Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық


-жыл – "Кәраматлар жылы" – физика илиминдеги уллы бурылыслар



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/20
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#221165
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   20
Bog'liq
Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық теориясының 100 жыллығы

1905-жыл – "Кәраматлар жылы" – физика илиминдеги уллы бурылыслар 
жылы 
Физика илиминиң тарийхында 1905-жылды "Кәраматлар жылы" деп атайды 
(Латын тилинде Annus Mirabilis). Усы жылы "Annalen der Physik" (физиканың 
анналлары) деп аталатуғын физиканың машқаласына бағышланған немис илимий 
журналы жаңа илимий революцияның басланыўы болып табылатуғын Альберт 
Эйнштейнниң төмендегидей төрт оғада әҳмийетли мақаласын жарыққа шығарды 
(биз А.Эйнштейнниң 1905-жылы ҳәр қыйлы илимий журналларда 25 илимий ҳәм 
реферативлик мақалаларының басылып шыққанлығын атап өтемиз): 
1. "Қозғалыўшы денелер электродинамикасына" (немис тилинде "Zur 
Elektrodynamik 
bewegter 
Körper", 
қарақалпақ 
тилиндеги 
аўдармасы 
abdikamalov.narod.ru сайтында). Усы мақаладан салыстырмалық теориясы 
басланады. 
2. "Жақтылықтың пайда болыўы менен айланысына тийисли болған бир 
эвристикалық көз-қарас ҳаққында" (немис тилинде "Über einen die Erzeugung und 
Verwandlung des Lichts betreffenden heuristischen Gesichtspunkt", қарақалпақ 
тилиндеги аўдармасы abdikamalov.narod.ru сайтында). Бул мақала квантлық 
теорияның фундаменти қаланған мақалалардың бири болып табылады ҳәм онда 
фотоэлектрлик эффект қубылысының теориясы баянланған. 
3. "Жыллылықтың молекулалық-кинетикалық теориясы тәрепинен талап 
етилетуғын тынышлықта турған суйықлықтың ишинде жүзип жүрген 
бөлекшелердиң қозғалысы ҳаққында" (Немисше Über die von der molekularkinetischen 
Theorie der Wärme geforderte Bewegung von in ruhenden Flüssigkeiten suspendierten 
Teilchen, қарақалпақ тилиндеги аўдармасы abdikamalov.narod.ru сайтында). Бул 
жумыс браун қозғалысына бағышланған ҳәм статистикалық физиканы әдеўир алға 
қарай раўажландырған жумыс болып табылады. 
4. 1905-жылдың ақырында шыққан "Денениң массасы усы денеде топланған 
энергиядан ғәрезли ме? (немис тилинде "Ist die Trägheit eines Körpers von seinem 
Energieinhalt abhängig?", қарақалпақ тилиндеги аўдармасы abdikamalov.natod.ru 
сайтында) мақаласында физика илиминиң ең уллы формуласы болған масса менен 
энергияны байланыстыратуғын 𝐸 = 𝑚𝑐
2
формуласы жарық көрди. Сентябрь айында 
жазылған бул үлкен емес мақала "Денениң массасы онда топланған энергияның 
өлшеми болып табылады: егер энергия L шамасына өзгеретуғын болса, онда масса 
сəйкес 1/(9·10
20
) шамасына өзгереди. Бул аңлатпада энергия эрглерде, ал масса 
граммларда берилген.
Энергиясы үлкен дəрежеде өзгеретуғын затлар ушын теорияны тексерип көриў 
мүмкиншилиги жоқ емес (мысалы радий дузлары ушын).
Егер теория фактлерге сəйкес келсе, онда нурланыў нурланыўшы ҳəм жутыўшы 
денелер арасында инерция алып барады". 
А.Эйнштейнге "сизге салыстырмалық теориясын дөретиўдиң сәти қалай түсти" 
деген мазмундағы сораўды жийи берген. Ол ярым ҳәзил ретинде былайынша жуўап 
берген: "Неликтен салыстырмалық теориясын мен дөреттим? Тап усындай сораўды 
мен өзиме берсем, маған себеби мынадай болып көринеди. Ересек адам әдетте 
кеңислик пенен ўақыт машқаласы ҳаққында ҳеш нәрсе де ойламайды. Оның пикири 
бойынша сол машқала ҳаққында бала ўақытта ойлаған. Ал менен болсам 
интеллектуаллық жақтан әсте-ақырынлық пенен раўажландым. Сонлықтан мен 


19 
кеңислик ҳәм ўақыт ҳаққында үлкейгеннен кейин ғана ойлай басладым. Нәтийжеде 
мен әдеттеги кишкене балаларға салыстырғанда машқалаға терең кире алдым". 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish