Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet4/20
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#221165
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   20
Bog'liq
Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық теориясының 100 жыллығы

 
 
 
II бөлим
 
 
Енди гравитациялық толқынлардың бар екенлигин 1915-жылдың ақырында өзи 
дөреткен улыўмалық салыстырмалық теориясы тийкарында теориялық жақтан 
болжаған уллы данышпан физик Альберт Эйнштейн ҳаққында гәп етемиз. 
Альберт 
Эйнштейн (немисше Albert 
Einstein) 1879-жылы 
14-март 
күни 
Германиядағы Ульм қарасында туўылған ҳәм 1955-жылы 18-апрель күни АҚШ тың 
Нью-Джерси штатындағы Принстон қаласында қайтыс болған. Физик-теоретик
ҳәзирги заман теориялық физикасын дөретиўшилердиң бири, физика бойынша 
Нобель сыйлығының лауреаты (1921-жыл). Германияда 1879-1893, 1914-1933 
жыллары ҳәм АҚШ та 1933-1955 жыллары жасады. Жер жүзиндеги жигирмалаған ең 
уллы университетлердиң ҳүрмети докторы, көп саны Илимлер Академияларының 
ағзасы. 


14 
Альберт Эйнштейн физика бойынша 300 ден аслам илимий жумыслардың, соның 
менен бир қатарда тарийх, илимниң философиясы, публицистика бойынша 150 
китаптың авторы болып табылады. 
Альберт Эйнштейн төмендегидей зор теорияларды дөретти: 
Арнаўлы салыстырмалық теориясы (1905-жылы); 
Арнаўлы салыстырмалық теориясының шеклеринде 𝐸 =
𝑚𝑐
2
√1−
𝑣2
𝑐2
(киши тезликлер 
ушын 𝐸 = 𝑚𝑐
2
) түриндеги масса менен энергия арасындағы байланысты 
сәўлелендиретуғын физика илиминиң ең уллы формуласын келтирип шығарды. 
Улыўмалық салыстырмалық теориясы (1907-1915-жыллар); 
Фотоэффект қубылысының квантлық теориясы (1905-жылы); 
Қатты денелердиң жыллылық сыйымлығының квантлық теориясы (1907-жыл); 
Бозе-Эйнштейнниң квантлық статистикасы (1924-жылы); 
Флуктуациялар теориясының тийкарында жататуғын броун қозғалысының 
статистикалық теориясы (1905-жылы); 
Релятивистлик космологияның тийкарлары (1917-жылы); 
Мәжбүрий нурланыў теориясы; 
Орталықлардағы термодинамикалық флуктуациялардағы 
жақтылықтың 
шашыраўының теориясы. 
А.Эйнштейн "квантлық телепорация" қубылысының орын алатуғынын болжады 
ҳәм Эйнштейн – де Гааза гидромагнитлик эффектин өлшеди. 1933-жылдан баслап 
космология ҳәм майданның бирден бир теориясы мәселелери менен шуғылланды 
Ядролық қуралды пайдаланыўға қарсы ҳәрекетлерге, гуманизмди ендириў, адамның 
ҳуқықын ҳүрметлеў, халықлар арасында өз-ара түсинисиў ислерине белсене 
қатнасты.
Жаңа физикалық теориялар менен концепциялардың илимге ендирилиўинде, 
оларды түсиндириў ислериндеги Эйнштейнниң тутқан орны уллы. Мысал ретинде 
кеңислик пенен ўақыттың, Ньютон тәрепинен ашылған пүткил дүньялық тартылыс 
нызамының орнын ийелейтуғын гравитацияның жаңа теориясын мәнисин 
түсиндириўдеги оның орны айрықша. 
А.Эйнштейн М.Планк пенен бирликте квантлық теорияның тийкарларын 
дөретти. Дурыслығы көп санлы экспериментлерде беккем түрде тастыйықланған бул 
концепциялардың барлығы да ҳәзирги заман физикасының фундаментин қурайды. 
Альберт Эйнштейн төмендегидей сыйлықларды алыўға миясар болған: 
Физика бойынша Нобель сыйлығы (1921); 
Бернард медалы (1921); 
Матеуччи медалы (1921); 
Копли медалы (1925); 
Уллыбританиядағы Корольдың астрономиялық жәмийетиниң алтын медалы 
(1926); 
Планк медалы (1926);
Жюль Жансен сыйлығы (1931); 
Гиббс лекциясы (1934); 
Франклин медалы (1935); 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish