Илимий дөретиўшилик билиў объекти сыпатында Дөретиўшиликти анализлеўдиң философиялық принциплери Илимий дөретиўшилик адам искерлиги системасында


Илимий дөретиўшилик адам искерлиги системасында



Download 200,26 Kb.
Pdf ko'rish
bet2/2
Sana29.11.2022
Hajmi200,26 Kb.
#874827
1   2
Bog'liq
1-тема

 
Илимий дөретиўшилик адам искерлиги системасында 
Илимниң жәмийет өмириндеги ролин көрсетиў қурамалы мәселе болып табылады.
Оны бүгинги күн ҳәм келешек ушын баҳалаўдағы улыўма бир бағдарды бөлип 
көрсетиўдиң өзи қыйын. Пикирлердиң амплитудасы илимди барлық мәденияттың 
раўажланыўының абсолют эталонына көтериўден баслап, оны адамды езиўдиң жаңа түри 
деп айыплаўға шекем тербелип турады. Сциентизм (Д.Белл, Г.Кан ҳ.б.) ҳәм 
антисциентизм (Г.Маркузе, Т.Роззак ҳ.б.) бағдарлары илимниң социаллық ролиниң 
абсолютлестирилиўин позитив ҳәм негатив вариантларда сәўлелендиреди. Сциентизм 
ушын конкрет илимлердиң стилин ҳәм методларын абсолютлестириў, оларды 
билимлердиң шыңы деп дағазалаў характерли. Сциентизм толқынында бир бири менен 
байланыслы болмаған еки 

тәбийий илимлик ҳәм гуманитар мәденият ҳаққында көз 
қараслар пайда болды. Сциентизм шегарасында илим келешекте өзиниң рационаллық 
емес тараўларын жутатуғын руўхый мәденияттың жалғыз тараўы сыпатында алып 
қаралады. Ал антисциентистлик көз қараслар илимниң жоқ болатуғынлығын яки адамның 
тәбиятына мәңги қарсы туратуғынлығын айтады. Антисциентизм адамның түпкиликли 


проблемаларын шешиўде илимниң мүмкиншиликлериниң принципиал дәрежеде 
шекленгенлигинен келип шығады, өзиниң көз қарасларында илимди адамға душпан күш 
сыпатында баҳалайды, оның мәдениятқа унамлы тәсирин есапқа алмайды.
Бундай дүньяға көз қараслық баҳалардың берилиўи ҳәзирги заман илиминиң 
раўажланыўының объектив характеринде белгили тийкарларға ийе. 
Биринши гезекте ол илимий изертлеўлердиң тоталлық характеринде көринеди. 
Экспериментал илимниң объектлери ретинде тек ғана сыртқы дүньяның традициялық ҳәм 
бурын белгисиз болған тараўлары алып қаралмай, ал адамның өзи де изертленилмекте. 
Ҳәзир илимий билимлер аксиологиялық көз қарастан нейтраллық характерге ийе деп 
айтыўдың өзи қыйын (олар адамзатқа қолланылыўына байланыслы жақсылық яки 
жаманлық алып келиўи мүмкин). Себеби баҳаланыўға билиў өними емес, ал басқа 
объектлер менен бир қатар алып қаралатуғын билиў объекти сыпатындағы адамға 
эксперимент қойыў гуманлық характерге ийе ме деген процесстиң өзи ушырайды. Илим 
социологиясында Ғилимий садизмҒ, ҒбиоэтикаҒ, Ғилимпаздың этикалық билимиҒ деген 
терминлердиң пайда болыўы тосыннан емес. Көплеген мәмлекетлерде этикалық арнаўлы 
комитетлер 
дөретилген. 
Олардың 
ўазыйпасы 
ретинде 
адамға 
қойылатуғын 
экспериментлерди қадағалаў алып қаралады. 
Ҳәзирги заман илиминиң раўажланыўы объективлик қарама-қарсылық характерге 
ийе. Кейинги жыллары илимий изертлеўлердиң төмендеги параметрлери, яғный 
илимпазлардың, илимий баспа ҳәм шөлкемлердиң саны, илимге ажыратылатуғын 
қаржылар бойынша экстенсивлик өсиўи байқалмақта. 
Илимниң келешектеги өсиў темплери қандай болады? Келешекте оның жәмийет 
өмирине тәсири пәсейеди ме яки өседи ме? Бул сораўларға бир теклес жуўаплардың өзи 
жоқ, ал олардың шешилиўине методологиялық қатнаслар бир биринен парықланады. 
Мысалы, америкалы психолог Б.Скиннер илимди Батыста адамның искерликке 
умтылыўына талғамның жоғалыўына алып келетуғын жағдайлардың дөретилиўинде 
айыплайды. Б.Скиннердиң пикиринше, илим Ғкнопкаларды басатуғынҒ деп аталатуғын 
түсиник менен характерленетуғын өмирдиң стилин жарата отырып, ол адамға зыянын 
тийгизеди. Адамның жасаў ушын үзликсиз гүресиў керек деген минезиниң зәлиллениўи 
барлық батыс цивилизациясының жоқ болыўына алып келеди. 
Илимниң ҳәзирги дүньядағы орнын адекват түрде баҳалаў ушын илимди адамзат 
искерлигиниң басқа түрлериниң контекстинде алып қараў керек. Берилген жағдайда 
анализ бирлиги ретинде социомәдений дөретиўшиликтиң белгили типи сыпатындағы 
илимий дөретиўшилик (логикалық ҳәм тарийхый аспектлердиң бирлиги) алып қаралады. 
Анализ бирлигин таңлаўдан илимниң келип шығыў себеплери ҳәм ўақты, оның 
раўажланыўының тийкарғы этапларының классификациясы ҳаққындағы әҳмийетли 
сораўлардың шешилиўи ғәрезли. Ҳақыйқатында да илим системаласқан рационаллық 
билим сыпатында антикалық дәўирде пайда болады, социаллық институт ҳәм 
профессионаллық искерлик сыпатында Жаңа заманда қәлиплеседи, өндириўши күш 
ретинде жигирмаланшы әсирдиң 40 жылларында алып қаралады. 
Илим ҳәзирги мәнисинде адамзат тарийхында европалық цивилизацияның ишинде 
(он алтыншы-онжетинши әсирлер) пайда болған жаңа фактор болып саналады. 
Немец философы К.Ясперс ҒСмысл и назначение историиҒ деген мийнетинде 
илимниң қәлиплесиўиниң еки басқышы ҳаққында айтады. Биринши басқыш 

