Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet5/20
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#221165
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   20
Bog'liq
Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық теориясының 100 жыллығы

Қысқаша өмирбаяны
 
Альберт Эйнштейн 1879-жылы 14-март күни түслик Германиядағы Баден-
Вюртенберг жериндеги Дунай дәрьясының жағасындағы Ульм қаласында онша 
қурғын емес еврей шаңарағында туўылды. 


15 
 
Алымның әкеси Герман Эйнштейн менен анасы Паулина Эйнштейн (турмысқа 
шықпастан бурынғы фамилиясы Кох). 
Әкеси, Герман Эйнштейн (1847-1902) сол ўақытлары кишкене кәрханаға ийе 
болған. Анасы, Паулина Эйнштейн (1858-1920) қурғын жасаған мәкке сатыўшы 
Юлиус Дерцбахердиң қызы болған. 1880-жылы жаздың күнлери Эйнштейнлердиң 
шаңарағы Мюнхен қаласына көшкен ҳәм сол жерде Герман Эйнштейн өзиниң иниси 
Якоб пенен биргеликте электр үскенелерин сатыў менен шуғылланатуғын кишкене 
фирманы дүзген. 
Басланғыш билимди Альберт Эйнштейн сол жердеги католик мектебинде алған. 
Ол өзиниң кишкене ўақытлардағы диншил болғанлығын еске түсирген. Бирақ оның 
диншиллиги 12 жасқа шыққанда дерлик толық жоғалған. Көпшиликке арналған 
илимий китапларды оқыўдың салдарынан жас Эйнштейн Библияда жазылғанлардың 
көпшилигиниң ҳақыйқатлыққа туўры келмейди, ал мәмлекет болса сол жағдайды 
билсе де жас әўладты алдаў менен шуғылланып атыр деген жуўмаққа келген. Көп 
жыллар өткеннен кейин ол бала ўақытында Евклидтиң "Басламаларының", 
Иммануил Канттың китапларының үлкен тәсир жасағанын жийи еске түсирген. 
Усының менен бирге алты жасынан баслап ол анасының басламасы менен скрипкада 
ойлаўды үйрене баслаған. Музыкаға қызығыў Эйнштейнде өмириниң ақырына 
шекем даўам еткен. АҚШ қа келгеннен кейин ол 1934-жылы Германиядан келген 
илимпаз ҳәм көркем-өнер ғайраткерлери болған эмиргантлардың пайдасы ушын 
Моцарттың шығармаларынан туратуғын қайыр-сақаўат концертин берген. 
 
 


16 
14 жасар Альберт Эйнштейн. 
А.Эйнштейнниң Арау қаласында алған аттестаты. 
Бул аттестатта баҳа алты баллық система бойынша 
қойылған. 
Гимназияда (Albert-Einstein-Gimnasium München деп аталатуғын бул гимназия 
усы күнлерге шекем бар ҳәм оны ҳәзир оны қарақалпақ тилине аўдарғанда Альберт 
Эйнштейн атындағы гимназия деп атайды) математика ҳәм латын тили сабақларын 
есапқа алмағанда ол ең жақсы оқыйтуғын оқыўшылардың қатарына кирмеди. Сол 
дәўирлерде орын алған оқыў материалларын механикалық түрде (мәнисине 
түсинбестен) ядлап алыў системасы, соның менен бирге оқытыўшылар менен 
оқыўшылар арасындағы авторитарлық қатнас А.Эйнштейнде унамсыз тәсирлерди 
пайда етти. Оқыўдың усындай түрин ол кейинирек оқыўдың өзине ҳәм 
дөретиўшилик ойлаўға үлкен зыянын тийдиреди деп түсиндирди. 
1894-жылы Эйнштейнлердиң шаңарағы Мюнхен қаласынан Милан қаласына 
жақын болған Павия қаласында көшип, бул жерге ағалы-инили Герман менен Якоб 
өзиниң фирмасын да көширип алып келген. Ал Альберттиң өзи гимназияның барлық 
алты классын толық питкериў ушын Мюнхенде ағайинлери менен қалған. Бирақ 
ержеткенлик аттестатын ала алмай-ақ, ол 1895-жылы Павия қаласындағы 
шаңарағына қосылған. 
1895-жылы гүздиң күнлери Алберт Эйнштейн Цюрих қаласындағы Жоқары 
техникалық училищеге (бул училищени политехникум деп те атайды) кириўге 
имтиханын тапсырыў ҳәм оны питкергеннен кейин физика пәни оқытыўшысы 
қәнигелигин алыў ушын келген. Ол математика бойынша кириў имтиханын ең 
жоқары балларға тапсырған. Бирақ ботаника менен француз тили бойынша кириў 
имтиханларында 
қанаатландырарлық 
емес 
баҳаларын 
алып 
Цюрих 
политехникумына кире алмаған. Бирақ училищениң директоры Альбертке аттестат 
алыў ҳәм қайтадан оқыўға кириў мақсетинде Швейцарияның Арау қаласындағы 
мектептиң ең соңғы классына кирип бир жыл оқыўды усыныс еткен. 
Арау қаласындағы мектепте Эйнштейн өзиниң барлық бос ўақытын Максвелдиң 
электромагнитлик теориясын үйрениўге жумсаған. 1896-жылы ол француз тилинен 
басқа барлық имтиханларды ең жоқары балларға тапсырған ҳәм сол жылы октябрь 
айында Политехникумның педагогика факультетине қабыл етилген. Бул жерде ол 
курсласы математик Марсель Гроссман (1878-1936) менен дос болған. Соның менен 
бирге ол медицина факультетинде оқыйтуғын өзинен 4 жас үлкен Сербиядан келген 
студент қыз Милева Марич (серб тилинде Милева Марић, 1875-жылы 19-декабрь 
күни Австро-Венгриядағы Тител қаласында туўылған ҳәм 1948-жылы 4-август күни 
Швейцариядағы Цюрих қаласында кайтыс болған) пенен досласқан ҳәм кейинирек 
(1903-жылы) оған үйленген. Кейинирек олар 1 қызлы ҳәм 2 балалы болған 
(А.Эйнштейнниң биринши перзенти Лизерль атлы қызы 1902-жылы үйленбестен 
бурын туўылған ҳәм ол көп жасамай кайтыс болған) .
Тап усы жылы ол Германияның пуқаралығынан бас тартқан. Сол ўақытлары 
Швейцарияның пуқарасы болыў ушын 1000 швейцария франкын төлеў керек екен. 
Бирақ усындай муғдардағы ақшаны Эйнштейнниң кем тәмийинленген шаңарағы тек 
5 жыл өткеннен кейин ғана таўып бере алған. Эйнштейнниң әкесиниң фирмасы 1896-
жылы толығы менен банкрот болған ҳәм усыған байланыслы оның әке-шешеси 
Италиядағы Милан қаласына көшип келген. Усы жерде Герман Эйнштейнниң бир өзи 
электр әсбаплары менен саўда ислеўши фирманы ашқан. 
Политехникумдағы билим бериўдиң стили менен усыллары авторитарлық 
Германиялық мектептиң билим бериў стили менен усылларынан түпкиликли түрде 
айырмаға ийе болған. Сонлықтан А.Эйнштейнниң билим алыўы ушын оғада унамлы 
жағдайлар орын алған. Политехникумдағы оқытыўшылар сол дәўирлердеги 


17 
Европадағы ең саўатлы илимпазлар қатарына кирген. Солардың ишинде 1864-жылы 
Россия империясының аймағында туўылған ҳәм кейинирек өзиниң оқыўшысы 
А.Эйнштейн дөреткен салыстырмалық теориясының геометриялық төрт өлшемли 
моделин дөреткен немис математиги Герман Минковский (немисше Hermann 
Minkowski, 1864-жылы 22-июнь күни Россия империясының аймағында туўылған 
ҳәм 1909-жылы 12-фнварь күни Германия империясындағы Гёттинген қаласында 
қайтыс болған) ҳәм белгили немис математиги Адольф Гурвиц (немисше Adolf 
Hurwitz, 1859-1919) Политехникумда мийнет еткен. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish