8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


Аристотель (э.а. 384-322)



Download 1,04 Mb.
bet11/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Аристотель (э.а. 384-322) сияса мәселелерин таллаўға «Сиясат», «Ниномах этикасы», «Риторика» атлы мийнетлер жазған әййемги заманның уллы философы. Бул шығармаларда ол адамлардың бирликте турмыс кешириўге ҳәм пикирлесиўге болған тәбийғый умтылыўлары мәмлекеттиң келип шығыўына алып келди, деп есаплайды. Адам «сиясий мәнис» пенен дүньяға келеди, соның ушында ол «сиясий мақлуқ». Адамның «сиясий жанўар» сыпатындағы ҳайўанат дүньясынан тийкарғы парқы оның ақыл-закаўатқа ийе болыўы деп есаплайды. Оныңша «тек инсан ғана рейимлилик ҳәм зулымлылық, әдалат ҳәм әдалатсызлық уқсаған түсиниклерди сәўлелендириўге уқыбы бар…Тәбият инсана ҳайўанландан өзгеше ақыл-закаўат ҳәм әдеп-икрамлылық уқсаған «уллы қуралы» берип уллылаған.
Аристотель мәмлекетлик ҳәкимиятты классификациялаўда еки идеяны тийкар қылып алады: биринши идея - мәмлекеттиң тәбияты жәмийетте түрли мүлк ийеси топарларының үстинлигине ҳәм ҳүкимранлығына байланыслы; екинши идея - мәмлекеттиң тәбияты өзиниң мақсет-муддаларын, мәплерин қанаатландырыў ушын түрли жәмийетлик топарлардың гүрес усылларынан ҳәм қуралларынан келип шығады. Аристотель мәмлекетлик ҳәкимияттың түрлери ҳәм көринислери жәмийетте бар болған топарлардың ҳәр түр екенлигинен келтирип шығарды. Уллы ойшылдың пикиринше жәмийеттеги сиясий тәртипсизликлер, аўдарыспақлар материаллық-мүлклик теңсизликтен болады. Биреўдиң бахытлы, пәраўанлықта, көңил тоқлықта, екиншиниң бахытсыз, жарлы яғный басқаларды талаўшылықта жасаўы усыған байланыслы.
Мәмлекет, Аристотель бойынша, бул – қатнас. Әўели қатнас сыпатында шаңарақ келип шыққан. Шаңарақлар қатнасынан аўыл (елат), урыўлар, олардың қатнасынан мәмлекет пайда болған. Демек, мәмлекет тәбийғый жол менен келип шыққан.
Адам мәниси бойынша сиясий, ол мәмлекетте жасайды. Мәмлекеттен тыс жасаўшы адам нормаль емес. Мәмлекет жеке адамнан алдын болады. Нызам ҳәм ҳуқықтан тыс болған адам – ең жаман адам. Мәмлекеттиң бас мақсети – бахытлы турмыс.
Егер Платон сиясат машқаласын әдалаттан баслаған болса, Аристотель мүлкшиликтен баслайды. Аристотель улыўмалық әйеллер ҳәм балалар туўралы Платон пикирин жетерли тийкарланбаған деп есаплайды. Платонның мәмлекеттиң бирлиги туўралы пикирлеринде тийкарға ийе емес дей отырып, Аристотель мәмлекет өзиниң тәбияты бойынша көплик, оны тек бирлик деп қарасақ онда ол мәмлекет болмай қалады. Мәмлекетлер сапалық өзгешеликлерге ийе, оны дүзиўши элементлер ҳәртүрли. Аристотель улыўмалық мүлкшилик идеясына қарсы болған, ол жеке болғанда ғана ҳәрким өз мүлкин раўажландырыўға шынтлап ҳәрекет етеди. Оныңша мүлкшилик жеке, оннан пайдаланыў улыўмалық болған жақсы. Нызам шығарыўшылар усыған бағдар алыўы керек.
Аристотель пикиринше, шаңарақ ҳәм мәмлекетте салыстырмалы бирлик болыўы керек, ал егер абсолют бирлик болса шаңарақта, мәмлекетте қулайды. Бирлик, қарым-қатнас тәрбия арқалы әмелге асыўы керек.
Аристотельдиң сиясий философиясында мәмлекетлик қурылыс машқаласы айрықша орын тутады. Ол мәмлекетлерди дурыс ҳәм дурыс емес деп екиге бөледи: “Қатаң әдиллик бойынша улыўмалық пайда келтиретуғын мәмлекетлик дүзилмелер ғана дурыс болады; ал тек басқарыўшылар ийгилигин (пайдасын) көзде тутыўшылардың бәри қәтелик ҳәм дурыстан шетке шығыўшылар болып табылады: олар үстемлик етиўге тийкарланған, ал мәмлекет болса еркин адамлар қатнасы болады”. (Аристотель. Соч. Т.4. с.446). Дурыс (жақсы)лар – бул бир адамның який көп емес, який көпшиликтиң улыўмалық пайданы көзде тутып басқаратуғынлары. Дурыс емеслер (жаманлар) – бул бир адамның який кем емес, ямаса көпшиликтиң пайдасын көзде тутып басқаратуғынлары. Басқарыўдың дурыс формалары төмендегилер: монархия – улыўмалық мәпти көзде тутады, ол патша ҳәкимияты делинеди; аристократия - мәмлекеттиң жоқәры дәрежеде ийгилигин басшылыққа алған көп емес адамлардың ҳәкимияты; сиясий (полития) – улыўмалық пайда ушын көпшиликтиң республикалық басқарыўы.
Аристотель булардың шетке шыққанлары (отклонения) деп мыналарды көрсетеди: «Тирания – бир ҳүкимдардың пайдасын гөзлейтуғын монархиялық ҳәкимият; қурғын пуқаралардың пайдасын гөзлейтуғын олигархия; демократия – жарлылардың пайдасын гөзлейди; олардың биреўи де улыўмалық пайда көзде тутпайды» (сонда, 457). Тирания – деепотикалық монархия олигархияда меншик ийелери жоқары ҳәкимиятқа ийе, демократияда мүлки жоқлар. Олигархияның өлшеми – байлық, демократияники – жарлылық.
Аристотель әдалатлылық пикир жүргизип, оны салыстырмалы түсиник деп есаплайды. Ол теңлик болады, бирақ ҳәмме ушын емес, ол тек теңлер ушын; теңсизлик әдалатлылық, бирақ тек тең емеслер ушын. Аристотель теңликти кең мәнисте түсинеди, оны сиясий философия мәселеси деп есаплайды. Бул жерде «сиясий философия» термининиң Аристотельге тийисли екенин айрықша атап өтиў орынлы.
Сиясаттың баслы мақсети – жоқары әдиўлилик. «Мәмлекетлик әдиўлилик, яғный улыўмалық пайда келтириўге хызмет етиўшилер болады» (сонда, 467). Оның пикиринше, мәмлекетлик хызметлер жоқары әдеп-икрамлылыққа ийе болыўы керек.
Аристотель «Сиясат» шығармасында монархия, демократия, олигархияның ҳәм оның түрлерин анализлейди, полития олигархия ҳәм демократияның араласпасы, ал тирания тәртипсиз демократия ҳәм олигархияның қарыспасы қурайды. Аристотель өз мийнетинде мәмлекетлик дүзилмелердиң алты формасының биринен екиншисине эволюциясының көринислерин баян етеди. Аристотель ең жақсы басқарыў формасы деп пристократияны есаплайды, мәмлекетти ең жақсы хызметкерлер ҳәм ең жақсы нызамлар басқарыўы керек деп түсинеди. Ҳәкимият жарлыларға өтсе, олар байлардың мүлкин өз-ара бөлистире баслайды, ал тиранлар қолына өтсе жарлыларға әдалатсызлық қатнаста болады. Орташа адамлардан туратуғынлар мәмлекет, ең жақсы мәмлекетлик дүзимге ийе болады. Елде қайсы формадағы мәмлекетлик дүзимниң болыўы мына принципке байланыслы: «Мәмлекетте анаў яки мынаў дүзимниң тәрепдарлары қарсыларынан күшлирек болыўы керек». (сонда, стр 510).
Аристотель демократияның төмендеги түрлерин көрсетеди:
1. Демократияның биринши түринде байларға да, жарлыларға бирдей теңлик береди. Халық көпшиликтен туратуғынлықтан, оның пикири шешиўши болады.
2. Демократияның екинши түринде онша көп емес мүлклилик ценз болыўы белгиленеди. Цензге ийе адам лаўазымға ийе болыўға мүмкиншилик алады, цензди жоғалтыр алса, онда лаўазымнан кетеди.
3. Демократияның үшинши түринде ҳәмме шығысы бойынша пуқара ҳәм нызам ҳәкимшилик етеди.
4. Демократияның төртинши түринде қәлеген пуқара лаўазымға ийе болыўға ҳуқықлы, бунда да нызам ҳәкимлик етеди.
5. Демократияның бесинши түринде жоқарыдағы жағдайлар болыўы талап етиледи, бирақ жоқарғы ҳәкимият нызамға емес, ол әпиўайы халыққа бериледи. Мине усы жағдайда демагогия арқалы шешиўши сөз халыққа тийисли болып қалады. Аристотель пикиринше, демократияның бул түри тиранияны ядқа түсиреди. «…Ҳәдден зыят демократияда, тиранияда жақсы пуқаралар меен деспотикалық (зулымлық) қатнаста болады; бундай демократияның қарарлары, тиранияның буйрықларындай мәниске ийе болады» (сонда, стр 497). Аристотель бундай демократияны бийкарлайды. Оныңша «Нызам ҳәммениң үстинен ҳәкимлик етиўи керек; лаўазымлы адамға ҳәм халық мәжилисине жеке мәселелерди додалаўды бериў лазым». (сонда, стр 497).
Аристотель мәмлекетлик дүзимниң тийкары болған үш нәрсени көрсетеди:
1) Нызам шығарыўшы орган. Ол мәмлекетлик мәселелерди шешеди.
2) Лаўазымлар (ондай қандай болыўы керек ҳәм олар қандай мәселелерди шешиўи лазым).
3) Суд органлары.
Аристотель бул органлардың мәнис-мазмунын, көринислерин, оларды қалай шөлкемлестириў мәселелерин терең баян етеди.
Аристотель мәмлекетлик аўдарыспақ себеби теңликтиң жоқлығының, деп есаплайды. Теңлик еки түрли болады: санлық теңлик ҳә қәдир абройы бойынша теңлик. Аристотель лаўазымды бериўде теңликти қалай есапқа алыў, мәмлекетлик дүзимди сақлаў ушын әдилликти қалай сақлап турыў ҳаққында терең сиясий философиялық пикирлерди ортаға қояды.
Әлбетте, антикалық дәўир ойшылларына бүгинги күн талапларының баҳа бериў який бүгинги сиясий категориялардың түсиниги менен баҳа бериў надурыс болар еди.
Аристотель жәмийетте орташалықтың болған дурыс деп есаплаған. Оның пикиринше, әдиўлилик яки ҳәдден зыят шектен шығыўлардың ортасындағы нәрсе, ал олардың ҳәрқайсысы унамсызлық. Соның ушында, Аристотель жәмийетте пуқаралар жеткиликли орташа мүлк ийелери болса, бул мәмлекет ушын оғада жақсы деп есаплаған.
Антикалық дәўирде қудай ҳәм инсан бир пүтин дүньялық ақылдың бөлеклери деп есапланды, олар бир пүтинликте қарады. Диний ҳәм сиясий ҳәкимият бир-биринен ажратып қаралмады. Мәмлекет диний нормалардың орынланыўын қатаң қадағалады. Мәселен, мәмлекет мойынламаған қудайларға сыйынды деп Сократ айыпланып, оған өлим жазасы берилген. (Афинада ҳәкимиятты болған демократлар тәрепинен).
Антик дәўир Адамы полис мәмлекетке пүткиллей ғәрезли еди. Жәмийет қарарлары, онда қабыл етилген нызамлар ҳешқандай талқылаўсыз орынлаў шәрт еди. Бул оның миннети полиске садықлығы, Ўатанына шын берилгенлигиниң белгиси. Мәселен, өзине өлим жазасын белгилеген нызамларды көклерге көтерип мақтаўды Сократ тоқтатпаған, олар қандай болсада оларды орынлаў зәрүр деп есаплаған. Ҳәтте, оған қашып кетиў мүмкиншилиги берилгенде, ол қашпаған. Буны Сократ нызамға бағыныў, Афина халқы алдындағы әдеп-икрамлық ҳәм пуқаралық миннети деп билген.
Грецияда полислик дүзимниң қыйраўы ҳәм Римниң дүньялық державаға айналыўы нәтийжесинде сиясий ой-пикир ҳәм ҳуқық мәселелери Римде раўажланды. Деген менен, тәбийғый ҳуқық, сиясат, мәмлекетлик басқарыў формалары, әдиллилик, мәмлекеттиң келисмилик келип шығыўы ҳ.т.б. идеяларды ислеп шығыўда Әййемги Рим ойшыллары әййемги грек философ-ойшыллары изинен жүрди.
Әййемги ойшыллары «мәмлекет» ҳәм «жәмийет» түсиниклерин синоним сыпатында түсинген, сиясийлықты басқа жәмийетлик қубылыстан ажыратып қарамаған. Соның ушында, ҳәзирги мәнистеги сиясий теория ҳәм сиясий философия еле болыўы мүмкин емес еди. Олар баслама пикирлер еди. Әлбетте, бул пикир.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish