2-ТЕМА. СИЯСАТ ФИЛОСОФИЯСЫНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ ДӘЎИРЛЕРИ
Реже:
1. Әййемги Турандағы сиясий философиялық пикирлер. “Авесто”.
2. Әййемги Қытай ҳәм Ҳиндстандағы сиясат ҳаққындағы философиялық көз-қараслары.
3. Антикалық дәўир ойшылларының сиясий философиялық пикирлери. Сократ, Платон, Аристотель.
4. Орта әсирдеги Батыс ҳәм Шығыс философиялық ой-пикириндеги сиясий көз-қараслардың өзине тән айрықшалықлары.
5. XVI-XIX әсирлерде Батыста сиясий философиялық ой-пикирдиң раўажланыўы.
6. Орта Азия ойшылларының сиясий тәлийматларының философиялық тәрийпи.
Әдебиятлар:
1. Каримов И.А. Асарлар тўплами. 1-17 том. Т., 1996-2010 й.й.
2. Миллий истиқлол ғояси: асосий тушинча ва тамойиллар. Т., 2000
3. Абу Наср Фарабий. Фозил одамлар шаҳри. Т., 1993
4. Тўйчиев Б.Т. Ҳуқуқ фалсафаси. Т., ЎзМУ, 2004
5. Қодиров С.А. Сиёсат фалсафаси. Т., Янги авлод, 2002
6. Якубов М.А., Абаев С.А. Авесто – улыўмаинсаный қәдирият. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 2008
Қосымша әдебиятлар:
1. Темур тузуклари. Т., Гафур Ғулом. 1996
2. Аристотель. Поитика. Афинская политика. М., Мысль, 1997
3. Гаджиев К.С. Политическая философия. М., Экономика, 1999
4. Гобозов И.А. Философия политики. М., ТЕИС, 1998
5. Якубов М.А. Абаев С.А. Мәнәўият ҳәм идеология – күш-қуўат дереги. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 2011
§1. Туранда сиясий-философиялық пикирлер. “Авесто”
Әййемги заманда пайда болған сиясий-философиялық, ҳуқықый пикирлерди үш топарға бөлип қараў мүмкин. Бириншиден, диний, сиясий көз-қараслар, бунда сиясийлық қубылысының тийкарына дин қойылады. Жер жүзиндеги барлық, соның ишинде сиясий тәртиплердиң себепшиси, дереги Қудай деп есапланады. Соның ушын сиясий тәртиплер, мәмлекет, ҳәкимият, оның дүзилиси, басшысы шахыйлық, оны адамлар өзгерте алмайды, тек қабыл етеди ҳәм бағынады деген идея ортаға қойылады. Екиншиден, юридикалық көз-қараслар деп жүритилетуғын пикирлерде, сиясийлық, мәмлекет ҳәм ҳуқықтың мәнис-мазмуны инсан мәплери, нызамлылық тийкарында талқыланады. Үшиншиден, сиясий социологиялық көз-қарасларда сиясийлық жәмийеттиң әҳмийетли элементи, институты сыпатында анализлене баслайды, оның структуралық дүзилиси, мәмлекеттиң формалары мәселелери ортаға қойылады. Бул көбине антик дәўир ойшылларына тән көз-қарас болады. Тарийхый раўажланыўда бул көз-қараслардың анаў який мынаў көриниси үстем болған менен, олар абсолют таза түринде емес, ол өз-ара араласқан ҳалда жүзеге шығып турады.
Туран журты, яғный бизиң ата-бабаларымыздың мәканы ең әййемги сиясий, философиялық ой-пикирлердиң қәлиплескен орынлардан болып табылады. Әййемги заманның атақлы ойшылы Гераклит «Туран – философиялық ой-пикирдиң бесиги» деп бийкарға айтпаған. Дәслепки сиясий-философиялық пикирлер халық аўызеки әдебиятында, әсиресе сиясий мазмундағы аңыз-апсаналарда сәўлеленген. Туран халықының сиясий-философиялық ой-пикириниң, улыўма адамзат мәдениятының естелиги «Авесто» болып табылады. Ол эрамыздан алдыңғы VIII-VII әсирлерде бизиң журтымызда, атап айтқанда, Хорезмде пайда болған. Зардушт пайғамбар (э.а. 665-588) Шығыстың биринши философы, тәбият ҳәм жәмийетти изертлеўшиси, ораторы, шайыры, данышпан ойшылы болған. «Авесто» жәмийетлик қубылысларын жақсылық ҳәм жаманлық, әдиллик ҳәм әдалатсызлық, әдеплилик ҳәм жаўызлық, турақлылық ҳәм бузғыншылық, жақтылық ҳәм жаманлық, тиришилик ҳәм өлим арасындағы гүрес сыпатында баян етеди. Китапта бул гүрес диний формада, яғный зардуштийлик дини идеялары негизинде сәўлеленеди, ақырғы есапта жаўызлық, әдалатсызлық сапластырылады, тынышлық-татыўлық, әдиллик, турақлылық жеңип шығады. «Авесто»да әдиллик тийкарланған жәмийетте мийнетти сүйиў, аўыз биршилик, ҳақ кеўиллилик, қыянет етпеў, басқаны алдамаў, қорламаў, инталылық усаған пәзийлетлер үстем болатуғынлығы жарланады.
- өзиң ушын намақул болған нәрселерди басқаларға етпе;
- ҳүкимдарлар ҳәм де досларыңа садық бол;
- саған қара нийетли болған адамлардан узағырақ жүр;
- саған пайдасы тийетуғын адам менен дос бол;
- орынсыз күлме;
- ҳеш кимниң үстинен күлме;
- ата-анаңның кеўлин қалдырған ҳәм наразы еткен адам менен жүрме;
- мәжилислерди өтирикши менен отырма, саған да сөз тийиўи мүмкин;
- әўелги душпаның менен досласпа: ески душпан жүз жылда да өш алыўды умытпайтуғын қара жыланған усайды;
- ески достың менен дос бол, себеби ески дос шарапқа усайды, ол қаншама ески болса, соншелли ҳүкимдарлар дастурханына ылайық болады;
- қудайларды ардақла ҳәм қәлбиңди жайнап-жаснат, себеби турмысты қудайлар және де пәраўан етеди;
- ҳүкимдарларды қарғама, себеби, олар мәмлекеттиң қорғаўшылары ҳәм бенделердиң мәпи ҳаққында қайғырады.1
Зардуштийликте жасларды тәрбиялаўдың ҳәм билим бериўдиң дәстүри ислеп шығылған. Зардуштийликте бала тәрбиясы үш бағдарда алып барыўы кереклиги көрсетилген. Биринши диний ҳәм әдеп-икрамлылық тәрбиясы, екинши денен тәрбиясы, үшинши оқыў ҳәм жазыўға үйретиў. Балалар жети жастан оқыўға берилген. «Муқаддес» көйлек кийгизилип, оқытыўшысы менен бирге Қуяшқа (отқа) қарап турып Ахурамазда қудайға әдиўли ойлаў, әдиўли сөйлеў ҳәм әдиўли ислер қылыўға ант ишкен. Тәрбия процессинде әдиўлилик ҳәм жақсылықтың дөретиўшиси Ахурамаздаға шын берилгенлик, жаўызлық белгиси Ахриманға жеркениш сезимлери тәрбияланған. Зардуштийликте балалар сағлам денели, әскерий ислерге таяр болыўға, руўхый пәк, әдеп-икрамлы болыўға тәрбияланған. Усындай жол менен ең жақсы, әдиўли сана-сезим әўладтан-әўладқа өтип тәрбияның өзегине айналған.
Зардуштийликте белгили бир мәресимлер ҳәм үрп-әдетлер системасы қәлиплескен: ҳәр күни Ахурамаздаға арнап бес рет ибадат қылыў (намаз оқыў), марҳумды жерлеў, жаңа жылды белгилеў, муқаддес ишимликлерди ишиў, баланың туўылыўын, балалардың жети жасқа шығыўын белгилеў, жаслардың он бес жасқа шығыўын – ер жеткенлигин белгилеў, жасларды диний мәресимлерге қатнасыўын белгилеў, неке, пәклениў ҳ.т.б. Зардуштийликте 7 байрам белгиленген, олар тийкарынан Ахурамаздаға бағышланған. Байрамлардың ең ағласы Наўрыз есапланған. Наўрыз жаңа жыл басланыўы, тәбияттың ояныўы, тиришиликтиң басланыўы деп тәрийпленеди «Авесто»да.
Билим бериў әмелий мақсетлерге бағдарланған. «Балалар жаслы пайытларынан-ақ ағаш нәлин отырғызыў, үй-хожалық қуралларын жасаў, жерге ислеў бериў ҳәм шарўа менен шуғылланыўға үйретилиўи шәрт» - деп көрсетиледи «Авесто»да.
«Авесто»бизиң журтымызда оғада ерте дәўирлерде мәмлекетшиликтиң, сиясий ҳәм де ҳуқықый нормалардың, өз заманына ылайық сиясий системаның қәлиплескенлигинен дерек береди. Ең дәслепки сиясий басқарыўдың улыўмалық нормасын «Авесто»да баянланған уллы қудай Ахурамазданың жоқары дәрежедеги ҳәкимияты, жәрдемшилериниң атқарған ўазыйпаларында көриў мүмкин. Ахурамазда образы мәмлекеттиң басшысы сыпатында сәўлеленсе, оның алты жәрдемшиси вазирлердиң ўазыйпасын атқарғанын көремиз: 1. Вахуман – падалардың қорғаўшысы, шарўашылықты басқарады. 2. Артабахишта – от ҳүкимдары. 3. Шахривар – металл рудаларына ислеў бериў бойынша ҳүкимдар. 4. Испандармант – жердиң ҳүкимдары, дийханшылық оның қарамағында болады. 5. Ҳўрдат – суў ҳүкимдары, суў ҳәм де оның менен байланыслы жумысларды басқарыўшы. 6. Мурдат - өсимликлер дүньясы ҳүкимдары. Митра ҳаққында алқаў зардуштийлер мәмлекетиниң гимни ролин атқарған. Сондай-ақ, ол мәмлекеттиң герби де болған, олда «Авесто»да сүўретленген.1
«Авесто»да инсан ҳуқықы ҳәм еркинлиги мәселеси кең түрде ортаға қойылған. Адамның жасаў ҳуқықын тән алыў ҳуқықый мәденияттың ең жоқары көриниси болып табылады, жәмийеттеги әдалатлы ҳуқықый мәканның қәлиплесиўи мине усыдан басланады. «Авесто»да адамзат жасаўға ҳақылы, бул ҳуқықтан оны айырыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ деп атап көрсетиледи. Алымлардың дәлийллеўинше «Авесто»дағы ҳуқықый тәлийматлар Рим ҳуқықынан да әййемгирек болып табылады. Ондағы ҳуқықый ой-пикирлер грек ойшылларына ҳәм Рим ҳуқықтаныўшыларына өзиниң тыянақлылығы менен унамлы тәсир еткен. «Авесто»дағы сиясий, ҳуқықый идеялар кейинирек пайда болған мәмлекетлердиң сиясий системасының қәлиплесиўине идеялық дерек болып хызмет еткен. Атап айтқанда, онда инсан еркинлиги ҳәм ҳуқықы, физикалық ҳәм юридикалық шахс еркинлиги, ер ҳәм әйеллер теңлиги мәселеси, азшылықтың ҳуқықы, ер жетпегенлер ҳуқықы, ҳүждан, исеним ҳәм дин еркинлиги, жамаат ҳәм топарлардың ҳуқықы, қастан який билқастан исленген жынаят түрлери, урлық етиў який басқыншылықтың парқлары, қорғаныў ҳуқықы ҳәм суд ислерин жүритиўге усаған ҳуқықый мәселелер ислеп шығылған.2
«Авесто»ның оғада терең философиялық пикирлеринен бири, инсанларды мийнет қылыўға, өз қоллары менен материаллық байлықларды жаратып, тоқшылықта жасаўға үгитлеўи болып есапланады. «Авесто» тәлийматында мийнет әдеп-икрамлылықтың, саламатлылықтың негизи деп есапланады. Китапта мийнет жақпас адамларға қарата: мийнет қылмайтуғын адам, сен өзиңдей қатарында жат жемислерге тәзим қылып, мәңги бас ийип туражақсаң. Сен қасыңнан түрли жемислерди алып өтиседи, бирақ бул ийгиликлердиң барлығы мийнет ислеп атырған инсанларға тоқ ҳәм пәраўан жасап атырған шаңарақларға несип қылады. Мәңги усындай болажақ – деген пикир айтылады.
«Авесто» дийханлар менен шарўаны материаллық байлықларды дөретиўшилер деп есаплайды. Китапта айтылыўынша жақсылық ҳәм мийрим шәпәәтти дөретиў ушын адам мийне қылыўы өз қоллары менен материаллық ийгиликлерди жаратыўы лазым. Инсан шарўаның көбейиўине, жайлаўлардың гүллеп жаснаўына жәрдем бергенде ғана, дийханшылық ҳәм суўғарыў ислеринде ықлас пенен мийнет еткенде ғана қудай ямаса оның жәрдемшилериниң ҳүрметине ылайық болады.
«Авесто» дән егиўди жоқары дәрежеде ардақлаған, жер ҳәм суўды өмирдиң ҳәм тиришиликтиң дереги деп жәриялаған. «Авесто» да шөл ҳәм партаў жерлерди өзлестирип, адамзат ушын керекли өнимлерди жетистирген, дийханлар туўралы оғада унамлы пикирлер айтылады. Кимде ким ҳәм он қолы менен ҳәм шеп қолы менен жерге ислеў берсе, ол жерге пайда келтиреди, өз гезегинде жер оннан өзиниң жемислерин мол-көл ҳасылын аямайды.
«Авесто»да дийханшылық пенен шуғылланған 3000 мәрте ибадат қылыўдан ҳәм жүзлеп жаныўарды сойып қурбанлық бериўден абзалырақ деп көрсетиледи. «Егин егиў – демек жердеги жаўызлықты жоқ етиў болады, өйткени дән егилгенде дәўлерди тер басады, дигирман пайда болғанда дәўлер алақлап қалады, ун шыққанда дәўлер албырай баслайды, нан пайда болғанда дәўлер қорыққанларынан бар күши менен бақыра баслайды».
«Авесто»да экономикалық өмир, география, тәбияттаныў, астрономия, жәмийетлик илимлер, философия, әсиресе медицина бойынша көп мағлыўматлар берилген. Тәбиятты ҳәм қоршаған орталықты муқаддес нәрселер сыпатында сақлаўдың, экологиялық орталықты қорғаўдың илажларын белгилеген. Инсан өз өмири даўамында суўды, топырақты, отты улыўса дүньядағы барлық нәрселерди пәк ҳәм пүтин сақлаўға миннетли, жер, суў, ҳаўа, отты бузған адамға 400 қамшы урыў жазасы бериледи делинген «Авесто»да. Онда суў сақланатуғын орынлар патасланса, оларды тазалаў талап етилген, тазалаўдың усыллары да көрсетилген. Инсан ҳәм ҳайўанның өлигин сол түринде жерге көмиўи қадаған етилген. Қойымгершиликлерди абаданластырыў, қоршаў, оларға ағаш, зайтун ағашларын егиў белгиленген.
«Авесто»да аўыл ҳәм қалаларды абат қылыў, жайларды көбейтиў, турмыс тәрзин мәдениятлы қылыў, шаңарақты беккемлеў мәселесине айрықша дыққат бериледи. Зардушт пүткил әлемниң пәрўардигары Ахурамаздадан жер жүзиниң көрки ҳәм шадлығы болған мәкан қай жерде деп сорағанда, Қудай оған төмендегише жуўап береди: «Ол сондай журт, ол жерде бенделерим өзлерине мәкан, ибадат үйлери (аташкадалар), ҳайўанларға қоралар қурып».
«Авесто»дағы жәмийетти сиясий басқарыў принциплери, сиясийлық пенен әдеп-икрамлылықтың, илаҳий күш ҳәм ҳүкимдар, шахс ҳәм мәмлекет арасындағы мүнәсибетлер ҳаққындағы терең пикирлер Шығыс ҳәм Батыста сиясий-философиялық ой-пикирдиң ҳәм мәмлекетшиликтиң раўажланыўына, Гераклит, Демокрит, Платон, Аристотель ҳәм тағы басқалардың илимий, философиялық, сиясий көз-қарасларының қәлиплесиўине күшли тәсир еткен. «Авесто» тәлийматы христианшылықтың ҳәм ислам дининиң пайда болыўына, иудаизмниң раўажланыўына негиз болған.
Do'stlaringiz bilan baham: |