89. Эксперимент ҳәм оның түрлери
Т.с. тәбийғый, лабораториялық.
Жуўап: Экспериментти тере тамырлары өндиристи тарийхы, мийнет қуралларын ойлап табыӯ хəм жетилистириӯ, жаа өндирислерди дөретиӯ менен анықланады. Эксперимент искерликти сапалы жаа формасы болып табылады. үйренилип атырған процесске араласпаӯды талап ететуғын бақлаӯдан оны парқы сонда, илимий эксперимент бирге алып барылатуғын жағдайларды тəсирин бийкарлайтуғын, изертлениӯши қубылысты таза түринде қайта тиклеӯ формасын алатады. Қəлеген эксперимент илимий теорияны жетискенликлерине тийкарланады, бирақ ол буған қосымша жаа теориялық ашылыӯлардан алдын келиӯи мүмкин.
Экспериментти шөлкемлестиргенде экспериментти өткериӯ ушын анық есапқа алынатуғын жағдайларды дөретиӯди мүмкин емеслигин ядтан шығармаӯымыз тийис. Қəлеген экспериментти нəтийжеси барлық ӯақытта қандай да бир анықсызлық менен байланыслы болады. Сол себепли изертлеӯди жақсы шөлкемлестириӯ мəселеси бул анықсызлықты минимилестириӯ менен байланыслы болады. Эксперимент тиккелей объектте (натурлық эксперимент) яки белгили қағыйдалар тийкарында дөретилген арнаӯлы устройстваларда берилген модельлерде жүргизилиӯи мүмкин.
Күтилетуғын соңғы нəтийжелерине қарай экспериментлерди сапалы хəм санлыға бөлиӯге болады. Санлы экспериментлер қолайлырақ болады, себеби олар қубылысларды жаңа картинасын береди. Бирақ олар көп санлы аппаратураны, алынған нəтийжелерди қурамлы математикалық қайта ислеӯди талап етеди.
Проблеманы, исши гипотезаны формулировкалағаннан кейин экспериментти шөлкемлестириӯге өтеди. әдетте, эксперимент барлық детальларда планластырылыӯы мүмкин емес. Көпшилик жағдайларда эксперимент процессинде оны кейинги раӯажланыӯ барысын анықлайтуғын жағдайлар пайда болады.
90. Интуиция ҳәм қыялланыўдың дөретиўшилик искерликтиң когнитивлик майданындағы роли
Т.с. сананың структурасы, субъект-инсанлық формалар
Жуўап: Көпшилик изертлеӯшилер дөретиӯшилик процессинде санасызлық элементине үлкен дыққат аӯдарады, интуицияның ролин бөлип көрсетеди. ҳақыйқатында да усындай. Интуиция мийдиң информациялық искерлигиниң еле жетерли дəрежеде үйренилмеген формасын аңлатады. Бирақ ол топланған тəжирийбе хəм пикирлеӯлер тийкарында иске асырылады. Интуиция еле сана түринде безелмеген, ой яки образға келтирилмеген тəсирлер запасынан пайда болады.
Илимий дөретиӯшиликте интуиция үлкен əхмийетке ийе. Философияда интуиция тиккелей билим, тиккелей билим менен бирликтеги жанлы сезиӯ (живое созерцание) ретинде алып қаралады. Көпшилик жағдайда интуиция адамны психикалық халы, эмоциялары хəм қыялланыӯы менен байланыстырылады. Интуиция билиӯлик акт нəтийжесинде жаңа билимниң пайда болыӯын да, дөретиӯшиликти көриниӯини жоқарғы формасын да алатады.
Интуицияда бизиң түсинигимиздеги билимни мазмунынан жоқарырақ та мазмун бар (в интуиции имеется нечто превышающее знание в нашем понимании).
Ҳəр бир илимпаз өз бетинше изертлеӯ жумысына кирискенинде белгили бир түрдеги илимий искерликти бар системасы менен ушырасады. Бул система илимпазды индивидуал искерлигин анықлайды, оны ойлаӯ стилини ядросын қəлиплестиреди. Бирақ илимий дөретиӯшиликти субъективлик диалектикасы өзини өзгешелигине ийе. Бул жерде белгили гносеологиялық категориялар жəрдеминде сəӯлеленетуғын дөретиӯшилик искерликти раӯажланыӯыны формаларыны субъектлик-инсанлық детерминантлары дыққатқа алынады. Басқаша айтқанда, илимий дөретиӯшилик процесси илимпаз-шахсы дəрежесинде бинарлық оппозициялар системасы (дөретиӯшилик искерликти интуитивлик–искурсивлик элементлери, илимпазды инсанлық сыпатламаларыны пүтинлиги – диспозициялығы) түринде өмир сүреди. Ҳəр бир оппозицияны анализлеӯ илимий дөретиӯшиликти субъективлик диалектикасыны улыӯма картинасыны мазмунын, дөретиӯшилик искерликти хəрекетке келтириӯши күшлерини хəм шөлкемлестириӯши формаларыны тийкарын ашыӯға жəрдем береди.
Интуиция хəм қыялланыӯ, фантазия дөретиӯшилик проблемасын субъектлик-инсанлық планда анализлеӯде ең тийкарғы түсиниклерди алатады.
Когнитивлик майдан үш тийкарғы структура менен анықланады` билим экзистенциясыны формаларыны структурасы (оны тийкарғы элементлери ретинде сезим, қабыл етиӯ, елеслеӯ, түсиник, пикир, ой жуӯмағы киреди), билимни раӯажланыӯ формаларыны структурасы (оған проблема, болжаӯ, нызамлар, теориялар, прогноз, изертлеӯ программалары киреди), дөретиӯшилик искерликти субъектлик-инсанлық формаларыны структурасы (оған илхам, əрман, фантазия, қыялланыӯ, догадка, интуиция киреди). Когнитивлик майданны реал раӯажланыӯы көрсетилген структуралар арасындағы өз-ара қатнасты динамикасы менен анықланады. Бир бири менен үзликсиз байланыста болыӯ менен бир қатар, олар бир бири менен бинарлық оппозицияда да болады. Ҳəр бир структурада өзини ишки раӯажланыӯ пружинасы бар. Билимни экзистенция формаларыны структурасында ол сезиӯлик хəм рационаллықты қарама қарсылықлы бирлигин алатады. Билимни раӯажланыӯ формаларыны структурасын эмпирикалық хəм теориялықты динамикасы белгилейди. Дөретиӯшилик искерликти субъектлик-инсанлық формаларыны структурасын саналылық хəм шаласаналылық (түсинилмегенлик) диалектикасы көрсетеди. Бул структураларды өз-ара тəсир етисиӯ динамикасын дөретиӯшиликти барлық когнитивлик майданыны раӯажланыӯы анықлайды. Бул өз-ара тəсир етисиӯ қарама қарсылықлы характерге ийе. Басқаша айтқанда, структураларды бирлигин оларды бир пүтин дөретиӯшилик искерликти шегарасында өмир сүриӯи анықлайды, ал оларды қарама-қарсылығын дөретиӯшиликти когнитивлик майданындағы хəр бир структураны хəр қыйлы функциялары анықлайды. Солай етип, структуралар бинарлық оппозицияларды пайда етеди, оларды, өз гезегинде, жыйнағы дөретиӯшиликти когнитивлик майданыны раӯажланыӯыны хəрекетке келтириӯши күшлери сыпатында өмир сүреди.
Do'stlaringiz bilan baham: |