиз байланысқан болып, бул байланыс адам 
искерлигиниң ҳәр қыйлы түрлери: өндирис, илим, искусство, философия ҳ.б. арқалы иске 
асырылады. 
Бүгинги күни дөретиўшилик, мәденият, искерлик түсиниклерин интерпретациялаў, 
олардың арасындағы өз-ара байланыстың конкрет механизмлерин түсиниў менен 
байланыслы болған сораўлар комплекси илимий тартыслардың предмети болмақта. Бул 
түсиниклерге берилетуғын турақлы анықламалардың мазмунын анализлеў олардың тек 
мазмунларының кесилисип қоймайтуғынлығын, ал жийи түрде олардың биреўиниң 
екиншиси 
арқалы 
анықланатуғынлығын 
көрсетеди. 
Мәселен, 
дөретиўшилик 
қайталанбаўшылығы, оригиналлылығы ҳәм жәмийетлик-тарийхый уникаллылығы менен 
парықланатуғын қандай да бир сапалы жаңаны пайда етиўши өзгеше искерлик болып 
табылады. Искерлик мазмун ретинде дүньяны адамлардың мәплерине қарай мақсетке 
бағдарланған түрде өзгертиўди аңлатыўшы қоршаған дүньяға адамның қатнасының актив 
формасы алып қаралады. Мәденият болса жәмийеттиң, адамның дөретиўши күшлериниң 
ҳәм уқыплылықларының раўажланыўының тарийхый белгили дәрежесин өз ишине 
қамтыўшы өмир сүриў ҳәрекетиниң шөлкемлесиўиниң ҳәм раўажланыўының өзгеше 
адамлық усылын аңлатады. Искерликтиң характерли белгилерин оған ерисиўдиң 
мақсетин белгилеў ҳәм усылларын саналы таңлаў береди. Ал дөретиўшиликтиң қәлеген 
түриниң әҳмийетли компоненти сыпатында санасызлық дәрежесинде субъект тәрепинен 
қадағаланбайтуғын психикалық процесслер алып қаралады. Кейинги ўақытлары 
синергетиканың раўажланыўына байланыслы кең мәниде түсинилип атырған Ғөзин-өзи 
шөлкемлестириўҒ категориясы да дөретиўшиликти анализлеўде әҳмийетке ийе. 
Органикалық емес тәбият системаларында органикалықтағыдай белгили жағдайларда 
өзин өзи шөлкемлестириў, тәртиплиликтиң өсиў, энтропияның кемейиў процесслери 
болып өтеди. Синергетика тараўындағы алып барып атырылған изертлеўлер системадағы 
процесслердиң адамның араласыўынан ҳәм сыртқы факторлардан ғәрезсизлиги өзин өзи 
шөлкемлестириўге мәни беретуғынлығын көрсетти. Өзин өзи шөлкемлестириўдиң 
секирмели формасы адамның дөретиўшилик тәбиятын түсиниўди кеңейтиўге алып келди. 
И.Пригожинниң Ғдиссипативлик структураларҒ теориясына тийкарланып, дөретиўшилик 
искерликти материяның өзин өзи шөлкемлестриў структурасының қурамаласыў 
дәрежесиниң артыўының ҳәм тәбийий раўажланыўының нәтийжеси ретинде алып қараў 
логикалық жақтан орынлы болады. Басқаша айтқанда, субъекттиң дөретиўшилиги ҳәрекет 
етиўши материяның социаллық формасының өзин өзи шөлкемлестириўиниң жоқарғы 
басқышын аңлатады. 
Усы айтылғанларға тийкарланып, дөретиўшиликтиң онтологиялық аспектиниң 
категориялық тәртибин төмендеги категориялардың шынжыры түринде бериўге болады: 
ҳәрекет 
– 
раўажланыў 

өзин өзи шөлкемлестириў 

дөретиўшилик 

искерлик 
– 
мәденият. Бундай усылда дөретиўшилик материяның шөлкемлесиўиниң социаллық 
дәрежесиниң атрибуты сыпатында алып қаралады, ал искерлик (предметлик-практикалық 
ҳәм руўхый-теориялық) болса социаллық шөлкемлескен материяның жасаўының 
формасын ҳәм дөретиўшилик атрибутының көриниў формасын береди. Мәденият 


тарийхый субъекттиң дөретиўши искерлигиниң жуўмақлаўшы продукты, олар тәрепинен 
дөретилген ҳәм түсинилген материаллық ҳәм руўхый баҳалықлардың жыйнағы 
сыпатында көриниске ийе болады. Басқаша айтқанда мәденият өзиниң раўажланыўының 
қәлеген басқышындағы дөретиўшилик менен сыпатланады. 
Социомәдений искерликтиң қәлеген түрине дөретиўшилик элементлери тән. Бирақ 
ол адам тәрепинен дөретилгенлердиң барлығы таза түриндеги дөретиўшилик 
процесслердиң нәтийжеси екенлигин аңлатпайды. Бирақ адам дөрететуғын, иске 
асыратуғын барлық нәрседе дөретиўшилик искерликтиң компонентлери болады. Белгили 
мәниде дөретиўшилик тарийхый субъекттиң социомәдений искерлигиниң қәлеген 
түриниң универсаллық қураўшысын аңлатады. Адамның дөретиўшилик искерлиги 
ҳәрекеттиң ҳәм раўажланыўдың шексиз процессиндеги материяға тән болған өзин өзи 
шөлкемлестириўши қәсийетке тийкарланады. Дөретиўшилик усындай өзин өзи 
шөлкемлестириўдиң ең жоқарғы дәрежеси, материя ҳәрекетиниң социаллық формасының 
атрибуты болып табылады. Субъекттиң дөретиўшилик активлилигиниң интенсивлилиги 
ҳәм көриниў формалары ҳәр қыйлы тәбиятлы сыртқы факторлардың тәсир етиў дәрежеси 
ҳәм характери менен анықланады. Дөретиўши процесстиң ең тийкарғы формалары 
ретинде оның виртуаллық ҳәм ҳақыйқый формаларын алып қараўға болады. 
Виртуаллық форма деп продуктивлик идеал ақылый искерлик формасы 
түсиниледи. Ол психикалықтың саналы ҳәм сана тәрепинен түсинилмейтуғын 
дәрежелеринде де иске асыўы мүмкин. Ҳақыйқый форма субъекттиң реал ис ҳәрекети 
түриндеги дөретиўшилик активлиликти аңлатады. Дөретиўши искерликтиң виртуал 
формасы тиккелей қадағалаўға бойсынбайды. Қапталдан бақлаўшыға ол дөретиўшилик 
субъектиниң ис ҳәрекетсиз ҳалы менен барабардай болып түйиледи. Ҳақыйқый форма 
болса анаў яки мынаў усылда регистрацияға алынатуғындай актив искерлик сыпатында 
тән алынады. Дөретиўшилик субъекти ушын болса виртуал ҳәм ҳақыйқый формалар 
үзликсиз байланысқан болып, диалектикалық бирликте жасайды. Олар субъекттиң 
дөретиўшилик искерлигиниң иске асыўының тең ҳуқықлы, зәрүрли ҳәм өз ара бирин бири 
талап ететуғын еки формасын береди. 
Қурамаласыў ҳәр қыйлы болған социаллық системалар дәрежесинде эвристикалық 
процесслерди анализлегенде де дөретиўшилик компонентиниң универсаллығын ҳәм 
улыўмалығын есапқа алыў әҳмийетлиликке ийе. Дара субъект социаллық системаның 
шегиндеги жағдай, оның шөлкемлесиўиниң әпиўайы формасы сыпатында, бир нуқтада 
жәмленген жәмийетлик қатнасықлардың жыйнағы сыпатында алып қаралады. Бул 
шөлкемлесиўдиң қурамалы формалары менен (мысалы, илимий коллектив, илимий 
мектеп, илимпазлар жәмәәти) социаллық системаларды анализлегенде сыртқы факторлар 
түсинигиниң, дөретиўшилик искерликтиң көриниўиниң виртуаллық ҳәм ҳақыйқый 
формаларының мазмунындағы өзгерислерди есапқа алыў зәрүрлигин аңлатады. 
ҒИдеялар ҳаўада жүрҒ деген гәп те дөретиўшилик искерликтиң виртуаллық формасының 
образлы түсинигин береди. Илимде бул форма ҳақыйқатлыққа идеялардың жаңа 
экспериментлерде, болжаўларда, нызамларда, теорияларда, илимий искерликтиң 
шөлкемлестириўши структураларында материалласыўы менен бирликте өтеди. Илим 
тараўынан сырттағы бақлаўшыға дөретиўшиликтиң виртуаллық формасы тынышлық ҳалы 
(илимдеги туры қалыўшылық) сыпатында қабылланады, тек ғана ҳақыйқатлық форма 
илимий искерликтиң ҳәрекетиниң ҳәм раўажланыўының көрсеткиши сыпатында тән 
алынады. 
Илимпазлардың өзлери де дөретиўшилик искерликтиң бул еки түриниң өз-ара 
байланысын, зәрүрлигин түсинип атыр. Бул әсиресе үлкен илимий коллективлерде 
әҳмийетли орынды ийелейди. Фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлерди ажыратып 
көрсетиў ушын олардың көплеген белгилериниң қатарына

өзиниң не менен 
шуғылланып атырғанлығын түсиндире алмайтуғын изертлеўши тәрепинен алып барылып 
атыр деген белгиниң кириўи де тосыннан емес. Ҳәттеки Ғноль-продуцентлерҒ деген 
арнаўлы терминде киргизилди. Ол туўры мәниде изертлеўлердиң нәтийжелериниң 


жәрияланыўының авторлары болмаған, бирақ олардың улыўма илимий процесске, илимий 
искерликтиң өнимине жәмәәт дәрежесинде қосқан үлесиниң әҳмийетли сыпатламаға ийе 
болған илимий хызметкерлердиң белгили бөлегин аңлатады. 
Әлбетте, 
дөретиўшиликтиң 
виртуаллық 
формасы 
субъект 
ушын 
да,
дөретиўшиликтиң барлық басқа тараўлары ушын да тән. Дөретиўши инсанның 
социаллық орталық менен ҳәр қыйлы конфликтке түсиўиниң себеби ретинде де 
тынышлықтың, иссизликтиң усы көрсетилген қатламы алып қаралады. 
Дөретиўшиликти социомәдений искерликтиң қәлеген түриниң универсаллық 
компоненти 
сыпатында 
алып 
қарай 
отырып, 
берилген 
дәслепки 
шәртти 
идеалластырыўдың, ойлаў дәрежесиндеги конструктлесиўдиң нәтийжеси екенлигин 
есапқа алыўымыз әҳмийетли болады ҳәм усы қатнаста ол қәлеген басқа илимий 
принциптен парықланбайды. Дөретиўшилик өзиниң көриниўиниң барлық дәрежелеринде 
сыртқы орталықтың факторларының жыйнағы менен шекленеди ҳәм бағдарланады. 
Дөретиўшилик егерде сыртқы факторлар оның актуалласыўына кесент етпесе яки 
жағдай туўғызса потенциал дөретиўшилик активлиликте виртуаллық ҳәм реаллық 
формалар арқалы толық иске асырылады. Керисинше, егер қоршаған орталықтың 
ҳәрекети шекленгенлик, қадаған етиўшилик, директивлик характерге ийе болса, онда 
дөретиўшилик искерлик жетерли дәрежеде сөнеди, ал дөретиўшилик потенциал болса
әсте ақырын көнлигиўдиң структурасына айланады. Өзин өзи шөлкемлестириўдиң 
формаларының қурамаласыў процесслери яки пәсейеди, яки тоқтайды, ҳәм тийкарынан 
ерисилген мазмун менен шекленген ҳалда конкрет социаллық системалардың 
раўажланыўы қандай да бир тәризде қатып қалғандай болады. Басқаша айтқанда, 
дөретиўшилик активлиликтиң қәлеген формада көриниўин бақлай отырып, биринши 
гезекте сыртқы факторлардың қолайлы тәсириниң мәниси неде екенлигин анализлеўимиз 
тийис. Дөретиўшилик новациялардың санының кемейиўи яки олардың болмаўы 
талантлардың жоқ болып кеткенлиги, уқыплылықтың майдаланыўы, дөретиўшилик 
рухының пуўласыўы түринде түсиндирилмейди, ал қапталдағы күшлердиң негатив 
тәсириниң күшейип кетиў фактин аңлатады. 
Әлбетте, реал өмир тек дөретиўшилик ямаса тек ийкемлесиўшилик деген 
альтернативаның өмир сүриўин аңлатпайды. Социомәдений искерлик тараўларының көп 
түрлилиги, оның операционаллық комплекслерде структураласыўы дөретиўшилик 
активлиликтиң де, адаптацияның формаларының да шексиз тарқалыўының мүмкин 
емеслигин береди. Олар ҳәмме ўақытта бир бири менен бирге өмир сүреди ҳәм бир бирин 
толықтырады. Бирақ олардың салмағы ҳәр қыйлы искерликтиң түрлеринде ҳәр қыйлы 
қатнаста болады. Мысалы ушын, экономика ҳәм сиясат тараўларында илимге ҳәм 
искусствоға салыстырғанда турақлылық үлкен ўақытлық характерге ийе. Бул жәмийеттиң 
раўажланыўының айрым басқышларында көркем ҳәм илимий өмирде тубалаўшылық 
қубылыслардың ҳәрекет етиўин, ал экономикалық ҳәм сиясий структураларда түп-
тамырынан революциялық өзгерислердиң болыўын бийкарламайды. 
Қурамаласыўдың қәлеген дәрежесиндеги социаллық системада 

инсаннан бир 
пүтин жәмийетке шекем 
– 
дөретиўшилик активлилик егер оның структурасы сыртқы 
орталық факторларының тәсириниң структурасы менен резонанс ҳалында бола 
алатуғындай жағдайды берсе, виртуаллық ҳәм ҳақыйқатлық формаларында көринеди. 
Резонанс түсиниги анаў яки мынаў системадағы тербелислер амплитудасының сыртқы 
күшлердиң тәсири астында системаның жеке тербелислериниң жийилигиниң сыртқы 
гармониялық тәсирлердиң жийилиги менен сәйкес келген жағдайында тезден өсиў 
қубылысы сыпатында анықланады. Усыған байланыслы Ғидеялар резонансыҒ, Ғқубылыс 
кең резонанс алдыҒ деген пикирлердиң қолланылыўы әдетке айланды. Сыртқы 
тәсирлердиң структурасы системаның структурасы менен сәйкес келсе, онда оның 
шөлкемлесиўиниң 
жаңа 
дәрежесине 
өтеди, 
яғный 
системаның 
өзин 
өзи 
шөлкемлестириўиниң формаларының раўажланыўының жаңа шеңбершесине өтеди. 


Берилген ҒрезонансҒ түсинигиниң инварианты бул түсиникти дөретиўшилик 
проблемасын 
философиялық 
анализлеўде 
қолланыўға 
мүмкиншилик 
береди. 
Дөретиўшилик искерликти де қурамаласыўдың жоқарғы дәрежесине өтетуғын белгили 
резонанслық система сыпатында көз алдымызға келтириўге болады (егер де оның 
структурасы сыртқы факторлардың анаў яки мынаў тәртибиниң структурасы менен сәйкес 
келсе). Егер де дөретиўшилик искерликти жеке инсан дәрежесин де алып қарасақ, онда 
микро- 
ҳәм 
макроорталықтың 
сыртқы 
тәсирлериниң 
ҳәр 
қыйлы 
тәртибиниң 
структуарларының сәйкес келиў саны менен бул искерликтиң өнимлериниң әҳмийетлилик 
дәрежесиниң ҳәр қыйлылығын 

субъект-инсанлықтан улыўмаадамзатлыққа дейин - 
түсиндириўге болады. Басқа социаллық системалар ушын сыртқы тәсирлердиң өзлериниң 
тәртиби, өзлериниң микро - ҳәм макроорталығы өмир сүреди. Системаның қурамалылық 
дәрежеси қаншелли дәрежеде жоқары болса, сыртқы орталықтың факторларының 
тәсирлериниң тәртиплери де жоқары болады, усыған байланыслы резонанс ҳалатына да 
қыйыншылық менен ериседи. 
Будан дөретиўши искерлик қәлеген конкрет дәрежеде итималлылық характерге ийе 
болады деген жуўмақты алыўға болады. 
Дөретиўшилик искерликтиң қәлеген түриниң раўажланыў дереги ретинде 
дөретиўшилик процесслериниң структурасының элементлери арасындағы ҳәм берилген 
структураның сыртқы тәсирлер тәртибиниң структурасы арасындағы объективлик 
диалектикалық қарсылықлар алып қаралады. Бул қарсылықларды изертлеў дөретиўшилик 
искерликти анализлеўдиң әҳмийетли регулятив методологиялық принципи болып 
табылады. Бирақ бул стратегиялық мәселе избе-из, көплеген илимпазлардың күши менен 
шешилиўи мүмкин. 
Дөретиўшилик искерликтиң конкрет түрлерин, соның ишинде илимий түрин алып 
қарағанымызда, оның раўажланыў дереги ретинде айрым бинарлық оппозициялар 
системасын анықлаў ақылға сай келеди. Бинарлық оппозиция түсиниги Ғдиалектикалық 
қарсылықҒ түсинигине мазмуны жағынан жақын, адамзат мәдениятының қарама 
қарсылықлы ҳәм өз-ара бир бирин толықтыратуғын тәреплери ҳәм тенденцияларының 
қәлиплесиў процессин аңлатады. Ол конкрет илимлердиң раўажланыўы менен пайда 
болған ҳәм әсте-ақырын метаилимлик түсиник статусына ийе болмақта. Оның 
диалектикалық қарсылық категориясынан парқы ол раўажланыў процессиниң барлық 
басқышларын толық түсиндириўге умтылмайды. Бинарлық оппозициялар жәрдеминде тек 
айырмашылықлардың пайда болыўы ҳәм олардың писип жетилисиўи ғана есапқа 
алынады, ал олардың қарама-қарсылыққа айланыў (өтиў) басқышы, олардың бийкарланыў 
басқышы түсиндирилмейди. Бул көрсетилген басқышлар диалектикалық қарсылық 
категориясын түсиндиргенде басшылыққа алынады. Басқаша айтқанда, бинарлық 
принципи қарсылық принципиниң тек белгили бөлегин өз ишине қамтыйды. Оның 
жәрдеминде дәслепки эмпирикалық материалдың биринши тәртиплесиўи иске 
асырылады. Бул, өз гезегинде, дөретиўшилик процесслерин үйрениўдиң ҳәзирги 
басқышында ең дәслепки адымларды аңлатады. Бинарлық оппозициялардың ҳәрекетиниң 
белгили дәрежелерин бөлип көрсетиў, олардың биринши классификациясын дөретиў 

бул дөретиўшилик диалкетикасын, соның ишинде илимдеги дөретиўшилик искерликти 
түсиниўдеги зәрүрли адымды аңлатады. 
Дөретиўшиликти үйрениўдиң философиялық шәртлерин анализлеў искерликтиң 
дөретиўшилик 
компонентиниң 
универсаллығының 
сәўлелениў 
принципи 
менен 
сәйкесликте қарамасақ толық болмайды. Философияда сәўлелениў материяның 
универсаллық қәсийети сыпатында алып қаралады. 
Материяның шөлкемлесўи дәрежесине қарай сәўлелениўдиң органикалық ҳәм 
органикалық емес тәбияттағы сапалы жақтан ҳәр қыйлы формаларын бөлиўге болады. 
Сәўлелениўдиң ең жоқарғы формасы ретинде адам санасын ҳәм өз өзин аңлаўды бөлип 
көрсетиўге болады. Усы дәрежеде сәўлелениўдиң дөретиўшилик актив характери, оның 
сайландылыққа, мақсетке бағдарланыўшылыққа, излениў искерлигине ийе болыўы 


