Қадағалаўт ушын сораўлар
1. Асинхрон моторлардың энергетикалық көрсеткишлери деп қайсы көрсеткишлерге айтылады?
2. Асинхрон мотордың актив қуўаты қандай анықланады ҳәм нени аңлатады?
3. Асинхрон мотордың реактив қуўаты қандай анықланады ҳәм нени аңлатады?
4. Асинхрон мотордың улыўма қуўаты қандай анықланады ҳәм нени аңлатады?
5. Асинхрон моторлардың статор орамына конденсатор батареяларының жалғаныўы не ушын олардың қуўат коэффицентлериниң артыўына алып келеди?
6. Компенсация етилиўи керек болған реактив қуўат қандай анықланады?
1.1 – сүўрет.
ӘДЕБИЯТЛАР
1. Ҳошимов О.О., Имомназаров А.Т. Электр жүритпе асослари. 1 – қисм. - Тошкент: ТДТУ, 2004.
2. Имомназаров А.Т. Нефт ва газ конларининг электр жиҳозлари. - Тошкент: “Чўлпон” НМИУ, 2007.
3. «Электр жүритпелари назарияси» фанидан лаборатория ишларига услубий кўрсатмалар (тузувчилар: О.О. Ҳошимов, Т.Д. Ортиқов, Л.Д. Топорнин, Н.А. Ожилов, Х.С. Миникеев). Тошкент: ТДТУ, 1994.
4. Москаленко В.В. Электропривод. - Москва: Высшая школа, 1991.
5. Ҳошимов О.О., Имомназаров А.Т. Электромеханик системаларда энергия тежамкорлик. - Тошкент: ЎАЖБНТ, 2004.
2 – ЛАБОРАТОРИЯ ЖУМЫС
НАСОС ҚУРЫЛМАЛАРЫНЫҢ «ТИРИСТОРЛЫ КЕРНЕЎ РЕТЛЕГИШ – АСИНХРОН МОТОР» ЭЛЕКТР ЖҮРИТПЕ СИСТЕМАСЫНЫҢ ЖУМЫС РЕЖИМЛЕРИ АНАЛИЗИ
1. Жумысты орынлаўдан мақсет
1. Насос қурылмаларында қолланылатуғын тиристорлы кернеў ретлегишли асинхрон электр жүритпениң жумыс режимлерин үйрениў ҳәм анализ етиў.
2. Асинхрон мотор статор орамларында берилип атырған кернеў шамасының жүклениўге сәйкес тәризде ретлеў нәтийжесинде асинхрон мотордың тармақтан пайдаланып атырған реактив қуўат шамасының ҳәмде қуўат коэффициентиниң өзгертиўлерин анализ етиў.
2. Иске дерек теориялық түсиниклер
Асинхрон мотордың тармақтан алып атырған толық қуўаты төмендеги формула менен аңлатылады:
, (ВА, кВА),
бул жерде актив қуўат болып, улыўма қуўат тиң пайдалы жумыс коэфициенти жумсалып атырған бөлегин билдиреди ҳәм формула менен анықланады. реактив қуўат, мотор орамларының индуктивлиги себепли жүзеге келип, мотордың механикалық қуўатына байланыслы емес.
Асинхрон мотор ҳәрекетке келтирип атырған насос қурылмалы электромеханикалық системаның қуўат коэффициенти ислеўи даўамында номинал мәнистен төмен болған үзликсиз жумыс режиминде ислейтуғын болса, ол жағдайда оның қуўат коэффициентин асырыўдың эффектив усылларынан бири асинхрон мотор статор орамына берилип атырған кернеў мәнисин жүклениў мәнисине сәйкес рәўиште ретлеп пайдаланып атырған реактив мәнисти ретлеў болып табылады[1]. Тезлиги ретленбейтуғын насос қурылмалары электржүритпелериниң «Тиристорлы кернеў ретлегиш – асинхрон мотор» системасы асинхрон мотордың жүклениўдиң түрли номиналдан киши болған мәнислеринде де энергетикалық көрсеткишлериниң номинал мәнислеринде болыўына алып келеди [2, 5].
Do'stlaringiz bilan baham: |