8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология



Download 1,04 Mb.
bet3/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Сиясат философиясы сиясатты тарийхый процессте, оның доминатлық (латынша - «ҳәкимшилик етиўши», «баслы идея», «белги») аспектлерин, вариантларын (французша - «өзгериўши», «мүмкин болған кимбинациясын»), инвариантларын (французша - «өзгермес», «өзгермесликлери ҳәм ғәрезсизликлерин») изертлейди.
Былай деп айтқан дурыс болады: сиясий илим (пән) жекеликти ҳәм айрықшалықты, ал сиясий философиясы – улыўмалықты үйренеди. Олар өз-ара байланыслы, гейде бири бирине өтип турады, бирақ бәрибир былғасыққа жол қоймаў ушын олардың шегараларын анықлаў керек.
Сиясат философиясы туўралы көплеген илимий мийнетлер жәрияланған, бирақ көплеген мәселелер еле түсиниксиз, анықлықты талап етеди. Мәселен, сиясат философиясының өзи не? Оның дөретиўшилери кимлер? Қандай факторлар бул илимди келтирип шығарды? ҳ.т.б. сораўлар дискусскиялардың дереги болып қалмақта. Сиясий философияның мәнислик характеристикалары, оның элементлери еле де анықлық киритиўди талап етеди. 1987-жылы Лондонда шыққан фундаментал мийнет – “Сиясий философия тарийхы”нда сиясий философияның аталары – тийкарын салыўшылары етип Фукидид ҳәм Платон, Ксенофонт ҳәм Аристотель, Августин ҳәм Ал-Фарабий, Фома Аквинский ҳәм Макиавелли, Мартин Лютер ҳәм Г.Гроций, Р.Декарт ҳәм Дж.Локк, А.Смит ҳәм Г.В.Ф.Гегель, К.Маркс ҳәм Ф.Ницше, Э.Гуссерль ҳәм М.Хейдегер ҳ.б. көрсетилген (қараң: К.С.Гаджиев. Политическая философия. М., “Экономика”, 1999, 7-бет). Бул дизимниң ишинде философлар, перистлер, сиясий экономика, тарийх қәнигелери де бар. Гейде сиясий философия ҳәм сиясий теорияны теңдей (синоним) деп көриў орны алады, гейде олардың екеўинде “сиясий идеология” түсиниги менен теңлестиреди.
Сиясий философия қашан пайда болды? деген сораўға келетуғын болсақ, бунда да түрли пикирлер бар. Платон, Аристотель, Цицерон ҳ.т.б. сиясат мәселеси менен шуғылланғанлығын, олар ҳәм басқалар “Сиясат”, “Мәмлекет”, “Нызамлар”, “Республика”, “Ҳүкимдар” ҳ.т.б. фундаменталь мийнетлер жазғанын есапқа алып, сиясий философия ҳәм сиясий илим әййемги заманда ақ қәлиплести деўшилер де бар. Мәселен, америкалы алым Дж.Катлин Сократты батыс сиясий философиясының атасы (“крестный отец”), англичан политологи Н.Барри болса Платонның “Мәмлекет” шығармасы “ең биринши ҳәм ең белгили сиясий философия бойынша систематикалық трактат” деп жазған. Л.Страусс сиясий философияның тийкарын салыўшы Сократ деп есаплаған. Әлбетте, әййемги ойшыллар сиясий философияға тийисли проблемалар туўралы пикир жүриткен, бирақ алымлардың пикиринше, социаль-гуманитар пәнлер айрым илимий пән сыпатында XVIII әсир ақыры XIX әсирдиң биринши ярымында қәлиплесе баслаған. А.К.Сен-Симон, О.Конт тәрепинен сол дәўирлерде биринши болып социология тийкарлары баян етилген.
Сиясий философия сиясий болмыстың байланысларын, процесслерин, нызамлықларын сәўлелендиреди. Олай болса, сөздиң шын мәнисиндеги сиясий илим ҳәм сиясий философияның пайда болыўы бириншиден, сиясийлық дүньясының қәлиплесиўине, екиншиден, кең ҳәм терең мәнисиндеги сиясийлық түсинигиниң қәлиплесиўине ҳәм үшиншиден, екинши тәрептеги түсиниклер - мәмлекет, ҳәкимият, ҳуқық, еркинлик ҳ.т.б. түсиниклердиң пайда болыўына байланыслы болады. Сиясий билимлердиң топланыўы, сиясий пикирлердиң тарийхы бул еле сиясий илим, сиясий философия, сиясий социология дегени емес. Булардың бириншилериниң басламасы мәмлекеттиң пайда болыўы менен келип шыға баслаған болса, өз алдына илим сыпатында сиясий басқа қубылысларынан (экономикалық, руўхый, социаллық) айқын бөлиниўи нәтийжесинде қәлиплескен. Бул процесс пуқаралық жәмийеттиң қәлиплесиўине ҳәм бөлеклениўине байланыслы болған. Әййемги ҳәм Орта әсирлерде сиясийлық жәмийетлик турмыстың басқа сфераларымен араласқан, бириккен ҳалда еди.
Сиясий философияның предмети, объекти сиясийлық. Сиясийлық адамзат аўқамының киши бир системасы сыпатында қурамалы ҳәм көп қатламлы. Ол өз ишине сиясий қатнасларды, мәмлекетлик-ҳуқықлық мүнәсибетлерди, партиялық, сайлаў, қарар қабыл етиў механизми уқсаған сфераларды ҳ.т.б. алады.
Сиясийлық дүньясы еки бөлимнен турады: сиясат субъектлери әмелге асыратуғын конкрет, күнделикли сиясий әмелият ҳәм барлық дәрежедеги стратегиялық характердеги сиясий программалар, идеологиялар, курслар ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша шешимлер қабыл етиў.
Белгили австриялы ҳәм политолог А.Шефле бириншисин «күнделикли мәмлекетлик турмыс» сферасы, ал екиншисин «сиясат» деп атаған. Басқа да көплеген пикирлерди улыўмаластырып айтқанда,

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish