Август 2020 10-қисм
Тошкент
Раймонд Кэттел интеллктуаллық қәбилетлердиң 3 түрин: улыўмалық, парциаллық (ай
-
ырым), операция факторларын ажыратады. Кэттел көплеген корреляциялық изертлеўлерди
анализлей отырып, бир неше иерархиялық дәреже сүўретин: ең төбесинде генерал фактор,
генерал фактордың бир текше төменинде флюидли (суйық) интеллект, кристталлы интел
-
лект ҳәм визуализация факторларынан ибарат екенлигин дәлийллейди. Кристаллы ин
-
теллект индивидуаллық искерлик барысында интеллектуаллық көнликпелер жәрдеминде
арттырылады. Кэттел 2 факторды бир- бири менен байланыслы фактор деп 3-факторды
бийғәрез фактор деп атайды[4,5].
Америкалық психолог Г.Гарднер бойынша интеллект структурасы бир-бири менен
байланыспаған модуллерден ибарат. Булар: формаль-лингвистикалық, майданлы, логика-
математикалық, музыкалы,ҳәрекетли, шахслар ара ҳәм шахслар ишиндеги модуллер болып
табылады. Илимпаз субъект интеллектиниң өзиниң шахсый толығырақ етип айтқанда,
қыйыншылық жағдайларында тәнҳә өзиниң жеңе алыўы, унамлы нәтийжеге ерисиўде ҳәм
жаңа билимлерди ийелеўде жүзеге келетин тосқынлықларды аңсат шешиў қәбилети по
-
тенциалы сыпатында қарайды. Соның менен бирге алым интеллект ҳәр түрли мәдениятта
түрлише түске дөниўин ескертеди[2,3,4]. Автордың пикиринше инсан қәбилетлери тек
ғана жалғыз тараўда болып қалмастан, олар ҳәр түрли тараўда доминантлық етиўи сөзсиз.
Мәселемкиден, оқытыўшы кәсибин ийелеўи менен бирге усы кәсип ийеси қосық айтыуға
қәбилетли болыўы тәәжип. Инсанлардағы усыныңдай таң қалаларлық мульти-интел
-
лект бийбаҳа мәдениятты, мәдений орталықты, қәдриятларды тиклеп ҳәм мәденияттың
жоғалып кетиўинен алдын алады.
Говард Гарднер психология тараўында бириншилерден болып мультифункционал ин
-
теллект яғный көп түрли интеллект теориясын илимге ендиреди.
Интеллект-бул соныңдай конструкция, психология тараўында алымлар ҳәр түрли
тәрийплеп, елеге шекем тартыслы турле дәлийллемекте. Ал, бизлердиң түсинигимизше
улыўмаластырып айтқанда, белгили бир мәдений орталыққа бейимлесиўши, нәсиллик
тийкарланған, ойлаў операцияларның информацияларды тез пәт пенен қайта ислеўи,
билиўге болған мотивлер, регуляциялық минез-қулық ҳәм улыўмаластырыўшы қәбийлеттиң
жетилискен шыңы деп есаплаймыз.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР:
1.Бенвенист, Э. Словарь индоевропейских социальных терминов / Э. Бенвенист ; под
ред. Ю. С. Степанова. – М. : Прогресс – Универс, 1995. – 456 с.
2. Gardner, H. (1999). Intelligence Reframed: Multiple Intelligences for the 21st Century.
New York: Basic Books.
3.Gardner, H. (2006). Multiple Intelligences: New horizons (rev. ed.). New York: Basic Book
4.
곽금주, 오상우, 김청택
(2011). K-WISC-IV(
한국 웩슬러 아동지능검사-4판) 전문
가 지침서. 서울: 학지사.
5.
문수백, 변창진
(1997). K-ABC (Korean Kaufman Assessment Battery for Children).
서
울: 학지사.
181
Do'stlaringiz bilan baham: |