туўралы айтыўымызға болады. Сәўлелениў избе-из раўажланыў арқалы, ең жоқарғы 
басқышта, яғный адам санасы дәрежесинде, жаңа параметрге 

дөретиўшиликке 
уқыплылыққа - ийе болады. Дөретиўшилик активлилик саналы адам искерлиги 
дәрежесине ерискен сәўлелениўдиң атрибутына айланады.
Искерликтиң дөретиўшилик компоненти сәўлелениў принципиндей универсаллық 
дәрежесине ийе емес, себеби дөретиўшилик искерлик өзгеше адам искерлигин аңлатады. 
Бирақ дөретиўшиликти тек социаллық факторлар менен (олардың дөретиўшиликтиң 
раўажланыўында шешиўши рольге ийе болыўына қарамастан) түсиндириўге болмайды. 
Сәўлелениўдей дөретиўшилик те материя эволюциясында өзиниң тарийхына ийе. Бул 
өзин өзи шөлкемлестиретуғын материаллық системалардың тарийхын, ал материяның 
атрибутивлик қәсийети 

өзин өзи шөлкемлестириўдиң қәсийетин аңлатады. Сана жоқары 
раўажланған материяның қәсийети сыпатында когнитивлик планда дөретиўшилик ҳәм 
сәўлелениў элементлериниң бирлигин аңлатады. Ол алынған түрде бирдей дәрежеде 
материяның сәўлелениў формаларының эволюциясын ҳәм оның өзин өзи шөлкемлестириў 
формаларының эволюциясын өз ишине қамтыйды. Раўажланыўдың еки тәртиби арасында 
белгили корреляцияның (байланыс) өмир сүриў итималылығы бар. Дара субъект 
дәрежесинде сәўлелениўдиң дәслепки формаларына 

сезим, қабыл етиў, елеслеўге 

дөретиўшилик искерликтиң формаларын 

қыялланыў, фантазия, интуицияны 

сәйкес 
қойыўға болады. Солай етип, дөретиўшилик материяның өзин өзи шөлкемлестириўиниң 
формаларының узақ даўам еткен эволюциясының жуўмағы, оның адам санасының пайда 
болыўы менен байланыслы болған жоқарғы басқышы болып табылады. 
Илимий дөретиўшилик адамзат мәденияты системасында тарийхый субъекттиң 
дөретиўшилик искерлигиниң тек ғана бир түрин аңлатады. Сол себепли бул сораўда 
бизлер дөретиўшилик процессти үйрениўдиң улыўмафилософиялық принциплерин алды 
менен алып қарадық. Оларды қысқаша келтирип өтейик. 
Дөретиўшилик материяның раўажланыўының социаллық дәрежесиниң атрибуты
материяның өзин өзи шөлкемлестириў процессиниң ең жоқарғы формасы. Дөретиўшилик 
искерлик ҳәмме ўақытта виртуаллық ҳәм ҳақыйқатлық формаларының бирлиги түринде 
өмир сүреди. Дөретиўшилик искерлик процесси бул процесстиң структурасы менен 
сыртқы факторлардың тәсириниң структурасы резонансқа келсе шөлкемлесиўдиң жоқары 
дәрежесине көтериледи. Қәлеген ири новацияның генезиси итималлылық характерине ийе 
болады. Бинарлық принципи тарийхый субъекттиң дөретиўшилик искерлигиниң конкрет 
түрлериниң пайда болыўын ҳәм өмир сүриўин анализлеўдиң методологиялық алғы шәрти 
болып табылады. Сәўлелениў ҳәм дөретиўшилик адам санасының бирин бири 
толықтырыўшы сыпатламалары болып табылады ҳәм социомәдений искерликте бирдей 
әҳмийетли рольге ийе. 

Download 200,26 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish