Педагогика кафедрасы оқытыўшысы
999454705
amanin@list.ru
Аннотация:
Берилген мақалада психологияда кеңнен тарқалған интеллект түсинигине
сыпатламалар келтирилген болып, интеллект түсиниги, интеллект термининиң келип
шығыўы тарийхы ҳәм теориялық тийкарлары ҳаққында келтирилген.
Таяныш сөзлер:
интеллект, қәбилет, фактор, корреляция, флюидли, кристаллы, муль
-
тиинтеллект
Интеллектти түсиниў машқаласы әзел-әзелден тартыслы, парадоксқа ийе болып келмек
-
те. Әсиресе ҳәзирги күнде тәлим мекемелеринде шахс потенциалын улыўма мәдениятлы
ҳәм интеллектуаллық потенциаллы етип қәлиплестириў алдағы мақсет етип белгиленген.
Әдетте, психология илиминде интеллект түсиниги үлкен 2 ири бағдарда: 1. Интеллект-
улыўма қәбилет сыпатында болса 2. Интеллект-психометриялық бағдар сыпатында.
Интеллект түсиниги ең дәслеп Марк Туллий Цицеронның « relěgere яғный бул-дыққат
пенен, қунт пенен religiosi-сөзинен алынып, олар ҳәр қандай заттан үстем ҳәм олар
Кудайға бағыныўшылар, қунт пенен ойлананыўшылар, elegere -(түсиниў, аңлай билиў)
сөзинен алынған, elegantes –нәзик адамлар, diligere(таңлаў,баҳалаў)-сөзинен diligentes-
тырысқақ, ғайратлы адамлар, inteligere-(түсиниў) сөзинен intelligentes –ақыллы адамлар,
legere -(таңлаў, жыйнаў, топлаў, жәмлеў) дегенди аңлатады»[ Park Young-sook, 1994).].
Бунда Марк Туллий Цицеронның пикиринше интеллект –бул түсимпаз, ақыллы адамлар
таңланбасы болып, түсиниў, өзин-өзи аңлаў, дыққат, шыдамлылық ҳәм мораль болып та
-
былады[1,4].
Э.Боринг интеллектти әпиўайы түрде, интеллект тестлери нәтийжесинде келип
шығатуғын өлшем тәризинде тәрийплейди[5].
Р.Стенберг бойынша интеллект түсиниги шахс яғный субъекттиң ҳақыйқый өмирге
болған тез ҳәм жылдамлы бейимлесиў ҳәрекети болып табылады. Бунда Р.Стенберг ин
-
теллектти ақылый қәбилеттиң информацияларды жылдамлық пенен қайта ислеў ҳәм жаңа
ситуацияларға тийисли, сәйкес жуўап қайтарыў минез-қулқын нәзерде тутады. [4,5]. Қысқа
қылып айтқанда, Р.Стенберг бойынша интеллект: қоршаған орталыққа бейимлесиў, усы
орталықта қәлиплесиў, қоршаған орталықты таңлаў.
Атақлы илимпаз, психолог Ч. Спирмен интеллекти ақылый энергия менен теңеп улыўма
қәбилет деп тәрийплейди. Алым егер субъектте улыўма интеллектуаллық қәбилет бар
болса, онда усы субъект тәрепинен шешилетуғын қәлеген тест табыслы орынланады [3].
Бул жерде Спирмен бойынша қәлеген бир субъектте, мысалы ушын оқыўшы яки талаба
сыналыўшыда улыўма қәбилет бар болса, демек усы сыналыўшының қәлеген тесттеги
нәтийжеси унамлы болады ҳәм орынланған тестлер арасында унамлы байланыс яғный
унамлы корреляция бар болады.
Фрунцуз алымы А. Бине бойынша интеллект түсиниги мазмунлы ой, әмелий түсиник,
логика, яд, қәлеген ҳәм күтилмеген ситуацияларға бейимлесиў уқыплылығы болып еса
-
планады. А. Бине интелект теориясын раўажланған ойлаўдың 3 көринисинде: мақсетти
белгилеў, бейимлесиў, баҳалаў деген идеяны алға сүреди[4].
Д.Векслер интеллект түсинигин индивидтиң мақсетке муўапықласқан минез-қулық, ра
-
циональ ой ҳәм қоршаған орталыққа болған тәсириниң қәбилети деп тәрийплейди. Соның
менен бирге, Векслер өзиниң моделинде 3 дәрежени: 1.улыўма интеллект дәрежеси, 2.
Новербал ҳәм вербал интеллектти, 3. Спецификалық факторлар дәрежесин ажыратып
көрсетеди. Д.Векслер интеллект тестлеринин унамлы болыўы ушын жергиликли мәденият,
қызығыўшылық, ҳәрекет искерлиги менен тығыз байланыслылығын атап өтеди[4,5].
Л.М. Терман интеллекти мазмунның яки пикир әҳмийети өзгешелигиниң (концепция)
түсинилиўи ҳәм қәлиплесиўиниң қәбийлети деп тәрийплейди. Тап сондай-ақ, Л.М.Терман
интеллект коэффициентиниң ақылый ҳәм хронологиялық жасқа теңлиги яғный Бине-
Симонның шкаласын қайта ислейди[4].
180
Do'stlaringiz bilan baham: |