логикалық 
ҳәм методикалық түсинилген илимниң қәлиплесиўи 

грек илими ҳәм сол ўақытта Қытай 
ҳәм Ҳиндистанда дүньяны илимий билиўдиң бөртиклериниң пайда болыўы. 
Екинши басқыш 

орта әсирлердиң ақырынан өсип шыққан, он жетинши әсирде 
шешиўши түрде беккемленген ҳәм он тоғызыншы әсирден баслап кең раўажланып 
атырған ҳәзирги заман илими. 
Он жетинши әсирде илимий революциялар ҳаққында пикир жүргизиўге тийкар 
пайда болады 

илимниң мазмунлық структурасының тийкарғы компонентлериниң 


алмасыўы, билиўдиң жаңа принциплериниң, категорияларының ҳәм методларының алға 
сүрилиўи үлкен әҳмийетке ийе болады. 
Илимниң раўажланыўының социаллық стимулы ретинде жаңа тәбият ресурсларын 
ҳәм машиналарды талап ететуғын өсип баратырған капиталистлик өндирис алып қаралды. 
Бул талапларды қанаатландырыў ушын жәмийеттиң өндириўши күши сыпатында алып 
қаралатуғын илим керек болды. Сол ўақытта илимниң жаңа мақсетлери де алға сүрилди, 
олар әййемги дәўирдеги илимпазлардың алдына қойған мақсетлеринен сезилерли 
дәрежеде парықланатуғын еди. 
Грек илими практикалық мәселелер менен аз байланысқан ой жуўыртыўға 
тийкарланған изертлеўди аңлатады (теория сөзиниң өзи грек тилинен аўдарғанда ақылға 
салыў, ой жуўыртыў деген мәниге ийе). Илимий нәтийжелерди практикалық қолланыўға 
бағдарланыўдың өзи биймәнилик ретинде алып қаралады ҳәм ондай илимниң өзи төмен 
статусқа ийе болады. 
Тек ғана он жетинши әсирде илим халықтың жасаў жағдайының өсиўиниң ҳәм 
адамның тәбиятқа үстинлик етиўиниң усылы сыпатында түсиндирилди. Ойлаў стили сол 
ўақыттан баслап еки тийкарғы белги менен характерленеди: бириншиден, нәтийжелерди 
беретуғын ҳәм тексеретуғын экспериментке арқа сүйейди; екиншиден, ойлаўды 
реаллықтың әпиўайы, буннан былай бөлинбейтуғын биринши элементлерин излеўге 
бағдарланған аналитикалық усылдың үстем сүриўи алып қаралады (редукционизм). 
Бул еки тийкардың биригиўине байланыслы рационализм ҳәм сезиўлердиң 
үйлестирилиўи пайда болды. 
Илимниң пайда болыў себеби ретинде өзинде сезиўди рационаллық менен 
бириктиретуғын жаңа европалық мәденияттың өзгеше типи алып қаралады. Илимди 
эмпирикалық тексериўге тийкарланған дүньяны билиўдиң өзгеше рационал усылы деп 
түсиндириўге болады. 
Солай етип, ҳәзирги заманда илим дөретиўшилик искерликтиң эталонлық типи 
ретинде өмир сүреди. Эталонлылық ҳәр бир инсанның дөретиўшилик потенциалының 
илимий искерлиги арқалы шексиз мүмкиншиликлерин реализациялаўда, кең түрде 
баҳалық 
ориентирлердиң 
ҳәм 
илимпазлардың 
профессионаллық 
искерлигиниң 
нормаларының басқа социаллық группаларға кириўинде көринеди. Илим өзгеше 
дөретиўшилик искерликтиң системасы сыпатында резонанс дәрежесине жәмийеттиң 
тиккелей өндириўши күшине айланыў арқалы ериседи. 
Ҳәзирги заман илими ушын тезлик менен раўажланыў типи характерли. Бул өзгешелик 
оның формаллық ҳәм мазмунлық тәреплери ушын тән. Улыўма философиялық планда 
буның себебин илимий искерлик системасының элементлери арасындағы, илим ҳәм 
социаллық искерликтиң басқа тараўлары арасындағы қарама қарсылықтың қурамаласыў 
структурасы береди.

Download 200,26 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish